Лекция №12. Тоталитар совет дүзиминиң Өзбекстанда жүргизген репрессиялық сиясаты ҳәм оның ақыбетлери.
ЖОБАСЫ:
1. 20-30 жылларда тоталитар совет ҳәкимятының Өзбекстанда жүргизген репрессиялық сиясаты.
2. 40-50 жылларда репрессиясының жаңа толқыны.
3. 60-80 жылларда ҳәкимшилик-буйрықпазлық дүзимниң және де күшейиўи. Социаллық-әдалатлық нормаларының бузылыўы.
ӘДЕБИЯТЛАР:
1. Ўзбекистон қарамлик ва мустақиллиқ йилларида. Т.1996
2. Усманов И. Қатағон қурбонлари. Т. «Ўзбекистон» 1992.
3. Ватан туйғуси. Т. «Ўзбекистон» 1996.
4. Махмудов М. Қатағон қурбонлари. Т. «Ўзбекистон» 1991.
5. Ўзбекистоннинг янги тарихи. 2-том. Ўзбекистон совет мустабид мустамлакачилиги даврида. Т. 2001.
6. Турсунов И.И. Ўзбекистон маорифчиларининг истиқлол йўлидаги ишлари тарихидан. (1917-39) Т.1995
7.Мустабид тузумнинг Ўзбекистон миллий бойликларини талаш сиёсати: тарих шоҳидлиги ва сабоқлари. Т. 2000.
8.Трагедия Среднеазиатского кишлака. Т. 2000.
Өзбекстан Советлер дәўиринде авторитар орайға бағыныўшы шийки зат жетистирип бериўши ғәрезли үлке болып қалды.
Миллий мәмлекетшилигимиз бийкарланды, бирликли Түркистан бөлшекленип «қызыл империяның» административлик-территориялық бөлегине айлантырылды, халқымыз басында турған басшыларымыз Москваға бағындырылды, әпиўайы мәселелерди де Москваның рухсатысыз шеше алмайтуғын болып қалды, азырақ болсада өз еркинше искерлик жүргизиўге урынғанлар қолға алынып, судқа тартылды, ҳәтте атып жиберилди. Халқымыз өз тағдийрин өзи белгилеў ҳуқықынан айрылған еди.
Дүнья мәмлекетлик тарийхы ҳәзирги заман сиясий дүзимлериниң 4 тийкарғы группасы бар екенлигин көресетпекте: демократиялық, либерал, авторитар ҳәм тоталитар. Бурынғы Аўқамның сиясий дүзими авторитар ҳәм тоталитар дүзим деп тәрийпленип атыр.
Тоталитар дүзим дегенде административ-буйрықпазлыққа тийкарланған басқарыў усылы, жеке партиялылық, халықтың ҳәкимияттан, ҳәкимияттың халықтың узақласыўы, сиясатқа тийисли болған искерликтиң қадаған етилиўи, нызамларға бағынбаў, қуўдалаўшы орынлардың бар екенлиги, жеке адамлардың сиясий жүрис-турысындағы бағыныңқылығы ҳәм ҳуқықсылығы түсиниледи.
Авторитар дүзим дегенде жеке бир адам үстемлиги, шегарасы жоқ қадағалаў ҳәм зорлық-зомбылық жәмийетлик турмыстың сиясатласыўы, жеке адамның толық бағынынқы болып қалыўы түсиниледи.
30-жылларға келип жәмийетлик-сиясий турмыста Совет тәртибиниң бекемлениўи ҳәм жеке адамға сыйыныўдың күшейиўи көзге тасланады. Орайда ҳәм басқада жерлерде партиялық - бюрократлар аппараты барған сайын күшейди. Совет ҳәкимияты адамлардың сиясий ислер менен шуғылланыўы қатты қадағалаў астына алды. Ҳәр бир пухара үстинен қадағалаў орнатылды, адамлардың бирин екиншисине қарсы қойыў, гүнәсыз адамларға жала жабыўлар шөлкемлестирилди.
Мине усындай сиясат пенен 40 мыңға шамалас адамларымыз қуўдаланды. Қамалғанларды қоллап-қуўатлаў, түрмеден шығарыўға ҳәрекет етиўге де ҳәмме қорқатуғын, олар ҳаққында жақсы, айыпсыз адам еди деп те айта алмас еди. Сол себепли ҳәммеси қуўдаланыўшылықтан сақланып қала алалмады. Халық қатты сығыў астына алынған еди. КПСС деп аталған сиясий машина бас көтерген ҳәр қандай әрбапты, оған қосып пүткил бир халықты езип таслайтуғын болып қалған еди.
Солай етип, мәмлекет басқарыўы орайласқан ҳәм буйрықпазлық характерге ийе, жәмийетлик раўажланыў, экономика ҳәм мәденият үстинен қатты, ҳәр тәреплеме қадағалаў орнатылған тоталитарлық дүзим беккемленип барды.
Республиканың турмысы Орайдың қатан қадағалаўы астында болды. Партияның жол-жобалрынан азғантайда болса шетке шығыў сиясий, контрреволюциялық ҳәрекет деп бахалайтуғын еди.
Диний адамлар ҳәм руўханийлерге көрсетилген зорлық-зомбылықлар 30 жыллардың басларында ҳәўжине шығып кетти.
Ислам ҳәм басқада динлерге тийисли китаплар ҳәм араб жазыўындағы көп ғана басқа әдебий китапларды жоқ етилип жиберилди. Мешит, медресе, ширкеўлер бузылды.
Солай етип, Өзбекстанда ғалаба репрессиялар басланды:
1. 30 жыллардағы репрессиялар. Бунда негизинен партия, совет, хожалық ҳәм әскерий кадрлар репрессияға ушрады.
2. 1940-1950 жыллардағы репрессиялар. Бунда мәденият ҳәм илим ғайраткерлери қуўдалаў астына алынды.
3. 80-жыллардағы репрессияның жаңа толқыны. Бунда илимий-өндирис, сиясат тараўындағы кадрлар, миллий зыялылар қуўдаланып, үстилеринен суд процесслери болып өтти.
Сиясий басқарма органлары (ОГПУ) Ф.Хожаев, А.Икрамов, Д.Манжара, С.Сегизбаев, А.Каримова ҳәм басқалар ҳаққында, «Советлерге қарсы ыдыратыўшылық» деген жалған ойлап табылған «ис» лерди иске қосты.
Өзбекстанда 1937 жылға келип ғалаба түрде қамаққа алыў ислери шөлкемлестирилди. 1937 жылдың август-сентябрь айларында неше жүз мың адамлар ӨзССР Ишки Ислер Халық Комиссарлығы (НКВД) ның ишки қамақханаларына түсти. Булардың ишинде Өзбекстан коммунислик партиясы Орайлық Комитетиниң секретарьлары С.Балтабаев, И.Худайқулов, А.Цехер, Орайлық Комитеттиң бөлим баслықлары М.Шермухаммедов, М.Усманов, К.Берегин, Өзбекстан ЛКСМ Орайлық Комтитетиниң секретарьлары И.Артықов, Т.Рысқулов, Ф.Тарасов, республика халық комиссарлары А.Исламов пенен М.Турсунхожаев партия ўәлиятлық комитетлериниң секретарьлары Д.Ризаев, К.Балтаев, Н.Икрамов, Ю.Рисметов ҳәм басқалар бар еди.
Қарақалпақстаннан 1935-1938 жылларда миллий-мәмлекетлик ғайраткерлер: А.Досназаров, Қ.Авезов, О.Ерманов, К.Нурмухаммедов, А.Қудабаев ҳәм басқалар жазықсыз репрессияға ушрады.
1938 жылдың бәҳәрине келип, жергиликли орынлардың басшы ҳәм партия хызметкерлеринен 600 ден асламы, ал сол жылдың ақырларына келип және 114 адам репрессияға ушрады.
Өзбекстан ғалаба репрессиялар толқыны астында қалды.
Солай етип, 30-жылларда көплеген халық қурылысларында пидәкерлик пенен мийнет ислеген ҳәм республиканың санаат және аграрлық имканиятларын күшейткен масса басламасының артып барыўы менен бир қатарда репрессиялық қуўдалаўларда күшейип барды. Адамгершилик, ҳәм демократия принциплери аяқ асты етилип, неше жүз мың адамлардың бийгүнә қанын төккен Совет мәмлекетиниң тоталитарлық тәртиби беккемлене барды.
40-50 жыллардағы репрессияларға негизинен мәденият ҳәм илим ғайраткерлерин ушрады. Бул репрессиялар ушын ВКП(б) Орайлық Комитетиниң 1946 жыл февральда қабыл еткен «Звезда» ҳәм «Ленинград» журналлары ҳаққында ҳәм 1948 жылы қабыл етилген «Үлкен өмир» фильми ҳаққында, В. Мурамедийдиң «Уллы дослық» операсы ҳаққында қарарлары идеологиялық негиз болып хызмет етти. Усы ўаққыттан баслап әдебияттың ҳәм көркем өнердиң дөретиўшилик, демократиялық раўажланыўы узақ жылларға шекем төменледи.
Фитрат, Чолпан, Беҳбудий, А.Қадирий, У.Носирлар миллетшиликте айыпланып гүнәсиз өлтирилди.
Фитрат, Чолпан, А.Қадирий, Беҳбудий сыяқлы мәденият хызметкерлериниң дөретиўшилик искерлиги ҳаққында айыпнама руўхында ғана мақалалар жазылатуғын еди. Ҳәм бундай ҳәрекетлер ақыбетинде буларды қаматыў ҳәм ҳәтте аттырып таслаў менен жуўмақланды.
Республиканың партия органлары орай көрсетпесине муўапық көз-қарасы ҳәм дөретиўшилиги партия идеологиясына дурыс келмейтуғын, яғный өз дөретиўшилигинде орта әсирлердеги халықтың тарийхын ҳәм революциядан алдыңғы тарийхты сәўлелендирип берген жазыўшылар өтмишти идеалластырыўда айыпланып, оларға «миллетшилер» деген ат тағылып, айыплаўлар қойылды.
Абдулла Қаҳҳар, Айбек, М.Бабаев, Миртемир, Шайхзада ҳәм басқада өзбек жазыўшыларының исмлерине дақ түсирилди.
Соның менен бирге фольклорлық-аңызлық сюжетлерге негизленген «Фарҳад ҳәм Шийрин», «Алпамыс» ҳәм басқада балет ҳәм музыкалы драма спектакльлерин дөретиў ҳәм нәсиятлаў кескин түрде қадаған етилди. Барлық әдебий шығармалар, музыкалы шығармалар, илимий мийнетлер қатты сын астына алынды.
1950 жылларға келип Туроб Тула, Миртемир, С.Абдулла, Ҳабибий, Камбар Атабаев, А.Бабажановлар наҳақтан қуўдалаў астына алынып, булар ҳаққында «Гейпара шайырлардың дөретпелериндеги идеологиялық бузықлықлар ҳаққында» деген мақала жәрияланды. Буннан кейинде Айбек, Х.Зарипов, Х.Якубов, И.Султанов ҳәм басқа ғайраткерлер коммунистлик идеологиядан шетке шығып кеткенликде айыпланды.
Жазыўшылардан М.Шайхзада, Ш.Юсупов, Ғ.Алимов ҳәм басқа адамлар 1951 жылы «Советлерге қарсы миллетшилик хызмети»нде айыпланып, қамаққа алынды, ал соңынан 25 жыл мүддет пенен азатлықтан айырыў ҳаққында ҳүким етилди.
Бирақ 1956 жылға келип Өзбекстан мәдениятының тийқарсыз репрессия исленген көплеген ғайраткерлери толық ақланды.
Соның менен бирге диний тараўдағы адамларда репрессияғаушрады.
Ислам дини халқымыздың үрп-әдетлерине ҳәм турмысына терең сиңип кеткен. Бул түсиник, бир тәрептен динниң халқымыздың тарийхына, миллий мәдениятына, мораллық, ҳуқықый турмысқа ҳәм дәстүрлерине сиңип кеткенлигине билдирсе, екинши тәрептен сол тарийхый процессте ислам дининиң өзи де халықлар мәдениятының ажыралмас бир қурам бөлегине айланып кеткенлигине аңлатады. Соның ушын өтмиште ҳәр қыйлы жоллар менен динди жоқ етиў сиясатын өткерип келингенлиги тийқарсыз екенлигин турмыстың өзи көрсетти. 70 жыл даўамында динге қарсы алып барылған гүрес халықтың тарийхый қадриятларына мәдениятына ҳәм руўхый мийрасына айтарлықтай зыян жеткизди.
Совет дәўринде уламалар, ахун-ийшанлар ҳәм моллалар ески саўўатқа ийе болғаны ҳәм үйинде арабша диний ҳәм илимий китапларды сақлағаны ушын қуўдаланып олардың үйиндеги ҳәм мешитлердеги баҳалы китаплар жоқ етип жиберилди.
Советлер дәўиринде 84 мешит болған болса ҳәзир 3600 дан аслам мешит искерлигин жүргизбекте.
Уллы алломалар - Яссаўий, Нақшбандий, Имам Бухарий, Ат-Термизий, Нажмаддин Қубро ҳәм басқада көплеген данышпанлардың бай мийрасларынан пайдаланыў қадаған етилди ҳәм олар қатты қадағалаў астында болды.
Солай етип, Совет дәўиринде динимиз аяқ асты етилди, диний уламалар, ескише саўаты бар адамлар қуўдаланды.
Те ғана ғәрезсизлик шарапаты менен динимизде өзимизге қайтып, республикамызда дин еркинлиги берилген.
1980-жылларға келип Өзбекстанда репрессиялардың жаңа толқыны айқын көзге таслана басланды. Бул жаңа толқын енди илимий-өндирис ҳәм сиясат пенен бәнт болған кадрларды өз ишине алды. Өзбек халқына «өзбек иси», «пахта иси» деген тамға тағылып, Өзбекстан және қуўдалаўлар майданына айландырылды.
Орайлық партия совет аппараты шекленбеген жоқары ҳәкимятты сақлап қалыўға урынып, Өзбекстан халқының тағдирин буннан былайда шешип отырыў ушын Өзбекстан басшылығының ҳәрекеттеги жәмийетлик-сиясий тәртиплерди өзгертириў ҳәм республиканың миллий ғәрезсизлигин орнатыў зәрүрлигин түсинген қарама-қарсы кейиптеги бөлегин усы республиканың өзиниң жоқарғы партия органларының қолы менен абырайсызландырыўға урынды. 1981 жылдың жазынан баслап Өзбекстанда СССР прокуратурасының арнаўлы тексериў бригадасы ис жүргизип, 1988 жылға шекем 17,5 мыңнан аслам адамды қамаққа алды. Бул пүткиллей надурыс ҳәм халыққа жала жабыў еди. Болған қәтеликлердиң бас айыпкерлери Орайдың өзи ҳәм сол дәўирде үстемлик еткен ҳәкимиятлық, буйрықпазлық ҳәм менменшилик системасы еди.
Орайдан жиберилген Гдлян ҳәм Иванов басшылығындағы группа бир неше жүз мыңлап ҳадал адамларды ҳәм улыўма республиканы абыройсызландыра баслады.
Атап айтқанда сол жыллары Өзбекстан Компартиясы Орайлық комитетеиниң Биринши секретары болған Ш.Рашидовтың, Қарақалпақстан ўәлиятлық комитетиниң 1 секретары К.Камалов, булардан басқа бир қанша халқымыздың ҳадал перзентлери С.Қаниязов, О.Қурбаниязов, К. Салиев, А.Примов ҳәм басқалар наҳақтан айыплы деп табылды.
Миллийлигимиз, миллий үрп-әдет, дәстүрлерде аяқ асты етилди. Миллий үрп-әдетлердиң айырымлары «өтмиш қалдықлары сыпатында баҳаланып, қатаң сын астына алынды. Өтирик, жалған интернационалшылық шаўқым»лары астында халқымыздың ҳақ-ҳуқықы, ерки, тили, тарийхы, мәденияты, дини қадағалаў астына алынды. Миллийлик ҳәм миллий сезимге соққы берилди.
Солай етип, 80-жыллардың екинши ярымында жәмийетлик турмыста жалланыў басланғандай болып көринип, Совет жәмийетин «қайта қурыў» деп аталған жылларда ҳәр қыйлы пикирлер билдириўи имканияты пайда болды.
80-жыллардың ақыры-90-жыллардың басларында СССР деп аталған империя дағдарысқа ушрады. Оны услап турған КПСС халықлардың азатлық, ғәрезсизлик ҳәрекетин жылаўлаўға ҳәлсиз болып қалды. Коммунистлик идеология ыдырай баслады. Республиқалар нызамлы жол менен Парламент арқалы ғәрезсиз болыўға умтылды. Орайдың 1990-1991 жыллардағы СССРди жаңалаў, ғәрезсиз мәмлекетлер аўқамы дүзиў арқалы үстемликти сақлап қалыў ушын урыныўларыда зая кетти.
Республиқалар ушын, соның ишинде Өзбекстан ушын мәмлекет ғәрезсизлигин қолға киргизиў имканияты пайда болған бир ўақытта Москвада орайлық ҳәкимиятты сақлап қалыў ушын ақырғы мәртебе урыныўлар болды, бирақ бул нәтийже бермеди ҳәм республикалар ғәрезсизликке еристи.
Do'stlaringiz bilan baham: |