1918 жылы 30 апрельде съезд РСФСР қурамына киретуғын Түркистан автономиялы республикасын дүзиў ҳаққында қарар етти ҳәм «Түркистан совет федеративлик республикасы ҳаққындағы нызам»ды тастыйықлады. Орайлық Атқарыў комитетиниң баслығы болып большевик П.А.Кобезов сайланды.
1918 жылдан екинши ярымында Түркистанда сиясий жағдай кескин дурежеде аўырласты. Экономикалық қыйыншылықлар, азық-аўқатының жетиспеўшилиги себебли сиясий дағдарыс тағы да тереңлести.
Түркистанлылардың отряды менен Қызыл Армия арасындағы урыслар 1918 жылдан Түркистанның барлық жерлеринде басланып кетти. Түркистанлылар талаўшылар топарларының бас көтериўлери деп есаплады ҳәм патша ҳүкимети дәўиринде де жүз берип турған белгили ўақыяллардың атына сәйкеслеп оларды «баспашылар» деп атады.
Халық арасында ғалабаластырылмаған «социалистлик» сиясат әмелге асырылды - мешитлерди, медреселерди жаўып таслаў, санаат кәрханаларын, ҳәтте өнерментшилик кәрханаларын конфискациялаў, ғәлле монополиясы, азық-аўқат разверткасын еңгизиў, базарларды жаўып таслаў, еркин саўданы тоқтатыў ҳәм басқалар.
Түркистан халықларының азатлық ҳәм ғәрезсизликке ушын алып барған гүресиниң басланғыш дәўири 1918 жылдың февралынан 1920 жылдың февралына шекем еткен дәўири болды.
Азатлық гүресиниң биринши байрағын автономиялы Түркистан қыйратылғаннан кейин қалған миллий армиясының командири Киши Эргаш көтерип шықты. Ол қазалаланғаннан кейин Үлкен Эргаш, соң Мадаминбек (Мухаммад Аминбек Ахмадбеков) қосылды.
Азатлық ушын ҳәрекеттиң қатарлары қысқа мүддет ишинде бирнеше есе көбейди. Эрғаш қурбашы жетекшилигинде 1920 жылдың өзинде-ақ адамлардың саны 1800 ге шекем жететуғын 70 отряд бар еди. 1918 жылдың гүзине келгенде армиядағы барлық адамлардың улыўма саны 15 мынға жетти. 1919 жылдың бәҳәринде пүткил Ферғана дерлик қурбашылар отрядларының бақлаўы астына өтти. Совет ҳәкимияты ис жүзинде тек қалада, темир жол станцияларында сақланып қалды.
Совет ҳәкимияты бул қыйын жағдайдан шығыў мақсетинде ҳәрекет қатнасыўшыларына улыўма кеширим дағазалаўдан ибарат деп билип 1919 жылы 7 май күни Түркистан Орайлық атқарыў комитети ғәрезсизлик ҳәрекети қатнасыўшыларына ғалаба кеширим бериўди дағазалады. Дағазаланған кеширим бериў өз нәтийжелерин бермеди, тек ғана киши отрядлар ғана ықтыярлы түрде қуралларын тапсырды.
Совет-Қытай шегарасындағы Иқтиштамда 1919 жылы 22 октябрь күни шақырылған курбашылар қурултайы ғәрезсизлик ушын ҳәрекет тийкарында әҳмийетли ҳәдийсе болды. Бул қурултайда «Ўақытша Ферғана ҳүкимети» дүзилди, оның баслығы ҳәм бас командир болып Мадаминбек сайланды.
Мине, усындай жағдайда совет ҳәкимияты тәрепинен Түрк комиссиясының жумысларында сиясий жумысты күшейттириўге әҳмийет берилди. Көпшилик арасында үгит-нәсият жумысларын жүргизиўге ҳәрекет етилди. Ўайран болған дийхан хожалықларын қайта тиклеў ушын арнаўлы қарызлар берилди, дийханлардан алынатуғын мәмлекет салықларының муғдары кемейтирилди ҳ.т.б. Усындай сиясий-экономикалық тараўда әмелге асырылған илажлар унамлы нәтийжелерин бере баслады.
Усындай шараятларда 1920 жылдың январь-февралында азатлық ҳәрекетиниң негизи базаларына қарсы жүргизген операция сәтли болып шықты. Өзиниң негизги күшлерин сақлап қалыў ушын Мадаминбек сөйлесиўлер жүргизеди. Нәтийжеде 1920 жылы 6 март күни тынышлық питимине қол қойылды.
Кем-кемнен күшейип баратырған ашлық, азық-аўқат өнимлери нарқының ҳәдден тысқары көтерилиўине байланыслы және де аўырласқан әскерий езиўшилик ханлықлардың ишки сиясий турмысында бийқарарлықты жүзеге келтирди. Туркмен урыў басшылары мине усындай жағдайдан пайдаланып, ханлықта үстемлик сүриў ушын гүрес баслады. Оны Жөнейт хан басқарды.
Усындай ҳәрекетлердиң алдын алыў ушын ҳәм Түркистан большевиклериниң басшылығы әскерий күшин көрсетиў мәқсетинде Бухара әмирлигине қарсы әскерий атланыс баслады. Қатты қарсылық көрсетиўлерине қарамастан, большевиклердиң қосымша күшлериниң келиўи әмирди шәртнама дүзиўге мәжбурледи. 1918 жылы 25 март күни Қызыл Төбеде шәртнамаға қол қойылды. Усы шәртнаманың негизги шәртлери әмир ҳәрекеттеги армиясын 12 мың адамға шекем кемейттириў, Бухара әмирлигинде жасырынып жүрген барлық контреволюционер ҳәм ақ гвардияшыларды тапсырыў, темир жоллар ҳәм телеграфтың сақланыўын тәмийинлеў ҳ.т.б.
Совет ҳүкимети Хийўа ханлығы менен де тап усыған уқсас питим жасады. 1919 жылы 9 апрель күни Хийўаға жақын Тахтада РСФСР менен Хийўа ханлығы арасында жарасыў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.
Лейкин, 1919 жылдың жазынан баслап Совет Түркистаны менен Бухара ҳәм Хийўа арасындағы қатнаслар тағы кескинлести. Әмир Сайид Алимхан менен Жөнейтхан советлерге қарсы әскерий-сиясий аўқам дүзди. Ханлықларда улыўма мобилизация дағазаланды. Жөнейтхан Әмудәрьяның оң жағасында аймақларға хүжим жасады, Төрткул бир неше мәртебе басқыншылық астында қалды.
ТКП үлке комитети ҳәм Түркистан Орайлық Комитети Хийўа ханлығындағы барлық оппозициялық күшлердиң бирлесиўине ҳәм беккемлениўине ериспекши болып, сондай-ақ Жөнейтханға қарсы кейиптеги туркмен урыў баслықлары менен беккем байланыс орнатыў ҳәм булардың Жөнейтханға қарсы гүреслеринде оларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўди усынды. 1919 жылы ноябрь айында бул күшлер арасында аўқам дузилди.
Хийўа ханлығындағы ўақыялардың раўажланыўына байланыслы оған жәрдем бериў ҳаққында делегациялардың келгенлиги ҳаққында Түркистан Орайлық атқарыў комитетине, басқада большевиклерге телеграмма жиберилген.
Усыған байланыслы 1919 жылы 23 октябрьде Түркистан Республикасы Революциялық әскерий ўәкили Скаловтың буйрығы менен әскерлер «Жөнейтханның зулымынан азат болыўда Хийўа мийнеткешлерине жәрдем бериў» ўазыйпасы жүкленди. Арқа отряд Әмиўдәрья бөлими аймағында көтерилген қазақ отрядларын жоқ етип, 22 декабрьде-ақ Әмиўдәрьядан өтип Хийўа ханлығы аймағына бастырып кирди. Қубладан қубла отрядлары 24 октябрь күни Әмиўдәрьядан өтип, хүжим операцияларын кеңейттире баслады.
20 январь күни Жөнейтханның бас резиденциясы Тахта қызыл армия әскерлери тәрепинен қолға алынды. 1 февральда әскерлер Хийўа ханлығының пайтахты Хийўаға кирип барды. 1920 жылы 2 февральда Сайид Абдулла тахттан ўаз кешти ҳәм пүткил ҳәкимиятты Хийўа монархиясын аўдарыўда қатнасқан барлық топарлардың ўәкиллеринен ибарат ўақытша революцияллық ҳүкиметке тапсырды.