«Түрк» атамасы этник мазмунды аңлатпай бир неше қәўим ҳәм халықлардың бирлеспесин билдириўши сиясий атама есапланған. Дереклерден мәлим болыўынша, б.э.ш.V - VIII әсирлерде-ақ Алтайда көп санлы қәўимлер, Сибир ҳәм Азияда көплеген халықлардың ата-бабалары жасаған. VI әсирде кең территорияда тили ҳәм мәденияты жағынан жақын болған ашинлар, толислер, тубалар, карлуклар, тохарлар жасаған. Олар түркий шығыс тармағындағы ҳәр қыйлы диалектлерде сөйлеген.
VI әсирдиң екинши ярымында Алтайдағы бул түркий халықлар Жетисуў ҳәм Алтай халықлары менен Түрк хақанлығына бирлеседи. Хақанлықты аға-инили Бумин ҳәм Истамилер басқарған.
VI әсирдиң 60-70-жылларына келип Түрк хақанлығы күш-қүдретке ийе болды.
563-567 жыллары эфталитлерди қыйратқаннан соң Орта Азия Түрк хаканлығына ғәрезли болды.
585-586 жыллары Бухарада ақ сүйеклерге Аброй басшылығында көтерилис болды. Жергиликли халық түркий шахзада Аброй әтирапына топланған еди. Аброй қозғалан көтерип Пайкент қаласын ийеледи. 585 жылы Қытай әскерлери жәрдеминде Аброй қозғаланын бастырды. Қозғалан көтерген кәмбағалларды байларға хызметкер сыпатында тарқатты.
Өз-ара урыслар ҳәм де тахт ушын гүрес мәмлекеттиң бөлшекленип кетиўине алып келди. 582-603 жыллардағы өз-ара урыслардан соң 603 жылы хаканлық ғәрезсиз еки бөлимге: шығыс ҳәм батыс бөлимлерге айланды.
Қытайлар VII әсирдиң 30-жылларында түрклерди және жеңилиске ушыратқан. Нәтийжеде 659-жылы бир неше жеңилистен соң түрклер Қытайдың жоқары ҳәкимиятын тән алған.
VII әсирдиң ақырларында Орайлық Азия территорияларында Түрк хақанлығын қайтадан тиклеўге урыныўлар болды. Бирақ, бул ис ақырына жетпеди.
Түрк хақанлығы қол астында бирлескен халықлардың раўажланыўы ҳәр қыйлы басқышта болған. Халықтың бир бөлеги отырықшы дийханшылық пенен, қалған бир бөлеги көшпели шарўашылық пенен шуғылланған. Дийханшылық пенен шуғылланыўшы халықтың үлкен бөлеги Согдиана, Хорезм ҳәм Тохарстанда жасаған.
Фергана ҳәм Согдиана халқы кән ислери менен шуғылланып алтын, мыс ҳәм темир, Илоқта қорғасын, гүмис, Шахрисабзда тас, дуз қазып алған.
VI-VII әсирлерде әскерий соқлығысыўлар тез-тез болып турғанлықтан қалалар онша раўажланбаған. Бул дәўирде қорған-қала қурыў әдеўир күшейди.
Бухара территориясы саўданың орайларынан есапланған. Пайкент «Саўдагерлер шәҳәри» деп аталған. Саўда-сатықта тийкарынан Қытай менен қатнасық жетекши орынды ийелеген. Тек, 627-647 жыллар даўамында Самарқандттан Қытайға тоғыз саўда елшиликлери жиберилген. Түрк хақанлығындағы ҳәр бир ҳәкимликте бир неше жүзден-бир неше мың санлы өз әскерлери болған.
VI-VII әсирлерде Түрк хақанлығы территориясында жасаған халықлар ҳәр қыйлы диний исенимлерге исенген. Демек, ҳәр бир урыў, қәўим, халықтың өз диний исеними болған. Халық жер суў, аспан, ай ҳәм қуяшқа сыйынған.
Орта Азияда анимизм көпшилик Түркий халықлар ушын улыўма дин болған. Бул бойынша адамлар ҳәмме нәрсениң руўхы бар деп есаплаған. Ата-бабалар руўхына сыйыныў да түркий халықлар арасында Х әсирге шекем кең тарқалған диний исенимлерден болған. Барлық Түркий қәўимлер Таңирге сыйынған. VI-VII әсирлерде Түркий халықлар арасында зардуштийлик, буддизм ҳәм христиан дини де раўажланды.
Қорған-қалалар феодализм дәўирине тән қурылыслар болып, олар Европада тек XII-XIII әсирлерде ғана пайда болды.
Арабстан деген атама менен белгили болған күтә кең иргели ярым атаў Ҳинд океаны, Қызыл теңиз, Евфрат ҳәм Персия қолтығы аралығына жайласқан.
Көшпели араблар көп санлы урыў және тийрелерге бөлинген. Ҳәр урыўдың басында шайых ямаса әмир әўладлары турған. Көшпели қәўимлер арасында өз-ара урыс-жәнжеллер де көп болып турған. VII әсирде қәўимлер арасында узақ даўам еткен урыслардан соң Мәдина қаласы араб қәўимлериниң сиясий бирлеспесиниң орайына айланды. Бул бирлесиў процесси ислам динине араб қәўимлериниң жәмлесиўи арқалы әмелге асырылды.
Ислам дининң уллы тийкар салыўшысы Мухаммед Меккеде христиан жыл есаплаўында 570-жылы апрельде туўылды. Ол баҳадыр ҳәм атақлы қәўимнен шығып, бабасы Хашем Мекке қаласындағы Каабаның назири - қорғаўшысы еди. Мухаммед пайғамбар 12 жасынан баслап дайысы Абиў-тәлибтиң саўда кәрўанлары менен бирге Сирия, Йемен ҳ.б. еллерге сапарларға қатнасады. Соңынан Хатийшаға үйленип, Муххамед пайғамбар өз қаласындағы ең бай-дәўлетли адамға айланады. Мухаммед пайғамбар диний тәмийнатын халыққа таратып баслаған дәўирде, оған Мекке саўдагерлери қарсы шықты. Сонлықтан Мәдина қаласына кетиўге мәжбүр болды. Соңынан мусылманша жыл есабы басланатуғын хижрий яғный пайғамбардың қашыўы деп аталған уллы ўақыя христиан жыл есабының 622 жылына туўра келеди. Мәдина ҳәм Мекке саўдагерлери арасында узақ даўам еткен гүресте Мухаммед пайғамбар тәрепдарлары жеңип шығады. Мухаммед пайғамбар сөз күши ҳәм қурал күши менен пүткил дерлик Арабстанды өз ҳүкимдарлығы астына алды.
Араблар тез арада Сирия, Палестина, Иранды басып алды. Олар 651 ж. Мерв қаласын урыссыз ийеледи.
Араблардың жеңислериниң себеплери олардың тек күшлилигинде ғана емес, ал басып алған еллериниң ишки жағдайының ҳәлсизлигинде ҳәм сиясий-экономикалық бөлшеклениўинде болды.
Араблар Мервти басып алыў менен шекленип қалмады. Олар Согд, Тохарстан ҳәм Хорезм жерлерин басып алыўды өз алдыларына мәқсет етип қойды.
704 ж. Хорасан найыбы етип Кутейба ибн Муслим тайынланады. Усы дәўирден баслап Мавереннахр жерлерине турақлы түрде әскерий атланыслар басланды. 705 жылы Кутейба ибн Муслим Балх, Чагинян ҳәм Шуман жерлерине атланыс шөлкемлестирди.
706 жылы Зарафшан дәрьясы алабына жүрисин баслады. Ол Мервтен шығып, Амуль (ҳәзирги Чаржаў) қаласы арқалы Мавереннахрдағы ең бай ҳәм ески қалалардың бири болған Пайкендке бағдар алды.
707 жылы Кутейба Мавереннахрға қайтадан әскерий атланысын баслады ҳәм Бухара ўәлаятындағы ең ески қалалардың бири болған Ромитан қаласын урыссыз ийеледи.
711 жылы Хорезмшах Чаган өзиниң иниси Хурзаданың ҳәкимниятты ийелеўинен қорқып, Кутейбадан жәрдем сорайды ҳәм қалалардың алтын гилтин оған жибереди. Орта Азия жерлерин басып алыўда Хорезм ислерине араласыў пайдалы деп есаплаған Кутейба 712-жылы ең әййемги ҳәм бай ел болған Хорезмге әскерлери менен келеди.
712 жылы Кутейба Самаркандқа қарсы әскерий ҳәрекетлерин баслады. Кутейба өзиниң атланысын даўам етип Ферғана, Шаш жерлеринде урыслар алып барды, Қашқарға шекем жетип барды. Ол барлық жерде жергиликли халықтан салық алды ҳәм араблардан найыплар қойды.
Басып алыў барысында ол жаңа тәртиплер орнатты, араб гарнизонларын күшейтти, араб-шарўа қәўимлерин ҳәм жер ийелеўшилерди көширип әкелип қонысластырды.
Кутейба басып алған еллерде дәслепки пайытта жизья (жан салығы) ҳәм хираж (жер салығы) ислам динин мойынлағанлардан алмаў тәртиби еңгизилди. Бирақ бул сиясатты араб найыплары ақырына шекем жеткермеди. Өйткени бул салықлардан азат етиў тек араб халифатының қазнасына түсип турған байлықтың ғана емес, ал найыплардың да табысларының азайыўына алып келди. Найыплар халықтан жыйналған салықтың бир бөлимин өзлерине қалдырып отырды.
Арабларға қарсы жергиликли халықлардың ғәрезсизлик ушын бир неше көтерилислер болып өтти. Солардан Муканна басшылығындағы 776-785, 806 жылы Согд территориясында Рофе ибн Лайс басшылығында көтерилислер келип шықты. Бул көтерилислер күш пенен бастырылды.
Do'stlaringiz bilan baham: |