Жоқары руўхыйлық системасы халқымыздың бир неше әўладлары узақ әсирлер даўамында дөретип келген барлық бай руўхый мийрасларын өзине тийкар етип алыўы арқалы қәлиплеседи.
Орайлық Азия тарийхында сиясий ақыл ойлы ҳәм руўхый батыл, диний дүнья қарас пенен энциклопедиялық билимлиликти өзинде жәмлестирилген уллы ойшыллар көп болған. Имам Бухарий, Имам Термизий, Нақшбанди, Хожа Ахмед Яссаўий, Ал-Хорезмий, Беруний, Ибн Сино, Әмир Темур, Мырза Улуғбек, Захриддин Бабур, Бердақ, Әжинияз ҳәм басқа да көплеп уллы бабаларымыз Өзбекстан халқының миллий мәдениятын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан, халықтың мақтанышы болып қалған.
Мың жыллар даўамында Орайлық Азия оғада ҳәр қыйлы динлер, мәдениятлар ҳәм турмыс кешириў қәбилетлери тутасқан ҳәм тыныш татыў жасаған орай болып келди. Ҳәтте бул әтирапларды басып алғанлар да Орайлық Азия халықларының мәденияты алдында бас ийип ғана қоймастан оның ең баҳалы дәстүрлерин, бул жерде пайда болған мәмлекетшилик элементлерин абайлап қабыл етти.
Руўхый қәдриятлардың бир күдиретли булағы дәстурий шанарақ ҳәм ағайиншилик қатнасықлары этикасынан ибарат. Үлкенлерди хүрмет етиў, өз-ара жәрдем бериў, келешек әўлад ҳаққында ғамҳорлық етиў барҳама оның тийкарғы қағыйдалары болып қалған.
Өзбекстан Республикасында экономикалық реформаларды биринши басқышында қәлиплесе баслаған ҳәм екинши басқышта ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм тереңлестириў ўазыйпаларының бири миллий ғәрезсизлик идеологияның мазмуны ҳәм мәқсетлерин түсиндириўден ибарат.
Идеология - ҳәзирги дәўирдеги түсиндирилиўи бойынша, бул адамлардың дүнья қубылыслары ҳаққындағы көз қараслы менен идеяларының бир тутас системасын болып олардың ҳақыйқатлықа ҳәр бир-бирине болған қатнасықларын, жәмийеттеги жаңадан жүз берген экономикалық ҳәм социаллық машқалаларға, түрли жәнжелли қубылысларға болған қатнасықларын, сондай-ақ жасап атырған жәмийетлик дүзимди өзгертиў ямаса оның раўажландырып беккемлеўге қаратылған социаллық-сиясий ҳәрекетлердиң программалық мәқсетлерин аңлатады.
Әййемги заманлардан елимизде раўажланған жетик, ағла идеялар бирден системаланып идеология дәрежесине қәлиплескен еди. Сонлықтан басқа бийғәрез республикалар сыяқлы бийғәрез Өзбекстан Республикасы таяр идеологиясына ийе болмады ҳәм оның тағы да сырттан алып келиниўи мүмкин емес еди. Идеология мәселеси көп ўақытқа шекем тилге де алынбай қалды.
Бул мәселеге биринши болып Президентимиз И.Каримов дыққат аўдарды. Ол 1993 жылдың апрелинде республика жазыўшылары менен өткерген сәўбетлесиўинде сонынан «Таффакур» журналының бас редакторына, «Туркистон» газетасының хабаршысына берген интервьюларында миллий идеологиясын дөретиў зәрүрлигинен, оның мазмуны нелерден ибарат болатуғынына кеңнен тоқтап өтти. «Алдымыздағы турған ең әҳмийетли мәселе - деди И.А.Каримов, - бул миллий ғәрезсизлик идеологиясын ислеп шығыў ҳәм турмысымызға өндириў болып табылады. Президентимиз ғәрезсизлик идеологиясына жүдә кең түсиник берди. «Бул түсиник - деп көрсетти ол, бәринен бурын төмендегилерди аңлатады
- Өзбекстанның ғәрезсизлигиниң келешеги ҳаққында ғамҳорлық етиў;
- өзиниң ҳәм өз халқының, өз Ўатанының қәдир қымбатын сезиниў уқыбы, оларды қорғаў зәрүрлиги;
- жоқары идеялар, жаңа интеллектуаллық ашылыўлар, ийгиликли мәқсетлерге бағышланған мийнет, Ўатанның келешеги ушын өзиниң талантын, өзиниң барлық потенциалын, күш жигерин керек болса, өмирин бериўге таяр турыўшылық».
Бул түсиникте миллий ғәрезсизлик идеологиясы, оның тийкарғы өзеги болған патриотизм сезимлери жоқары руўхыйлықтың барлық тараўларын жәмлестиретуғын олардың үйытқысы екенлигин анлатады.
«Бизиң ғәрезсизлигимизди беккемлеў жолында - деди Президент И.А.Каримов, - адамларымыздың, жәмийетимиздиң дүнья көз қарасында Ўатанға сүйиспеншилик идеясы биринши гезектеги ўазыйпа болыўы тийис. Миллий адамгершилик, миллий мақтаныш, миллетшиликке ямаса шовинизмге ҳеш қандай байланысы жоқ мақтаныш, усы елге, усы халыққа тийисли болғаным ушын күш беретуғын мақтаныш ҳәр қандай истиң тийкары болыўы тийис».
Усы әдиўли түсиниклер елде жасайтуғын, усы жерде жасайтуғын ҳәр бир адамның миллетине және диний исенимине қарамастан, оның турмысына, санасына, тәни ҳәм қанына сиңиўи тийис.
Өзбекстанның, раўажланыўында билимлендириў әҳмийети тараўлардан болып есапланады. Бул тараўда Өзбекстанда көп ғана өзгерислер жүзеге келмекте. Усы өзгерислердиң ең әҳмийетлиси болып 1997 жылы 29 август күни Олий Мажлис тәрепинен қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында» нызам ҳәм «Кадрлар таярлаў бойынша миллий дәстур» болып есапланады. Усы нызамға муўапық Өзбекстанда 12 жыллық миннетли (мәжбүрий) билим бериў еңгизилди. 9-классты тамамлаған жаслар үш жыллық академиялық лицей ямаса кәсип-өнер колледжлерине жиберилетуғын болды. Билимлендириў ҳаққындағы нызам ҳәм миллий дәстур билимлендириў системасын түпкилликли реформалаўды талап етти. Реформалар басқышпа-басқыш өткериледи.
Биринши басқыш өтиў дәўири болып, ол 1997-2001 жылларға шекем даўам етеди, билимлендириўди раўажландырыў ушын ҳуқықый, илимий-методикалық, материаллық жағдайлар жаратылады.
Екинши басқыш 2001-2005 жылларды өз ишине алып бул ўақытта миллий дәстур толық әмелге асырылады.
Үшинши басқыш 2005 ҳәм оннан кейинги жылларға мөлшерленген болып, онда жыйналған тәжирийбелерди анықлаў тийкарында кадрлар таярлаў системасы жәнеде жетилистириледи ҳәм раўажландырылады. Өзбекстанда үзликсиз билимлендириўдиң төмендеги түрлерди әмелге асырылатуғын болады мектепке шекемги билимлендириў, улыўма орта билимлендириў, орта арнаўлы ҳәм кәсип онер билимлендириў, жоқарғы билимлендириў, жоқары оқыўдан кейинги билимлендириў, кадрлардың қәнийгелигин жетилистириў ҳәм оларды қайта таярлаў, мектептен тысқары билимлендириў.
Билимлендириў реформасында тийкарғы итибар тәлим-тәрбияның миллийлигин беккемлеўге билимлендириўдиң басқарыў системаларын жетилистириўге оның материаллық техника базасының ҳәзирги заман талапларына сәйкеслестириў, тәлим-тәрбия процессин дүнья стандартлары дәрежесине көтериўге қаратылды.
Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде бирден-бир үзликсиз билимлендириў, системасы қәлиплестирилди. Ол мектепке шекемги тәрбия, улыўма билим беретуғын мектеп, кәсип-өнер билимлендириў, орта арнаўлы ҳәм жоқарғы билимлендириў, илимий педагогикалық кадрлар таярлаў, қәнийгелигин жетилистириў тараўларын өз ишине алады.
Улыўма билим беретуғын мектеплерди реформалаўда тәлим-тәрбия сапасын жақсылаўға үлкен итибар берилди. 1996-1997 оқыў жылынан баслап биринши класста оқыў латын жазыўына тийкарланған өзбек ҳәм қарақалпақ әлипбесинде алып барылды. Жаңа оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықларды ислеп шығыў терең үйренилетуғын мектеплер тараўы тез раўажланды.
Do'stlaringiz bilan baham: |