Лекция №10. Түркистанда тоталитар совет ҳәкимиятының орнатылыўы.
ҳәм оған қарсы қураллы ҳәрекет.
ЖОБАСЫ:
1. Түркистанда тоталитар совет ҳәкимиятының орнатылыўы.
2. Тоталитар совет ҳәкимятының сиясатына қарсы халық ҳәрекетиниң басланыўы, оның мәниси, ҳәрекетке келтириўши күшлери ҳәм басқышлары.
3. Хийўа ханлығы ҳәм Бухара әмирлигиниң сапластырылыўы ҳәм бул үлкелердеги сиясий жағдай.
ӘДЕБИЯТЛАР:
1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йўқ Т. 1998.
2. Аъзамхўжаев С. Туркистон Мухторияти. Т. 1996.
3. Зиёева Д. Туркистон миллий озодлик ҳаракати Т. 2000.
4. Ибодинов А. Қўрбоши Мадаминбек Т. 1993
5. Кощанов Б. Право на вторжение Н. 1993
6.Кощанов Б., Наубетуллаев А., Өтепбергенова А. 1917-жылғы тарийхый ўақыялар Н2007
7.Мустабид тузумнинг Ўзбекистон миллий бойликларини талаш сиёсати: тарих шоҳидлоги ва сабоқлари Т. 2000
8. Ражабов Қ., Ҳайдаров М. Туркистон тарихи Т. 2002.
9. Ўзбекистон тарихи Т. 2003, 2006.
10. Ўзбекистоннинг янги тарихи. 2- том. Ўзбекистон совет мустабид мустамлакачилиги даврида. Т. 2001.
Россиядағы февральдағы демократиялық революцияның жеңиси Түркистанның да жәмийетлик-сиясий жағдайына тәсир ете баслады. Бул жерде де жаңа ҳәкимият дүзиў, сондай-ақ, мусылман жетекшилери автономияға ерисиў, өз халықларының келешек тәғдирин шешиўге ҳәрекет ете баслады. Әсиресе Петроградта октябрь қураллы көтерилисиниң жеңиске ерисиўи, Ташкенттеги ўақыяларды тезлестирип жиберди.
27 октябрьден баслап революциялық күшлер менен генерал Коровиченко әскрелери арасындағы қураллы соқлығысыўлар даўам етти.
1917 жылы 1 ноябрь күни Түркистан үлкеси Совети, Ташкент Советиниң Атқарыў Комитети ҳәм Әскерий Комитет халыққа қаратылған үндеўин жәриялап, Ташкентте қураллы көтерилис жеңиске ерискени хаққында хабар берди.
Ташкентте жумысшылар менен солдатлардың қураллы көтерилиси жеңиске ерискеннен кейин ҳәкимият дүзиў ҳаққындағы мәселе ортада турды. Жумысшылар менен солдатлар депутатлары Советлердиң III Үлке съезди ноябрьде жумыс баслады. Күн тәртибинде үлке ҳәкимиятын шөлкемлестириў, орынларда ҳәкимият дүзиў, сайлаўлар мәселелери турды. Съездде шөлкемлескен фракциялар өз платформаларын баян етти. Большевиклер коалициялық ҳүкимет дүзиў пикирин бийкарлады. Солшыл эсерлер үлке ҳәкимияты органына мусылман пролетариатының ўәкиллери де киргизиў мүмкин деп есаплады. Оңшыл эсерлер ҳәм меньшевиклер барлық демократиялық шөлкемлер қатнасатуғын ҳәм орынлардың ярымы мусылман халықтың ўәкиллерине берилетуғын коалициялық ҳүкимет дүзиўди жақлап шықты.
Съезд большевиклер, солшыл эсерлер ҳәм максималистлер (эсерлер партиясындағы топарлардың бири) резолюциясы негизинде таярланған декларацияны қабыл етти. Бул декларация үлкениң революциялық ҳәкимиятын шөлкемлестириўдиң бағдарларын хабарлады - Түркистан үлкеси халық Комиссарлары Совети деп аталатуғын жумысшы, солдат ҳәм дийхан депутатларының үлке Совети ҳәкимияттың жоқарғы органы деп дағазалады. Ҳүкиметтиң қурамына жергиликли халықтан бирде ўәкил киргизилмеди.
Түркистан большевиклери ҳәм солшыл эсерлер Түркистан мусылман халқының үлкени басқарыўға ҳуқықын бийкарлап, ҳәкимият ҳаққындағы мәселени келисип шешиў имканиятын бийкар етти. Сонлықтанда бул ҳәрекетлер үлке мусылманларының айрықша IV съездиниң жумысына тәсир жасады. Съезд 26 ноябрь күни Қоқанта жумыс баслады. Түркистанды басқарыўдың формасы ҳаққында мәселе съезддиң дыққат орайында турды. Автономия ҳәм бийғәрезлик жәриялаў ҳаққындағы пикирди ҳәмме қоллап-қуўатлады.
Шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик дүзимниң аты 28 ноябрь күни белгиленди-оған «Түркистан автономиясы» деген ат қойылды. Съезд пүткил Россиялық тийкар салыўшы мәжилис шақырыламан дегенше ҳәкимиятты жаңадан дүзилген «Ўақытша Түркистан Совети» ҳәм «Түркистан» халық мәжилисине берди.
Ўақытша ҳүкиметтиң президиумына съезд 8 адамды сайлады Мухаммеджан Тынышбаев - бас министр ҳәм ишки ислер министри, Ислам Шаахмедов - бас министрдиң орынбасары, Мустафа Шакаев - сыртқы ислер министри, Убайдулла Хожаев - әскерий министр. Қалған төрт орын европалы халықтан сайланған ўакиллердиң ийелеўи ушын қалдырылды.
Автономияның дағазалаўын Түркистан халықлары көптен берли әрман еткен өзиниң миллий мәмлекетке ийе болыў деп билди, буған жуўап ретинде ғалаба бирлик ҳәрекети басланды. Ал үлкениң Совет органлары автономиялы Түркистан ўақытша ҳүкиметин тән алмайтуғынын биринши күнлерден баслап-ақ мәлимледи.
Соның менен бирге автономиялық ҳәрекеттиң өзиниң ишинде мусылман халқының түрли социаллық қатламлары ҳәм топарларының басшылары арасындағы келиспеўшиликлер «Түркистан автономиясы»ның қыйратылыўына алып келди.
Do'stlaringiz bilan baham: |