Лекция №13. Екинши дүнья жүзилик урыс жылларында Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерискен жеңиске қосқан үлеси.
ЖОБАСЫ:
1 Урыс жылларында Өзбекстанның санааты, аўыл-хожалығы ҳәм мәденияты.
2. Өзбекстанлы жаўынгерлердиң фронтта көрсеткен ерлиги.
3. Екинши жер жүзилик урыстың тамамланыўы. Фашизмди қыйратыўда Өзбекстанның орны. Урыстың жуўмақлары ҳәм сабақлары.
ƏДЕБИЯТЛАР
1.Каримов И. Ватан саждогоҳ каби муқаддасдир Т. 1995.
2.Ўзбекистон тарихи (маърузалар матни). Т. 2000.
3.Ўзбекистон тарихи. Т. 2003, 2006.
4.Ўзбекистоннинг янги тарихи. 2-том. Ўзбекистон совет мустабид мустамлакачилиги даврида. Т. 2001.
5. Фазылходжаев К. Детей принимал Узбекистон Т. 2001.
1939-жылда басланған екинши жәҳән урысы себепли пайда болған халықаралық жағдайға СССР менен бирге Өзбекстан да тартылды. Халқымыздың батыр перзентлери «киши урыслар» деп аталған Хальхинголь, Хасон Коли, Финляндия урысларына қатнасты. 1941 жылы 22 июнь күни гитлершилер Германиясының СССРға тосаттан қылған хүжими өзбек халқының да тынышын бузып, СССР халқларына аўыр сынаў ўақты болып, олардың немис-фашист басқыншыларына қарсы пидәкерлик гүреси басланды.
Урыстың басланған күнинен баслап улыўма мәмлекет аймағында болғанындай, Өзбекстанда да партия шөлкемлери тәрепинен митинг ҳәм жыйналыслар өткерилди. 22-24 июнь күнлери Ташкент, Самарқанд, Бухара, Андижан, Наманган, Ферғана, Нөкис қалаларында өткерилген жыйналысларда Ўатанды қорғаў ушын қәлеген ўазыйпаны орынлаўға таяр екенлигин билдирген өзбекстанлықлар, әскерий комиссарлықларға фронқа жибериўге арзалар берди. Өткерилген митинг ҳәм жыйналысларда арза берген қәлеўшилер саны дәслепки айлардан-ақ 32 мыңнан асламды қурады.
Фронт артын беккемлеў, халық хожалығын қайта қурыў, әскерий жағдайға көшириў мәмлекетти бирден-бир әскерий лагерге айландырыўға байланыслы улыўма дәстурдиң ең әҳмийетли қурам бөлими болды. Бул дәстүрди әмелге асырыўда Өзбекстан Қызыл Армияның фронт артындағы беккем базасына айланды.
Урыс жылларында Өзбекстан санааты ҳәм аўыл хожалығы әскерий тартипке өткерилди. Фронт артындағы аўыл ҳәм қалалардан жуз мыңлап ҳалық, санаат кәрханалары, оқыў орынлары, илимий шөлкемлер ҳәм басқада материаллық байлықларда мәмлекет ишине – Шығысқа көшириў басланды. Орта Азия республикаларына эвакуация етилген 308 кәрхананың 104 Өзбекстанға, олардан 55 кәрхана Ташкент ҳәм Ташкент ўалиятына, 14 завод ҳәм фабрика Самарқандқа, 22 Ферғана ойпатына, 2 кәрхана Бухара ўалаятына жайластырылды. Лениград тоқымашылық заводы, «Ростсельмаш», «Красный Аксай», Москвадағы «Подъемник» ҳәм «Электрокабель» заводлары, Чкалов атындағы авиация заводи, «Красный путь» заводи, Киевтағы «Транссигнал» заводи, Сталинград химия комбинаты ҳ.т.б. «Ташсельмаш» заводы, Шыршық электрохимия карханалары фронт зәрүрлиги ушын ислей баслады.
Өзбекстан батыстан келтирилген заводлар халқымыздың пидәкерлик мийнети менен қысқа ўақыт ишинде өним бере баслады. Урыс жылларында Шыршық электрохимия комбинаты, Қоқанд суперфосфат заводы Өзбекстан санаатының тийкарғы бағдары болды. Әскерий ислеп шығарыў қуўатларын асырып барыў зарурлиги санаат қурылысын көбейтиўди талап етти. Тийкарғы қурылыс ислери ҳашар усылы менен алып барылды. Электро энергиясын ислеп шығарыўда көбейтиў мақсетинде 7 ири ҳәм 30 жақын киши ГЭСлер қурылды. Әсиресе Өзбестанның ең ири гидроэлектростанциясы болып қалған Фархад ГЭСи қурылысы улыўма халықлық қурылысқа айланып 10 ай ишинде ГЭС иске түсирилди. Электроэнергияны ислеп шығарыў 1943 жылы 1940 жылға қарағанда 3,5 есеге асты.
Республикада көмир санаатын ҳәм нефть кәнлерин ашыў бойынша табыслы жумыслар алып барылды. Вольфрам, мыс ҳәм алтын аўысықларының табылыўы нәтийжесинде Өзбекстанда реңли металлар санааты жаратылды. Алмалық мыс кәни республика химия санаатында айрықша орын тутты. ӨзССР Халық Комиссарлар Советиның 1942-жылы 17-июньде Бекабадда металлургия заводын қурыў ҳаққындағы қарарын орынлаўға 30 мыңнан артық адам тартылып, 1944-жылда 5 мартта Өзбекстанның биринши метталургия заводы иске түсирилди.
Урыс жылларында қурылыс материаллары тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм жергиликли санаат тармақлары раўажланды. Республикада санааттың раўажланыўы кадрларға болған талапты күшейтти. 1942 жылға келип республика санаат карханаларында ислеп атырған ҳаял-қызлар 63,5 % қурады. Республикада жумысшылар классының өсиўинде салмақлы орын тутқан жасларды кәсипке үйретиў ушын 1942 жылдың ақырында 31 ФЗО (фабрика завод тәлими) мектеби ашылды.
Орта Азия ҳәм Қазақстан республикалары халқының ҳәм материаллық ресурсларын мобилизациялаў ҳәм жаўынгер таяр ҳалға келтириўде Орта Азия әскерий огруги үлкен роль ойнады. Бир ярым жыл ишинде бул округ 109 бөлим дүзди. Өзбекстан мийнеткешлери илимий әскерий бөлим дүзиў усынысы менен шықты. 1941 жыл ноябринен 1942 жыл мартына шекем Өзбекстанда 14 миллий бригадасы, 5 атлы дивизия дүзилди. Урыс жылларында бир миллион төрт жүз мың өзбекстанлылар фронтларда саўашларда ерлик көрсетти. Олардан төрт жүз елиў мың адам қайтып келмеген.
Урыстың дәслепки күнлеринде Республика қорғаныў фондына 30 млн. сўм муғдарында қаржы топланды. Қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан халық хожалығы әскерий жағдайға өткерилди. Пүткил халық барлық материаллық ресурслар Ўатанды қорғаўға атланды.
Сабыр Рахимов, Мамадали Топиволдиев, Р.Абзалов, О.Рахимов, Х.Аминов, Қ.Турдиев, А.Ражжабов сыяқлы өзбекстанлы жаўынгерлер ерликлери ушын Советлер Аўқамы Каҳарманы атағына сазаўар болған болса, пүткил Өзбекстан халқы халық хожалығы мийнет фронтында үлкен ерликлерди көрсетти. 280 нен аслам өзбекстанлылар фронттағы еркинликлери ушын Советлер Аўқамы кахарманы атағына, мыңлап жаўынгерлеримиз болса урыс жыллары шөлкемлестирилген орден ҳәм медалларға өз ерликлери себепли сазаўар болды. Мәмлекеттиң түрли районларынан көширип әкелинген халық Өзбекстанда хурмет итибар ҳәм гамҳорлық пенен кутип алынды. Бул жерге бир миллион жақын адам, соның ишинде 200.000 бала көширип әкелинди. Өзбекстанда олар баспана ҳәм меҳир тапты. Оларға 135 мын квадрат метрден көбирек турақ жай берилди. Оларды жумысқа орналастырыў бойынша турақлы түрде жумыс алып барылды. Өзбекстан халқы өзиниң сонғы бөлек нанын, кийим кеншегин, турақ жайын көшип келгенлер менен бирликте бөлисти. 15 жетим баланы перзентликке алған Шомахмудовлар шанарағының аты пүткил дүньяға мәлим. Бул халықлар дослығының уллы көриниси болып халықларды бир бирине жақынластырса да, бул жылларда миллий сиясатта кеширип болмайтуғын қәтелерге де жол қойылды.
1943-1944 жылларда қалмақлар, қырым-татарлар, чеченлер, ингушлар, немислер, қарачайлар, түрклер өзлериниң тарийхый Ўатаны ҳәм турақлы жайларынан мәмлекеттиң шығыс районларына көширип жиберилди. Өзбекстанға 15 мыңнан артық қырым-татарлар, 175 мың чеченлер, 157 мың ингушлар ҳәм басқа халықлар көширип келтирилди. Урыс жылларында ҳәм оннан кейин аман қалған әскерий тутқынлардың да аўҳалы аўыр болды.
Административлик-буйрақпазлық системасының урыс жылларындағы унамсыз көринислеринен бири жоғалтыўлар менен есапласып отырмай, ҳәр қандай қылып болса да әскерий мәқсетлерге ерисиў зәрүр деген принцип болды. Жеңис оғада қымбатқа түсти. Совет адамларының 27 миллионға шамаласы урыс саўашларында набыт болды. 18 миллионнан аслам жаўынгерлер жарадар болды. Олардың көпшилиги мийнет қәбилетлерин жоғалтып майып болып қалды.
Жүртбасымыз айтып өткениндей, бул урыс кимлер тәрепинен қандай мәқсетлерде, қай жерлерде болып өткенлигине қарамастан онда өзбекстанлылар қатнасып өз шанарағы, бала-шағасы, ата-анасы, теберик ана-жерди қорғады. Олардың ерлиги ҳеш қашан умтылмайды.
Ғәрезсиз Өзбекстан күш күдиретиниң дереги халықларымыздың улыўма адамгершилик ғәзийнелерине садықлығында. Аяўсыз урыслар халқымыздың адамгершилик тәбиятына дақ түсире алмады.
Өзбекстан жаўынгерлери екинши жер жузлик урыста үлкен ерликлер көрсетти. 120 мыңнан аслам Өзбекстанлылар СССРдың ордени хәм медалларына сазаўар болды. Совет Аўқамының Қахарманы атағына 300 ден артық жаўынгерлер ийе болды. Өзбестанлы 82 жаўынгерлер «Даңқ» ордениниң толық кавалери болды. Өзбекстанлы жаўынгерлерден Б.Бабаев, П.Нурпейсов, Т.Назаров, А.Рахимов ҳәм басқалар Совет аўқамының қахарман атағын алды. Өзбекстан жаўынгерлери фронттың барлық линияларында қатнасып, Берлинге дейин барды.
Москваны қорғаўда Туркистан әскерий округында дүзилген генерал-майор И.В.Панфилов басшылық еткен 316 атқышлар дивизиясы айрықша қахарманлық көрсетти. Москва ушын гуресте қахарманлық көрсеткен өзбек қызы Зебо Ғаниева Қызыл байрақ ордени менен сыйлыкланды.
Өзбекстан урыстан үлкен жогалтыўлар менен шықты. 1939-1945 жылларда болып өткен екинши жәҳан урысы фронтларына жиберилген 1433230 адамнан 263005 адам набыт болды, 132.670 адам майып болып қайтты. Үлкен қурбанлар есабына Өзбекстанлылар инсанияты фашизмнен қутқарыўға мүнәсип үлес қосты. Урыста набыт болғанларды еслеў ҳәм қадирлеў мақсетинде «Естелик» китаплары дүзилди. Президентимиз пәрманы менен 9-май «Еслеў ҳәм қадирлеў» күни деп жәрияланды.
Do'stlaringiz bilan baham: |