Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet32/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
Bog'liq
Лекция

1990 жыл 14 декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң IV сессиясында «Өзбекстан Республикасы қурамында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекет суверенитети ҳаққында Декларация» қабыл етилди. Бул декларация 1991 жыл 31 августта қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы мәмлекет ғәрезсизлиги тийкарлары ҳаққындағы» Нызамда өзиниң ҳуқықый тийкарын тапты. Онда Қарақалпақстанның аймақлық бир пүтинлиги ҳәм ғәрезсизлиги ҳаққында айтылды.
Өзбекстан Республикасы Конституция белгиленилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы раўажланыўы ушын бир қатар ҳуқықый мәмлекетлер жаратылды. Мысалы: Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қарақалпақстан Республикасының ҳуқықый ўәкиллиги бар.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 71 статьясында белгилеп қойылғанындай, Қарақалпақстан Республикасы өз Конституциясына ийе болыў керек. Мине усы ҳуқыққа тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети өзиниң 1993 жылы 9 апрельде XII сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етти. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы Өзбекстан Республикасы Конституциясына қарсы келмейди, керисинше оны бас ҳуқықый тийкар сыпатында биледи ҳәм Қарақалпақстан аймағында толық ис асыўын тәмийнлейди.
Өзбекстан Президенти И.А. Каримовтың Нөкис қаласының 60 жыллық байрамында: «Өзбекстан тағдиры - бул Қарақалпақстан тағдиры, өзбек халқының тағдиры - бул қарақалпақ халқының келешеги» деп атап көрсетди.
Бүгинги күнге келип қарақалпақ халқы өзиниң суверенитети, ғәрезсизлиги тек Өзбекстан менен бирге болғанда ғана тәмийнлениўин жақсы түсинеди.
Лекция №15. Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанның экономикалық, руўхый,
мәдений раўажланыўы
ЖОБАСЫ:
1. Өзбекстан базар қатнасықларына өтиўдеги өз жолы «Өзбек модели» оның принциплери.
2. Өзбекстанның миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм идеологиясы.
3. Өзбекстан Республикасында «Билимлендириў ҳаққында» нызам ҳәм Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасының қабыл етилиўи, оның әҳмийети.
ӘДЕБИЯТЛАР:
1.Каримов И.А. Өзбекстан экономикалық реформаларды тереңлестириў жолында Н. 1995
2. Каримов И.А. Өзбекстан XXI əсир босағасында, қəўипсизликке қəўип, турақлылық шəртлери ҳəм раўажланыў кепилликлери Н.1998
3. Каримов И.А. Ўзбекистон бозор мунособатларига утишниңг ўзига хос йўли Т. 1993
4. Каримов И.А. Баркамол авлод Ўзбекистон тараққиетининг пойдевори. Т. 1997.
5. Каримов И. Жоқары мəнаўият-жеңилмес күш. Н. 2008.
7. Ўзбекистон тарихи. Т. 2003, 2006.
8. Ўзбекистоннинг янги тарихи. 3- том. Мустақил Ўзбекистон тарихи. Т. 2000.
XX әсирдиң соңғы он жыллығы дүнья тарийхына жәмийетлик көз-қараста дүнья жәмийетлигиниң географиялық-сиясий дүзилисине тийкарғы өзгерислер дәўири болып кирди. Бул дәўирдиң өзине тән белгилери бир тәрептен ҳалықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы жақынласыў процесслери ҳәм бирге ислесиўдиң күшейиўи болып, сиясий ҳәм экономикалық мәканлардың пайда болыўы, ҳалық-аралық нормалар, қағыйдалар ҳәм үрп-әдетлерге өтиў болса, екинши тәрептен, социалистлик лагердиң жемирилилиўи, тоталитар дүзимниң тамамланыўы, унитар дүзимлер орнында жас ғәрезсиз мәмлекетлердиң пайда болыўы болып есапланды.
Өзбекстан Республикасының өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң, сиясий өзгерислерди үстем деп есаплап атырғаны, бөлистириўдиң ҳәкимшилик-буйрықпазлық дүзиминен пүткил ўаз кешип атырғанлығы ҳәм базар экономикасына тийкарланған социаллық қатнасықларды дүзип атырғанлығы жәмийетти реформалаўға қатаң кирисип атырғанлығы белгили.
«Түпкиликли мақсетимиз, - деп жазады И.А.Каримов «Өзбекстан экономикалық реформаларды теренлестириў жолында» деген китабында, - социаллық бағдарланған турақлы базар экономикасына, ашық сиясатқа ийе болған күшли демократиялық ҳуқықый мәмлекетти ҳәм пуқаралық жәмийетти дүзиўден ибарат».
Бул мақсет ҳәмме ҳалқымыздың, сондай-ақ пүткил прогрессивлик адамзаттың ең шийрин әрманларының тийкары болады. Бурынғы дүзимниң өзин «жетилистириў», «қайта қурыў» жолы менен ол мақсетке жетиў мүмкин емес. Сондай-ақ ески жәмийетликтиң экономикалық системадан базар экономикасына тийкарланған жаңа социаллық экономикалық дүзимге өтиў аңсат емес.
Бундай қыйын жағдайларда елди апатшылыққа ушыратпай, жаңа жәмийетлик дүзимге өтиўде өз ҳалқының тарийхый, миллий, социаллық, сиясий, психологиялық, географиялық, демократиялық ҳәм басқа да өзгешеликлерин есапқа алып, ақыл-парасатлылық пенен ис жүргизетуғын басшы - лидердиң роли айрықша болатуғынлығын тарийх та, бүгинги күнниң ҳақыйқатлығы да дәлиллеп отыр. Мине усы жағдайларды есапқа алып, Өзбекстан Президенти И.А.Каримов «Жаңа жайды қурмай турып, ескини бузбаң», деген халқымызыдың нақылын сүрен етип көреди. Бул сүренниң мәнисин - биз базар экономикасына өтиўдиң өзимизге тән, халқымыздың менталитетине мас келетуғын жолымызды таңлап алыўымыз, раўажланыўымызды иске асырыўымыз зәрүр дегенди аңлатады.
Бул жолдың мазмуны Президент И.Каримов тәрепинен исленип шыққан Өзбекстанның базар экономикасына өтиўдиң бес принципинде баянланған. Қысқаша айтқанда бул принциплер мыналардан ибарат.
Бириншиден, экономиканың сиясаттан жоқары турыўы, оның ишки мазмунын қураўы лазым.
Екиншиден, өтиў дәўириниң қыйын жағдайларында бас реформашы мәмлекет болыўы шәрт. Демек, мәмлекет сиясий орган сыпатында бурынғы советлик дүзимдеги орайдың буйрығын орынлаўшылық ўазыйпасынан биротала қутылып, елимиздеги базар экономикасына тийкарланған жаңа жәмийетлик дүзимге өтиўди, оның тийкарын дүзиўге қаратылған экономикалық реформаларды ислеп шығыў ҳәм оларды әмелий иске асырыўда баслы шөлкемлестириўши болыў ўазыйпасын орынлаўы шәрт.
Үшиншиден, пүткил жаңалаў ҳәм раўажланыў процесси ҳуқықый тийкарда қурылыўы зәрүр, келешек мақсетимиз ҳуқықый мәмлекет дүзиў болғанлықтан, жәмийеттиң барлық тараўларында, кимниң қандай ҳәмелде ислеўине қарамастан Өзбекстан Республикасының ғәрезсизликке ерискеннен берги жағындағы қабылланған барлық нызамларға бойсыныў.
Төртиншиден, республикамыздыға қәлиплескен демографиялық жағдайларды нәзерде тутып, адамларды социаллық жақтан қорғаўда күшли сиясат алып барыў. Өзбекстан Республикасындағы базар экономикасына өтиўде оның басқа қоңсылас мәмлекетлерден өзгешеликлериниң бири де, ҳәзирги турақлылықты тәмийинлеп турған жағдай да социаллық жақтан бағдарланған экономикалық реформаларды иске асырып атырғанлығы болады.
Бесиншиден, жаңа экономикалық базар қатнасықларына өтиўди секирмели жолы менен емес, ал басқышпа-басқыш әмелге асырыў.
Базар экономикасына өтиўдеги биз таңлап алған жол көп тәрептен хожалық тараўындағы үрп-әдетлерди сыпат тәрепинен жаңа негизди қайта тиклеў, ески өзгермес жолдан қутылыў ҳәм ҳалықта базар қатнасықларына тән болған сананы раўажландырыўдан ибарат. Базар экономикасына өтиў, объектив зәрүрлик сыпатында дәўир талабы болып қалды. Тәртипли тийкарда дүзилген базар экономикасы ғана ҳәзир ҳалықтың дөретиўшилик ҳәм мийнет имканиятларын жүзеге шығарыўға, жалқаўлықты тамамлаўға, исбилерменликти раўажландырыўға тийкар салады. Тек базар қатнасықлары ғана республика ислеп шығарыўшы күшлери тийкарында үлкен имканиятларды ҳалық мәпи ушын, оның турмыс дәрежесин асырыў мақсетинде нәтийжели пайдаланыўды тәмийнлеўи мүмкин.
Өзбекстанның базар қатнасықларына өтиў модели республиканың өзине тән шараятларын ҳәм өзгешеликлерин, дәстүрлер, үрп-әдетлер, турмыс қәлпин ҳәр таманлама есапқа алыўға, өтмишдеги экономиканың бир тәреплеме, унамсыз раўажланыўының төмен мийрасына соққы бериўге тийкарланады.
Соның менен бирге Өзбекстанның базар қатнасықларына өтиў модели дүнья тәжирийбеси, мәмлекет ҳәм жәмийеттеги жаңаланыў ҳәм өзгертиўдиң қурамалы жолын басып өткен мәмлекетлер топланған ең жақсы тәжирийбени өзине жәмлестирген.
Экономикалық реформалардың биринши басқышы жаңа экономикалық дүзимниң ҳуқықый негизлерин жаратыў, мәмлекетшиликти қәлиплестириў ҳәм беккемлеў, ески ойларды ойымыздан шығарып таслаўға қаратылған еди.
Биринши басқышта еки шешиўши ўазыйпаны биргеликте шешиўге туўра келди. Бириншиси, административлик-буйрықпазлық дүзимниң аўыр ақыбетлерин жеңиў, экономиканы турақластырыў, екиншиси, республиканың өзине тән шараятлары ҳәм қәсийетлерин есапқа алған жағдайда базар қатансықларының негизлерин қәлиплестириўден ибарат.
Экономиканы реформалаўдың стратегиялық мақсетлеринен келип шыға отырып екинши басқышта мәмлекет мүлкин меншиклестириў ҳәм социаллық бағдарланған сиясат даўам еттириледи. Мәмлекет мүлкин дәслепки меншиклестириўди тамамлаў, ҳақықый мүлк ийеси етиў, мәмлекетке қараслы болмаған сектор ҳүкимдар дәрежени ийелейтуғын жәмийетлик-өндирис қурамын түпкиликли өзгертиў ўазыйпалары ҳәзирги ўақытта ең биринши мәселелердиң бири болып есапланады. Меншиклестириў нәтийжесинде кеминде еки тийкарғы ўазыйпасы шешилиўи керек:
1. Бизиң еркимиздеги мүлк өзиниң ҳақыйқый хожайынына ийе болыўы тийис. Ҳақықый хожайынлық сезимин сезиниўдиң абзаллығы ең дәслеп экономикалық мүнәсебетлердиң характери түптен өзгереди. Өндиристен раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге ҳәкимшилик-буйрықпазлық жолы менен мәжбүр етиў ушын зәрүрлик қалмайды.
Өзбекстанда меншикти көп қыйлы формаларына - жеке меншик пенен бир қатар коллективлик, акционерлик, топарлық, шет еллер менен бирге қоспа кәрханаларға бирлескен меншик ҳ.т.б. киреди. Соның менен қатар жерге, кәнлерге, басқа да тәбийий байлықларға, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да улыўма халық мәплерге хызмет ететуғын мүлклерге мәмлекетлик меншик сақланады. Бундай тәртиплер базар қатнасықлары тийкарында жүдә жоқары раўажланған еллердиң ҳәммесине де тән нәрсе.
«Өзбекстанда «экономикалық реформалардың биринши басқышының ең әҳмийетлиги ўазыйпасы - деп жазады Президент И.Каримов, - мәмлекетлик меншиктиң монополизмин сапластырыў ҳәм оны приватизациялаў есабынан көп укладлы экономиканы қәлиплестириў болды».
Приватизация - мәмлекет меншиклигинде болып келген кәрханаларды, турақ жайларды, транспорт әсбапларын ҳәм басқа мүлклерди жеке меншикликке ямаса меншиктиң басқа формаларына өткериў ямаса сатыў дегенди аңлатады.
2. Меншиклестириў даўамында көп укладлы экономиканы ҳәм хошаметлеўши бәсекешилик (конкуренциялық) орталықты пайда етиўден ибарат.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish