Лекция 14. Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизликке ерисиўи. Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийет
тийкарларының дүзилиўи.
ЖОБАСЫ:
1. Советлер империясының кризиске ушыраўы дәўиринде Өзбекстанның социаллық-сиясий раўажланыўы (1985-1991жж.).
2. Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жәрияланыўы ҳәм оның тарийхый әҳмийети.
3. Сиясий реформалар. Мәмлекетлик ҳәкимияттың миллий, ҳуқықый демократиялық тийкарларының дүзилиўи.
Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Өзбекстан XXI əсир босағасында: қəўипсизликке қəўиплер, турақлылық шəртлери ҳəм раўажланыў кепилликлери Н. 1998.
2. Ўзбекистон Республикаси мустақил давлатининг бунед булиши Т. «Ўзбекистон» 1992.
3. Усманов К. Ўзбекистон мустақиллик одимлари. Т. 1994.
4. Усманов К., Абдуганиев А. ва бошқалар. Ўзбекистон қарамлик ва мустақиллик йилларида. Т. «Ўқитувчи» 1996.
5. Усманов К., Шернов Ш. ва бошқалар. Ўзбекистон сиесий ва ҳуқуқий ислоҳатлар сари. Т. 1996.
6. Ўзбекистоннинг янги тарихи. 3- том. Мустақил Ўзбекистон тарихи. Т., 2000.
7. Ўзбекистон тарихи. Т. 2003. 2006.
XX әсирдиң ақырына келип дүньяның 1/3 бөлегинде бурын болмаған қубылыслар болып өтти. Бул ўақытқа келип дүньяға аты белгили болған СССР деген мәмлекет бөлшекленип, тотаритарлық система, коммунистлик идеология дағдарысқа ушырады. Оның қурамына кирген аўқамлас республикалар өз ғәрезсизлигине еристи.
Ғәрезсизликке ерисиўи идеясы халқымызға бурыннан мийрас болып келди. Президент И.А.Каримов «...өзбек миллети бурыннан өзиниң еркинлиги ҳәм өз ғәрезсизлиги ушын гүресип жасаған. Миллетимиз тарийхы ҳаққындағы шынлық журтымыздың пидайы өз жолынан, мақсетинен, сөзинен қайтпайтуғын перзентлерге ашылыўы керек». Билиўимиз шәрт болған бетлерди қунт пенен ашыў ҳәммемиз ушын керек, ҳәм парыз, дегенди усы жоқарыда айтылған жағдайды көзде тутады. Халқымыздың узақ тарийхы өткен дәўирлерде азатлық, еркинлик, ғәрезсизлик ушын тынымсыз гүрес алып барғанлығынан дерек береди.
1990 жылларға келип социалистлик еллерде инсан ҳуқықларын қорғаў, еркинликке умтылыў жаңа басқышы басланды. Шығыс Европа мәмлекетлеринде дерлик ярым әсир үстемлик еткен тоталитарлық система дағдарысқа ушырап, демократиялық система қәлиплести. Көп ғана мәмлекетлерде ғәрезсизликке ерисиў мәселеси пүткил дүнья жүзин өз ишине алған процесске айланды. Өзбекстанның ғәрезсизликке ерисиўи мине усы процесс қурамында болып өтти. «Халықлардың еркинлик, ғәрезсизлик, бахыт ығбалға қарай умтылыўы, өз тағдийрин өзи белгилеўге өткен шешими турмыстағы терең өзгерислерди ҳәрекетке келтириўши күш болып есапланады» - деген еди Президент И.А. Каримов.
1990 жылға келип республикалар суверенититетин ҳәм инсан ҳуқықларын шеклейтуғын тоталитарлық - буйрықпазлық басқарыўының жарамсыз екенлигин турмыстың өзи көрсете баслады. Усы жылдың 23 мартында Өзбекстан Компартиясының Орайлық Комитетиниң Пленумы болды. Онда Өзбекстан ССРның сиясий суверенитети мәселелерине тийисли машқалаларды көрип шығыўға айрықша итибар қаратылды. Пленум ҳәкимшилик-буйрықпазлық системасынан ўаз кешиўликти ҳәм соның менен бирге Өзбекстан ССР Президенти лаўазымын шөлкемлестириў кереклиги ҳаққындағы шешимине келди.
1990 жылы 24 мартта XII шақырық Өзбекстан ССР Олий Советиниң V сессиясы болды. Онда Өзбекстан тарийхында биринши рет Президентлик лаўазымын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етилди ҳәм Өзбекстан ССРның Президенти болып И.А.Каримов сайланды. Президент лаўазымының шөлкемлестирилиўи Республиканың сиясий ҳәм экономикалық ғәрезсизлиги ушын қойылған дәслепки қәдемлерден еди.
1990 жылы 20 июнда XII шақырық Өзбекстан ССРның Олий Советиниң екинши сессиясында «Ғәрезсизлик Декларациясы» қабыл етилди.
Усы күннен баслап республикада Өзбекстанның экономикалық ҳәм сиясий турмысына тийисли мәселелер ғәрезсиз түрде шешиле баслады. Атап айтқанда, Өзбекстанның ғәрезсизликке қарай баратырғанлығы 1991 жылы 17 мартта болып өткен улыўма халықлық референдум ҳәм 1991 жылы 20 февральдағы Өзбекстан Олий Кенгашиның жыйналысының жуўмақларынан көриўимизге болады.
Буннан тысқары Өзбекстанда Республиканың мәмлекет ғәрезсизлигине тийисли болған жаңа мәмлекетлик белгилерди таярлаў ҳәм қабыл етиў ислеринде баслап жиберилди.
1991 ж 15 февральда Өзбекстан Олий Кенгашиның «Өзбекстанның мәмлекетлик белгилери ҳаққында» арнаўлы қарар қабыл етти.
1991 жылы 19-20 август күнлери Москвадағы ўақыялардан кейин Өзбекстан Президентиниң 25 августтағы пәрманына муўапық Республика ишки ислер ўазирлиги ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик комитетти нызамлы түрде Өзбекстан ийелигине алынды. Республика аймағында жайласқан СССР ишки ислер ўазирлигиниң ишки әскерлери туўрыдан-туўры Өзбекстан Президентине бағындырылды.
Республика Олий Кенгаши 1991 жылы 26 август күни Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлиги ҳаққында нызам проектин таярлаў ҳәм 31 августте Олий Кенгаш сессиясын шақырыўға қарар етти.
Усындай жағдайда Өзбекстан Олий Кенгаши XII шақырық гезексиз алтыншы сессиясы 1991 ж. 31 августта жумысын баслады. Бунда «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлик ҳаққында» ҳәм «Өзбекстан Республикасының байрағы ҳаққындағы» мәселелер күн тәртибине қойылып, талықланды.
Сессияда Өзбекстан Республикасының мәмлекет ғәрезсизлиги ҳаққында Олий Кенгашиның баянаты қабыл етилди. Олий Кенгаш бул баянат арқалы халық аралық, ҳуқықый хүжжетлерде белгиленген ҳуқықларға тийкарланып Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлигин ҳәм еркин суверен мәмлекет - Өзбекстан Республикасының дүзилгенлигин салтанатлы түрде жәриялады. Олий Кенгаш сессиясы «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин жәриялаў ҳаққында» қарар қабыл етти. Қарарда: «Биринши сентябрь Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлик күни деп белгиленсин ҳәм 1991 жылдан баслап бул күн байрам ҳәм дем алыс күн деп дағазалансын» - деп қатаң белгилеп қойылды.
Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлиги ҳаққында бул хүжжетлер Өзбекстан халқының ғәрезсизликке ерискенлигиниң ҳуқықый тийкары болды. Бундай нызамның қабыл етилиўи ғәрезсизлик дәўиринде қолға киргизилген табыслардың нәтийжеси болып есапланады.
Солай етип, халқымыздың әрманлары орынланып, узақ жыллар даўам еткен гүрес нәтийжесинде мәмлекетимиз, халқымыз сиясий ғәрезсизликтен қутылды ҳәм ғәрезсиз республика - Өзбекстан Республикасы пайда болды.
Олий Кенгаш депутатлары және мәмлекетлик белгилер ҳаққында мәселени көрип шықты ҳәм тийисли қарар қабыл етти. Мине, усылайынша Өзбекстан тарийхында жаңа дәўир - миллий ғәрезсизлик дәўири басланды.
Ғәрезсизлик - бул миллий мәмлекетшиликти тиклеў, күшли демократиялық ҳуқықый мәмлекет пайда етиў, ғәрезсиз түрде ишки ҳәм сыртқы сиясат жүргизиў, Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигине қосылыўын, онда әҳмийетли орын ийелеўин түсинемиз.
Ғәрезсизликке ерисип, қысқа мүддет ишинде республика өзиниң ғәрезсиз экономикалық, сиясий ҳәм миллий сиясатына, мәмлекетлик тили, герби, гимни, байрағы ҳәм тийкарғы нызам Конституцияға ийе болды. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик белгилериниң қабыл етилиўи мәмлекетимиз ғәрезсизлигин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиның 1991 жылы 18 ноябрьде болып өткен VIII сессиясы «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында» нызам қабыл етти.
Мәмлекетлик байрақ әйемги ата-бабалардан киятырған мийрасларды өзине сиңдирип алған болып, миллий ҳәм руўҳый тәрептенде қүдиретли империялар - мысалы Әмир Темур империясы байрағы традицияларын даўам еттирген.
Do'stlaringiz bilan baham: |