10 - Тема. МЕНЕдЖМЕНТта МОТИВацияластырыў
10.1. Мотивацияластырыў түсинигиниң мазмуни, барлығы ҳәм әҳмийети
10.2. Мотивацияластырыў моделлери ҳәм стратегиясы
10.3. Мотивацияластырыў теориялары
Tаяныш сөз дизбеклери: Мотивацияластырыў. Мүтәәжлик. Мотивацияластырыўдың оқилона модели. Инсанлық қатнасларды мотивацияластырыў. Комплекс мотивацияластырыў. Хошаметлеў ҳәм жаза стратегиясы. Жумыс арқалы мотивацияластырыў. Менеджерлер менен барлық ўақытта байланыста болыў. Мотивация басқышлары.
10.1. Мотивацияластырыў түсиниги, барлығы ҳәм әҳмийети
Рус - өзбек сөзликлеринде мотивация түсиниги белгили бир жумыс ямаса ҳәрекеттиң жүзеге келиўине себепши болған мотивлер, дәлиллер, фактлар (исботлар), баҳоналар, важлар ямаса себеплердиң жыйындысы мәнисинде талқын етиледи. Бул түсиник тиккелей инсан факторы менен тығыз байланыслы. Сол көз - қарастан:
Мотивацияластырыў - бул руўҳый фактор болып, шаxстың активлигиниң дереги, себеби, дәлил ҳәм ҳәр түрли итималлар. Ол кадрларды жанлы мийнет хызметине хошаметлеўши күшли қурал6.
|
Басқаша етип айтқанда мотивацияластырыў - бул адамлар хызметин руўҳый жоллар менен мақсетке муўапық бағдарлаў. Ол белгили мүтәәжликти қанаатландырыў менен байланыслы. Мүтәәжлик себеплерде сәўлеленеди.
Инсан тири жан сыпатында аўқат жеў, уйықлаў, дем алып өзиниң күшин тиклеў, өзин ыссы - суўықтан сақлаў мүтәәжликлерине ийе. Бул мүтәәжлик материаллық, яғный кийим - кеншек, азық - аўқат, турар жай ҳ.т.б. формасында бериледи.
Инсанның материаллық мүтәәжликлери менен бирге социаллық мүтәәжликлерде бар, буларға билим алыў, мәдений савияни арттырыў, маманлық, шеберликке ийе болыў ҳәм саўлам турмыс кеширип, узақ - өмир көриў киреди, айтылган мүтәәжликлер материаллық формаға ийе болмаған ҳәр түрли хызметлер көрсетиў арқалы қанаатландырылады. Улыўма мүтәәжлик қатаң табақалашган болады. Олар адамлардың әдети, дийди ҳәм руўҳыятына, жас ҳәм жынысына, шаңарағының жағдайына ҳәм миллетине, мийнет ҳәм жасаў шәраятларына байланыслы. Ең әҳмийетлиси түрли - түрдеги мүтәәжликти қанаатландырыў ушын түрли - түрдеги хызмет ҳәм оны муўапықластырыўшы басқарыўды талап етеди. Мүтәәжлик арқалы адамларды мотивацияластырыў процессин төмендегише сызылмада бериў мүмкин (7-сызылма).
Мүтәәжлик адамларды ҳәрекетке умтылыўтырыўшы, қозғаўшы мотив.
|
Мақсет
Мүтәәжликлер (жетиспеўши-ликлер)
Ҳәрекет (тутқан жол)
Мотив ямаса қәлеўлер
Мүтәәжликти қанаатландырыўдың нәтийжелери:
1. Қанаатланды;
2. Белгили бир дәрежеде қанаатланды;
3.Улыўма қанаатланбады.
|
Do'stlaringiz bilan baham: |