13 - сызылма. Басқарыў системасында информациялық байланыслар11
Басқарыўшы орган басқарылыўшы объекттиң жағдайы ҳәм басқарылыўшы объект байланысла болған сыртқы орталықтың жағдайы ҳаққында информациялар алып турады. Бул информация басқарыўшы ҳәм орган тәрепинен қабыл етиледи ҳәм усы информация негизинде ол басқарыўшы информация (қарар, буйрық)ны ислеп шығады. Соннан кейин информация басқарылыўшы объектке тәсир өткеретуғын басқарыўшы системаның орынлаўшы (атқарыўшы) органына жибереди ҳәм орынланыўы қадағалаўға алынады.
Басқарыў системасында информацияны жеткерип бериў, алыў, қайта ислеў ҳәм оны бериў процесси әмелге асырылады. Өндиристиң барысы ҳаққындағы ишки информация басқарыўшы системаға муттасил келип түседи. Бул:
- жумыс орынларына ҳәм шийки заттың келип түсиўи;
- станок, үскенелердиң ислеўи;
- жумысшылардың ислеп шыгарыў нормаларын орынлаўы;
- таярланған буйымлардың муғдары ҳәм олардың сыпаты;
- өнимлерди сатыў ҳақындағы информациялар.
Сырткы информациялар, яғный: жоқары шөлкемлерден алынатуғын пәрман, қарар ҳәм тапсырмалар;
- өним тутыныўшыларының талаплары;
- басқа кәрxаналардың алдынғы тәжирийбелери ҳәм басекеге шыдамлылыгының қатты ҳәрекетлери;
- базарлардағы жағдай, олардағы теңсалмақлылық (мувозанат);
- бюджетке төлемлер ҳ.т.б. тийисли болған мағлыўматлар усы түрдеги информациялар қатарына киреди. Олар сырткы машқалалардан келип шығыўшы информациялар саналады.
Егер кәрxана ишинде информация агымларының келиўи ҳәм сыртқы дүнья менен байланысы бузылса, кәрxананың жасаўы қәўипли болып қалады.
11.2. Басқарыўда пайдаланылатуғын информацияларға қойылған талаплар
Басқарыўда пайдаланылатуғын ҳәм орынланыўы ушын жиберилетуғын информацияларға төмендеги талаплар қойылады:
- исенимлилик;
- түсинерли, бир мәнислилиги;
- оперативлиги;
- толықлығы;
- тежамлилик12.
Ҳәзирги дәўирде басшы басқарыў жумысларында иницатива ҳәм омилкорлик көрсетиўи, оперативлик пенен жумыс алып барыўы, жағдайдың өзгериўин өз ўақтында сезип алыў, ресурслар менен маневр қила олиши, ҳәр бир конкрет шәраятда мақбул қарар қабыл етиўи зәрүрли. Оның ушын басшы исенимли ҳәм мазмунлы информация алып турыўы тийис. Артықша, пайдасыз информация басшының жумысын қыйынластырыды, артықша мийнет ҳәм ўақыт жумсаўға алып келеди.
Информация түсинерли болыўы керек, шийеленискен, бир - бири менен салыстырып болмайтуғын көрсеткишлер туўры басшылық етиўге ҳәм өз ўақтында қарар қабыл етиўге путур жеткереди.
Информацияның өз ўақтында келиўи ҳәм өз ўақтында орынлаўшыларға жиберилиўи, яғный оперативлик жүдә әҳмийетли. Ол басқарыў процессиниң, өндиристиң үзликсиз барыўына жәрдем береди. Сондай - ақ, дәстлепки информацияны басқарыў түрли мақсетлер ушын аңсат өзгериў, оннан басқарыўдың барлық буўынларында пайдаланыў мүмкинлиги, информацияның узил-кесил ислениўи, оннан қосымша ислеў берместен пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе.
Зәрүрли ўақытта керекли натийже беретуғын информациялар қымбатлы саналады. Кешиктирилип берилген информациялар өзиниң қымбатын жоғалтады.
Өндиристиң жағдайына дурыс баҳа бериў ҳәм анық қарар қабыл етиў ушын басқарыў органы информация менен толық тәмийинлениўи, информация көлеми мақсетке муўапық болыўы керек. Информацияның жетиспеўшилиги ямаса ҳәдден тыс көбейип кетиўи оператив ҳәм дурыс басқарыўға кесент береди. Басқарыў аппараты кадрлар қаншама жоқары маманлыққа ийе болмаса, информация қымбатыда соншам жоқари ҳәм тәртипке салынған болады. Басқарыў органлары мағлыўматлар қабыл етиўши теxникалық қураллары менен қаншама беккем тәмийинленген болса, басшыларға артықша, пайдасыз мағлыўматлар соншама кем келип түседи. Бул болса өз нәўбетинде информация агымындағы тежамкорликни тәмийинлейди.
Басқарыў системасының нәтийжели ислеўиниң зәрүрли шәрти тек туўры байланысқа емес, бәлким кери байланыстың барлығы. Кери байланыс ҳәр қандай дәрежедеги системалар ҳәрекетин ростлаб турыў ушын универсал меxанизм саналады.
Басқарылыўшы системадан басқарыўшы системаға (бойсыныўшыдан баслыққа) келип түсетуғын информацияны, яғный берилген пәрман ҳәм буйрықтың нәтийжелери ҳаққындағы информацияны кери байланыс деп түсиниў қабыл етилген.
Басқарыў системасы элементлери ишинде қурамалы, көп тәреплеме ҳәм түрли - түрдеги байланыслар барлығы шәраятында кери байланыстың әҳмийети тийкарынан артады. Басқарыяшы система пәрман ямаса буйрық (тапсырма) бергеннен кейин усы пәрман ямаса буйрық қандай орынланып атырганлығы ҳаққында кери байланыс жолы бойынша өз ўақтында информация менен тәмийинленип турылмаса, басқарыў процессии бузылады ҳәм басқарыў системасы пүтинлей изден шығады.
Өндиристи ҳәм мәмлекет басқарыўының барлық дәрежелеринде беккем кери байланыстың барлығы менен характерли. Одатий бир мысал, мәмлекетимиздиң экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы бойынша ислеп шығылған барлық нызамлар, әлбетте улыўма xалық муҳокамасига қойылады, оларға мийнеткешлердиң мулоҳаза ҳәм қәлеўлери есапқа алынып, қосымшалар ҳәм өзгерислер киритиледи.
Кери байланыс жәрдеминде информацияны жибериўши менен оны қабыл етиўши арасында байланыс орнатылады. Бул процессте информацияны қабыл етиўши информация менен өз-ара алмасыў процессиниң барлық басқышларын такралайды, нәтийжеде информацияны жибериўши енди қабыл етиўшиге айланады, яғный ҳәр еки тәреп өзиниң ўазыйпаларын өз-ара алмаггандек болады.
Кери байланыс - еситиўге, оқығанға ямаса көргенге тан кери тәсир ямаса тәсирлениў таянышы. Бунда бул информацияны алган шаxс усы информацияға болған қатнасты, түсингенлиги ўмаса толық түсинбегенлигин, қоллап – қуўатлаўы ямаса бийкар етиўин усы информацияны жиберген шаxсқа билдиреди. Бундай байланыс ҳәр еки тәрептиң бир - бирин қаншама түсингенлигин билиўи ушын зәрүрли.
Басшы берилген тапсырма ямаса айтылған сөз барлық ўақыттада бойсыныўшылар тәрепинен бирдей қабыл етиледи, деп ойламаслығы керек. Бундай қәте пикирге барыўшы басшы өзин реал ўақыялардан узақластырады. Кери байланысты нәтийжели орнатқан басшының басқарыў хызмети төменлеп барады ҳәм кризиске жүз тутады.
Шаўқым информация алмасыўы процессинде кери (жаман - салбий) тәсир көрсетиўши элементлерден саналады. Информацияларды жеткерип бериў теориясы тили менен айтқанда шаўқым - бул идеяны бузып талқин етиўде сәўлеленеди. Айтылған сөзден оны қабыл еткенге шемги болған аралықтағы түрли тосықлар, шов-шувлар информацияны кодластырыў ҳәм декодластырыў, сондай - ақ басшы менен бойыныўшы арасындағы байланыс процессине үлкен тәсир өткериўи мүмкин. Сол себепли шов-шувни да итибардан шетте қалдырыў мүмкин емес.
Do'stlaringiz bilan baham: |