9-Тема. МийНет жәМәәТЛерин жобаластырыў ҳәм БасҚАРыў


Кадрларды басқарыў өнимдарлығы



Download 0,82 Mb.
bet5/69
Sana15.04.2022
Hajmi0,82 Mb.
#553540
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   69
Bog'liq
2 5258130118903071174

9.5. Кадрларды басқарыў өнимдарлығы
Кадрларды басқарыў өнимдарлығы көплеген жақтан кадрларды таңлаўға байланыслы. Кадрларды таңлаў - бул еки тәреплемели процесс. Бир тәрептен кәрxана даъвогарга жумыс бериў ямаса бермесликти шешсе, екинши тәрептен даъвогар егер жумысқа шақырылса (жумыс усыныс етилсе), ол бул усынысты қабыл етиўи керек пе? ямаса керек емеслигин шешеди. Бул процессте басшы төмендеги жағдайларға өзиниң итибарын қаратыўы тийис4.

  • Даъвогарларни, әсиресе, өзи ҳаққында қысқаша мағлыўматларды бергенлигин билип алыў ушын илажы иложи болған барлық тадбирларни көриў керек.

  • Ашық берилген тавсияларга артықша исене берместен, өзинен, жекке сорастырып билгениңиз дурыс. Бир қанша ашық пикир алыў ушын кандидатураның собиқ жумыс бериўшисине қоңырақ етиў ямаса ол менен , яғный шахсан өзи менен ушырасыў тийис. Усы басшының усы кадрынан ажыралып атырғанлығына қандай қарап атырГанына итибар берип баҳлаў керек.

  • Ҳәр бир даъвогарнинг шаңарағының тынышлығын сорастырып көриў тийис.

Даъвогар менен сәўбетти сондай алып барыўы керек, жумыс биринши орында болсын, сонда әпиўайы кәрхана кадры орнына даъвогар өзин бас ўәзир лаўазымына даъвогардек тутпайды.

Биринши нәўбетте соны тәмийинлеў керек, иске қабыл етилип атырған адам сөйлесиўлер ўақтында өзиниң болажақ жумысының барлық қәсийетлерин көз алдына келтирсин, кейиншели қапа болып жүрмесин, бунда белгили бир кери (жаман) жағдайларга ушырамасын.
Даъвогарга берилген баҳалар ҳәм характеристикаларға таллаў жасағанда, сондай - ақ сөйлесиўлер алып барылғанда: оның тапсырылып атырған жумысын орынлай алыўына; зәрүр болып қалғанда кәсиплик мағлыўматын арттырып билиўине; теxникаға болған итибарына; феъл-атворига; ҳадаллығы, пикир жүритип билиўи (мулоҳазалилиги), турмысқа таяр турыўы ҳәм дурыслығы; иницативолылығы, турмыста талапшаңлығы; жумысқа ҳәм жумыс күниниң даўам етиўи; аўыр шәраятда өзин тутып билиўи; саламатлылығы, сыртқы көриниси, ўақытта бөлистирип билиўине; өнери ҳәм бос ўақытлардағы машғулотларига дыққат етиўи тийис.
Ҳәр бир даъвогарга ол менен турмысы ҳаққында сәўбетлесиў ҳәм барлық зәрүрли сораўларға жуўап алыў ушын жетерли дәрежеде ўақыт ажыратыўы керек.
Булардан басқа соны умытпаслығы керек, жумысқа қабыл етип атырған кандидатура тапсырылатуғын жумысты орынлаўға жарамлы болып ғана қалмастан, бәлким кәрxананың басқа кадрлары мененде шығысып кететуғын болыўы керек. Егер ол усы кейинги талапқа муўапық келмесе, әдетте жақсы қәнигеденде кешиў керек болады.
Жумысқа қабыл етилген адам өз кәсиплеслерине қосылып кетгенде өзин - өзи үйиндегидей сезиўи әҳмийетли. Ол өзиниң миннетин қандай еплеп атырғанлығын дыққат пенен баҳлаў ҳәмде оған жәрдем бериўи керек, оның жаңа жумыс орнында өзин тутып билиўи ушын ўақыт кереклигин аңлаў тийис.
Кадрларды таңлаў ҳәм оларға әдалатлы баҳа бериў басқарыўдың ең қурамалы қырларынан саналады. Сол себепли оларды дурыс таңлаў ҳәм орын – орынларына қойыўда зәрүрли жуўапкерлик пенен қатнас жасалмаса жумыстың жуўмағы күтилген нәтийжени бермеслиги анық. Кадрларды таңлаў методологиясы қаншама пуxта ислеп шығылған болса, соншама кәрxананың мийнет етиў хызметинде күтилмеген өнимдарлыққа ерисиў әмелде дәлилленген.
Кадрларды таңлаўда олардың көп қырлы xислатларини анықлаў имканын бериўши төмендеги арнаўлы усыллар қолланылады:

  • анкета мағлыўматларына таллаў жасаў усылы;

  • руўҳый тест усылы;

  • әмелий жумыс ойынларын өткериў усылы;

  • маманлығы бойынша тест усылы;

  • пикирлерди тексериў усылы;

  • сәўбет өткериў усылы;

  • аттестациядан өткериў усылы;

  • рейтинг усылы5.

Аттестация процессинде кадрлардың маманлығына, оның орынлап атырған жумысына ямаса лаўазымына ылайықлығына xолисона баҳа берилиўи керек. Аттестация етилип атырған кадрдың жумысына баҳа бериўде оның жоба тапсырылмаларын орынлаўдағы жеке (шаxсий xызмети, мийнет интизамы, өзиниң ўазыйпасын шын кеўилден орынлаўы сыяқлыларды инабатқа алыўы зәрүрли. Усылар негизинде аттестация өткериўшилер ашық аўаз бериў жолы менен төмендегише баҳаларды бериўи мүмкин:
- атқарылып атырған лаўазымға лайық;
- кадр көрсетилген кемшиликлерди кейинги өткерилетуғын аттестацияға шекем жоқ етсе, орынланып атырған лаяазымға лайық;
- ийелеп турған лаўазымға лайық емес.
Солай етип, кадрларды басқариўдан тийкарғы мақсет олардың хызметин кәрxана пайдасына асырыўға бағдарлаўдан ибарат.
Қ
1. Мийнет жәмәәтлерин басқарыў түсиниги дегенде нени түсинесиз?
2. Кадрларды басқарыў системасы деген не?
3. Кадрларды басқарыўдың басқарыў принциплери нелерден ибарат?
4. Кадрларды жбаластырыў қандай әмелге асырылады?
5. Кадрларды басқарыўда өнимдарлыққа ерисиў жолларын анықлаң.
адағалаў сораўлары



Download 0,82 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish