МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
17
Утемуратова Ҳ.
ӨзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты
ПОВЕСТЬ ҳәМ дәўиР
Таянч сўзлар:
қисса, наср, образ, адабиёт, ёзувчи,услуб.
Ключевые слова:
повесть, проза, образ, литература, писатель, стиль.
Key words:
novel, prose, image, literature, writer, style.
Повестьлер қарақалпақ прозасының ең раўажланған жанры саналады. Әсиресе,
өткен жигирмаланшы әсирдиң 40-жылларнына баслап әдебиятымызда көплеп
повестьлер дөретилди. Повестьлердиң жанрлық түрлери-новелла-повестьлер,
детектив, фантастикалық повестьлер жазылды. Илимпазлар повестьлерге тоқтап
өтти. С.Ахметов, С.Баҳадырова, К.Мәмбетов, Қ.Мақсетов, Қ.Султановлар өз или-
мий мийнетлеринде повестьлерге анықламалар берди. М.Нурмухамедовтың «Проза
ҳаққында» мийнети 1964-жылы, «Қарақалпақ совет прозасы» атлы көлемли или-
мий мийнети 1997-жылы китап болып басылып шықты. «Әмиўдәрья» журналында
1970-жылғы 10-санында 98-111-бетлерде «Ҳәзирги қарақалпақ прозасының актуаль
проблемалары» атамасында мақаласы шықты. Повестьлерди арнаўлы изертлеген
илимпаз Қ.Камаловтың «Қарақалпақ повести» китабы 1978-жылы 68 бет көлеминде
баспадан шықты. Бул илимий мийнетинде повесть жанрының қарақалпақ проза-
сында пайда болыўын, жанрдың дереклерин, раўажланыў өзгешеликлерин, повесть-
лердеги сюжет, композиция ҳәм образлар мәселесин сөз етеди. Бул повестьлер
ҳаққында биринши арнаўлы изертлеў сыпатында айрықша қызығыўшылық
туўдырады. Илимпаз Қ.Камаловтың «Жанрдың раўажланыў жоллары» атлы
мақаласы «Әмиўдәрья» журналында 1971-жылы 6-санында 117-120-бетлерде
шықты. «Повесть жанрының қәлиплесиўинде ҳәм жанрдың мүмкиншиликлерин
ийелеўде фольклор менен поэзиялық жазба әдебияттан турған қарақалпақ
классикалық әдебиятының жетискенликлери, 1920-1930-жыллардағы поэзия, драма
ҳәм киши көлемли прозалық шығармалардағы топланған тәжирийбелер баслы роль
ойнады,» -деп илимпаз дурыс пикир көрсетеди (117-бетте). Қ.Ермановтың «Өткен
ўақларда» ҳәм Н.Кузембаевтың «1916-жыл» шығармаларындағы ушырасатуғын
кемшиликлерди атап көрсетеди. Биринши дәрежели ўақыялар менен екинши
дәрежели ўақыяларды ажырата алмаўшылықлар, әдебий саўатлылық дәрежесиниң
төменлиги, хрестоматиялар дүзиў көзқарасынан қатнас жасағанлықты илимпаз
атап өтеди. М.Дәрибаевтың «Мыңлардың бири» повестиндеги композициялық
пытыраңқылықты атап көрсетеди. Ә.Шамуратовтың «Ески мектепте» повестинде
сюжет, композиция шебер қурылғанын, жазыўшының шеберлиги мәселесине
тоқтайды. Қ.Ермановтың «Балықшылар қыссасы» повестиндеги нуқсанларды
бирме-бир атап кетеди (ўақыялардың артықмаш көплиги, конфликтте бир тутаслық
жоқлығы, логикалық избе-изликтиң сақланбағанлығын атап кетеди). Жазыўшы Б.
Бекниязованың «Мәңги қуяш» повестинде образлар жаратылыўындағы кемшили-
клерге тоқтайды.Тилеўхан образын таллайды. Образларлың жеке белгилери
көрсетилмегенин, дараластырылмағанлығын белгилейди. Эпизодлардың көп
болыўы композициялық тутаслықты бузатуғынлығын атап кетеди (120-бетте). ХХ
әсирдиң 50-жыллары схемалық сүўретлеўлер басым болғанлығын атап өтеди. Сол
дәўирде ҳүким сүрген конфликтсизлик теориясының жазыўшыларға унамсыз тәсир
көрсеткенлигин дурыс белгилеп береди. Соның менен бирге, идеал қаҳарманлар
ҳаққындағы пикирлердиң де кери тәсир еткенлигин белгилейди (119-бет). Бул
Do'stlaringiz bilan baham: |