Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
18
мақала жанрдың раўажланыў жолларын белгилеп бериўге умтылыслар менен 
баҳалы. Жазыўшы Ә.Шамуратовтың повестинде де белгили кемшиликлер орын 
алған.Сол дәўир көзқарасынан ески мектеплердеги билим бериў сынға алынған. 
Негизинде, ески мектеп, медреселерде де өз дәўирине ылайық билим берилгенлиги, 
қаншадан-қанша китаплар кейинги жыллары өртеп жиберилгенлиги- тарийх 
ҳақыйқатлығы. Бүгинги күн көзқарасынан бул повесть әдеўир сынға алынады.
«Қарақалпақ совет әдебияты тарийхының очерклери» атлы китап 1968-жылы 
Ташкент-Самарқанд калаларынан 546 бет көлеминде жарық көрди. Сол дәўирлер 
ушын бул илимий изертлеў жумысы үлкен әҳмийетке ийе болғанлығы даўсыз. 
Лекин, бизиң заманымыз көзқарасынан ондағы повестьлер туўралы пикирлерге 
сын қатнас жасаў керек болады. «Қарақалпақ совет әдебияты тарийхы» атлы 
изертлеў жумысы Ташкент қаласында 1981-жылы 436 бет көлеминде баспадан 
басылып шықты. Бул китапта да повестьлер ҳаққында сөз болады. Бул илимий 
жумыста да бир қанша кемшиликлер ушырасады.Ҳәзирги дәўир көзқарасынан, 
ғәрезсизлик дәўири талапларынан жаңаша қатнас жасаў арқалы изертлеген мақала 
ретинде биз «Хабаршы» журналының 2010-жылғы 3-санында 77-81-бетлерде 
берилген илимпазлар-филология илимлериниң кандидатлары з.Бекбергенова менен 
М.Мәмбетованың «К.Мәмбетовтың прозалық шығармаларында дәўир ҳәм қаҳарман 
проблемасы» темасындағы мақаладан көриўимиз мүмкин. Көркем сөз зергери 
К.Мәмбетовтың ХХ әсирдиң 60-жыллары әдебиятка кирип келгенлигин, Ш.Айтма-
тов дәстүрлериниң К.Мәмбетов прозасына тәсирин, «Москвадан келген қыз» пове-
стинде образ дөретиўдеги шеберликти илимпазлар дурыс белгилеп береди. 
«Сүўретлеўдиң 
лиро-эпикалық 
усылы 
70-80-жыллардағы 
карақалпақ 
жазыўшыларының көпшилигиниң дөретиўшилигинде кең ен жайып, дәўир ҳәм 
қаҳарман характерин ашыўға үлкен имканият жаратып берди,» -деп илимпазлар өз 
пикирлерин көрсетеди (78-бетте). Жазыўшының «Имтихан» повестиндеги Қасым 
Муратович тилинен лиро-эпикалық планда ўақыялар баянланғанлығын, «Бахтың 
болсын, Арыўхан» повестинде Арыўханның күнделиги де пайдаланғанлығын 
илимпазлар дурыс белгилейди. «Қызкеткен» ҳәм «Мерўерт моншақлар» 
повестьлериниң образларын таллайды. Демек, бул мақала сәтли жазылған, з.Бек-
бергенова менен М.Мәмбетовалар өз ислерине жуўапкершилик пенен қатнас 
жасаған. Илимпазлардың машақатлы изленислеринен, өз үстинде тынбай 
излениўлериниң нәтийжесинде ғана усындай табыслы дөретилген мақалалар 
жазылады. Илимпаз П.Нуржановтың «Әмиўдәрья» журналында 2005-жылғы 
1-санында 89-93-бетлерде «Т.Қайыпбергеновтың ғәрезсизлик дәўириндеги про-
засы» атлы мақаласы жәрияланды. Бул мақалада көркем сөз зергериниң «О 
дүньядағы атама хатлар» прозалық щығармасы ҳаққында сөз етиледи. Бул мақалада 
илимпаз көркем сөз зергери Т.Қайыпбергеновтың жазыўшылық шеберлиги 
мәселесине дыққат аўдарады, қаҳарманлардың монологларын шебер 
қолланғанлығын атап өтеди, шығарманың қурамында мифлердиң ҳәм рәўиятлардың 
пайдаланыў өзгешеликлерин белгилеп өтеди. Ҳәзирги дәўирде жазыўшылар миф-
лерден шебер пайдаланып атыр. П.Нуржановтың «Ғәрезсизлик дәўириндеги 
қарақалпақ прозасы, оны изертлеўдиң методологиясы ҳаққында гейпара ойлар» 
атлы мақаласы «Еркин Қарақалпақстан» газетасында 2001-жыл, 28-апрель күни 
50-санында (17487) жарық көрди. Бунда теориялық пикирлер көрсетиледи.Бул 
қоллап –қуўатлаўға ылайық қубылыс. «Әмиўдәрья» журналында 2005-жыл, 5-6-сан-



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish