МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
19
ларында 99-100-бетлеринде филология илимлери кандидаты А.Әбдиевтиң
«Жазыўшы жазыўшы ҳаққында» мақаласы басылып шықты. Атамасы жақсы
қойылған. Бул мақалада жазыўшы Я. Әжимовтың «Жазмыш жазасы» ҳәм «Қупыя
сақланған сыр» повестлери ҳаққында пикир жүритиледи. Лекин, мақалада илимпаз
повестлердиң мазмунын қайта айтып бериў менен шекленеди. Бул мақалада
жазыўшы Я.Әжимовтың дөретиўшилиги бойынша, оның повестлериниң
композициялық өзгешелиги, образлар жасалыў мәселелери, сюжет қурыўдағы
айрықшалықлар туўралы пикирлер көринбейди. Жазыўшының повестьлери өз
дөретилиў тарийхына ийе. Буны белгилеп өтиў керек еди. Бундай нуқсанлар айы-
рым илимпазларымыздың мақалаларында ушырасады.«Еркин Қарақалпақстан»
газетасының 2002-жыл, 9-февраль күнги 18-санында (17608)илимпаз А.
Султановтың «Узақбай Пиржановтың пикирлеў дүньясы» атлы мақаласы жарық
көрди. Бунда жазыўшының «Қарда қалған излер» повести менен «Апрельдиң
соңғы ақшамы» повестлериндеги Сийпатдин, Палбийке, Қосберген образларының
жасалыў өзгешеликлери туўралы, сюжет, композиция мәселелери ҳаққында сөз ети-
леди. Не ушын «Қарда қалған излер» деп аталғаны ҳаққында пикир көрсетиледи.
У.Пиржановтың повестлеринде баянлаў усыллары ҳаққында пикир билдириледи,
жазыўшының шеберлиги мәселесине тоқтап өтеди. Лекин, мақалаға қойылған тема,
яғный У.Пиржановтың пикирлери ҳақкында сөз етилмейди. Негизинде, У.
Пиржановтың пикирлеў дүньясы бойынша пикирлер талап етиледи. Көбирек
жазыўшының усылына итибар қаратыў зәрүр еди. Бундай кемшиликлер, яғный
теманың мазмунға сәйкес келмеўи көпшилик мақалаларда ушырасады. Демек,
повестьлер ҳаққында еле де жазыла береди. Бүгинги дәўир көзқарасынан повесть-
лерди жаңаша изертлеў талап етиледи. Ғәрезсизлик дәўири талаплары тийкарында
қайтадан үйрениў керек болады. Өткен әсирдиң 40-жылларынан баслап көплеп
повестьлер дөретилди. Бүгинги күнде де повестьлер жазылып атыр. Повестьлерди
үйрениў илимпазлардан талап етиледи.
Әдебиятлар:
1. Мәмбетов К. Әдебият теориясы, - Нөкис : Билим, 1995, 191-бет
2. Ахметов С., Баҳадырова С. Фольклорлық терминлердиң қысқаша сөзлиги, - Нөкис:
Билим, 1992, 152- бет.
3. Ахметов С., Султанов Қ. Әдебияттаныў, - Нөкис: Қарақалпақстан, 1987, 193-194-бб.
4. Нурмуҳаммедов М. Урысқа шекемги қарақалпақ прозасы, - Нөкис: Қарақалпақ
мәмлекетлик баспасы, 1959, 160 бет.
5. Әбдиев А. Жазыўшы жазыўшы ҳаққында //Әмиўдәрья, 2005, 5-6-сан, 99-100-бб.
6. Султанов А. Узақбай Пиржановтың пикирлеў дүньясы.// Еркин Қарақалпақстан, 2002,
9-февраль, 18-сан (17608).
7.Камалов Қ. Қарақалпақ повести.-Нөкис,Қарақалпақстан, 1978, 68 бет
Жанрдың раўажланыў жоллары.-Әмиўдәрья.1971-жылы 6-сан,117-120-бетлер
РЕзЮМЕ
Ушбу мақолада Қорақалпоқ ёзувчиларининг 1940 йилларда ёзган повестьлари мазмуни
ва аҳамияти таҳлил этилган.
РЕзЮМЕ
В данной статье анализируется значение и содержание повестей написанных каракалпак-
скими писателями в период 1940х годах.
SUMMARY
This article analyzes the meaning and content of stories written by Karakalpak writers in the
1940s.
Do'stlaringiz bilan baham: |