14
энергетикасыныӊ раўажланыўы, түрли радиоактив нурлардыӊ халқ хожалығында
ислетилиўи материаллардыӊ нурларға шыдамлылығын үйрениўге, бул нурлардан қорғаўшы
материалларды жаратыўға алып келди.
Радиация нурлары, ҳәтте кристалл дүзилисли
материалларды аморф ҳалатқа келтириўи, оларда жүдә күшли ишки зорығыўлар пайда етиўи
ҳәм бузыўы мүмкин. Радиоактив нурлардан қорғаў ушын арнаўлы қурамлы жүдә аўыр
бетонлар, металл бирикпелери ҳәм т.б. ислетиледи.
2.7. Механикалық қәсийетлер
2.7.1. Беккемлик
Материалға сыртқы күш тәсир еткенде онда ишки күшлениў (зорығыў) пайда болады.
Күшлениў белгили мәниске жеткенде материал бузылады (сынады, бӛлинеди). Материалдыӊ
бузылыўға қарсылық кӛрсетиў қәсийети беккемлик деп аталады. Материаллардыӊ
беккемлиги әдетде олардыӊ беккемлик шегарасы - R арқалы анықланады. Беккемлик
шегарасы деп, материалдыӊ еӊ үлкен күш тәсиринде бузылған ўақтында пайда болған ишки
күшлениў -
б
ге айтылады. Имарат ҳәм иншаат бӛлимлериниӊ беккемлигин есаплаў
мәмлекетлик стандартлары бойынша рухсат етилген күшлениў оныӊ
беккемлик шегарасы
арқалы анықланады:
рух
=R
Z ,
бул жерде: R-беккемлик шегарасы, МПа;
Z-беккемликтиӊ запас (захира) коэффициенти, кеминде 2-3 ке теӊ.
Запас коэффициентин анықлаўда тӛмендегилерди есапқа алыў керек:
а) дүзилиси бир жыныслы болмаған материаллар беккемлик шегарасыныӊ ярымында-
ақ күшсизленген орнынан бузыла баслайды;
б) кӛп материаллар күш тәсиринде тез деформацияланады ҳәм беккемлик шегарасы
кӛрсеткишиниӊ 50-70% инде жарықлар
пайда болады;
в) материалға қайта-қайта ӛзгериўши динамикалық күш қойылғанда ол беккемлик
шегарасына жетпастен бузылады. Буны материалдыӊ “шаршаўы” себепли бузылыў
делинеди. Ҳәзирги ўақытта материаллардыӊ бузылыў ҳалатын есаплаўда запас
коэффициентлеринен пайдаланылады. Бунда артықша жүк, материалдыӊ бир жыныслығы,
иншааттыӊ ислеў шараяты ҳәм т.б. есапқа алынады.
Қысылыўдағы беккемлик шегарасы сыртқы факторлар тәсиринде
материалда пайда
болатуғын ишки қысыўшы зорығыўларға қарсылық кӛрсетиў қәсийети. Қысыўшы күш жүк,
кӛлем киширейиўи, нотекис қыздырыў ҳәм сол сыяқлылар нәтийжесинде пайда болады.
Кӛпшилик материаллар анизатроп дүзилисте болғаны ушын қысылыўдағы беккемлик
шегарасы бир қатар сынаўлар нәтийжелериниӊ орташа муғдары менен белгиленеди.
Материалдыӊ беккемлиги таярланған үлгиниӊ формасына, ӛлшемлерине, қойылған
күштиӊ ӛсиў тезлигине ҳәм күш түсип атырған майданныӊ ҳалатына
байланыслы; айрым
материаллардыӊ (пластмассалар, битумлы бетонлар) беккемлигине сынаў ўақтындағы
температура да тәсир етеди. Бийиклиги кесе кесимниӊ тәрепинен киши болған призма кубқа
салыстырғанда қысылыўға жақсы қарсылық кӛрсетеди.
Цилиндр ямаса призма формасындағы үлгилердиӊ беккемлик шегарасы кубдикинен
25% кем болады. Себеби, үлгиниӊ бийиклиги қанша үлкен болса, қысылыўда пайда
болатуғын кесе кеӊейттириўши күш сонша жоқары болады. Қурылыс материалларыныӊ
қысылыўдағы беккемлик шегарасы 0,05 МПа дан 1000 МПа ға шекем болыўы мүмкин.
Материаллардыӊ қысылыўдағы беккемлик шегарасы (R
сиқ
, МПа) тӛмендеги формула
жәрдеминде табылады:
R
сиқ
Р
буз
Ғ ,
бул жерде : Р
буз
-үлгини бузыўшы күш, Н;
F-үлгиниӊ кесе кесим майданы, м
2
.
Усы формула жәрдеминде материалдыӊ созылыўындағы (R
чўз
) беккемлик шегарасы да
табылады. Қысылыўдағы беккемлик шегарасы кӛп ғана материаллар ушын марка
15
ўазыйпасын орынлайды. Айрым қурылыс материалларыныӊ қысылыўдағы беккемлик
шегарасы 2.2-кестеде келтирилген.
Do'stlaringiz bilan baham: