17
куб плита ямаса диаметри 25 мм ге теӊ болған цилиндр сыяқлы үлгилер таярланады.
Материаллардыӊ желиниў шеӊберинде 1000 мәрте айландырылғанда үлгиниӊ 1 м
2
майданынан (F) жоғалтылған массаға ысқыланыўға қарсылығы (И) делинеди ҳәм
тӛмендегише анықланады:
И
(m
1
-m
2
)
F, кг
м
2
,
бул жерде: m
1
ҳәм m
2
үлгиниӊ ысқыланыўдан алдыӊғы ҳәм кейинги массалары.
2.6-кесте
Моос шкаласы
Материаллар
Химиялық қурамы
Қаттылық кӛрсеткиши
Талк
3MgO
.
4SiO
2
.
H
2
O
1
Гипс
CaSO
4
.
H
2
O
2
Калцит
СaCO
3
3
Ериўшеӊ шпат
CaF
2
(флюорит)
4
Апатит
Ca
5
(PO
4
)
3
F
5
Ортоклаз
K
2
O
.
Al
2
O
3
.
6SiO
2
6
Кварц
SiO
2
7
Топаз
Al
2
[SiO
4
](F,OH)
2
8
Корунд
Al
2
O
3
9
Олмос
С
10
2.7.2. Деформативлик
Эластиклик – күш алынғаннан кейин материалдыӊ дәслепки формасы ҳәм ӛлшемлерин
тиклеў қәсийети.
Материал сыртқы күш тәсиринде қалдық деформацияныӊ еӊ дәслепки
точкасы
эластиклик шегарасы делинеди. Эластиклик шегарасында салыстырмалы узайыў күшлениўге
туўры пропорционал болғаны ушын күш алынғаннан кейин материал дәслепки формасы ҳәм
ӛлшемлерин қалдық деформациясыз тиклей алады.
Эластиклик модули Е (Юнг модули). Гук нызамына муўапық ишки зорығыўдыӊ (
)
салыстырмалы узайыў ямаса қысқарыўға (
) қатнасы:
Е
, МПа
Қысылыў ямаса созылыўдан пайда болатуғын ишки зорығыў
Р
F
формула
жәрдеминде табылады.
бул жерде, Р-тәсир етип атырған күш;
F-кесе кесим майданы.
Шийша эластик морт деформацияланады ҳәм эластиклик шегарасында сынады. Полат,
кристалл дүзилисли полимерлер жоқары күшлениўларде де эластиклик қәсийетин
жоғалтпайды ҳәм пластик зонада сынады. Бетон, араласпа ҳәм сол сыяқлы
композицион
материалларға беккемлик шегарасыныӊ 20% ке шекем күш қойылғанда сызықсыз
байланыслы эластик деформацияланыў жүз береди. Каучук, резина ҳәм сол сыяқлы
эластомерлерде эластик деформация 100% тен де асыўы мүмкин. Материалда күш тәсиринде
бойлама ҳәм кесе деформациялар пайда болып, олардыӊ қатнасы Пуассон коэффициенти (М)
менен анықланады. Пуассон коэффициенти бетон ушын 0,17-0,2; полиэтилен ушын 0,4 ти
қурайды.
Пластиклик материалдыӊ сыртқы күш тәсиринде формасы ҳәм ӛлшемлерин
бузылмастан ӛзгерттириў ҳәм күш алынғаннан кейин дәслепки ҳалатын толық тиклей
алмаслық қәсийети. Бундай материалларға полаттыӊ айрым түрлери,
пластмассалар,
битумлар ҳәм басқалар киреди. Пластиклик кӛп жағдайларда температура ӛзгериўине
байланыслы болады.
Мортлық – материалға сыртқы күш тәсир еткенде сезилерли деформацияланбаған
ҳалда бузылыўы оныӊ мортлығы болып табылады. Морт материаллар қысылыўға жақсы
18
қарсылық кӛрсетип, ийилиўге ҳәм созылыўға жаман ислейди. Морт материалларға тәбийий
тас, шийша, бетон, силикат ҳәм т.б.лар киреди.
Do'stlaringiz bilan baham: