Лекция №3. Орта Азия аймағында дәслепки мәмлекетлер ҳәм олардың
раўажланыў басқышлары.
ЖОБАСЫ:
1. Мәмлекетшилик түсиниги. Орта Азия аймағында дәслепки мәмлекетлер
2.Антик дәўир мәмлекетлери. Уллы жипек жолы қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў басқышлары.
3. Ерте орта әсирлердеги Орта Азия аймағындағы мәмлекетлер.
Ә Д Е Б И Я Т Л А Р
1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йук.Т. 1998
2. Ахмедов Б. Тарихтан сабоқлар. Т. 1994
3. Буниятов З.Н. Государство Хорезмшахов Ануштегинов. (1097-1231) М. 1986
4. Азамат Зие. Ўзбек давлатчилиги тарихи. Т. 2000.
5. Сагдуллаев А.С. Қадимги Ўзбекистон илк езма манбаларда. Т. 1996.
6. Ўзбекистон тарихи. Т. 2002, 2003, 2006.
7. Ўзбекистон тарихи (маърузалар матни). Т. 2000.
Мәмлекетшилик - жәмийеттиң тек байлығы ҳәм оның раўажланыўының көрсеткиши менен бирге, жәмийеттиң сиясий шөлкемлесиўиниң жетистирилиўи болып табылады. Мәмлекетшиликтиң өзине тән символикалық белгилери рәсмий мәмлекетлик тилде ямаса тиллердиң пайдалыныўы, нышанлары (герб, гимн, байрақ) болыўы ҳәм жәмийетти мәмлекетлик сиясий шөлкемлестириўиниң өзине тән спецификалық формаларын дүзиўи болып табылады.
Өзбекстан территориясындағы мәмлекетшилик өзиниң мың жыллық тарийхына ийе. Бул территорияда пайда болған мәмлекетлер халқымыздың бай тарийхында гиреўли орын ийелеген. Бирак XIX әсирде Россия империясының жаўлап алыўының, соныңан совет империясының зорлық пенен өзине қосып алыўының ақыбетинде елимиздиң мәмлекетшилиги тарийхында узақ ўақыт мәжбурий үзилиске ушыраўшылық болды.
Өзбекстан Республикасының ғәрезсизликке ерисиўиниң нәтийжесинде жаңа бийғәрез Өзбекстан мәмлекетшилигиниң тырнағы салынды. Ғәрезсизликтиң арқасында ғана халқымыз өзиниң миллий цивилизациясының ҳәзирги раўажланыў дәрежесине масластырып қайта тиклеў мүмкиншилигине ийе болды. Мәмлекет жәмийеттиң сиясий системасының тийкарғы институты болып, жәмийетти басқарыўды әмелге асырады.
Өзбекстан территориясында әййемги мәмлекет дүзиминиң қәлиплесиўи әййемги дәўирге барып тақалады. Кейинги бронза, ерте темир дәўири Орта Азия цивилизациясының тийкарында, яғный б.э.ш. VIII-VII әсирлерде бул жерде дәслепки ерте мәмлекетлик бирлеспелер «Әййемги Бактрия патшалыгы» ҳәм «Үлкен Хорезм» пайда болды. Әскерий демократиялық басқарыў усылы тийкарында қәлиплескен бул мәмлекетлик бирлеспелер территориялық жақтан ҳәзирги Өзбекстанның барлық ўәлаятларын өз ишине алған.
Yлкен Хорезм - Әмиўдәрьяның төменги ағымындағы арқадағы жерлер, Мурғап оазиси ҳәм Парфия территориясы. Бактрия ҳәзирги Сурхандәрья, Тәжикстанның Әмиўдәрьяға жақын жерлери ҳәм арқа Аўғаныстан территориясы. Тилекке қарсы жазба дереклерде олар ҳаққында жүдә қысқа мағлыўматлар гезлеседи.
«Авесто»да «Үлкен Хорезмге» тийисли ўәлаятлар санап жазылады. Бул бойынша Орта Азияның дерлик үлкен бөлеги «Үлкен Хорезмге» тийисли екенлигине исениў мүмкин.
Бул хабар грек авторлары тәрепиненде тастыйықланады. Геродот «Үлкен Хорезм» мәмлекетиниң егислик майданларын суўғарыў ушын Окс дәрьясына плотина қурылғанлығын баян етип кеткен. Бирақ «Үлкен Хорезм» мәмлекетиниң қашан дағдарысқа ушырағанлығы ҳаққында бир пикир айтыў қыйын. Бирақ «Үлкен Хорезм»ге тийисли бир қатар қубла ўәлаятлар Мидия мәмлекети ўақтында-ақ оннан бөлинип кеткен, ал оның тағы бир қатар ўәлаятлары болса Ахаманийлер мәмлекети тәрепинен басып алынған. Бизиң эрамызға шекем IV әсирге келгенде «Үлкен Хорезм»ниң Әмиўдәрьяның төменги алабы аймағында Әййемги Хорезм мәмлекети пайда болды.
Оның патшасы сыпатында Фарасман исмли адам грек тарийхшылары тәрепинен тилге алынады. Археологиялық материаллар «Үлкен Хорезм» мәмлекети туўралы сөз болғанда тек Фарасман патшалық еткен Әййемги Хорезм мәмлекети түсинилместен, ал оның әййемги Парфия, Гиркания ҳәм Марғианаға шекем жайылғанлығын көрсетеди.
Орта Азия аймағында ахаманийлерге шекем дүзилген екинши мәмлекет - бул Бактрия патшалығы болып табылады. Бул мәмлекет ҳаққындағы дәслепки мақлыўматлар грециялы тәўип Ктесийде ушырасады. Бактрия пайтахты Бактра (ҳәзирги Балх) беккем қорғаныў қурылмаларына ийе болған.
Ктесийдиң мағлыўматлары бизиң эрамызға шекемги VIII-VII әсирлерге тийисли болып, оларда Бактрияның қүдирети, салтанаты, мыңлаған қалалары менен аўыллары, мол зүрәәтли жерлери ҳәм көп сандағы шарўалары ҳаққында әнгиме етиледи.
Кейинги жылларда әййемги Бактрия аймағында жүргизилген археологиялық изертлеўлер жумыслары грек, авторларыны «Әййемги Бактрия патшалыгы» ҳаққындағы әнгимелери тийкарында тарийхый шынлық бар екенлигин көрсетеди. Буған мысал етип қубла Бактрияда Алтын-1, Алтын-10, жаңа Бактра шәҳәри районларын, ал арқа Бактрияда Күшиктөбе, Қызылтөбе, Талашкантөбе, Бәндихан-2 усаған естеликлерди көрсетиў мүмкин. Олардың ҳәр бири жергиликли ҳәкимлердиң ордасы болған. Әййемги Бактрия патшалығы болса мине усы районлар менен ўәлаятларды бирлестриўши әскерий демократиялық типтеги конфедерация еди.
Грек-македон басқыншыларының Орайлык Азияға келиўи ҳәм олардың жергиликли халықтың барлық қатламлары үстинен жүргизген талаўшылық сиясаты изсиз қалмады. Басқыншылар зулымынан азап шеккен Орайлық Азия халықлары өз азатлығы ушын гүресин алып барды. Hәтийжеде эрамыздан алдынғы III әсир орталарында Орайлық Азия территориясында бир қанша ғәрезсиз мәмлекетлер пайда болды ҳәзирги Түркменстан аймағында аршакийлардың Парфия мәмлекети Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм арқа Аўғанстанның батысында Грек-Бактрия Өзбекстанның арқасы ҳәм батыс Қазақстанда - Кангюй Ферғана оазисинде - Даван Әмиўдәрьяның төменинде - Әййемги Хорезм мәмлекети пайда болды. Олардың мәмлекетлик дүзилиси ҳаққында анық пикирлер айтыў қыйын. Бирақ әййемги авторлардың маглыўматлары, «Авесто» ҳәм басқа дереклерде келтирилген мағлыўматлар мәмлекетти ақсақаллар кеңеси басқарыўының әскерий-демократик усылы ҳаққында улыўма түсиниклерден тысқары тийисли материал бере алмайды, ақсақаллар кеңеси таманынан сайланған патшалар беккем ҳәкимиятка ийе емес еди.
Грек-Бактрия, Парфия ҳәм Хорезм мәмлекетлериниң патшалары атынан теңгелер шығарылған ҳәм усы үлкелердиң өз жазыўлары болған.
Кангюй мәмлекети - бир қанша дийханшылық ҳәм шарўашылық үлкелерди бирлестириўши шөлкем болып, оның территориясында әййемги түркий жазыўлар ушырассада, өзиниң теңгесине ийе емес еди. Кангюй мәмлекетиниң этник қурамы тийкарынан эрамыздың басларында еки тилде болып, мәмлекет халқының түркий тили қатламы үстемлик қылған.
Бизиң эрамызға шекемги IV әсирдиң ақырларында Спитаменниң жеңилисинен соң Қытай жылнамаларында Юэ-ЧЖИЛЕР деп аталған массагет қәўимлери шығыс Түркистаннан Монғолстан шегараларына шекемги аймақларға кетип қалған еди. Б.э.ш. 155 жылы Грек-Бактрия мәмлекети дағдарысқа ушырады. Усы жағдайдан пайдаланған Юэ-ЧЖИЛЕР б.э.ш. 140 жылы Соғд жерлери арқалы Бактрияға кирип келеди.
Қытай жылнамаларында жазылыўына қарағанда, Юэ-ЧЖИЛЕР Бактрияға келгеннең соң жүз жыл даўамында 5 қәўимге бөлинип жасаған: Гуйшуан (Кушан), Хюми, Шуанми, Хисе, Хуанми. Гуйшуан (Кушан) қәўими баслығы (ябғусы) Кудзула Кадфиз қалған төрт қәўимниң ябғуларын бағындырып өзин ҳүкимдар деп дағазалайды. Қытай дереклерине қарағанда Кушан мәмлекети Парфияны, Аўғанстанды ҳәм Кашмирди басып алады.
Кушан мәмлекетиниң дәслепки патшалары «Герой ябғу» «Кудзулла ябғу» жазыўлы теңгелер шығарған. Бул теңгелер олардың түркий қәўимлерине этник жақынлығын көрсетеди. Кудзула Кадфизда мәмлекет ҳүкимдары сыпатында өз теңгелерин шығара баслайды. Канишка ҳүкимдарлығы дәўиринде Ҳиндстанның қубла районлары, Орта Азияның Согдиана, Хорезм ҳәм Шаш ўәлаятлары кушанлардың қолына өтеди.
Кушанлар мәмлекетинде бир қатар қалалар пайда болады, пул реформасы өткериледи. Будда дини мәмлекет дини деп дағазаланады. Магистрал каналлар пайда болды, өнерментшилик ҳәм саўда раўажланды.
Экономикалық сиясий ҳәм мәдений турмыста жоқары раўажланған Кушанлар салтанаты Канишканың мийрасхоры Хувишкадан кейин кем-кемнен дағдарысқа бет бура баслады. Ҳинд дереклерине карағанда III әсирдиң орталарында Ҳиндстанда кушанлардан бийғәрез мәмлекет дүзилген. Тап усы жылларда Хорезм де кушанлардан бөлинип шықты. Солай етип III әсир орталарынан баслап Кушанлар салтанаты терең экономикалық ҳәм сиясий дағдарысқа бет бурды. Бирақ буннан кейинде Кушан мәмлекети шығыстың ири мәмлекетлериниң бири сыпатында 100 жылдан аслам ўақыт өмир сүрди.
Do'stlaringiz bilan baham: |