Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet5/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36
Bog'liq
Лекция

«Жипек жолы» деген түсиник Евразиядағы (Қытай, Индия, Орта ҳәм Жақын Шығыс) әййемги дәўирде ҳәм орта әсирде ең баслы мәденияты раўажланған еллерди байланыстыратуғын жоллардың тутас бирлеспесин аңлатып, ең дәслеп  жылы немис географы К.Рехтгофен тәрепинен еңгизилди. Ўақыттың өтиўи менен бул термин (түсиник) кеңирек қолланыла баслады ҳәм Евразияның ҳәр қыйлы бөлеклериниң сол дәўирге өз-ара қатнасларын және де кеңирек белгиледи.
Тарийхта б.э.ш. VI-IV әсирлерде Иран ахеменийлери салтанаты дәўиринде оның территориясы бойлап «шах жолы» өткен. Оннан да бурынрақ Орта ҳәм Жақын Шығыста Бадахшах лазуритине болған зәрүрлик «лазурит жолы»ның пайда болыўына себеп болған. Бадахшан лазуритлери Еки дәрья аралығы ҳәм Египет патшалары сарайларын, ибадатханаларын безеген, ҳаяллардың ҳәр қыйлы тағыншакларын ислеўде колланылған. Батыс пенен Шығысты бир неше мың жыллар даўамында бир-бирине байланыстырып келген әййемги жоллардан бири - «Уллы жипек жолы» болып есапланады.
Илимде жипектиң Ўатаны деп Қытай тән алынған. Қытайда жипекшиликтиң дәслеп кең таралған жери Хуанхэ дәрьясының төменги алабында жайласқан ҳәзирги Шандун ўәлаяты есапланады. Әййемги Қытайда Сиян шаҳаринен (Шанси уалияты) Батыс меридианал бойлап кеткен жол «Жипек жолының басланыў - ноқаты» деп тән алынған. Грек авторларының шығармаларында Қытай жипеги арқа қара теңиз районларында ҳәм жақын шығыс мәмлекетлеринде бизиң эрамызға шекем V әсирден баслап ушыраса баслайды. Археологиялық қазыўларға қарағанда, жипекшилик Орта Азияның қубла ўәлаятларында бронза дәўиринен (б.э.ш. II м.ж. орталарынан) берли бар. Саппалытөбеден табылған жипек гезлемелери Қытайдан әкелингенбе ямаса усы жердиң өзинде жабайы жипек қуртын қолға үйретиў, нәтийжесинде пайда болған ба ҳәзирге шекем бул машқала пайда болып келмекте. Қытайда Хань династиясы дәўирине (б.э.ш. III әсир) шекем жипекшилик Қытай шеңберинде раўажланған.
«Жипек жолы» Қытайдың әййемги орайы Сияннан басланып, көп мәмлекетлер арқалы, соның ишинде Орта Азия қалалары (Балх, Самарканд, Мерв ҳ.т.б.) Қара теңиздиң арқасында Константинопольға шекем барып, Босфор ҳәм Дарданел арқалы жер орта теңизинен өтип Византия қалаларын аралаған.
Уллы жипек жолы 12 мың км. қашықлыққа созылып, суўсыз ҳәм халық жасамайтуғын жерлер, өтип болмас таўлар арқалы өтеди. Кәрўанда 12-15 түйеден ибарат, уш-төрт кәрўаншылар бир жол баслаўшы менен-журе беретуғын еди. Жолдың еки тәрепине жақсы шөлкемлескен кәрўаншылар хызмети бар болған. Ҳәр бир ири оазисте демалыс түйелерди алмасыў ушын станциялар болған. Елшилер ҳәм мәмлекетлик тапсырмаларды орынлаўшылар ушын айрықша тезликке ийе ҳайўанларды таярлап қоятуғын еди.
Шығыс Түркистанда ҳеш қандай жол болмағанлықтан, кәрўанның мәнзилге иркилмей барыў ушын тәжрийбели кәрўанбасы зәрур еди. Ол оазислердиң жайласыўын жақсы билиўи ҳәм суў шығатуғын жерлерге шеберлик пенен кәрўанда жеткериўи керек еди. Бир күнде кәрўаншылар жолдын 50-60 км. басып өтиўи зәрур болғанлықтан барлық жоллардағы елатлы пунктлер, почта станциялары ҳәм кәрўан сарайлар да сондай қашықлықта орналасқан.
«Жипек жолы» бойлап саўда-сатықта ең баслы таўар жипек еди. Шығыс Түркистан халықлары жипек пенен б.э.ш. X-III әсирлерде таныс болды. Жипек таўарлар б.э.ш. IV әсирде Индияға, б.э.ш. II әсирден Парфияға да тарқалып, сол ўақытларда Жер Орта теңизиниң шығысындағы ең баслы орайы болған Александрияға да барып жетеди.
Жипек жолы Қытайдан батысқа жипекшиликтиң таралыўына тәсийрин тийгизеди. Жипекшилик мәденияты V әсирде Мервке шекем жетип, ол жерлерден Жипек жолының батыс бөлеги бойлап тарқала баслайды. Орта Азияға тән болған жипек тоқыў (согдия) мектеби қәлиплеседи. Дамаск ҳәм Палмирден көп өтпестен-ақ жипекти қайта ислетуғын устаханалар пайда болады.
Қытайда шийшеден исленген буйымларға болған талап күшли болып, оны б.э. 1 әсир басында Сирияда ислеп шығара баслайды. Жипек жолы менен Қытайға шийше ыдысларының 10 рендеги түрлери (суршыл-қызыл, ақ қара, жасыл-сары, көк, тоқшық-көк, индиго реңли қызғыш ҳәм нуркур реңли) алып келинеди. Қытай императорлары жипек жолы арқалы батыста жайласқан еллер менен саўда ҳәм дипломатиялық байланыслар жасаған.
Орта Азия арқалы Қытайдың батысқа өтетуғын саўда кәрўан жоллары мудамы согдлардың бақлаўында болған. Согд саўдагерлери өзлеринин бул жолдағы үстемлигин сақлап қалыў ушын Шығыс Түркистанда, Жетисуўда, Алтайдан Енисей бойларына шекемги аймақларда, Арқа Қытайдың Шанси ўәлаятында, Дунхуан усаған бир қатар қалаларда өз кәрўан сарайларын ҳәм аўылларын қурған. Мәселен Қытайдын Дунхуан қаласында III-VIII әсирлерге тийисли соғд аўылы пайда болған. Академик Л.П. Окладников Лена дәрьясы жағасынан VII-VIII әсирлерге тийисли соғдлардың қойымшылығын таўып изертленген.
Арқа-батыс жипек жолы тек бир ғана экономикалық әхмийетке ийе болмастан, соның менен бирге ол диний, мәдений мийрас жетискенликлерин таратыўшы, еллер аралық дипломатиялық байланысты тәмийинлеўши жолда еди. Мәселен, Ҳиндстанның будда дини усы жол менен Қытайга, Орта Азия арқалы кирип келген. IV-VIII әсирлерде Қытайдың сыртқы дүнья менен саўда байланыслары кеңейди. Тап усы дәўирде Қытайда буддизм кең тарқалды. Орта Азияның материаллық ҳәм руўҳый қәдриятлары кең көлемде Қытайға кирип барды. Олар бир ўақыттың өзинде өзге еллердиң үрп-әдетлери, күш-қүдрети, аймаклық жайласыўы, тәбиятты ҳәм мәмлекетти баскарыў системасын терең билиўде оғада үлкен әҳмийетке ийе еди. Мәмлекет басшылары олардың бақлаў шеберлиги ҳәм берген мағлыўматлары негизиден өз сыртқы сиясатларын жобаластырар еди. Бундай үлкен ҳәм зәрүрий ислер мине усы саўда кәрўан жоллары себепли иске асырылатуғын еди.
Жипек жолы менен саўда ислеўдиң он бес әсирлик баслы жуўмағының нәтийжесинде руўҳый ҳәм материаллық мәденияттың өз-ара алмасыўы да болып, Евразиядағы халықлар мәдениятына шешиўши түрде тәсийир етеди. Орта Азиядағы өнерментлер қытайлылардан алтын ҳәм гүмистен ыдыслар ислеў өнерин уйренип олар бул жерлерге қудықты бурандалап қазыў техникасын да алып келеди. Өз ғезегинде қытайлылар болса, бул жерлердеги жүзимшилик ҳәм жонышқашылықты қайта ислеў өнерин үйренеди. Хорезм, Согдиана (Зарафшан ойпаты) ҳәм Ферғана усы жипек жолы тәсиринде ең үлгили саўда орайлары болып жетисти. Жипек жолы Орта Азиядағы Ферғана ойпатындағы мийуе өниминиң жетистириўи, әсиресе, жүзим ҳәм пахташылықты өсириўде суўғарыў ислери және кеңейтиледи қалалардағы өнерментлер тезлик пенен металл буйымларын ҳәм жипек маталарын ислеп шығарыўды шығыстан үйренсе, шийше ҳәм қағаз буйымларын ислеп шығарыўды батыстан үйренди.
Өзбекстан территориясында ертедеги феодализм дәўиринде пайда болған ири мәмлекетлерден бири - Эфталитлер мәмлекети. Эфталитлердиң сиясий орайы Пайкенд ямаса Балх болған деп шамаланады. Мәмлекеттиң басында патша турған. Адамлар тийкарынан қалаларда жасаған. Усы дәўирде жаңа типтеги қалалар, қала-қорғанлар жүзеге келеди. Эфталитлер Иран, Византия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм басқа мәмлекетлер менен кең көлемде саўда байланысларын алып барған, елшилик қатнасықларын орнатқан. Саўдада Қытай ҳәм Византия менен тийкарынан жипек айна, ҳәр қыйлы мийўелер, қымбат баҳалы таслар ҳ.б. менен айланыс еткен. Бул саўда процессинде Сасаний теңгелери менен бир қатарда жергиликли теңгелер Согд теңгелери, Хорезм теңгелери ҳ.б. қоллананылған.
Эфталитлер патшашылығында согд тилиниң кең қолланылғанлығы ҳаққында дереклер жетерли дәрежеде мағлыўмат береди. Согд жазыўынан тысқары бухар жазыўы, хорезмий ҳәм эфталий жазыўы кең тарқалған.
Зардуштийлик Ирандағыға қарағанда басқашарақ түрге ийе болған. Ол Анахит ҳәм Сиявушқа ҳүрмет көрсетиўи менен қосылып кеткен.
Эфталитлер дәўири тарийхына тийисли сақланып қалған материаллық мәденият естеликлеринен Хорезм ўәлаяты территориясындағы Бүркит-қала, Базар-қала, Фир қорғаны (Қыят-Беруний жанында), Бухара ўәлаятында Пайкент ҳәм басқалар.
Орайлық ҳәкимияттың ҳәлсириўи ҳәм майда ҳүкимдарлардың қарсылығы нәтийжесинде VI әсирдиң орталарына келгенде Эфталитлер мәмлекети әсте ақырын ыдырай баслады.
VI әсир орталарына келип Алтай, Жетисуў ҳәм Орайлық Азиядағы ҳәр қыйлы қәўимлер ҳәм халықлар бирлесип үлкен Түрк хақанлығы мәмлекетин дүзди. VII-VIII әсирде топланған дереклер - Орхон жазыўы, Күлтегин естелиги, Қытай дереклери -Тан сулоласи тарихи (VII-IX әсирлер), сондай-ақ тарийхшылар Менендр, Феофан Византийский ҳәм Иоанн Эфесский шығармалары.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish