4. Энеолит (мыс тас дәўири) б.э.ш. 4-3 мың жыллықлар.
5. Бронза дәўири б.э.ш. 3-2 мың жыллықлар.
6. Темир дәўири -б.э.ш. 1 мың жыллықтын баслары.
Орайлық Азия территориясында ең әййемги адамлардың мәканлары Селунғур (Ферғана), Учтут (Бухара), Унарча (Қырғызстан), Қаратаў (Тәжикстан) болып табылады.
Бул дәўирге тийисли мәканлардан алғашқы адамлардың тек ғана тас қураллары табылған. Ерте палеолит дәўири тарийхы менен шуғыланыўшы илимпазлардың пикирлери бойынша, бул дәўир естеликлериниң ўақты б.э.ш. 800-100 мың жыл, айырымлары 500-100 мың жыл бурынғы әййемги дәўирге тийисли болып есапланады. Буннан Орайлық Азияга адамлар жүдә ерте келип жайласа баслаған, деген жуўмақ ислеўге болады. Ерте палеолит адамлары тийкарынан жыйнаўшылық ҳәм аңшылық пенен шуғылланған.
Орайлық Азияда орта палеолиттиң (мустье мәденияты) ең атақлы естеликлерине Ташкент оазисиндеги Обирахмат, Хожакент, Самарқандтағы Аманкутан, Байсун таўларындағы Тесиктас сыяқлы бир қатар мәканларды киргизиў мүмкин. Олардың барлығы 300 ге шамаласып қалады. Бул дәўирде арқадан қублаға музлықтың басып келиўине байланыслы ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы өзгереди.
Обирахмат мәканы Ташкент қаласынан 100 км. арқа-шығыста Тангри-Таў Чаткол дүзиминдеги Палтаў сайының жоқары ағымынан табылған. Үнгир мәканынан 10 метр қалынлықтағы 4 мәдений қатлам анықланған шаклары ҳәм тас кураллардын койылыуы тосаттан емес. Бул Тесиктас үнгиринде жасаған неондерталь адамлар әпиуайы болса да диний исенимге ийе болғанынан дерек береди.
Соңғы палеолит дәўири палеолиттиң ақырғы басқышы болып есапланады. Бул дәўирге тийисли мәканлар Ахангарандағы Көлбулақ, Ташкенттиң батысындағы Бозсу 1 ҳәм Самарқанд қаласынын табылған. Олардан табылған қураллар арасында пышақлар, балталар ҳ.б. Бул дәўирдиң ең үлкен жетискенлиги - бул матриархат дүзимине өтиў болып есапланады.
Орайлық Азияда мезолит дәўири шама менен б.э.ш. 12-7 мың жыллықларды өз ишине алады. Бул дәўирге келип, музлық арқаға жылжып, хаўа-райы жылытады. Ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы өзгереди. Бул дәўирдиң ең үлкен жетискенликлеринен бири оқ жайдын ойлап табылыўы. Сондай-ақ бул дәўирде алғашқы көркем өнер пайда болды. Орайлық Азиядан мезолит дәўирине тийисли көплеп естеликлер табылған. Олардан бири Өзбекстанның қубласындағы (Байсун) Мачай мәканы. Бул жерден тас ҳәм сүйектен исленген қураллар, адамның бас сүйеклери, тислери табылған, сондай-ақ 20 дан артық ҳайўанлардың сүйеклери табылған болып, олар майда сындырылған, отта күйдирилген. Демек мачайлылар оттан кең пайдаланған, ҳайўан гөшлерин отта писирип жеген.
Ферғана алабынан мезолит дәўирине тийисли Обишир мәканы табылған. Бул мәканнын әййемги адамлары балықшылық, аңшылық ҳәм жыйнаўшылық пенен шуғылланған.
Кейинги 30 жыл ишинде Орайлық Ферғанадан Шоркөл, Ашшикөл, Янгиқәдем, Бекабад, Замбар, Тойпоккөл сыяқлы 80 ге жақын мезолит дәўири естеликлери табылған. Мезолит дәўири өзинен алдынғы әййемги тас әсирине қарағанда қураллардың раўажланыўы ҳәм адамлар сана-сезиминиң өсиўи жағынан да шешиўши нәтийжелерге ерискен.
Неолит узақ даўам еткен тас әсириниң соңғы ҳәм жуўмақлаўшы басқышы. Неолит түсинигин илимге археолог Леббок алып кирген. Неолит дәўири адамларының ең үлкен табысларынан бири гулалшылық болып, олар ылайдан ҳәр қыйлы ыдыслар иследи ҳәм оларды отта писириўди үйренип алған. Сондай-ақ неолит дәўиринде тоқымашылық ҳәм қайық соғыўшылықта пайда болды.
Орайлық Азияда жасаған неолит дәўири кәўимлери хожалықтың түрлерине қарай Жайтун, Келтеминар ҳәм Хисор мәдениятына бөлинеди, олардың сәнесиниң жоқары шегарасы б.э.ш. 6 мың жыллық, төменги шегарасы 4-3 мың жыллықларды өз ишине алады.
Жайтун мәденияты Қубла Туркменистанда, Ашхабад қаласынан 25 км. арқадағы Жайтун қоңысынан табылған. Алымлар арасында Жайтун аўылында 30ға жақын үй болып, онда 150-180 адам жасаған деген пикирлер бар. Ҳәр бир үйде 5-6 адамлық шаңарақ жасап, аналық урыўшылық үстемлик еткен. Жайтунлылар белгили болыўы соннан ибарат, бул жерде дәслепки дийханшылық мәденияты раўажланды.
Келтеминар мәденияты дәслеп Әмиўдәрья бойлары ҳәм Хорезм территориясынан табылған. Булар арасында Хорезмдеги Жамбасқала мәканы дыққатка ылайық. Келтеминар мәденияты жәмийетлериниң мәканлары тунғыш рет Әмиўдәрьяның Ақшадәрья өзегинен шыққан әййемги Келтеминар каналының естеликлеринен табылғаны ушын оларға усы ат берилген. Бул қоңыс аймақ археолог алым С.П. Толстов тәрепинен қазып изертленди. Келтеминар мәденияты жәмийетиниң хожалығының негизин балықшылық қураған. Сондай-ақ а4шылық ҳәм жыйнаўшылық пенен шуғылланған.
Б.э.ш. 4 м.ж. келип Орта Азия шараятында неше жүз мың жыллар даўам еткен адамзат тарийхының тас дәўири тамамланды, оның орнын энеолит ҳәм соңырақ бронза дәўирлери ийеледи. Алғашқы жәмийетлер мийнет қуралларын соғыўда дәслеп мыстан пайдаланды. Соның ушын бул дәўир энеолит, яғный мыс-тас дәўири деп аталды.
Энеолит дәўири жер шарының барлық зоналарында бир ўақытта басланбай, ол ҳәр бир зонаның тәбийий экологиялық имканиятына сай рәўиште ҳәр қыйлы ўақытта басланды. Мәселен, Африка ҳәм Азияның әййемги дийханшылық зоналарында алғашқы жәмийетлер металл менен ертерек, ал басқа зоналарда кейинирек танысты.
Орта Азияда металл б.э.ш. 4 м.ж. мәлим. Орта Азияның арқа районларында болса бул ўақытта неолит дәўириниң Келтеминар мәденияты жәмийетлери гүллеп раўажланбақта еди. Келтеминар мәдениятың дөреткен ата-бабаларымыз археологиялық мағлыўматларға қарағанда, металл менен биринши мәртебе б.э.ш. 3 м.ж. ақырларында танысты. Бронза дәўириниң хронологиялық шегарасы б.э.ш. 3-1 м.ж. туўра келеди. Биринши мәртебе бронза б.э.ш. 3 м.ж. Алдынғы Азия ҳәм Ҳиндстанда ашылды. Ал, Орта Азияда болса ол б.э.ш. 3 м.ж. ақыры ҳәм 2 м.ж. басларынан белгили.
Бронзадан негизинен ҳәр қыйлы безеклер, үй-руўзыгершилик ҳәм хожалық буйымлары, әскерий қурал-жарақлар ҳәм мийнет қуралларың соғатуғын арнаўлы темиршилик, слесарлык ҳәм зергерлик устаханалары жүзеге келди. Өнерментшиликтиң қәнийгелесиўи менен зоналар аралық зат алмасыўлар күшейди. Ўәлиятларды экономикалық жақтан байланыстырып туратуғын тәбийий байланыс жоллары пайда болды. Ҳайўанлар жетеклеген дөнгелекли арбалар пайда болды.
Археолог алымлардың Орта Азия аймағында жүргизген илимий излениўлериниң нәтийжелерине қарағанда бронза дәўиринде аңшылык ҳәм жыйнаўшылық турмыста өзиниң дәслепки ролин жоғалтты. Ҳалыктың негизги хожалығы шарўашылық ҳәм дийханшылық болып калды.
Орта Азия шараятында шарўашылық хожалығының дәслепки излери ҳәтте мезолит дәўириниң соңғы басқышы ямаса ерте неолиттен белгили. Археолог У.Исламов Мачай үнгиринде жүргизген қазыў ислери ўақтында үнгирден оның мәдений қатламынан жабайы ҳайўанлардың қара мал, қой ҳәм ешкилердиң сүйеклерин тапты. Неолит дәўириниң естелиги болған Жайтунда шарўашылық хожалығы дийханшылық пенен бир қатарда жәмәәтлар турмысында әҳмийетли роль ойнаган.
Шарўашылықты биринши мәртебе ҳаяллар ашқан. Аңшылық ўақтында тирилей қолға түскен ҳайўанлардың балаларын ҳаяллар тәрбиялай баслады. Жәмәәтте үй ҳайўаны пайда болды, шарўашылық хожалығына дәслепки кәдемлер тасланды.
Дийҳаншылықтың пайда болыўында да ҳаяллар негизги ролди ойнады. Ҳаяллар жабайы масақлы өсимликлердиң дәнин жыйнап руў жәмәәти мәканына алып келгеннен кейин оларды түйеклеп женшиў, тазалаў процессинде жәмәәттиң үйлериниң айналасында бийықтияр төгилген дәнлерден өним шығып атырған көгисликлерди сезбеўи мүмкин емес еди. Сол себепли дийханшылыққа қарай қойылған биринши қәдем дәслеп жәмәәт баспаналары әтирапында көгерип шыққан дән егинлерин абайлап тәрбиялаўдан басланды.
Орта Азия шараятында, анығырағы оның қубла районларында, дийханшылық неолит дәўиринде пайда болды. Өзбекстанның арқа-шығыс районларында Ташкент оазисиниң дәрья алапларында, Қарши оазисинде отырықшы дийханшылық хожалықлары бронза дәўириниң сонғы басқышларында пайда болды.
Зарафшан оазисинде дәслепки дийханшылық мәкан жайлары Заманбаба ҳәм Саразм естеликлеринен табылды. Заманбаба Зарафшанның төменги ағысының алабында, оның қурып баратырған өзеклериниң биреўиниң жағасында пайда болған. 1950 жылы академик Я.Г. Гулямов, соң А.Аскаров қазыў жумысларын алып барды. Заманбаба мәканы ерте бронза дәўири руў жәмәәтиниң баспанасы болған. Оның ҳалқы дийханшылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланған.
Согдианада ерте дийханшылық мәдениятының басқа бир уллы естелиги әййемги Саразм аўылы болып, бул жерде 1988 жылдан берли археолог Абдулла Исақов археологиялық қазыў жумысларын алып бармақта. Ҳәзирги Саразм аўылы Өзбекстанның Самарқанд ўәлаятындағы шегара районында жайласқан.
Қубла Өзбекстанда (Сурхандарья ўәлаяты) әййемги дийханшылық мәденияты Сапаллы төбе ҳәм Жаркотан мәкан жайларынан табылды. 1969-1974 жылларда Сапаллы төбеде А.Аскаровтың басшылығында илимий излениўлер алып барылды.
Сапаллы төбе ҳәм Жаркотан естелилкерин үйрениў нәтийжесинде буннан дерлик 3,5-4 мың жыллар бурын, яғный бронза дәўиринде жасап суўғарма дийханшылық ҳәм асыранды мал сақлаў менен шуғылланған руў жәмәәтиниң күн көрислери, динге исениўшилиги, кәсип кәри, күнделикли турмыс қәлпи, салт дәстүрлери ҳәм үрп-әдетлери ҳаққында улыўма түсиникке ийе болыў имканияты туўылды.
Белгили алым С.П.Толстов 1930 жылдың орталарынан Әмиўдәрьяның төменги алабында, әййемги Хорезмде кең көлемде археологиялық излениўлер алып барды ҳәм бир қатар дүнья жүзилик әҳмийеттеги жаңалықларды ашты. С.П.Толстовтың хызметине тийисли ашылыўлардың бири 1938 жылы Әмиўдәрья етеклеринде, әййемги Хорезм жеринде табылған Тазабағжап мәденияты еди. Тазабағжап мәденияты әййемги Хорезмде б.э.ш. II м.ж. орталарында қәлиплескен. Бул мәденияттың ҳалқы негизинен жер төлелерде, ылашықларда жасап, шарўашылық пенен, дәрья етеклериндеги ойпат, ылашықларда жасап дийханшылық пенен шуғылланған.
1940 жылы атақлы алым С.П.Толстов тәрепинен қубла Қарақалпақстанда Әмирабад мәдениятына тийисли, мәкан жайлар биринши мәрте таўып үйренилген. С.П.Толстов Әмирабад мәдениятына тийисли мәканлардың ең үлкенин Жекке Парсан 2 деп атады. Алым бул мәканлардан табылған археологиялық материаллық дәлийллердиң б.э.ш. 10-8 әсирлерге тийисли екенлигин дәлийиллейди.
Б.э.ш. 10-8 әсирлер Орайлық Азия шарўаларының турмысында түпкиликли социал-экономикалық өзгерислер жүз берген дәўир болып, олар қыйралып баратырған алғашқы жәмәәт жеринде мүлк теңсизлиги, класслық қатламласыў процессинин жеделлескенлигинен дерек береди. Ерте темир дәўирине тән кәсийетлер болса бул процессти тезлестирди. Орта Азия шараятында ерте темир дәўири б.э.ш. I м.ж. биринши ярымына туўра келеди. Бул дәўирде алғашқы жәмәәт системасы өзиниң ақырғы басқышын өтпекте еди. Өндиристе биринши мәртебе темирден шийки зат сыпатында пайдаланылып, мийнет қураллары ислеп шығарыла баслады. Темирдиң өндиристе қолланылыўы алғашқы жәмәәт тарийхында үлкен техникалық революция болды.
Темир шарўашылықтың дийханшылықтан үзил-кесил бөлекледи, жеке меншик мүлкин беккемледи, класслық жәмийетти келтирип шығарды. Темирдиң өндириске кеңирек қолланылыўы себепли хожалықта екинши мийнет бөлистириўин жүзеге келтирди, яғный өнерментшилик дийханшылықтан бөлинип шықты. Өнерментшиликтиң бир қатар тараўларында қәнийгелесиўдиң пайда болыўы нәтийжесинде ертедеги шәҳәрлердиң белгилери сыпатында базар пайда болды. Жәмийеттиң социал-экономикалық турмысында кең көлемдеги товар алмасыўы жүз берди. Оның ақыбети сыпатында айырым адамлардың қолында тез рәўиште байлықлар топлана берди. Темирдиң өндириске кең көлемде кирип келиўи себепли жерге жеке ийелик етиў келип шықты. Өндириўши хожалықтың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы мәмлекетшиликтиң келип шығыўына алып келди.
Do'stlaringiz bilan baham: |