Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


Лекция №5. IX-XII әсирлерде Орта Азия аймағындағы орайласқан мәмлекетлер: сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений турмыс



Download 0,6 Mb.
bet8/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   36
Bog'liq
Лекция

Лекция №5. IX-XII әсирлерде Орта Азия аймағындағы орайласқан мәмлекетлер: сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений турмыс
ЖОБАСЫ:
1. Саманийлер, Қараханийлер, Ғазнаўийлер, Салжукийлер мәмлекетлериниң сиясий, социаллық ҳәм экономикалық турмысы.
2. Хорезмшахлар мәмлекетиниң дүзилиўи ҳәм раўажланыўы
3. Орта Азия халықларының турмысында IX-XII әсирлерде жүз берген ояныў дәўири
Ә Д Е Б И Я Т Л А Р 
1. Азамат Зиё. Узбек давлатчилиги тарихи Т. 1998.
2. Ахмедов Б.А. Тарихдан сабоқлар. Т. 1994
3. Буниятов Э. Государство Хорезмшахов Ануштегинидов. М. 1986
4. Материалы по истории и истории науки и культуры народов Средней Азии Т. 1991
5. Абу Наср Фарабий. Фозил адамлар шахри Т., 1993
6. Буюк сиймолар, алломалар Т., «Мерос» (уч китоб), 1995, 1996, 1998
7. Хайруллаев М. Ўрта Осиёда илк уйғониш даври маданияти Т. 1994.
8. Юсуф Хос Хожиб. Кутадгу билиг. Т. 1990
9. Ўзбекистон тарихи Т. 2003. 2006.
10. Иброҳимов Н. Ибн Баттута ва унинг ўрта осиёга саёҳати Т. 1993.

Мавераннахр ҳәм Хорасанда 821 жылдан баслап Тахирийлер династиясы ҳәкимият басына келди. Тахирийлер Хорасанның ири жер ийелеринен болып, бул династияның тийкарын салыўшы Тахир иби Хусейн еди. Оның резиденциясы Нишапурда болды. Тахир ҳәм улары рәсмий түрде өзлерин халийфатлыққа бағынышлы деп көрсетсе де, бирақ ис жүзинде олар пүткиллей ғәрезсиз рәўиште ис жүргизеди. IX әсирдиң орталарына келгенде Бухара, Қашқадәрья ўалаятлары ҳәм Чаганруд (ҳәзирги Сурхандәрья) ҳ.б. Мавераннахрдың барлық территориясы Ахмад ҳәм оның уллары қол астына өтти. Бирақ 873 жылы Хорасанда Тахирийлер династиясы қулатылып Саффарийлер династиясының устемлиги басланды.


864-865 жыллары Ахмад ибн Асад дүньядан өткеннен соң тахтқа оның улы Наср ибн Ахмад (865-892 жж.) шықты. Ол 874 жылы өзиниң иниси Исмайыл Саманийди Бухараға ҳәким етип жөнетеди.
Өзиниң ағасына бойсынғысы келмеген Исмайыл Саманий 888 жылы Наср үстинен жеңиске ерисип Мавереннахрды басқарыўды өз қолына алады. 900-жылы ол Хорасан жерлерин өзине бағындырды. Ол орайласқан мәмлекет дүзди. Орайлық басқарыў мәкемеси 10 девоннан ибарат болды. Мәмлекеттиң пайтахты Бухара қаласы болды. Саманийлер мәмлекетинде хожалық жоқары раўажланды. IX әсирде Мавереннахр тийкарынан аўыл хожалығы мәмлекети болғаны менен өнерментшилик те жоқары раўажланған. Зандана ҳәм Иенжан аўылларында тоқылған бөз гезлемелер Иран, Ирак, Ҳиндстанда кеңнен мәлим болды.
Саманийлер дәўиринде Мавереннахрда «Уллы Жипек жолы» арқалы болған кәрўан саўдасы үлкен әҳмийетке ийе болды. Кәрўан саўдасы Орайлық Азия арқалы Қубла-Шығыс Европа мәмлекетлеринен Шығыс еллери менен Монғолия ҳәм Қытай менен байланыстырды. Шығыс Европа менен алып барылған саўдада Хорезм әҳмийетли рол атқарды.
Исмайылдың улы Ахмад ҳүкимдарлығы дәўиринде (907-914 жж.) араб тили мәмлекет тилине айландырылды. Наср II (914-943) караматшыларды қоллап-қуўатлаўы мусылман руўханийлери ҳәм түрк әскер басшыларының наразылығын келтирип шығарды. Олар Наср II ге қарсы қастыянлық шөлкемлестирди. Шөлкемлестирилген қастыянлық ашылып қалады. Нарс II өзиниң улы Нух пайдасына тахттан бас тартады. Саманийлер мәмлекети Нух ибн Наср (943-954) тусында ҳәр тәреплеме аўыр аўҳалға түсип қалады.
Мәмлекеттиң қазнасы босап қалады, финанс аўҳалы аўырласады. Абдумалик (954-961) тусында мәмлекетте түрк әскербасыларының тәсири жүдә күшейип кетти. Бунда түрк әскер басшысы Алп Тагинниң роли жүдә күшли болды. Саманийлер мәмлекети 999 жылға шекем өмир сүрди. Усы жылы Саманийлер мәмлекети Қараханийлер тәрепинен басып алынды.
Х әсирдиң ақыры - XI әсирдиң басында қудиретли Түрк каганаты мәмлекетиниң қалдықлары болған түрк тиллес халықлардың Мавереннахрға экспанциясы басланды. Дәслеп араб халифаты, соңынан Саманийлер түрк қәўимлериниң хызметлеринен кең пайдаланды, әскерий гвардиялар дүзди ҳәм ҳәкимиятты қолларына топлаған ири мәмлекетлик хызметкерлер өсип жетисти.
Орта Азияның шығыс бөлиминде VIII-X әсирлерде түрк тиллес халықлардың конфедерациясының қәлиплесиў процесси даўам етти. Олар ҳәр қыйлы атамада болыўына қарамастан, диалекттеги өзгешеликлери менен бир тилге ҳәм бирдей турмыс салтына ийе болды. Бул түркий тиллес халықлардың аўқамында қарлуқлар, чигелей, яғма, уйғур, оғузлар ҳәм қыпшақлар болды. Қараханийлер мәмлекетиниң дүзилиўинде қарлуқлар айрықша роль ойнады ҳәм оның әскерлериниң ядросын қурады.
«Қараханийлер» термини қарлуқлардың басшыларының бири, ислам динин қабыл еткен Сатук Абдал Карим Қараханның атақларынан келип шыққан. Усы династияның ўәкиллери соңынан усы атақты қабыл еткен. «Қара» - халық, масса, «хан» - хәким, басқарыўшы яғный «халықтың ҳәкими» дегенди аңлатады.
Қараханийлер династиясының тийкарын салыўшы Сатук Бограхан ислам динин қабыл етти ҳәм түрклердиң жаңа мәмлекетиниң дүзилиўине баслама салып берди. Оның әўладлары Орайлық Тянь Шань ҳәм Жетисуўды басып алады ҳәм Мавереннахрға топылысын баслайды. 990 жылы олар Фергананы басып алып, өзлериниң теңгесин шығарды.
999 жылы Қараханийлердиң басшысы Наср Бухара қаласын басып алды. Бунда мусылман руўханийлериниң Қараханийлерди қоллап-қуўатлаўы шешиўши рольди ойнады. Мавереннахр жерлери сонда толығы менен Қараханийлер мәмлекетиниң қурамына өтти.
Қараханийлер династиясы 100 жылға шамалас үстемлик етти ҳәм оның территориясы Бухарадан Сырдәрьяның төменги ағысына шекем, батыста Жетисуў ҳәм шығыста Кашкарға шекем созылды.
Қараханийлер мәмлекетиниң сиясий ҳәм әскерий пайтахты Баласагун диний ҳәм мәдений орайы Кашгар қалалары болды.
Қараханийлер дәўиринде Орта Азияда феодаллық қатнасықлар социал-экономиклық формация сыпатында толық үстемлик етти. Халықтың арасында 4 дәреже айқын көрине баслады: байлар, орта, гедейлер-чигайлар, ҳеш нәрсеге ийе емес адамлар-қара адам будунлар болды. Отырықшы дийханлардың көпшилигин жерсиз ҳәм аз жерге ийе болған ҳәм феодаллардың жеринде күнликши сыпатында жумыс ислеген дийханлар «аккар» қурады. Жерди арендаға алған аккар өнимниң бир бөлимин мәмлекетке, басқасын-жер ийесине бериўи тийис болды, үшинши бөлеги ғана дийханның өзине қалды. Қараханийлер тусында барлық кәрўан-сарайларда байлар ҳәм гедейлер ушын өз алдына ханалары, қалаларда-байлардың ҳәм гедейлердиң кварталлары болды.
Улыўма халық дийханшылық, өнерментшилик, аңшылық ҳәм саўда менен шуғылланды. Экономикада мал шарўашылық әҳмийетли роль ойнады.
Қараханийлер тусында күшли орайласқан мәмлекетлик аппарат дүзилди. Мәмлекетке жоқарғы ҳәкимият Қараханға тийисли болды. Қала ҳәм область басшыларына оның туўысқанлары ҳәм жақын адамлары қойылды. Қалаларды ҳәкимлер басқарды.
Қараханийлер мәмлекетинде ислам мәмлекетлик дин болды. Бул дәўирде мешит ҳәм медреселерге жер бөлистирип бериў иси кең тарқалды. Бул берилген жерлер ўақым (вакуф) жерлер деп аталды. Сондай-ақ ўақым ретинде мәмлекет есабынан айырым мүлк (сарай, госпиталь ҳ.б) сыйлық ретинде берилди.
Қараханийлер тусында қалалар тез пәт пенен өсти. Ташкент оазисинде 50, Чирчик дәрьясы ҳәм оған жақын жердеги Сырдәрья бойларында 20, Талас алабында 10 қалалар болған. Мәмлекеттеги ең үлкен қалалар Самарканд ҳәм Бухара болды.
Қараханийлер дәўиринде қағаз ислери араб ҳәм парсы тиллеринде алып барылды. Илимий ҳәм диний тил араб, ал әдебий-парсы тиллери болды. Бирақ Қараханийлер көплеген мәмлекетлик ислерде түрк тилин кең түрде қоллана баслады. Қараханийлер басқарған дәўирде түрк әдебий тили пайда болды. 1074 ж. түрк халықларының тарийхы, тили, әдебияты ҳәм мәденияты бойынша Махмуд Кашгарийдиң «Девани лугати тюрк» мийнети пайда болды. Бунда түрк тиллес халықлардың тиллериндеги айырым сөзлер оғуз, қыпшақ ҳәм чигелей топарлары ҳаққында мағлыўматлар бериледи.
Усы дәўирге тийисли материаллық мәденият естеликлеринен 1127 ж. Мухаммад II тусында салынған Бухарадағы Мачити-Калон минараси ҳәзирге күнге шекем келип жетти. Оның бийиклиги 60 м. болып, жолдан адасқан кәрўанларға түнде жол көрсетиўши хызметин атқарған. Сондай-ақ жынаят ислеген адамларды жазалаў ушын (төбесинен төменге таслаған) да пайдаланған деп есаплайды.
XI әсирдиң екинши ярымы - XII әсир даўамында Қараханийлер өз мәмлекетиниң әҳмийетли аймақлары болып есапланған – Самарқанд, Бухара, Термез ҳәм Балхқа усаған жерлери ушын селджуклердиң ҳәм ғазнаўилер менен көп урыслар алып барыўға мәжбур болды. Қараханийлер династиясының соңғы ўәкиллери 1211 ж. Хорезмшах Алаўатдин Мухаммад тәрепинен өлтириледи ҳәм Қараханийлер мәмлекети биротала сапластырылды.
961 жылы Саманий әмири Абдул Маликтың өлиминен соң түрк қулы Алп-Тегин (Хорасандағы саманий әскерлериниң басшысы) ҳәкимиятты ийелеўге ҳәрекет иследи. Бирақ бул мәқсети иске аспай қалғанынан кейин, ол әскерлериниң бир бөлими менен Ғазнаға (шығыс Аўғаныстан) кетти. Тез арада ол әскерий таланты ҳәм шөлкемлестириўшилик уқыбы менен көзге түскен түрк қулы Себук-Тегинге нәзер аўдарады. Алп-Тегинниң усынысы менен саманий ҳәкими Нух II (976-997) Себук-Тегинди Ғазнаның әмири етип жәриялайды (977ж. 20 апр.).
Жаңадан болған әмир Хорасан найыбы Абу-Алиге қарсы гүресте Нух IIге жәрдемлеседи ҳәм 994 ж. Абу-Али үстинен жеңиске ериседи. Бул хызмети ушын оған «динниң ҳәм мәмлекеттиң қорғаўшысы» ҳүрметли атағы бериледи ҳәм оның баласы Махмуд Хорасан найыбы етип тайынланады. Нәтийжеде Әмиўдәрьяның түслик тәрепиндеги территория Себук-Тегин Ғазнаўийге тийисли болды. Себук-Тегинниң баласы Махмуд 998 жылдан баслап толық ғәрезсиз ҳәким болды.
1017 ж. 20 февральда Хорезмде сарай аўдарыспағы болып Хорезмшах Мамун өлтириледи ҳәм оның орнына 17 жасар Али тахтқа отырды. Буннан пайдаланған Махмуд Ғазнаўий 10 мың атлы әскер ҳәм 500 әскерий пиллери менен Хорезмге жүрис қылады. 1017 ж. 3 июльде Хорезмде Ғазнаўийдиң әскер басшыларының бири Алтунташ Хорезмшахы етип тайынланады.
Түрк қулының баласы Махмуд Ғазнаўий қысқа ўақыт ишинде қудиретли империя дүзди. Ол Ҳиндстанға 17 мәртебе атланыс жасады. Бул тонаўшылық атланыслар болып, оның жекке өзиниң ҳәм гвардиясының байыўына алып келди. Ол тәрепинен Ғазнада мешит ҳәм медресе салынды. Бирақ бул әскерий атланыслар ҳәм ол ушын төленген салықлар пуқара халықтың, дийханлардың аўҳалын төменлетти. Салықты төлемегени ушын көплеген дийханлар жерлеринен айырылды. Нәтийжеде көплеген атызлар бос қалды, суўғарыў системасының бузылыўына алып келди. Буның ақыбетинде 1010-1011 жж. Хорасанда ашлықтың болыўына алып келди, Нишапурда ҳәм оның әтирапында ашлықтан 100 мың адам өледи.
Махмудтың социаллық тиреги еки күш болды: армия ҳәм руўханийлер. Басып алған еллерден түскен олжаларды ол өзиниң султанларына, армияға ҳәм руўханийлерге бөлип берди. Бирақ Махмуд Ғазнаўий империясының ишки жағдайы беккем болмады.
1040 ж. майда Селжукийлер Махмудтың мийрасхоры Масъуд әскерлерин қыйратты ҳәм Хорасанды ийелейди. 1054 ж. Ғазнаўий султаны Ибрахим Балх қаласынан айырылғаннан соң Мавераннахр ушын болған гүрестен бас тартты. Тез арада Ғазнаўийлер империясы өмир сүриўин тоқтатты ҳәм майда бир нешше мәмлекетлерге бөлинип кетти.
XI әсирдиң ортасында ҳәм екинши ярымында селжуклер Иран, Ирак, Сирия, Азербайжан ҳәм Арменияның бир бөлимин басып алды. Усы территорияда «Уллы селжуклердиң» мәмлекети дүзилди.
Селжуклер мусылман дүньясының батыс бөлиминде үстемлигин орнатқаннан соң, шығысқа Мавераннахрға атланысын баслады. 1089 ж. султан Маликшах Бухара ҳәм Самарқандты ийелейди. 1097 жылы Мавераннахр толығы менен селжуклер тәрепинен басып алынды. 1104 ж. султан Санжар елди биротала өзине бағындырды. XII әсирдиң басында Селжуклер империясы бөлек патшалықлар федерациясы сыпатында өмир сүрди.
Мәмлекетте жоқарғы ҳәкимият султанға тийисли болды. Армияны түрк қулларынан шыққан әскер басылар басқарды.
Селжуклер мәмлекети Султан Санжар тусында қудиретли империялардың бирине айланды. 1097-1118 жж. ол Шығыс Иранды ҳәм Шығыс аймақларын ийеледи, ал 1118 ж. баслап ол селжуклер урыўының султаны болды.
1079 ж. басында селжук әмирлериниң бири Қят қаласында базардан оғуз қулы Ануш-Тегинди сатып алады. Тез арада бул қул селжук султанларының сарайында жоқары лаўазымларға көтериле баслайды. 1097 ж. султан Берк арук Ануш-Тегиниң баласы Мухамадты Хорезмниң басқарыўшысы етип тайынлайды, усы пайыттан баслап Хорезмшах-ануштегинлер мәмлекетиниң тарийхы басланды. Мухаммад Хорезмди 30 жыл басқарды (1128 ж. шекем) ҳәм султан Санжарға ҳадал хызмет етип оның исинимине кирди. Сонлықтын Мухаммад өлгеннен соң, султан Санжар оның баласын мийрасхор етип қойды.
Хорезмшах Атсыз (1128-1156 жж.) Хорезмниң ғәрезсизлиги ушын 10 жыл таярлық көреди ҳәм 1138 Манғышлақ ярым атаўын басып алады. Бирақ 1138 ж. октябрьде Хазарасп жанында болған саўашта султан әскерлери жеңиске ериседи ҳәм Атсыз Жент қаласына қашып кетиўге мәжбүр болады. Санжар Хорезмнен кеткеннен соң ол қайтып келеди ҳәм өзиниң властын қайтадан тиклеп, султан менен келисимге келеди.
1139 ж. Атсыз Хорезмниң ғәрезсизлиги ушын гүресин қайтадан баслайды ҳәм Бухара қаласын басып алады. 1141 ж. Султан Санжар қара-қытайлардың топылысына ушырайды ҳәм жеңиледи. Буннан соң Хорезм халқы да қара-қытайларға ғәрезли болды ҳәм салық төледи.
Хорезмшах Атсыз толық ғәрезсизликке ерисе алмастан 1156 ж. 30-июльде өледи. Буннан соңғы Хорезмшах Иль-Арслан (1156-1172 жж.) тусында Хорасан, Азербайжан жерлери басып алынады. Оның үлкен баласы Текеш 1187 ж. майда Нишапур қаласын басып алады ҳәм оның басқарыўшысы етип өзиниң баласы Маликшахты қояды.
Текештиң тусында Хорезмшахлар мәмлекетиниң әскерий-феодаллық шөлкеми қәлиплести. Сондай-ақ жақсы қуралланған ҳәм тийкарынан түрк жаўынгерлеринен ибарат жалланбалы армия дүзилди.
1200 ж. 3 июльде Текештиң өлиминен соң оның орнына баласы Мухаммад Алаўаддин Хорезмшахлар тахтына ийелик етти.
Ол 20 жыл басқарды ҳәм бул жыллар үзликсиз урыслар ҳәм атланыслар менен өтти. 1202 ж. Мерв, Нишапур, 1204 ж. Герат, 1206 ж. Балх ҳәм Термизди басып алды.
1217 ж. Мухаммад империясының территориясы Ирактан Индияға шекем ҳәм Арал теңизинен Индия океанына шекемги аралыққа созылады. Оның империясының қурамында 400 қала болып, оның халқына салық салынады.
Мухаммад армиясында 300 мың адам болып, оның баслы күши 100 мың адамлық қыпшақлар ҳәм 70 мыңлық қарақытай атлы әскерлери болды.
1217 ж. гүзде Мухаммад Хорезмнен Бағдатқа атланысын баслады. Оның баслы мәқсети Бағдаттан соң Грузия, Анатолия, Сирия, Египетти басып алыў ҳәм жер жүзилик империяны дүзиў болды.
Бирақ Мухаммед Хорезмшахтың мәмлекети турақлы емес еди. Ишки тартыслар, халықтың наразылығы бул мәмлекетти ҳәлсиретти. Соның ушын да бул мәмлекет узақ өмир суралмады. Ол Шынғысхан басқарған монғоллардың ҳүжимине тосқынлық көрсете алмай, тез ўақыт ишинде қулады.
IX-XIII әсир басларында Мавераннахр ҳәм Хорасан аймағы жер жүзлик илим ҳәм мәденият ошақларының бирине айланды. Мерв, Бухара, Самарқанд, Қыят, Ургениш қалалары өз дәўириниң ең ири мәденият орайларынан болды.
Мәмлекеттиң мәдений турмысында ҳәм илимий жумысларда араб тили кең түрде қолланыла баслады. Илимий мийнетлер араб тилинде жазылды. Бундай жағдай Х әсирдиң орталарына шекем даўам етти. Х әсирдиң орталарынан баслап Мавераннахр халқы парсы-тәжик тилинде жаза баслады.
Усы дәўирдеги уллы шайырлардан Абдулла Джафар Рудаки ҳәм шығармаларын тәжик тилинде жазған Дақиқий х.б. болды. Дақиқий «Шах намэ» шығармасына баслама салды, бирақ оны ақырына шекем жеткере алмады. «Шах-намэ»ны тамамлаған Фердауси (940-1030) болды.
Өз дәўириниң ең уллы философларының бири Абу-Наср ал Фараби (873-950) болды. Оның Шығыс философиясының раўажланыўында хызмети үлкен. Фараби тәрепинен Аристотельдиң «Метафизика»сына комментарий жазылды. Фараби дәслеп Бухарада, соңынан Бағдадта оқыды.
IX әсир басындағы уллы алымлардың бири Ал Хорезми болды. Оның өмири ҳәм хызметлери Шығыстағы үш мәдений орай Хорезм (Ургениш), Хорасан (Мерв) ҳәм тийкарынан жасап, мийнет еткен Бағдад пенен байланыслы болды. Келип шығысы бойынша Харумлик болған, ол Аббасийлер династиясының Халифа Мамун сарайында Бағдадта математика, география, астрономия бойынша илимий мийнетлер жазды. Ол Хорезмниң алгебра илимине тийкар салды. Ол «Дүньяның картасы» мийнети менен араб география илимине баслама салып берди. Оның «Астрономиялық табрицалар» ҳәм «Қуяш саатлары хаққында трактат» мийнетлери латын тилине аўдарылып Шығыс ҳәм Европа еллеринде орта әсирлик илиминиң раўажланыўына күшли тәсир етти.
X-XI әсирдеги Мавераннахрдан уллы алымлары арасында Абу Али Ибн Сино ҳәм Беруний айрықша орынды ийеледи. Абу Али Ибн Синода илимге қызығыушылықтың пайда болыўында әкеси Абдулла ибн Хосаннын роли үлкен болған. Абдулла ибн Хасан өзи Балх қаласынан болып, өз заманының саўатлы адамларының бири болып, финанс салық мекемесинде хызмет иследи. Ол улының ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын ғамхорлық етти. 16 жасында философия, медицина, илимлерин терең үйренди. Оның устазлары философ Ибрайим Нотилей, атақлы тәўип ибн Ал Камарий х.б. болды.
Ибн Сино 17 жасында, яғный 997 ж. әмир Нух II ибн Мансур (976-997) емлегени ушын саманийлер китапханасынан пайдаланыў хуқықына ийе болды. Ол китапханада 10 жыл даўамында жумыс иследи. «Бул китапханада сондай китапларды көрдим - деп жазған еди ол ески түсириўлеринде,- көпшилик ҳәтте ол китаплардың атын да билмейди. Мен бундай китапларды бурын ҳәм кейин де көрген емеспен. Мен усы китапларды оқыдым ҳәм өзим ушын көп пайда алдым, ҳәр бир алымның илимдеги орнын аңладым».
Бирақ 1005 ж. Ибн Сино Хорезм пайтахты Гурганджға кетиўге мәжбур болады. Оның Бухарадан кетиўине Саманийлер мәмлекетиндеги аўыр экономикалық ҳәм сиясий қыйыншалықлар себеп болды. 999 ж. Мавераннахр Қараханийлер мәмлекетиниң қол астына түсип қалған еди.
Усы ўақытлары Мамун (997-1017) қол астында болған Гургандж қаласында Ибн Сино жети жылға жақын өмир сүрди ҳәм өзиниң мийнетлерин жазды. Усы ўақытлары ол өз дәўириниң уллы алымлары Масихий, Хаммар ибн Ироқ х.б. менен алымлар мәжилислеринде қатнасқан тәўипшилик еткен, илимий билимлерин жетилистирген.
Усы дәўирде Махмуд Ғазнаўий Ибн Синоны сарайға алдырыўға ҳәрекет ислейди. Бирақ ол Ғазнаға барыўдан бас тартып, Хорезмнен кетип қалады. Султан Махмуд художник Абу Наср Арраққа Ибн Синоның сүўретин салдырады ҳәм оны 40 дана етип көбейтирип ўәлаят ҳүкимдарларына жибереди. Бунда усы сүўреттеги Ибн Синоны таўып, мениң алдыма жиберин деп бүйырды. Бирақ ол буннан соң да 25 жыл даўамында Гурганджда (1012-1014), Райда (1014-1015), Хамаюнда (1015-1023), Исфаханда (1023-1037) мийнет етти. Ибн Сина «Емлеў китабы», «Медицина билиминиң тийкарлары», «Донишнома» ҳ.б. китапларын жазды. Оның жумыс күни тәртиби хаққында шәкирти былай деп жазган еди «Ол таң атпастан оянып «Емлеў китабы» үстинде жумыс иследи, таң атқаннан кейин шәкиртлерин қабыл етти. Азанда шәкиртлери менен бәнт болды. Усы пайытта аўырыўларды қабыл етти». Ибн Сино усыған қарамай ҳәр күни 50 бетке шекем илимий мийнетлер жазған. Ибн Сино 1037 ж. 18 июньда 58 жасында қайтыс болды. Ол өз өлими алдынан барлық мал-мүлклерин қамбағалларға, бала-шағаларға бөлистирип берген. Ибн Сино өлиминиң алдында «Биз өлемиз, бирақ өзимиз бенен бир нәрсени, ҳеш нәрсе билмейтуғынымызды алып кетемиз» деген еди.
Беруний (973-1048) көп тиллерди билген. Әййемги Хорезм тилин жақсы билген. Хорезм тили парсы, түрк тиллерине уқсамаған. Беруний шығармаларын араб тилинде жазған. Ол көп мәмлекетлерде болған (Иран, Аўғаныстан, Ирақ, Ҳиндстан). 995 ж. Ургениш қаласының ҳәкими Қыят қаласын басып алған кейин Беруний Иранға кетиўге мәжбур болған. Иранның арқа тәрепиндеги Гурган қаласында турған ҳәм усы жерде «Әййемги халықлардан қалған естеликлер» мийнетин жазған. Беруний бул мийнетте араб басқыншылығына шекемги дәўирдеги Орта Азия халықларының мәденияты, Наўрыз байрамы, араблардың жаўлап алыўы ҳ.б. мағлыўматлар берген. Шыгармада 90 ға жақын халықлардың атлары 300 ге жақын жер атамалары баян етиледи. XI әсирдиң басында Хорезмниң пайтахты Қыят қаласынан Ургенишке көшкеннен кейин Ургениш үлкен мәдений орайға айланады. Илимпазлардың бас қосып жумыс ислейтуғын орны Мамун Академиясы деп аталған. Беруний Мамун Академиясында Ибн Сина, Масахий Хаммар ҳ.б. алымлар менен бирге мийнет еткен. Бирак 1017 ж. Махмуд Ғазнаўий Хорезмди басып алғаннан кейин Беруний оның сарайына алдырылған. Беруний Ғазнаўийдиң Ҳиндистанға жасаған атланысларына қатнасып, «Ҳиндистан» деген атақлы мийнетин жазды. Беруний дүнья халықларының картасын ислеп шықты. Жердиң қуяш дөгерегинде айланыўын дәлийлледи.
IX әсирде жасап дөретиўшилик мийнет пенен шуғылланған уллы алымлардың бири Ахмед Ферғаний болып есапланады. Оның илимий мийнетлери пүткил дүньяға мәлим. Оның «Китоб Фи Усул илман Нужум» (Астрономия илиминиң усыллары хаққында китап) мийнетиниң қол жазбалары Англия, Франция, АҚШ, Египет ҳәм Санкт-Петербургта сақланбақта. Ахмед Ферғанийдиң 812 жылы қуяш тутылыўын алдын-ала мәлим етиўи, жердиң домалақ шар формада екенлигин дәлийллеўи алымға үлкен абырой алып келди. Кейинирек Египетте жасаған пайытта Нил дәрьясы суўын өлшейтуғын әсбап ислеген. Ахмед Ферғанийдиң астрономияға тийисли ири шығармаларынан бири «Аспандағы ҳәрекетлер ҳәм жулдызлар илиминиң топламы хаққында китап» болып есапланады. Бул шығарма «Астрономия негизлери» деп те аталады. XII әсирде-ақ алымның шығармалары латын тилине аўдарылып пүткил Европаға тарқалады.
XI әсирде жасап мийнет еткен Махмуд Қашғарий түркий халықлар тарийхы, тили, мәденияты, үрп-әдетлерин пухта үйрениў мақсетинде пүткил Орайлық Азияны аралап шықты. 1074-1075 жыллары Махмуд Қашғарий тәрепинен «Девону луғатит түрк» (Түрк тилиниң луғати) шыгармасы жазылды. Бул мийнетте түркий халықлары аўызеки дөретпеси ҳәм жазба әдебиятына тийисли 300 ден артық қосықтан үзиндилер, мақаллар, ҳикметли сөзлер берилген.
Қараханийлер салтанаты дәўириниң уллы алымларынан бири Юсуф Хос Хожиб болып, ол өзиниң ҳәзирге шекем бизге мәлим болған көркем-философиялық «Кутадғу билиг» (Бахытқа баслаўшы билим) шығармасы менен дүньяга мәлим болды. Юсуф Хос Хожибтиң өмир жолы, хызметинен мағлыумат бериўши бир де дерек жоқ, туўылған жылы ҳәм өлими мәлим емес. Тек уллы алымлар «Катадғу билиг» шығармасындағы мағлыўматлар тийкарында ғана ол хаққында айырым жуўмақлар шығарыў мүмкин. Юсуф Баласагунда хызметкер шанарагында туўылған. Шығарманы Кашгарда тамамлап, Қараханийлер ханы Тавгаш Бугроханға имам еткен. Хан алымды сайлыклар өз сарайында Хос Хожиблик (Сарайдын Хос Назири) лаўазымын берген.
Өз дәўириниң ири ағартыўшылық ҳәм мәденият ошағы болған Баласугунда болған алым, мектеп ҳәм медреселерде оқып тыянақлы билим алған, араб, парсы, тәжик тиллерин үйренген, философия, математика ҳәм басқа илимлерди ийелеген.
Түркий тилде жазылған дидактик теорияллық-философиялық «Катадғу билиг» шығармасы кирисиў ҳәм жуўмаклаўдан ағартыўшылық, бала тәрбиясы, жәмийетлик орынларда өзин тутыў, сөздиң әҳмийети ҳәм қәдири, инсан руўҳый дүньясының көплеген мәселелери сөз етиледи.
Түркий әдебияттың ири ўәкиллеринен бири Ахмед Югнакий болып есапланады. Оның бизге шекем жетип келген бирден бир мийрасы «Хабатул-Хакойик (Хақыйқатлар армуғони)». «Хабатул Хақойиқ» тың 1480 жылы көширилген нусқасы 235 байт ҳәм 11 баптан ибарат. Қосық усылында жазылған бул шығарма түркий әдебий-мийрастын уллы мийрасы сыпатында раўажланыўға үлкен үлес қосты.
Абулқасым Махмуд аз Замахшарий (1075-1144) Хорезм илими ҳәм мәдениятын дүньяға танытқан уллы ойшыллардан болып есапланады. Ол 18 мартта Хорезмниң Замахшар аўылында дүньяға келген. Басланғыш мағлыуматты ол өз заманының оқымыслы имамы болған атасы Умар ибн Ахмад қолында алады. Жаслығында бахытсыз ҳәдийсе нәтийжесинде жайдан жығылып майып болып қалған Замахшарий руўҳый түскинликке түспейди.
Замахшарий Ургениште медреседе оқыў менен бирге қол жазба шығармаларды көшириў менен де шуғылланады. Ол өз билимин жетилистириў мақетинде Бухара, Хорасан ҳәм Исфаханға барады, өз заманының ири алымлар ҳәм ойшылларынан сабақлар ҳәм мәсләҳәтлер алады. Оннан кейинги өмирин уллы алым Бағдад, Дамаск ҳәм Мекке сыяқлы мәденият ошақлары менен байланыстырады. Замахшарий өмириниң сонғы жылларын Ургениште илимий ислер жазыў менен өткереди.
Аз Замахшарийден жүдә көп илимий мийрас қалған. Оның тил, әдебият, ислам тарийхы, философия ҳәм басқа илимлер бойынша жазған елиўден артық шығармалары бар.
Махмуд аз-Замахшарийдиң ең ири ҳәм атақлы шығармасы «Ал Кашшоф ан хақойиқ ит танзийл ва уйун ил-аковийл фи вужук ит-таъвийил» («Қурандағы жасырын ҳақыйқатларды ашып бериўши»). Ол қысқаша «Ал Кашшор» деп аталады. Бул китапты алым 1132-1135 жыллары Меккеде болған пайытында жазған. Замахшарий Меккеде узақ ўақыт жасағанлығы ушын Жаруллох (Алланың қонсысы) деген ҳүрметли лақапты алған. Шығармада уллы алым, Қурони Каримди тил жағынан тәриплеп ҳәр бир сөздиң мәнисин араб грамматикасы тийкарында түсиндиреди.
IX-XII әсирлерде Орайлық Азия территориясында дүньялық илим ҳәм мәденият пенен бир қатарда ислам мәденияты раўажланды.
Ислам мәдениятының Қурони Каримнен кейин екинши орында туратуғын қымбатлы дереклерден бири - Хәдислер, яғный Мухаммад пайғамбардың диний ҳәм әдеп-икрамлық көрсетпелери, ҳүрметли сөзлери.
«Хәдис илиминдеги әмир-ул Мумийин» деген ҳүрметли атаққа ылайық болған данышпан алым Имам ал-Бухарий 810 жылы 20 июльде Бухарада дүньяға келген. Он жасқа жетпестен хәдис илимин үйрениўге кирискен Имам Бухарий 11 жасында айырым устазларының қәтелерин таба алған. Он алты жасына жеткенинде 825-826 жыллары Мекке ҳәм Мадинаны зыярат етип, алты жыл Хижозда жасап хәдис илимин үйренеди. Буннан соң ол Дамаск, Кохира, Басра, Бағдад сыяқлы қалаларда болады.
Имам Бухарий 600 мың хәдислерди топлаған. Солардан 100 мың «сахих хәдислери ҳәм 2000 мың ғайри сахийх» хәдислерин ядтан билген. Хәдис илиминде Имам Бухарийге тең келетуғын бирде бир адам мусулман әлеминде болмаған.
Ислам дүньясындағы уллы алымлардан бири Абу Исо Мухаммад Ат Термизий болып есапланады. Ол Термез қаласы жанындағы Буг (ҳәзирги Сурхандәрья ўәлаятының Шеробод районы) аўылында дүньяға келген. Ат Термезий Термез, Самарқанд, Мерв, Хижоз, Мекке ҳәм Медина, Ирак, Хорасанда болып шығармаларын үйренеди, пикир-таласларына қатнасады. Ат Термизийдиң камалатында Исмайыл Бухарийдиң орны айрықша.
Ат Термезийдиң оннан артық шығармалары бар Ал Жомич ас-сахийих (Исенимли топлам), Аш Шамойил ан-набавийа (Пайғамбардың айрықша пазыйлетлери) ҳәм басқалар.
X әсирден баслап Орайлық Азияда архитектура ҳәм қурылыс тараўында жоқары дәрежеде раўажланыў басланады. Самарқанд, Бухара, Ургениш, Мерв, Термез, Өзген ҳәм басқа қалаларда сарайлар, мешитлер, медреселер, минаралар, ханаколар, мақбаралар, қәрўан-сарайлар қурылады. Бухарада Исмайил Саманий Мақбарасы (Х әсир), Самарқанд жанында Тим аўылында Араб ата макбарасы, XI әсирде Мервте Султан Санджар, Өзгенде Қараханийлер мақбарасы, Бухарада Минораи Калон мақбарасы ҳ.б. қурылды.



Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish