Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер


Лекция №8. Түркистанның ханлықларға бөлинип кетиўи, оның себеплери ҳәм ақыбетлери



Download 0,6 Mb.
bet16/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   36
Bog'liq
Лекция

Лекция №8. Түркистанның ханлықларға бөлинип кетиўи, оның себеплери ҳәм ақыбетлери.
ЖОБАСЫ:
1. XV әсирдиң ақыры XVI әсир басларында Мавераннахрда социаллық-сиясий турмыс. Шайбанийлар ҳәм Аштарханийлер (Жанийлер) династиясы
2. Бухара әмирлиги, Қоқан ҳәм Хийўа ханлығы
3. XVII әсир - XIX әсирдиң орталарында қарақалпақлардың социаллық-сиясий, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўы.
ӘДЕБИЯТЛАР 
1.Каримов И.А. Хива ва Бухоро шаҳарларининг 2500 йиллигига бағишланган тантанали маросимлардаги табрик сўзи. ²Халқ сўзи², 1997, 21 октябр.
2.Абдурасулов А. Хива Т. 1997.
3.Аъзамова Г.А. Сўнгги ўрта асрлар ўрта осиё шаҳарларида ҳунармандчилик ва савдо Т. 2000
4. Баений М.Ю. Шажараи Хоразмшоҳий. Т.,1994.
5. Бобобеков Х.Н. Қўқон тарихи. Т., ²Фан², 1996.
6. Зиёев Х. Туркстонда Россия тажовузи ва ҳукмронлигига қарши кураш. Т. 1998
7. Зиёев Х. Ўзбекстонда мустақиллиқ учин курашлар тарихи Т. 2001.
8. Зиёев Ҳ. Сибирь, Волга ва Урал бўйларидаги ўзбеклар. Т. 2003.
9. Ўзбекистон тарихи. Т. 2003, 2006.
10. Хоразм тарихи. 1 жилд. Урганч. 1997.

Сырдарьяның төменги ағысы ҳәм Балхаш көлинен Днепр дәрьясының төменги ағысларына шекемги аймақ XI әсирден баслап Дешти Қыпшақ деп айтылған. Бул атаманы дәслеп Носири Хосраў (1003-1088) қолланған. Соннан баслап Дешти Қыпшақ атамасы араб ҳәм парсы тиллериндеги шығармаларда ушырасады. Дешти Қыпшақ халқы шығыс дереклеринде - қыпшақлар, рус жылнамаларында – половецлер, Византия хроникаларында - команлар деп аталған.


Дешти Қыпшақтың шығыс бөлиминде Батыс Қазақстан, Тобольск, Тура ҳәм Тюменде көшип жүрген түрк монғол қәўимлери: арлат, буркут, қытай, карлук ҳ.б. қәўимлер XIII әсирдиң ақыры ҳәм ХIV-XVI әсирлерде жасап мийнет еткен. Шығыс тарийхшылары тәрепинен улыўма ат пенен «өзбек» деп аталған. Шейбанийханның заманласы Рузбеҳонның «Меҳмонномайи Бухора» китабында Дешти Қыпшақ өзбеклери үш топардан: шейбанийлер, қазақлар ҳәм маңғытлардан қуралатуғынлығы айтылады. Олардың ең үлкени маңғыт улысы Волга менен Жайық (Урал) дәрьялары аралығындағы аймақты ийеледи. Шейбанийлер династиясы улусына Урал таў етеклери, Сырдәрьяның төменги ағысы, Тобол, Иртыш, Илек, Иргиз дәрьялары менен Арал теңизи аралығындағы кең территория киретуғын еди.
XV әсирдиң 20-жылларында Дешти Қыпшақта Шейбанийлер династиясы алға шықты ҳәм усы династия ўәкили Абулхайр 1428 жылы хан етип сайланды ҳәм 40 жыл даўамында ҳәкимиятты ийелеп турды (1428-1468). Ол Сырдәрьяның төменги ағысындағы Сығнақ, Аққорған, Аркук, Сузақ ҳәм Өзген қалаларын қолға киргизген, оларды Мавереннахрға топылыс жасаў ушын пайдаланды. XV әсир ақырында Абулхайырдың ақлығы Шейбанийхан соңынан көшпели өзбеклер атын алған барлық түрк монғол қәўимлерин бир мәмлекетке бирлестирди.
XV әсирдиң ақырында Абулхайырдың ақлығы Шейбаний хан басшылығында өзбек қәўимлери Мавереннахрға топылысын баслады. Шейбани хан Отрар қорғанын, Сауран ҳәм Яссы (Түркистан) қалаларын басып алды. Нәтийжеде ол Түркистан деп аталған үлкен территорияға ийе болды. Шейбаний хан Мавереннахрға атланысын даўам ете отырып Қарши, Шахрисабз қалаларын қыйратты ҳәм үш күн даўам еткен қоршаўдан кейин Бухараны ийеледи. 1500 ж. Самарқанд қаласын ийеледи. Шейбаний хан қалаға ҳүкимдар етип, өзбек әмирлеринен бирин тайынлады. Самарқандта үлкен абройға ийе болған хожа Абулкарим Захриддин Мухаммед Бабурға хат жазып пайтахтты ийелеўге шақырады. Бабур Андижанды басқарып турған еди. Бабур Омаршейхтиң үлкен улы болып 1483-1530 жыллар аралығында өмир сүрди. Бабур Самарқандқа атланыс шөлкемлестирип, оны ийелейди. Қала халқы Бабурды ашық жүз бенен қарсы алады. Шейбанийхан тәрептарлары жоқ етиледи. 3-4 ай ишинде барлық Самарқанд районлары, Қарши, Гузар қалалары Бабурдың үстемлигин мойынлады. Бабур өзиниң «Бабурнома» мийнетинде «ислерим жүдә жүрисип кетти» деп жазды. Алишер Науайы Ҳиратдан оған түркий тилде қосық жазып жибереди, қутлықлайды.
Еки ҳәптеде Бабур жаңа күшлер топлап, мың адамлық әскер менен Шейбанийханға қарсы урыс жүргизбекши болды. Урыстың шешиўши пайытында Бабур әскерлериндеги монғол жаўынгерлери қыянет етеди ҳәм ол жеңилиске ушырайды. Бабур қалған әскерлери менен Самарқандқа жасырынды. Шейбанийхан узақ ўақыт даўамында қаланы қамал етти. Қалада азық аўқат жағдайы төменлеп ашлық басланғаннан кейин Бабур Андижанға кетиўге мәжбур болады. Шейбани хан екинши мәрте Самарқандты ийеледи. 1503 жылдың басында Шейбаний хан Сырдәрьяның жоқарғы тәрепиндеги Ташкент, Шахрухия қалаларын ийеледи. 1504 жылы бәҳәрде Ферғананы басып алды.
1504 жылы қыс айларында Шейбаний хан Бухара ҳәм Хорезмге атланысын баслады. Он ай даўам еткен қоршаўдан кейин 1505 жылы августында Ургеништи ийеледи. Буннан соң Хорасан жерлерине атланысын баслады. Хорасанда 1506 жылы 5 майда Султан Хусейн дүньядан өткеннен соң ҳәкимният оның еки баласына Бадиуззаман ҳәм Музаффар Хусейнге өтти. 1507 ж. майда Шейбаний хан Ҳират әскерлерин қыйратты ҳәм қаланы ийеледи. Қаланы еки күн даўамында тонады. Шейбаний хан Хорасанның бир қанша қалаларын ийеледи ҳәм Шам қаласының қасында Темурийлердиң армиясын қыйратты.
Шейбаний хан Сырдарьядан Орайлық Аўғаныстанға шекемги аралықтағы үлкен империяның ийеси болды.
Шейбанийханның түсликке қарай буннан былай илгерилеўи Иран шахы Исмайыл I әскерлери тәрепинен тоқтатылды. Исмайыл «қызыл баслылар» деп аталған армия дүзди. Әскерлер шийт имамларының ҳүрметине 12 мәртебе оралған сәлле кийген. Усы әскерлер менен Исмайыл 1502 жылы Ширван, Азербайжан, Иракты өзине қаратты ҳәм шах атағын қабыл етти.
1510 жылы Исмайыл шах Хорасан жерлерине атланысын баслады. Мервтиң қасында болған саўашта Шейбаний хан басшылығындағы 17 мыңлық армия Исмайыл әскерлери тәрепинен қыйратылды. Саўашта Шейбаний ханның өзи де өледи.
1510 жылы жаңа хан Кучкинжи хан (1510-1530) сайланады. Иран шахы Исмайыл Хорасан жерлерине топылысын даўам етеди ҳәм урыссыз Ҳиратты ийеледи. Шейбанийлер менен Исмайыл арасында келисим дүзилди. Келисим шәртлери бойынша Әмудәрьяның шеп тәрепиндеги жерлер Иранға тийисли болды.
1512 жылы Мавереннахр жерлерине Бабур атланысын баслады ҳәм оған Иран шахы Исмайыл жәрдем береди. Ол 1512 жылы Самарқандты ийеледи.
1513 жылы Бабур әскерлери менен болған саўашта өзбек султанлары Убайдулла ҳәм Мухаммед Темур әскерлери жеңиске ериседи. Көшпели өзбеклер Самарқандты қайтадан ийеледи. Исмайыл шах әскерлериниң жәрдеминде Бабур әскерлери Қаршыны ийеледи. Бухараның қаласында болған саўашта өзбек султанлары жеңиске ериседи. Бабур Кабулға кетиўге мәжбүр болады. Ол Шейбанийлер менен гүрестен бас тарта отырып 1525 жылы Индияға жүрисин баслайды ҳәм Лахорды ийелейди. 1526 жылы Бабур Дели султанының әскерлерин қыйратып Дели ҳәм Агра қалаларын басып алды ҳәм арқа Ҳиндистанды өзине қаратты. Бабурийлер династиясы XIX әсирдиң орталарына шекем үстемлик етти.
Шейбанийлер мәмлекети Абдулла хан II (1557-1598) тусында қайтадан орайласқан мәмлекетке айналды. 1574 жылы Абдулла хан Шахрисабз, Қарши, Хисар жерлерине, 1582 жылы Самарқанд ҳәм Ташкентти өз ийелегине қосып алды. Сондай-ақ Фергана, 1573 жылы Балх басып алынды. 1583 жылы Абдулла II өзин хан деп жәриялады.
Абдулла хан II Хорасанға атланыс жасап 1588 жылы 10 ай қоршаўдан кейин Ҳират қаласын басып алды. Сондай-ақ Хорезмге үш мәртебе жүрис етип, 1593-1594 жылы оны өзине қаратты. Абдулла хан кеткеннен кейин халық көтерилиске шығып Бухара гарнизонын қыйратты ҳәм найыбын қуўып жиберди. 1595-1596 жж. Абдулла хан Хорезмге және атланыс жасаған. Абдулла хан өлгеннен кейин ғана 1598 жылы Хорезм өзиниң ғәрезсизлигин қайта тикледи.
Шейбанийлерден соң Мавереннахрды басқарған династия Аштраханийлер Жошыхан нәсилинен болып, XIV әсирдиң 80 жылларынан баслап Астрахан ҳәм оның әтирапында жерлер ҳәм халықлар үстинен ҳүкимдарлық еткен. 1556-жылы Астраханды Россия басып алғаннан кейин Аштраханийлерден Ермухаммедхан балалары ҳәм қызлары менен Искендер хан ҳүкимдарлығы жылларында (1561-1583) Бухараға келди. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда Искендерхан Ермухаммед ҳәм оның туўысқанларын иззет-ҳүрмет пенен күтип алып қызы Зухраханымды оның баласы Жанибек султанға берген. Жанибек султан Зухраханымнан үш бала (Динмухаммед, Баки Мухаммед, Ўали Мухаммед) көрген. Динмухаммед Абдуллахан II заманында Ниса ҳәм Абивард ҳәкими болған. Абдулмумин өлтирилгеннен кейин әмирлер ҳәм руўханийлер нәсилинен тахтқа мүнәсип адам табалмағанлықтан, Жәнибек султанды тахтқа отырғызбақшы болды. Лейкин, үлкен улы Динмухаммедтиң атына ҳутба оқылды. Бирақ Ҳират жанында сафавийлер менен болған урыста ол қаза табады. Ақыры тахтқа Жанибек султанның ортаншы улы Баки Мухаммед отырғызылды. 1599 жылдан баслап Бухара ханлығы екинши өзбек динатиясы - Аштраханийлер қолына өтти. Аштраханийлер ҳүкимдарлығы жылларында мәмлекетте феодаллық бөлшеклениў, тахт ушын гүрес күшейди. Дешти Қыпшақ көшпелилери Хорезм ханлары (Абулғазыхан, Анушахан) Мавереннахрға тез-тез ҳүжим етип, көп ғана аўылларды, ҳәтте Бухара ҳәм Самарқанд әтирапларын талан-тараж етеди.
Иран ҳәм Ҳиндстан ҳүкимдарлары Мавереннахрдың ишки ислерине араласып турды. Феодаллық бөлшеклениўдиң Убайдуллахан II заманында (1702-1711) дәлийли болып Махмудбий аталық 1706 жылы Балхта ҳәкимниятты пүткиллей қолға киргизгени болып табылады. Самарқанд ҳәм Ҳисарда жүз қәўими, Шахрисабз бенен Насафта кенегес ҳәм манғыт қәўимлери орайлық ҳүкиметке қарсы көтерилиске шықты. Самарқандта найман ҳәм сарай қәўимлери арасында көптен берли даўам етип киятырған қарама-қарсылықлар ашық соқлығысыўларға алып келди. Бухарада феодаллық езиўге қарсы халық қозғалаңлары басланып кетти. Убайдуллахан II феодаллық бөлшеклениўди тоқтатыў мәқсетинде бир қатар илажлар көрди, қәўим баслықларының белгили бир бөлимин орайлық ҳәкимнияттан шетлетти, руўханий феодалларға салықлар салмақшы, ақша реформасын өткермекши болды. Лейкин бул илажлар ишки қарама-қарсылықты және де күшейтип жиберди. Әмирлер ҳәм руўханийлер ханға қарсы қастыянлық шөлкемлестиреди ҳәм ақыр ақыбетте 1711 жылы Убайдуллахан бир топар заговоршылар тәрепинен өлтириледи. Оның орнына тахтқа отырғызылған Абулфайызхан (1711-1747) атына ғана хан болып, ҳәкимният тийкарынан бир топар абыройлы әмирлердиң қолында болды. Бухара ханлығында жүз берген экономикалық-сиясий дағдарыстан пайдаланған Иран ҳүкимдары Надиршах 1740 жылдың бәҳәринде Балхты ийеледи ҳәм усы жылдың гүзинде әскер менен Әмиўдәрьядан өтип Бухараға жүрис етеди. Мухаммед Рахим (маңғыт қәўими баслықларынан) иранлылар менен тил бириктирди. Буннан соң Абулфайызхан душпан алдында бойсыныўға мәжбүр болды. Бухара Надиршахтың өлимине шекем (1747) Иранға ғәрезли болып қалды. 1747 жылы Абулфайызхан бир топар заговоршылар тәрепинен өлтириледи. Мухаммед Рахим оның 9 жасар улы Абулмуминди тахтқа отырғызды. Арадан бир жыл өткеннен кейин ол да өлтириледи. Хан етип көтерилген Убайдулла III (Абулфайызханның генжетай улы) тек атына ғана хан болып, мәмлекет ислери тийкарынан Мухаммед Рахим қолына өткен еди. Мухаммед Рахим 1757 жылы Бухара тахтын ийеледи. Усы ўақыттан баслап ҳәкимият маңғыт феодаллары қолына өтти. Орта Азия ғәрезсиз үш ханлыққа Бухара, Қоқан, Хийўа ханлықларына ажыралып кетти.

Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish