Лекция текстлерин дүзиўши: тарийх илимлериниң кандидаты доц. А. Қудияров Пикир билдириўшилер



Download 0,6 Mb.
bet36/36
Sana24.02.2022
Hajmi0,6 Mb.
#209166
TuriЛекция
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36
Bog'liq
Лекция

Бириншиден. Өзбекстан қәўипсизликтиң бөлинбеслигиниң тийкар боларлық принциплериниң бирин тутасы менен қоллап-қуўатлайды. Қәўипсизлик - бул үзликсиз жағдай, оның шегарасы жоқ.
Екиншиден. Ҳәр бир регионда қәўипсизликти тәмийинлеў машқалалары ондай абстракт сыпақта ийе емес. Және ҳәр бир регионда өзиниң өзгешеликлери, өзиниң абай етиў дәреклери ҳәм қәўипсизликти сақлаў факторлары бар. Ҳәр қандай регион машқалаларының шешилмегенлиги ҳәм қаралмай қалғанлығы пүткил жәҳәнде тутас бир итибар қаратылыўы мүмкин, ал ҳәр қандай регионда жағдайдың турақсызлығы жаңа геосиясий тең салмақлықты бузыўдың ҳақыйқый қәўпин туўғызады, оның белгилери ҳәр күн сайын айқын болып атыр.
Үшиншиден. Өзиниң геосиясий аўҳалына байланыслы Өзбекстан жәмәәтлик қәўипсизлик системасы жолға қойылмаған регионға жайласқан, бул да қәўиплерге себеп болады.
Өзбекстан ҳақыйқатында да ярым шенбердиң стратегиялық орайына жайласқан, онда Персия қолтығының Каспий тенизи ҳәм Таримск бассейинлериниң, яғный энергия қорларының күтә бай нефть-газ кәнлери жайласқан, пүткил жер жүзилик энергия қытшылығы жағдайларында булар күтә жақын жылларда Евразияны ҳәм улыўма пүткил жәҳәнниң келешегинде белгилеўши роль атқарыўы тийис.
Оның устине, Өзбекстан Россияның, Қытайдың ҳәм Ҳиндистанның, Шығыс ҳәм Батыр еллериниң мәплери сәйкес келмейтуғын регионның бир бөлеги болып есапланады.
Төртиншиден. Регионналлық жәнжеллер терроризм ҳәм зорлық, наркобизнес ҳәм қурал-жарақлар менен нызамсыз саўда ислеў, адам ҳуқықларының оғада көп бузылыўлары сыяқлы қәўип-қәтерлердиң ҳәм абай етиўлердиң турақлы дәреклерине барған сайын жийи айланып атыр.
Бесиншиден. Ҳәр бир суверенли елдиң ҳуқықы нәзерде тутылыўы тийис, өзиниң миллий мәплерине тийкарлана отырып, өзиниң бийғәрезлигин ҳәм турақлы жағдайын тәмийинлеў мәқсетинде анаў ямаса мынаў халық аралық дүзилислерге ҳәм қәўипсизликтиң жәмәәтлик шәртнамаларына өзиниң қатнасыў дәрежесин белгилеп алыўы керек.
Алтыншыдан. Экологиялық ҳәм ядро қәўипсизлигиниң машқалалары айрықша дыққатты талап етеди. Өзбекстанның мәқсети - Орайлық Азия регионың ядросыз зона деп дағазалаў.
Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара қатнаслары айрықша өзгешеликлери менен айырылып турады. Пүткил тарийх даўамында бул регионның халықлары сырт ел басқыншыларының езиўшилигине қарсы ийинге ийин тиресип гүресип келген бул халықлардың ўәкиллерин ғәрезсизлик ҳәм өз алдына ғәрезсиз мәмлекетлер дүзиў идеялары бирлестирген. Бул халықлар Түркстан деп аталған үлкен аймақта әсирлер даўамында жасап келген. Орайлық Азия халықлары ғәрезсизликке ерискеннен кейин бирликке күш салып өз келешегин қурыў зәрүрлигин тағы бир мәртебе сезди. Ташкентте Қазақстан, Қырғызстан, ҳәм Өзбекстан Президентлери тәрепинен Орайлық Азия регионының бул суверенли мәмлекетлери арасында бир тутас экономикалық мәкан дүзиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы усы жолдағы әмелий қәдем болды.
Орайлық Азия Дослық Аўқамының зәрүр ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик шәриятлар жаратылған. Мәмлекетлер аралық Кеңес дүзилген, Дослық Аўқамының бағдарларын иске асырыў бойынша атқарыў комитети, Орайлық Азия бирге ислесиў ҳәм раўажланыў банки шөлкемлестирилген. Соның менен қатар Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы қорғаныў сиясатларын муўапықластырыў мақсетинде шәртнама қатнасыўшысы болған еллердиң қорғаныў министрлери кеңесиниң уставы тастыйықланды.
Орайлық Азия мәмлекетлери жәмийетлик-сиясий этникалық ҳәм мәдений жақтан ҳәр қыйлы болса да, бирликте күш топлап, қәўипсизликке сырттан туўып атырған қәўиплерге қарсы турыў ушын пүткил регионды турақлы раўажландырыў ушын қолай ораталық болды, ис жүзинде бул регионда қәўипсизлик ҳәм турақлылық регион сыпатында қәлиплестириледи.
Бүгинги күни Өзбекстан толық ҳуқықлы тийкарда ең абройлы, тәсири күшли халық- аралық шөлкемлердиң қурамына кирген болып, барлық континентлердиң бир неше онлаған мәмлектелер менен дослық байланысларын раўажландырмақта.
Өзбекстанның халық аралық қатнасықлардың ҳәр қыйлы субъектлери менен байланыслары қәншелли терең ҳәм кең болса, олар менен мүнәсебетлери де анықлық емес жағдайлары, жатырқаўлар, машқалалар ҳәм шешилмеген мәселелер, күтилмеген жағдайлар соншелли кем болады.
Мәлим болғандай, Өзбекстан 1992 жылы 2 март күни Бирлескен Миллетлер Шөлкемине ағза болды. Бугинги күни ғалаба қәўипсизлик машқаласына байланыслы болған халық аралық шөлкемлер көп түрли болыўына қарамастан, тек БМШ ғана қәўипсизликти сақлаў ҳәм тәмийинлеўге хызмет ете отырып, барлығы алдын алыўға қаратылған дипломатиядан баслап парахатшылық орнатыўға қаратылған операцияларға қатнасыўға дейинги күтә үлкен имканиятларға ийе.
Өзбекстанның басламасы менен ҳәм БМШның қәўендерлигинде 1995 ж. Ташкентте Орайлық Азияда регионаллық қәўипсизлик машқалаларына бағышланған халық аралық семинар табыслы өткерилди. Оған 20 халық аралық шөлкем, дүньяның 300 ден аслам мәмлекети, соның ишинде АҚШ, ГФР, Франция, Уллы Британия, Россия, Япония, Қытай, Ҳиндистан, Пакистан, Иран ҳәм басқа да еллердиң дипломатия ҳәм ҳүкимети ўәкиллери қатнасты.
Соның менен қатар, Өзбекстан БМШ көлеминде жер жүзилик интеграциялаўды БМШның қәнигелестирилген мекемеси болған ЮНЕСКО, жер жүзилик ден саўлықты сақлаў шөлкеми, халық аралық мийнет шөлкеми, ЮНИСЕФ ҳәм басқалар менен кең түрде бирге ислесип атыр.
Экономикалық реформаларды әмелге асырыўда Өзбекстанның жер жүзилик шерикликке интеграциялаўын тәмийинлеўде халық аралық финанс экономикалық шөлкемлери - халық аралық валюта фонды, жер жүзилик банк, халық аралық финанс корпорациясы, Европа қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў банки ҳәм басқалар да үлкен жәрдем көрсетпекте.
Жер жүзилик шерикликке интеграцияланыўдың қурам бөлеги мәмлекетлердиң ҳәр қыйлы регионаллық бирлеспелери менен байланысларды раўажландырыўдан ибарат болады. Өзбекстан регионаллық халық аралық шөлкемлер болған Европа Аўқамы, ЕКБШ, НАТО, ЭКО, ОИК, қосылмаўшылық ҳәрекети ҳәм басқалар менен жемисли бирге ислесип атыр.
Өзбекстан Республикасы 1996 ж. советлерде кейинги мәканда Россиядан кейин екинши болып Европа Аўқамы менен шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында келисимге қол қойылды.
1996 жылдың декабринде Лиссабон саммитинде Өзбекстанның қатнасыўы оның ЕКБШ (Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми) менен қатнасықларын раўажландырыўда әҳмийетли ўақыя болды.
Усының менен бирге соңғы ўақытлары Ташкентте Өзбекстанның басламасы менен ЕКБШның бир қатар ири әнжуманлары өткерилди. ЕКБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша Бюроси (ДИИХБ) ның «Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар» темасындағы халық аралық семинар кеңеси Орайлық Азия, Европа, Америкадағы 21 мәмлекет экспертлериниң, сондай-ақ 29 халық-аралық ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўында кең турде пикир алысыўлар өткериў мүмкиншилигин берди.
Өз ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеў, ҳәзирги заман әскерий-техникалық жетискенликлерине қатнаста болыў, әскерий кадрлар таярлаўда мүмкиншиликлерин кеңейтиў, мақсетинде Өзбекстан «Парахатшылық жолындағы шериклик» бағдарламасына 1995 жылы июль айында қосылды.
Өзбекстан өзиниң сыртқы байланысларын көп тәреплеме тийкарында да еки тәреплеме тийкарда шөлкемлестириў тәрепдары. Еки тәреплеме байланысларды кеңейтиў өз-ара мәплерди анығырақ есапқа алыўға, бир-биреўди жақыннан билиўге, узақ мүддетли өз-ара пайдалы бирге ислесиўге беккем тийкар салыўға, солай етип турақлылық ҳәм қәўипсизлик ушын беккем база дүзиўге мүмкиншилик береди.
Өзбекстанның АҚШ менен еки тәреплеме қатнасықлары мәмлекетлер аралық байланыслардың ең әҳмийетли бағдарлары бойынша избе-излик пенен ҳәм беккем раўажланбақта.
Дүньядағы жетекши мәмлекет болған, күтә үлкен сиясий, экономикалық, әскерий-техникалық, интеллектуаллық потенциалға ийе. АҚШ менен көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ҳәм тереңлестириў бүгинги күни Өзбекстан ушын үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан Америка компаниялары ҳәм фирмалары менен бирликтеги инвестиция жойбарларын әмелге асырыўға, олар менен узақ мүддетли, өз-ара пайдалы шериклик қатнасықларын орнатыўға, Америка капиталының ишки базарында қатнасыўын кеңейтиўге үлкен әҳмийет береди.
Соңғы жыллары Европадағы көплеген мәмлекетлер - Германия, Уллы Британия, Франция, Бельгия, Португалия, Греция, Чехия Словакия, Румыния ҳәм басқада бир қатар мәмлекетлер менен Өзбекстанның тиккелей еки тәреплеме қатнасықлары әдеўир кеңейди ҳәм беккемлейди.
Соның менен қатар, Шығыс ҳәм Түслик Шығыс Азия еллери - Япония, Түслик Корея, Кытай, Вьетнам, Малайзия, Ҳиндистан, Индонезия ҳәм басқа да мәмлекетлер менен байланыслары беккемленип атыр.
Регионаллық турақлылық дәрежеде интеграция процесслерин раўажландырыў мәселелерин шешиўде Ғәрезсиз Мәмлектелердиң Дослық Аўқамы қурамына кирген еллер арасында қәлиплесип атырған қатнасықлар айрықша орын тутады.
Бундай бирге ислесиўге Дослық Аўқамы еллериниң жақынлығы ҳәм экономикалық тәрептен байланыслығы менен қатар, терең тарийхый тамырлары, мәдений ҳәм руўхый байланыслары үлкен тарийхый дәўир даўамында халықлар тәғдириниң бирлиги де тийкар болады.
Download 0,6 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   36




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish