1992 жыл 2 июльда Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиның Х сессиясында «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби» ҳаққында Нызам қабыл етилди.
Ҳәр бир суверен мәмлекеттиң ҳуқықый тийкарларының бири оның тийкарғы нызамы - Конституциясы есапланады. Өзбекстанның жаңа Конституциясын ислеп шығыў идеясы 1990 жылы 20 июнда Ғәрезсизлик Деклорациясының қабыл етилиўи менен биргеликте пайда болған еди. Олий Кенгаштиң екинши сессиясында Ғәрезсизлик декларациясының әҳмийетли принциплери тийкарында мәмлекеттиң жаңа Конституциясы ислеп шығылыўы керек деген жуўмаққа келинди.
Конституция проекти усы ўақыттан баслап таярланыла баслады. Проекттиң дәслепки варианты 1991 жыл октябрь-ноябрине шекем таярланып болынды. Усы проект исленип атырған ўақытта мәмлекетимиз тарийхында түпкиликли бурылыс жүз берди. 1991 жыл 31 августта мәмлекетлик ғәрезсизлик жәрияланды.
Солай етип, усындай жағдайда республиканың Конституциясы исленди.
1992 жыл 8 декабрьде Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиның XI сессиясы болып өтти. Онда «Өзбекстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў ҳаққындағы» мәселе көрип шығылды. Конституция проектине көп қана қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди. Солай етип, суверен демократиялық Өзбекстан Республикасының биринши Конституциясы қабыл етилди.
Конституция келешеги уллы Өзбекстанның келешеги ушын, әдил ҳуқықый мәмлекет пайда етиў ушын беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атыр.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы инсан мәплерин, ҳақ - ҳуқықларын қорғаўшы, шын мәнисиндеги демократиялық Конституция болып есапланады. Конституцияның қабыл етилиўи мәмлекет тарийхында үлкен әҳмийетке ийе болады.
Өзбекстанның жаңа Конституциясы өзине тән қәсийетлери, айрықшалықлары менен ажралып турады. Бириншиден, бул хүжжет ҳуқықый ҳәм сиясий ойлаўдың ең уллы жетискенликлерин, ҳәзирги заман Конституциялық илимин өзинде сәўлелендирген. Екиншиден, Өзбекстан Конституциясы өзбек халқы мәдениятын ҳәм миллий үрп-әдетлерин терең тамырларына сүйенгенлиги, ҳәм үшиншиден, Өзбекстан Республикасындағы алдыңғы жәмийетлик-экономикалық, мәмлекетлик-сиясий дүзилисинен басқа дүзимге өтилгенлиги, түптен жаңаланыў пайда болғанлығы менен көзге тасланады. Конституция мазмуны жағынан жаңа, принципиал сиясий ҳүжжет болып, оның мазмун ҳәм мәнисин ашып бериўши тийкарғы принциплери айрықша итибарға ылайық болып есапланады.
Тийкарғы нызам Конституция қабыл етилгеннен соң Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиның 1992 жыл 10 декабрьде болып өткен XI сессиясында «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни ҳаққындағы» нызам қабыл етилди.
Миллий ғәрезсизликтиң және бир белгиси - күшли ҳәм баҳалы валюта дизимине ийе болыў есапланады. Миллий валюта - миллий мақтанышы болып биргеликте мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң белгиси, суверен мәмлекетке тийисли белги болып есапланады. 1994 жыл 1 июльдан баслап, мәмлекетимизде миллий валюта «сўм» айланысқа еңгизилди. Бул экономикалық ғәрезсизликти белгилеўде әҳмийетли болып есапланады.
Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлигине ийе болыўы үлкен тарийхый әҳмийетке ийе болып есапланады. Өзбекстан халқы өз тағдийрын өзи белгилеў ҳаққында, өз миллий мәмлекетлигин пайда етиў мүмкиншилигине, экономикада түпкиликли өзгерислер ислеў имканиятына ийе болды. Жүрт тарийхы, әйиемги мәденият тиклене басланды, миллий көз-қарастан жаңаша ойлаў қәлиплесип, өзбек халқы тарийхында жаңа дәўир - ғәрезсизлик дәўири басланды.
Өзбекстан өзиниң мәмлекетлик ғәрезсизлигин қолға киргизгеннен кейин, Қарақалпақстан АССРы ғәрезсиз Өзбекстан қурамындағы суверен Қарақалпақстан Республикасы болып жәрияланды.
Do'stlaringiz bilan baham: |