Конкуренция сөзи қандай да бир тараўда ең жоқарғы нәтийжеге ерисиў ушын гүрес, сол тараўдағы басқа талабанлардан үстин болыўға умтылыўшылық дегенди аңлатады. Ҳәзирги базар экономикасы раўажланған еллерге товар өндириўшилердиң базар ушын, қарийдарлар ушын таласы - конкуренция ҳәзирги заманда өндиристиң өнимдарлығын арттырыўдағы, илим, техника ҳәм технология жаңалықларын дөретиў ҳеш тез кең көлемде өндириске өндириўдеги баслы хошаметлеўши күш болып табылады.
Сонлықтан да Өзбекстандағы экономикалық реформалардың екинши басқышында мүлкке, товар өндирис тараўларына мәмлекетлик монополияны сапластырыў ҳеш конкуренциялық гүреске кеңнен жол ашыў баслы ўазыйпалардың бири ретинде анықланып атыр.
Регионаллық, әсиресе дүнья жүзилик базарға товар шығарып АҚШ, Япония, Германия ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлердиң ири фирмалары менен конкуренцияға түсиў ушын, товарларымыздың сапасы сол еллерде өндирилген товарлардан төмен болыўы зәрүр. Жер жүзилик базарға товарларымызды сатыў, елимиздиң қазнасын шет ел валюталары менен жеткиликли дәрежеде толтырыўдың бирден-бир дереги болып табылады. Ал, бундай валюталарсыз өндирис тармақларын жаңа техника ҳәм технология менен кайта қуралландырыў мүмкин емес.
Экономикалық реформалардың жаңа басқышында экономикалық ҳәм финанслық турақлылық қурамалы өзгериўлер, экономиканы жанландырыў, соңынан оны бир қәлипте, тең салмақлықты сақлай отырып раўажландырыўдың тийкарғы шәрти сыпатында биринши дәрежели әҳмийетке ийе. Экономиканы турақластырыў - базарды қәлиплестириў жолындағы нызамлы ҳәм болыўы шәрт процесс. Ол ең дәслеп дағдарыслық ҳәдийселерине шек қойыўға қаратылған.
Базар қатнасықларына тийкарланған жаңа экономикалық дүзимге өтиў процессиниң иске асырылыўы бийғәрез мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына кирген еллердиң ҳәммесинде болып атырған, экономикалық дағдарыслардың тереңлесиўи, ал оның ушын бәринен бурын экономикадағы турақлылықты қәлиплестириў ҳәм беккемлеў зәрүр болады.
Өзбекстан Республикасының уллы жеңиси болған миллий мәмлекетлик ғәрезсизлиги, бул сиясий ғәрезсизлик болады. Ал сиясий ғәрезсизликтиң беккем болыўының тийкарғы экономикалық ғәрезсизликтиң қуўатлылығы менен белгиленеди.
Экономика көп салалы болғанына байланыслы өтиў дәўириндеги шешиўши роль атқаратуғын елдиң, халықтың бахытлы келешеги тиреги, ғәрезсизликтиң қорғаны болатуғын өндирис тараўларын анықлап, салаларды ҳәр тәреплеме турақлы түрде раўажландырыўға ерисиў - мәмлекеттиң экономикалық сиясатының тийкарғы өзеги, оның баслы стратегиялық мақсети болады. Жәмийеттиң пүткил келешегин белгилейтуғын экономикалық тараўлардың бир тутаслығы макроэкономика болып табылады.
Макроэкономика тараўын раўажландырмай турып мәмлекеттиң экономикалық ғәрезсизлигине ерисиўи мүмкин емес.
Турақластырыў сиясаты - ең дәслеп бул макроэкономикада балансты сақлаў, өндиристиң кескин дәрежеде пәсейиўине ҳеш ғалаба жумыссызлыққа жол қоймаўдан ибарат.
Өзбекстан өзиниң жер асты байлықлары, тәбийий ресурслары арқалы ҳәзирги өтиў дәўириндеги жүзеге келип атырған қыйыншылықларды кешиктирмей жеңип, Ўатанымызды экономикалық жақтан раўажланған ең алдынғы еллердиң қатарына қосыўына реал мүмкиншикиклер бар. «Өтиў дәўиринде мәмлекет өз экономикалық сиясатына ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ўақтында соны итибарға алыўы керек - деп көрсетеди И.Каримов, - олар артықмаш, үлкен перспективаға ийе болған тармақлар ҳәм өндирислерди ҳәр тәреплеме хошаметлендириўи, яғный ең әҳмийетли буўынларды анықлаў (нефть, энергетика, дән-ғәлле ғәрезсизлиги, пахтаны қайта ислеў санааты ҳәм т.б.) ҳәм бул арқалы экономиканы қурамалы жағынан қайта шөлкемлестириў бойынша табанлы сиясат өткериўи керек». Президенттиң бул көрсеткенлеринде Өзбекстандағы макроэкономиканы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары көрсетилген.
Базар қатнасықларына өтиў жағдайында салық сиясатын жетилистириў экономиканы турақластырыў ҳәм финанслық аўҳалды беккемлеўге тийисли мәселелерди шешиўге оғада әҳмийетке ийе. Экономикалық реформалардың ҳәзирги басқышында кредит - банк системасына, пул айланысын беккемлеў, валюта қатнасларын тәртипке салыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе.
Миллий валютаның мықлылығы оның алмасыў қунының турақлылығында көринеди. Мине, усындай турақлылықты орнатыў ҳәм беккемлеў мақсетине ерисиўге қаратылған Республикада төрт бағдар ислеп шығылып, әмелге асырылып атыр.
Бириншиден, - өз валютамыз товар менен турақлы тәмийнленген жағдайда ғана реал күш ҳәм абыройға ийе болады. Сумның сатып алыў қуўатын асырыў ушын республика базарын мүмкин болғанынша тезирек тутўыныў товарлары менен толтырыў зәрүр.
Екиншиден, - валютаның турақлы түрде ҳәрекетте қалыў, жеткиликли муғдарда валюта запасы болыўына байланыслы болады. Бизиң валютамыз ҳәр қандай турақлы валютаға еркин алмаса алатуғын болса ғана, ол мойынланған ҳәм ҳүрметке ийе болған валюта болады.
Үшиншиден, ҳәр бир кәрхана, ҳәр бир адам ислеп тапқан сомын қәдирлеўди үйренгенде ғана миллий валюта реал төлем қуралына айланады. Валюта ҳәр бир пуқараның мийнетиниң өлшеми ҳәм баҳасы болып есапланады.
Төриншиден, - миллий валютаны беккемлеўдиң ен әҳмийетли шәрти - инфляцияға қарсы қуўатлы ҳәм пуқта сиясат жүргизиўден ибарат. Инфляция дәрежесин кескин кемейтиў ғана миллий валютаны турақлы валютаға айладыра алыўы мүмкин.
Инфляция базарда товар массасының кемейип, бурынғы басып шығарылған ақшалар көлеминиң өзгериссиз қалыўының да нәтийжеси болыўы мүмкин. Әдетте инфляция нырқтың ҳәдден тыс көтерилип кетип, адамлардың реал ис ҳақысының төменлеп кетиўине алып келеди.
Миллий валютаның басқа мәмлекетлер валюталарына қарағанда алмасыў курсын оның белгилеў мақсетинде 1994 жылдың 15 октябрьинен баслап Өзбекстан Республикасы банклары валюта биржасында валюта саўдаларын турақлы түрде өткерип атыр.
Базарға өтиў бағдарламасын жүзеге шығарыўдағы социаллық тиреклерден бири, биринши нәўбетте, жәмийеттиң социаллық актив қатламлары болып табылады. Сонлықтан реформалар екинши басқышының ең әҳмийетли ўазыйпасы ҳәр ҳәр бир адамның мийнетиниң қәдирин арттырыў, оның дөретилиўшилик жумысының мүмкиншиликлерин көрсете алыўы ушын шараят жаратыўдан ибарат.
Президент И.А.Каримов Өзбекстан Республикасының ғәрезсизликке ерисип, өзине тән раўажланыў жолын таңлап алыўынан баслап-ақ елдиң алдына қойған мақсетлерине жетиўдеги ең тийкарғы ўазыйпалардың бири-халықтың психологиясының, дүньяға көз-қарасын, ойлаў механизмин өзгертиў, келешектиң не екенлигин түсиниўи, оған терең исениминиң қәлиплесиўинен ибарат екенлигин көрсеткен еди.
Президенттиң Өзбекстан Республикасының Олий Мәжлисиниң биринши сессиясында жасаған баянатының орайлық үшинши бабы «Жоқары руўхыйлық -келешектиң тийкары» - деп аталған.
Жоқары руўхыйлық дегенимиз бул ҳәр бир инсанның ең гөззал, ең шийрин ҳақ нийетлерин иске асырыў жолындағы жетик ақыллылық, жоқары адамгершилик, дослық -татыўлық, ҳадаллық, жеделлик, терең билимлилик, талапшаңлық, искерлик, қайырқомлық, мийнет сүўиўшилик, әдеп-икрамлық ҳәм басқа да унамлы қәсийетлериниң жәмлестирилген системасы болады.
Халықтың мәденият қадриятлары, руўхый мийрасының жыллар даўамында Шығыс халықлары ушын қүдретли руўхый азық болып хызмет еткен.
Жоқары руўхыйлықтың тийкарғы белгилериниң бири ҳәр бир адамның өз бетинше еркин пикир жүргизиўи, жәмийеттеги болып атқан экономикалық, социаллық-сиясий өзгерислердиң мәнисине терең түсиниўи, олар сырттан бақлаўшы болмай саналылық пенен актив қатнасыўшылық болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |