86
Айырым илимпазлардың салыстырмалы эмбриологиялық изертлеўлери
жоқары ҳайўанлардың зародышлары пүтинлей пүтин төменги ҳайўанларға
туўры келмейди. Егер сүт емизиўшилердиң эмбрионал раўажланыўында
балықларға усаған сағақ саңлақлары
пайда болса, онда бул стадияға басқа
төменги формаларда жоқ бас мийи бир қанша раўажланған болады. Бул
көринис «раўажланыўдағы гетерохрония» деген ат алады. Бир туўысқа
жататуғын түрлердиң ямаса әўладлардың келип шығыўы ҳәм филогенетикалық
байланыслары ҳаққында биогенетикалық заңларды қолланыў жалған
болжаўларға алып келиўи мүмкин. Мысалы: жүнсиз адамның ҳәм адам сыяқлы
маймыллардың раўажланыўының ерте стадиясын салыстырғанда адам
зародышының барлық денеси мамыққа усаған, ҳәлсиз раўажланған жүн менен
жабылған болады, бундай мамық маймылларда да болады, бирақ олар басқа сүт
емизиўшилердиң пүтинлей жүнли дене жабыўына туўры келеди.
Адамларда ҳәм антропоидларда дефинитивлик шашлардың келип шығыўы
жүклиликтиң 5-айында шаш түринде баста, жоқары еринде, ийек астында
келип
шығып ямаса гориллалардағы ҳәм шимпанзедеги эмбрионаллық тарқалыў
ямаса бөлиниў адамларда барлық өмиринше сақланады. Сонлықтан биз адам
сыяқлы маймылларға қарағанда адам бир қанша
биринши форма деген
жуўмаққа келген болар едик. Бундай жуўмаққа биз олардың қулақ қалқанларын
салыстырғанда да келген болар еди. Бул мысаллардың көрсетиўлерине
қарағанда түрли ҳайўанлардың филогенетикалық байланыслары болжаў менен
бирге раўажланыўына да жеке анализ керек.
Адамларда шашлық жабыў ҳәм қулақ қалқаны регрессивлик органлар
болып қалған. Олардың раўажланыўы маймылларға қарағанда әсте өтип,
эмбрионал раўажланыўдың ақырында олар раўажланып жетилмеген
эмбрионаллық стадияда қалады. Бул қубылыс «фитолизация» деген ат алды.
А.Н.Северцов омыртқалылардың эмбрионал раўажланыўы бойынша кең
мағлыўматлардың тийкарында эмбрионал раўажланыў
менен эволюция
байланысы бойынша жаңа концепция дүзди.
А.Н.Северцов жоқарғы ҳәм төменги омыртқалылардың раўажланыўына
тийкарланып үлкен систематикалық топарлардың белгилери эмбрионаллық
раўажланыў барысындағы өзгешеликлердиң пайда болыўы ҳәм жуўмақланыўы
нәтийжесинде келип шығады - деген жуўмаққа келеди. Ересек ҳайўанның
келеси дүзилисин сәўлелендиретуғын эмбрионаллық өзгерислерди ол
«филоэмбриогенез» деп атайды.
Филоэмбриогенез ушын мысал етип төмендегини көрсетиў мүмкин: шама
менен кесиртке ҳәм жыланларда, суў жыланларында бир раўажланыў
стадиясында сомитлердиң саны кесирткеге қарағанда еки есе көп. Бул
87
жыланлардың ҳәм кесирткелердиң денесиниң дүзилисиниң өзгешеликлери
менен түсиндириледи. Филоэмбриогенез тек органогенез дәўиринде келип
шығыўы мүмкин. Себеби бул барлық зародышқа тийисли болмай, ал оның
айырым органларына ғана тийисли болады.
А.Н.Северцов онтогенезде корреляциялардың болатуғынын көрсетеди. Бул
қубылыс бойынша бир органдағы өзгерис екинши органның ямаса бир қанша
басқа органлардың өзгериўине алып келеди: бул басқа зародыш аяқларының
өзгериўине алып келетуғын басқа зародыш аяқларының өсимшесин
тәжирийбеде алып таслағанда көрсетилген. Егер раўажланыўдың орта
стадиясында басқалардың артқы шеп аяғы өсимшесин алып таслағанда онда
орта мийдиң оң ярым шары раўажланбай қалған ямаса раўажланып
жетилиспеген. Егер бул өсимше бир қанша ерте
стадияда алып тасланса орта
мийи раўажланбай қалады. Онтогенездеги айтылған жеке өзгерислер менен бир
қатарда эволюция теориясы әстеликти талап етеди. Барлық тири организмлер
ушын улыўма дүзилис бирлиги клетка болып есапланады. Митоз улыўма
барлық организмлерде ушырасады. Хлорофилл барлық жасыл өсимликлерге
тән.
Do'stlaringiz bilan baham: