78
болады. Сыртқы қабаттан кейин зародыштан тыс трофобласт, ал ишки массадан
зародышлық түйиннен зародыштың өзи раўажланады. Төменги амниотларға
қарағанда сүт емизиўшилерде клеткалық затлар зародышлық ҳәм зародыштан
тыс бир қанша бөлимлерге ерте бөлинеди. Бул сүт емизиўшилердиң
бөлшеклениўи бир қатар бирлемши аўызлылардың мозайкалық бөлшеклениўи
менен уқсас дегенди аңлатпайды. Сүт емизиўшилердиң бул стадияларында ҳәр
бир бластомерлердиң тәғдири еле анықланбаған ҳәм
оларды эксперименталь
өзгертиўге болады. Мысалы, 4 бластомерлик тышқан зародышынан бир
бластомерди алып, басқа зародыштың үстине орналастырсақ, ол трофобластқа
айланады, ал егер сондай бластомерди ишке орналастырсақ ол зародыш
қалқанының қурамына кирип, зародыш денесин қурайды.
Бул бластомерлер
тәғдириниң орналасқан жерине ғәрезли екенлигиниң айқын мысалы болып
есапланады.
Көп узамай 32 бластомерлик тышқан ҳәм оннан көп жарғанат
зародышында трофобласт клеталары менен бөлинген, суйықлық пенен толған
кең қуўыслық пайда болып, бул стадияға «бластоциста» делинеди.
Буннан кейин зародышлық түйиншеде бластоциста қуўыслығына қарап
ишки қабат бөлекленип, буны энтодерма ямаса «гипобласт» деп атайды. Бул
қуслар зародышының гипобласты менен толық гомологиялы. Гипобласттың
шетки клеткалары трофобласттың ишки үсти менен өсип «сарыўыз қалтасы»
деп аталған қуўыслықтың дийўалын пайда етеди. Бул жерде сарыўыз жоқ,
бирақ пайда болыў усылына қарай қуслардың ҳәм рептилиялардың сарыўыз
қалташалары
менен гомологиялы болып, буның сүт емизиўшилерде пайда
болыўын
эволюционлық
ата-теклериниң
раўажланыў
белгилери
қайталаныўының айқын мысалы болып есапланады. Сарыўыз қалтасының
пайда болыўы менен бир ўақытта ямаса буннан кейин амнион қуўыслығы
қәлиплесе баслайды. Тек айырым сүт емизиўшилерде ол шама менен төменги
амниотлардағыдай пайда болады ямаса зародыш түйини үстинде
трофобласттың байланысыўы менен келип шығады. Көпшилик сүт
емизиўшилерде амнион қуўыслығы басқаша шизоцеллик зародыш түйини
клеткаларының тарқалыў жолы менен пайда болады. Амнион қуўыслығының
гипобластқа тийген жери зародышлық қалқан гейде күшли ийилген болып, ал
төбеси амниотикалық қабыққа гомологиялы (серозлық қабықтың гомологын
трофобласт деп есаплаў керек).
Зародыштың өзи төменги амниотлар зародышының раўажланыўына
(биринши сызық, биринши қарықша, Гензенов түйини менен бирге) усап
зародыш қалқанындай раўажланады. Айырым сүт емизиўшилерде (жарғанат,
теңиз шошқасы) рептилиялардағыдай мезодермаллық қалташа пайда болады:
басқаларда қуслардағыдай Гензенов түйининен алда иши қуўыссыз тығыз
хордалық өсимше өсип шығады. Биринши сызықша пайда болғаннан
кейин
79
оннан шыққан мезодермалық клеткалардың бир бөлими трофобласт пенен
сарыўыз қалтасы дийўалы арасы қуўыслығына кирип,
зародыштан тыс
мезодермаға баслама береди. Приматларда
бундай биринши мезенхима
трофобласт пенен бир ўақытта ҳәм еле пайда болмаған зародыш қалқанынан
ғәрезсиз ерте қәлиплеседи. Зародыштан тыс мезодерма топламындағы
мезенхималарда лакунлар пайда болып, олар кейин биригип, зародыштан тыс
целом қуўыслығын пайда етеди (35-сүўрет).
35-сүўрет.
Do'stlaringiz bilan baham: