2
Лекция №1
Тема: Кирисиў. Жеке раўажланыў биологиясы пәниның раўажланыў
тарыйхы
Реже
1.
Кирисиў эмбриологияны пән сыпатында үйрениў, оның тарийхый
раўажланыў дәўирлери
2.
Әйемги ҳәм жаңа эмбриология (Вольфтан Бэрге шекемги)
3.
Эволюцион эмбриологиялық түсиник ҳәм ҳәзирги эмбриология
илиминиң жетискенликлери оның қолланыў тараўлары.
Таяныш сөзлер:
-Эмбриология; -қайтымсыз ҳәм қайтымлы қубылыслар; -
Сүўретлеў эмбриологиясы; -Салыстырмалы эмбриология; - Экспериментал
эмбриология;
-Тератология;
-Биохимиялық
эмбриология;
-Эволюцион
эмбриология; -Көбейиў биологиясы.
Жеке раўажланыў биологиясы ямаса эмбриология илими буниң пән
сыпатында тексериў объектлери раўажланыўшы организм ҳәм оның барлық
раўажланыў
дәўирлери
есапланады.
Бул
курс
студентлерге
жеке
раўажланыўдың морфологиялық, функционал биохимиялық өзгерислерин
үйретеди, жәнеде усы раўажланыўда сыртқы орталық тәсирин бирге үйренеди.
Биз бул курсты үйренерде көпшилик токсаномикалық түрлердиң жеке
раўажланыўы мененде танысамыз. Жәнеде бул тараўдағы кейинги
жетискенликлер менеде ушырасамыиз. Әсиресе, аўыл хожалығындағы
жетикенликлер сыртқы орталықты үйрениўде медицинада тағы басқа
тараўларда болып атырған жетискенликлер менен танысамыз.
Сол ушын курсты үйренерде биз Зоология, салыстырмалы Анатомия,
гистология экология, физиология, генетика ҳәм биохимия илимлери менен
бирге үйренемиз.
Эмбриология (грекше «
embryo
» – қабықтағы төл, бүртик, эмбрион, «
logos
»
– илим, тәлиймат дегенди аңлатып, мәйек қабығынан шығаман дегенге шекем,
туўыламан дегенге шекем аралықтағы раўажланыўды үйренеди. Организмниң
жеке келип шығыўы ҳәм раўажланыўы ҳаққындағы илим.
Демек бул пән организмниң жеке раўажланыўын мәйек клеткасынан
организмниң шығаман дегенге шекемги дәўирин тексереди ямаса бул пән
тийкарынан Зародыш туўралы пән десек туўра болады. Бирақ эмбриологияниң
ҳәзирги күндеги раўажланыўы бул дәслепки анықламаға туўра келмейди.
Себеби сол особьтың раўажланыўындағы көпшилик факторлар булар
зародыштан шыққанға шекемги ҳәм оннан сонғы постэмбрионал даўирлер
киреди.
3
Ал усы постэмбрионал дәўирге биз организмдеги метаморфозды,
организмдеги жыныссыз кɵбейиўди ҳәм регенерацияларды есаплаймыз. Соның
ушын эмбриология пәнине барлық Онтогенез ямаса организмниң (особтың)
жеке раўажланыў дәўири киреди. Бирақ еледе бул берген анықламамызда
эмбриологияниң биз толық мәнисин бере алмаймыз. Себеби бул процесслерде
кɵпшилик өзгерислер өтеди. Биохимиялық өзгерислер, физиологиялық
прцесслер ҳәм гистологиялық қайта қурыў (перестройка) өтеди. Әне усы
предметлерди де биз тек бирге қосып үйренемиз.
Биз усы биохимиялық процесслерды тексергенимизде биз оларда белгили
бир циклли процеслерди кɵремиз. Әне усындай цикллик процесслер биохимия,
физиология, цитология ушын ҳарактерли нәрсе себеби оларда бир цикл
басланып ол тамамланса және кайтадан екинши цикл басланыўы керек.
Мс. Биохимияда ҳәр-қыйлы қоздырыўши затлардың циклы клетканиң
цикли, айрым безли клеткалардың секретли цикллары.
Әне тап усындай циклик процесслер менен бирге изине қайтпайтуғын
процесслерде болады оған биз
Do'stlaringiz bilan baham: |