сперматогенез.
Реже
1. Биринши жыныс клеткаларының пайда болыўы
2. Биринши гоноцитлердиң миграциясы
3. Аталық жыныс безлери ҳәм сперматогенездиң избе-из раўажланыў
басқышлары
4. Аналық жыныс безлери ҳәм овогенездиң избе-из раўажланыў
басқышлары
5. Гаметалардың дүзилиси
Таяныш сөзлер:
- Биринши жыныс клеткаларының пайда болыўы; -
Аталық жыныс безлери ҳәм сперматогенездиң избе-из раўажланыў
басқышлары; - Аналық жыныс безлери, овогенездиң уқсаслығы ҳәм
өзгешеликлери;- Гаметалардың морфологиясы, өсиўи ҳәм раўажланыў
өзгешеликлери;- Ооциттиң писиўдеги сарыўыздың топланыўы мейоз бөлиниўи
ҳәм қабықлары; - Өсимликлерде ҳәм ҳайўанларда жыныс гаметаларының
өзгешеликлери.
Биринши жыныс клеткаларының пайда болыўы
Жаңа организмлердиң раўажланыўының биринши адымы ямаса жеке
организмлердиң басламасы мәйек клеткасының сперматозоид пенен
туқымланыўы ямаса басқа затлар менен раўажлана баслаўы болып есапланады.
Мәйек клеткасы туқымланыўға уқыплы болыўы ушын узақ раўажланыў жолын
жынысый жетилетуғын урғашының ерте раўажланыў дәўирлеринде өтеди.
Усындай раўажланыў жолын сперматозоидта өтеди. Жыныс клеткаларының
раўажланыў процесин гаметогенез ямаса зародыш алды раўажланыў дәўири деп
аталады. Мәйек клеткасының раўажланыў дәўирлерине - овогенез, ал
сперматозоидтың усындай раўажланыўына сперматогенез делинеди.
Айырым организмлерде мәйектиң түрли раўажланыў дәўирлеринде
келешекте жыныс клеткалары келип шығатуғын бөлимлерин бақлаўға болады.
Көпшилик насекомаларда мысалы; еки қанатлы насекомалар мәйегиниң
артқы тәрепинде зародыш раўажланаман дегенше айрықша дәнешелер көринип
буларға жыныс “детерминатлары” делинеди. Бундай мәйектиң дәнешелери бар
цитоплазмасы бөлиминен келешекте жыныс клеткалары раўажланады. Бундай
дәнешелер көл бақасы мәйеги “жыныс цитоплазмасы”нан раўажланаман
дегенше табылған.
9
Бир қатар түрлерде бундай жыныс клеткаларының басламасы биринши
гоноцитлер болмаған дәўирлерде толық бөлинип биринши гоноцитлер зародыш
клеткалары көп болмаған дәўирлерде толық бөлинип шығады. Мысалы:
дөңгелек қуртлардан ат аскаридасы мәйеклеринде төртинши бөлиниўлеринен
кейин биринши жыныс клеткалары соматикалық клеткалардан бир қанша
бөлинип шығады. Ескек аяқлы циклоплардың мәйек клеткаларының биринши
бөлиниўинен кейин жыныс клеткасын беретуғын бөлимниң айрықша дәнешели
- эктосомның барлығынан билиўге болады.
Кейинги бөлшеклениўлерде бундай дәнешелер бөлиниўши клеткалардың
биреўине түсип, ал алтыншы бөлиниўинен кейин эктосомалар еки қыз
клеткаларға бөлинип кетип булар жыныс клеткалары болып соматикалық
клеткалардан болекленеди. Омыртқалы ҳайўанларда биринши гоноцитлер
кейинирек бөлекленеди. Қуйрықсыз амфибияларда бундай цитоплазмадағы
дәнешелер әдеп зародыштың түрли клеткаларына тең тарқалып тек кейин көп
емес клеткаларға топланып зародыштың ишки биринши қуўыслығы ямаса
бластоцелге жақын қабатларда орналасады.
Жоқары омыртқалы амниотлардың зародышларында биринши гоноцитлер
зародышлық ҳәм зародыштан тыс бөлимлери шегарасында, қус зародышының
бас бөлимине жақын, ямаса сүт емизиўшилер зародышы артқы ақыры қасында
орналасады.
Мағлыўматларға қарағанда қуслардың ерте раўажланыў дәўирлеринде
гоноцитлер зародыштың артқы бөлиминен пайда болғанлығы белгили. Жыныс
клеткалары
аты
аталған
дөңгелек
қуртларда,
буўынаяқлыларда,
омыртқалыларда тек биринши гоноцитлерден пайда болама ямаса
раўажланыўдың кеширек дәўирлеринде басқа, соматикалық клеткалардан пайда
болама? Бул сораў тәжирийбе жолы менен шешилди. Ҳайўан зародышының
биринши гоноцитлерин алып таслағаннан кейин организмде жыныс клеткалары
болыў болмаўы изертленеди. Бундай тәжирийбе гоноцити бар ямаса ооплазма
бөлимин жергиликли ямаса локаллық күйдирип алып таслаў арқалы иске
асырылады.
Бундай тәжирийбелер арқалы насекомалар мәйегиндеги жыныс плазмасын
ҳәм қуслардың мәйегиндеги биринши гоноцитлер бөлимин басқа бөлимлерине
тийместен ультрофиолет нурлар менен күйдириў арқалы исленди. Бундай
операциядан кейин зародыш раўажланады бирақ кейин жыныс клеткалары
болмаған.
Сондай-ақ, биринши гоноцитлерди бир генетикалық расадағы шпорцаллық
бақадан (донордан) әдеп гоноцити алынған екинши бақа (реципиенке) көширип
кондырылған тәжирийбе исленген. Барлық реципиенттен раўажланған жыныс
клеткалары донордың гоноцитлери белгилерине ийе болған.
10
Тәжирийбелерге қарағанда дөңгелек қуртларда, буўынаяқлыларда ҳәм
омыртқалыларда жыныс клеткаларының тийкары - биринши гоноцитлер болып,
булар раўажланыўдың ерте дәўирлеринде соматикалық клеткалардан
бөлекленген. Басқа сөз бенен айтқанда зародыштың клеткалары жыныс ҳәм
соматикалық клеткаларына қәнигелесиўи қайтымсыз детерминация менен иске
асады.
Бирақ айырым ҳайўанлар топарында биринши гоноцитлери болмасада
жыныс клеткалары барлық өмиринше пайда болып турады. Бундай
жағдайларда жаўын қурты аралық орынды тутып буларда биринши гоноцитлер
ерте бөлинсе де, ересеклеринен жыныс безлери алынып тасланса да жыныс
клеткалары айрықша аз қәнигелескен ҳәрекетшил “резервлик” клетка-
необластлардан келип шығады.
Кирпикли қуртлардың ерте раўажланыўында жыныс клеткалары улыўма
пайда болмайды; олардың тийкарғы жыныс клеткалары тийкары ҳайўанның
барлық өмиринше көбейиўши необластлар болып есапланады. Бундай жағдай
ишек қуўыслыларда ҳәм булытларда ушырасады. Ишек қуўыслыларда
резервлик клеткалар болып булар экто ҳәм энтодерма қәнигелескен эпителиаль
булшық ет клеткалары арасында ҳәрекетленип, бир қабаттан екинши қабатқа
жылысып өтип жүреди. Олар интерстициаллық (i) клеткалар деп аталады. Бул
клеткалардан қәнигелескен клеткалар типи, соның ишинде жыныс
клеткаларыда пайда болады. Бул қубылыс барлық ҳайўанларда өмиринше
болып, гейде аўқатлық затларға, орталық қурамына ҳәм тағы басқаларға қарап
мәўсимлик өзгерислер болыўы мүмкин. Ишек қуўыслыларда (гидра) жыныс
клеткаларының “сексуализация”сы қубылысы тосаттан пайда болып бир қатар
вегетативлик урпақларында сақланады.
Медузалардың, ересек полиплердиң жыныс безлерин, пүтин жыныс
урпақларын алып таслағанда да олар тез регенерацияланған.
Булытларда да жыныс клеткалары барлық өмиринше қәнигелесип булар
ишек қуўыслылардың i клеткаларына ҳәм қуртлардың необластларына усаған
тек ғана ҳәрекетшил амёбоидлық археоцитлерден ғана емес ал қәнигелескен
жағалы, қамшылы -хоаноцитлерден келип шығады.
Мине усы мағлыўматларға қарағанда детерминация (тәғдирин белгилеў)
ўақыты ҳәм жыныс клеткаларының толығыўы түрли систематикалық
топарларда ҳәр қыйлы. Дөңгелек қуртларда ҳәм шаян тәризлилерде
раўажланыўдың түрли дәўирлеринде соматикалық клеткалардан қәнигелеседи
ҳәм
детерминацияланады,
ал
мысалы
ишек
қуўыслыларда
детерминацияланбаған клеткалар барлық ўақыт сақланады. Солай етип, жыныс
ҳәм соматикалық клеткалардың детерминациясы уқсас факторлар менен
басқарылады. Қандай болыўына қарамастан жыныс клеткаларының тийкары
11
болған биринши гоноцитлер ямаса резервлик клеткалар писип жетилип
туқымланыўға уқыплы боламан дегенше узақ өзгерислерге ушырайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |