Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet23/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

«СҮЙМЕГЕНГЕ СҮЙКЕНБЕ»
(Т.Баяндиевтиң мақаласынан)

«Сүймегенге сүйкенбе» комедиясы оғада жеңил ҳәм кеўилли жазылған. Шығармада қарақалпақ халқының тапқырлығы, ҳәзилкешлиги, жеңил юмор автор тәрепинен шебер пайдаланылады.


Тили де жеңил, халықтың қәдимги жалпақ тили. Ҳәр бир персонажда өз тили бар. Соның ушын болса керек, бул комедия Орта Азия, Қазақстан ҳәм басқа да халықлардың сахналарынан елеге шекем түспей киятыр.
Усы комедияда байлығына, абырайына мәсирип, қыз алып, дәўран сүриўди әрман еткен нәпсиқаў бай — Ғодалақтың үлкен ҳаялы Паршагүлдиң ролин ойнаў бул сапары Қарақалпақстан халық артисткасы Айымхан Шамуратованың шегине түсти.
Айымхан апа Шамуратова, оның хызметлерин мүлтиксиз орынлап киятырған мизамкеш ҳаялдың емес, керисинше, адасқанға жол, қапа болғанға қол берип, «жуўан жудырықтан» таяқ жеген ғәриплерге көмеклесетуғын, адамға меҳрибанлық, әменгерлик тәрепине, көбирек Ғодалаққа мәжбүрий ҳаял болып, бүгин үйине келип атырған Айсәнемди өзи таңлаған Әўезге қосыў ушын ислеген ҳәрекетлери толық мысал бола алады.
Үлкен ҳәўлиниң қапталы. Нәрўан теректиң астына тигилген қара үйдиң дөгереги майда тереклер менен қоршалған. Ҳәўли менен үйдиң аралығы ашық. Кешки мәҳәлде аўылдың қыз-жигитлери жыйналып, ўақты хошлық етип, усы үйде болатуғын үлкен өзгеристи күтип отыр. Әне, сахнаның оң жақ тәрепинен басын қошқар шақ етип ораған, келисиги келген, сарысынлы, сулыўшық кейўаны келиншек көринди. Оның жүзи солғын, жүрислери өлпең. Шамасы, бүгин бул келиншектиң турмысында бир кеўилсиз ҳәдийсе жүз берген. Лекин мына рети келип, себеп пенен жан-жақтан жыйналған қыз-жигитлердиң бас қоспа мәжилисин бузғысы келмейди. Азырақ кейин шегинип, басқаларға сездирмей, олардың ойын-заўығын тамаша етти. Бирақ, алды қызық, соңы бузық мына ойынлар Айымхан — Паршагүлди қанаатландырмады. Ол мына отырған жаслардың орынсыз, күннен бурын қайдағыны таўып шағал-мәслик қурғанына қайыл болмады. Айымхан — Паршагүл қыз жигитлердиң алдына келип, минайым ғана даўыс пенен: «Қарақларым, қайта ғойың, қаламасын келиншек келген соң, атаңыз рухсат берсе тойларсыз» деп келип, отырған жигитлер менен қызларды тарқатып жиберди. Ҳәзир сахнада Айымхан — Паршагүлдиң бир өзи. Не ислерин билмей ақылы ҳайран. Қара үйдиң алдында жатырған сипсени алып, шығып кеткенлердиң аяқ излери тийген жерлерди сыпырады. Ол да зериктиреди. Сипсени ҳәўлиге атып жибереди де, қара үйдиң алдындағы сыпаның үстиндеги төсекке шығып отырып, өз өзинен ойланады, толғанады. «Бул алжыған сақалының ағына қарамай бир бийшараның гүлдей өмирин қорлайтуғын болды. «Әй, нашар-әй… жаслығымда мени де ат көтермес наз бенен алып еди. Енди мине жүрегине тийе қалыппан. Жаслығыңда таза ашылған гүлдей болып, еки бетиң гүл-гүл дөнип, тамағында әтиргүл ашылып турғандай сүйкимли боласаң. Көрген меники болса екен дейди. Сол дәўирде теңинди дурыс таңлап, сүйип қосылсаң, өмириң пал болады. Муҳаббатты малға сатып сүймегенге қосылсаң аўзы-мурның қан болады», деп налыйды. Сахнада тамашагөй Айымханның атқарыўында Паршагүлден әўели тек азап көрген ҳаялдың муңын еситсе, әсте-ақырын сол муң, өкиништиң үстем класс ўәкиллери болған көрсе қызар байларды әшкаралаўшы, ҳаялдың душпан менен гүреске шақырығын сезе баслайды. Әўел кишкенелеў көринген Айымхан — Паршагүл кем-кем үлкейип, шақасы тумлы-тусқа жайылып баратырған жас өспирим шынарды еслетеди. Солай етип, Айымхан соң Әўез бенен Айсәнемди ушырастыратуғын үлкен дәрбент жолға баратуғын соқпақты тап усы жерде салды, яғный бул налыў, бул сөзлердиң бағдарынан Паршагүлдиң әлбетте, бир нәтийже шығаратуғынын залдағы отырғанлар оншама қыйналмай-ақ аңлап алады.
Айымхан апа — Паршагүл Әўез бенен ушырасқан сахна да өзин минайым тутып, әўеле ҳаялларға тән сыпайылық пенен, гейде сақлық етип сөйлеседи. Соңын ала, жағдайға түсине келе, Айсәнем де Ғодалақтың Паршагүлдей етип, өзин жаслығынан пайдаланып алдап түсиргенин, өз ата-анасын мал-дүнья менен арбағанын сезеди. Паршагүл Айсәнемниң өзиниң сүйген ашығы мына жигит екенин аңлайды. Соннан барып бийшара қызды жез тырнақ Ғодалақтың пәнжесинен қутқарып, сүйген ярына қосыўға бел байлайды. Паршагүл бундай шешимге бирден келген жоқ, әлбетте. Ол алыстан изертлеп, жақыннан тексерип, сүйикли ярынан айырылған Айсәнемниң орнында өзим болсам қәйтер едим, деген саўалды өзине қойып, ақырында жәрдем бериў қарыз ҳәм парыз деген анық пикирге келген соң ғана жәрдем бериў керек, деген шешимге келеди. Мине, усыларды өзиниң сахнадағы ҳәрекети, мимикалары менен, сөзлерге мәни берип айта билиўиниң нәтийжесинде ғана тамашагөйлер Паршагүлдиң характериндеги жоқарыда биз айтып өткен өзгерислерди аңлайды. Езиўши класстың ўәкили, ҳәзир демине нан писип турғанлардың жалпылдағы Шыраз молла үйине келгенде Паршагүл — Айымхан моллаға пүткиллей басқаша қатнас жасайды. Ол кисиниң алдында өзин минайым, ҳешнәрсеге түсинбейтуғын, аңқаўсымақ етип тутып, «Кимниң тарысы писсе, соның таўығы болып жүрген Шыраздың үстинен күлиў ушын ҳәрекетлер ислейди, жалғаннан молланың кеўилин көтерип қояды. Оған түсинбеген Шыраз «мүмкин расында да келинниң Ғодалақтан кеўли қалған шығар, буған үйде адамның жоқлығынан пайдаланып, аўлақта бир тәўекел етип көрейин», деп ойлайды. Буны сезген Айымхан — Паршагүл ҳәртүрли усыллар менен Шыразды (бирақ оның өзине билдирмей) масқаралаўдың жолын излейди.
Ери Ғодалақты да нешше рет қолайсыз жағдайға түсирип, изинде суў қабаққа кийим кийгизип кетиўлери оғада күлкили ҳәм реал шыққан. Әлбетте, бундай ҳийлелердиң ҳәммеси де шығармада автор тәрепинен көрсетилген. Бирақ, усы шығарма да көрсетилген ўақыяны көркем ҳәм шынлыққа сәйкес етип, оған шебер тигиўши тиккен кийимлерден кийгизип, пардозлап тамашагөйлерге жеткерип бериў уқыбы ҳәр актерда ҳәр қыйлы. Гейпаралары тек сыртқы бояўларды дурыс бояп көрсетсе, гейпаралары тек ишки сезимди (бул жерде нырққа сыймайтуғын күйдим-жандымлар есапқа алынып атыр) бериў менен шекленеди. Ал, Айымхан апа екеўиненде өзине керегин алып, рольди шынлыққа жақын етип атқарады. Соның ушын да, сол бир жылларда Айымхан атқарған Паршагүлдиң ролин көргенлер «Пай, Айымхан баяғыда Паршагүлдиң ролин таң қаларлықтай етип ойнап едиң» деп ара-тура айтысып та қояды. Оны бир неше жерде өзимде еситкенмен.
Айымхан апаның атқарыўында бул рольдиң сәтли шығыўының бир себеби, актриса өзи ролинде ойнайтуғын персонаждың күшли ҳәм әззи жақларын жақсы түсинип, гейпара ўақытларда өзин сол персонаждың орнына, өзиниң басынан өткен базыбир соған уқсас жағдайлар менен туўры салыстыра билген. Сол Паршагүл жасаған дәўирди жақсы билетуғын қатықулақ кемпирлердиң айтқанларын қулағына муқыятлап қуйып алған.
Айымхан апа Шамуратова Уллы Ўатандарлық урыстан соңғы өткен 40 жылы ишинде К.С.Станиславский атындағы Мәмлекетлик театрдың сахнасында бир-бирине усамаған 40қа жақын образлар дөретти. Олардың көпшилиги қарақалпақ тамашагөйлериниң елеге дейин есинде, биразы Орта Азия ҳәм Қазақстан республикаларының халықларына таныс. Олар Ж.Аймурзаевтың «Айгүл ҳәм Абат» музыкалы драмасындағы ери Палымбетке мудамы қайтарып сөйлеп, керекли жеринде оннан пайын алып жүрген шаққан келиншек Дәмегүл: өзбек жазыўшысы А.Қаҳҳардың «Табыттан шыққан даўыс» комедиясындағы пул, дүнья ушын ери Сухсуровты ҳәрқыйлы пәслик ислерге, соның ишинде, пара алыўға дейин ийтермелегени менен турмай, ақша ушын өзиниң ар-намысын да сатыўға таяр болған дүньяпараз — Нетайхан ҳәм басқа да усыған мегзес рольлер.
Өзбекистанда көпшилик Лутфиханым Сарымсақованы «ая» дегениндей, ал Қарақалпақстанда Аймыханды «апа» деп шақырады. Аўа, бул гәптиң де жөни бар. Өйикени, қарақалпақ театрынық сахнасында аналар галериясын жасаған бирден-бир актриса Айымхан Шамуратова.
Тилекке қарсы, биз бундай устасы шебер, әжайып инсан сахнада дөреткен барлық аналардың образына тоқтап өте алмаймыз, өйткени, жаза берсек Айымхан апаның тиккелей қатнасы менен сахнада дөреген образдың ҳәр бири, бир китап болады. Сонлықтан да, усы оқыў, үйрениў, шынығыў ушын жазып атырған мийнетимизде ол киси рольлерде қатнасқан гейпара аналар образына ғана тоқтап өттик.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish