Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet21/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

АНА — ЖЕР-АНА
1972-жылы еди. Бурын қойылып, мен ойнап жүрген пьесалардың да биразы сахнада қойылмай қалды. Мәденият министрлиги менен театр басшылары ҳәм режиссерлар аўдарма пьесаларға қызығып кетти. Буларға аўдарма керек болатуғын болса неге тәўирлеўине асылмайды екен, деп бул өтинишимди областлық партия комитетиниң басшыларына барып айттым. Себеби, Шыңғыс Айтматовтың Уллы Ўатандарлық урыс ўақыяларынан жазылған «Ана — жер ана» пьесасы сол жыллары көп театрларда қойылып атыр еди. Бул усынысымды басшылар мақул көрип, мәденият министрлигине тапсырма берди.
Алмаатының Абай атындағы академиялық театрының бас режиссеры Әзербайжан Мәмбетов шақырылып, оннан «Ана — жер ана» пьесасын сахналастырыў өтиниш етилди. Сөйтип жүргенде, өтинишим бойынша сорап алған Толғанай ролин енди қалай атқарып шыға алар екенмен, деп түнлерде уйқыларым төрт бөлинип, қорқыныш пайда болды. «Ана — жер ана» пьесасын «читка» етип оқыдық. Роллер бөлинди. Толғанай ролине мени ҳәм С.Әўезованы қойды. Роллерди жазып алып, ядлап, таярлыққа киристик.
Сол күнлердеги таярлықтың барысында Ә.Мәмбетовтай талапшаң, искер, шаршамайтуғын, шаққан режиссерды көрип, тәслим қалдық. Толғанай менен әсиресе, Жер ана, Әлийман үшеўимизди бир майдан тыныш қоймады. Оның талантына таң қалдық. Пьесаны бастан-аяқ көрген ўақларында Жер ана ролинде ойнаған Өзбекистан халық артисткасы Соня Қарабаеваға ҳәм маған жүдә қыйын болды. Соня апа әдеўирге барғанлықтанба, ол кисиге режиссер көп бақырмады. Ал, маған:
— Сиз атыңызға ылайық ойнайсыз ба, я усыннан ўаз кешип қоя қояйықпа! - деп бақырып кетип, тағы театрдың ишин айланып:
— Қәне! Келиңлер мында! - деп буйырып, таярлықты баслап жибереди.
Көрсеткен ҳәрекетлерин тағы келистире алмайман. Диңкем жоқ, сахнада жүриўге. Бул ролди неге алдым, деп өкинемен ишимнен. Шаршап, сахнада жығылып та қалдым. Сахнаның ортасында жатырман. Ишимнен ойланаман: «Сапаргүл Әўезова неге бул ролди ойнағысы келмеди десем, бул рольдиң аўыр екенин билген екен бәле», деп ойлап та қояман. «Аў, Әзеке! Ал, басыңдар-басыңдар! - деп маңлайымызды қурттың ғой. Мен де ҳәл-дәрман қалмады» дедим. Оннан кейин азмаз босасып, тағы қайтарып таярландық. Бул режиссердың искерлигине «әлҳәббиз» дедим. Алты ай таярланып, пьесаны халыққа көрсеттик. Режиссердың мийнети босқа кеткен жоқ. Барлық артистлер жақсы ойнады. Тамашагөйлер жүдә жақсы қарсы алды. Республиканың барлық активлери, ҳүкимет басшылары рахметлер айтты. Әзербайжан Мәмбетовқа Қарақалпақстан халық артисти деген атақ берилди, Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты деген атақлары да бар. Биз қарақалпақ халық артисти Әзербайжан Мәмбетовқа шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Сөйтип, бизлердиң қойған «Ана — жер ана» пьесасы сол жылы гүзде Өзбекистан бойынша болған драматургия фестивалында екинши орынды алды.
Сонда мына артистлер: Ана — жер ана ролинде Соня Қарабаева, Әлийман — Айтымбетова Турсын, Субанқул — Сейтқасымов Жолдас, Қасым — артист Х.Айымбетов, Темир ғарры — Үмитқулов Оразбай, колхоз баслық — Сапаров Халмурат, Жексенқул — Шәрипов Юлдаш, Жексенқулдың ҳаялы Алламуратова Сулыўлар жақсы ойнаған еди.
Шыңғыс Айтматовтан қутлықлаў телеграмма келип, ол «Совет Қарақалпақстаны» газетасында басылып шықты. Атақлы жазыўшының «Қарақалпақ қызлары ишинен шыққан Толғанайларына сәлем» деген сөзлери бизлерди йошландырып жиберди. Бул нағыз турмыслық шығарма еди. Ўатандарлық урыс ўақтында әрўанадай аналарымыздың төрт-бес баласын бирден урысқа атландырып, келинлеринен туўылған ақлықларының атын Амангелди, Амангүл қойғанларын талай мәртебе өз көзим менен көрип, өз қулағым менен еситкен едимдағы ақыры.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish