Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet2/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

1.ЖЕТИМЛИКТЕН ЖЕТИЛИСИЎ
Мен 1917-жылы ноябрь айының ақырында Қоңырат районының жетинши аўылында «Қанлыкөл» деген жерде Турдымәмбеттиң шаңарағында туўылған оның екинши перзентимен. Мен туўылғанда жигит ағам Әмет он жасқа қараған бала екен. Ол «тал таяғын» қамшылап, Қанлыкөлди жағалап отырған гүллән ашамайлы аўылын айланып: «апам қыз туўды, сүйинши», деп бир-еки зағара алып қайтыпты. Анам усыған да қуўанып қалыпты. Сонда Әмет: «молла ағаның үйиндеги әжем «Ажардың жаңа туўған қызы түўе, өзиң туўылғанда да сүйинши бергеним жоқ» деп айтты деп келгенинде, апам кеўлине келтирмепти. Қайтама: «Әметжан, оның үйине бармай-ақ қойсаң-о», деп күлипти.
Жарлы-жақыбайдың күн көриси аўылласына мәлим ғой. Тамағы тойып аўқат ишкен күни олардан бахытлы адам жоқтай болады. Мениң әкем Турдымәмбет те турмыстан «пайын» ала алмай, ашырқаған ашамайлының бири екен. Бирақ мен туўылған күни әкем бақсышылықтан тапқан батпан жүўериниң зағарасы менен жармасына гүллән ашамайлы аўылын тойғызған екен. Қутлы болсынға келгенлерге ағам азлап дуўтар да шертип берипти. Әйтеўир сол күни пүткил аўыл болып (аўыл болғанда 5-6 үй) ағам менен апама «қутлы болсынды» аямапты, бағанағы Әметке сүйинши бермеген молла да, оның ҳаялы да алғыс айтып пәтиясын берипти. Ағам менен апам көп пәтия алып бир көтерилип, кеўилленип қалыпты.
Олардың қандай пәтия берип, маған не жақсылық тилегени кимниң ядында қалғанды дейсең. Бирақ, мен тек бир нәрсеге анық исенемен, ол да болса пәтия берген жасы үлкенлердиң ҳеш биреўи де ағама ямаса апама «қызың қосықшы — артист болсын», деп тилек айтпағаны мәлим. Әкем Турдымәмбет ҳәм оның ағайин-туўысқанлары бурыннан Бозатаў бойында жасаған, дийқаншылыққа жақынырақ болған. Бирақ, халықтың бахытына қарай Бозатаўдың берекети қашып, ел тумлы-тусқа посып, көше баслағанда, ағамлар Қоңырат тәрепке Сарыкөлге көшеди. Усылайынша, ол қоңыратлы болыпты. Жас жигит ўақтынан дуўтар шертиўге қызығыўшылығы басым екен, соңынан азлап қосық айтыўды да үйренипти. Сөйтип, дуўтар шертип, қосық айтыўдың арқасында әтирапында өзи қатарлы ҳақ кеўил дос-яранларын көбейткен. Әкем өз аўылын гүрлетип жүрген ғош жигитлердиң бири болғаннан соң, оған анам Ажар қыз ўақытында қәлеп қосылған. Ол ўақытта саўаты жоқ, өнери кем адамның күн көриси де айта аларлықтай болмаған. Сарыкөлге келгеннен кейин әкем азлап бақсышылық етипти. Соннан кейин аўылда оны «Турдымәмбет бақсы» деп те атаған. Ерте турып, кеш жатып, дус келген жумысты ислесе де, гейде ел гезип, бақсышылық етсе де, тапқаны тамағынан артпаған. Сонда да ағам менен апам усы турмысына да қуўанысып қояды екен.
Ҳәр заманға бир заман дегендей, мениң әкемниң бақсышылық еткен дәўириниң сазенделери қосық айтыўды өзлериниң күн-көрис аўҳалын жақсылаў ушын кәсип еткен. Ол заманда мениң әкеме усаған бақсылар өзлерин көтермелеп сөйлеген. Бул:
Мен жыраўман-жыраўман,
Шөпке түскен қыраўман,
Алты батпан тарыға,
Қосық айтпаған жыраўман,-
- деген халық аўзында елеге шекем айтылып киятырған қосық қатарларынан да айқын көринеди.
Кейинирек анам сөз арасында әкем пақыр да усылай өзин көтермелеп, қосық айтып жүретуғынын көп айтар еди. Көпшилик бақсылар ол заманда несийеге, гүздеги қырманнан батпанлап дән алыўға ўәделесип-ақ той-мерекени қыздыра берген екен. Мениң анам гүзде ағама ерип жүрип, тойларында несийеге қосық айтып берген үйлерден дәнлерин жыйнап алып, қыс азыққа әдеўир қәрежет топлайды екен.
Той-мереке саўатуғын адамлар өзлериниң ҳалына қарай, бақсыларға он батпанға шекем, гейде оннан да көбирек жүўери берген. Дәни жеткиликсиз болса, тойдан кейин ямаса оны ярымлап, гүзги қырманға дейин төлей беретуғын болған. Апамның айтыўынша, бақсыға тойханада нама алдырыў ушын отырғанлар майда кийим, үй рузыгершилиги буйымларын, кеўсеңлеп дән беретуғын болған, ал гейде нама алдырыўды да «гүздеги қырманнан пәлен кеўсен дәнге», деп несийеге айттыра береди екен.
Мен бес жасқа толғаннан соң әкем Турдымәмбет 1922-жылдың ақырында, Қоңырат әтирапында баспашылардың қолынан қаза таўыпты. Бес жасқа толсам да, ағамның қосық айтып, дуўтар шертип жүрген жайдары келбетин көз алдыма емески елеслете аламан. Бирақ, оның мени қалай еркелетип, қалайынша маңлайымнан сыйпағанын ямаса «қызым, үлкен болғаныңда жақсы адам бол» деп айтқан ақыл нәсиятларының ҳеш бирин де ядымда сақлап қала алмаппан.
Әлбетте, ҳеш қандай әке де өз перзентин жаман болсын, деп айтпайды. Сонда әкемниң маған қандай адам бол, деп тилек тилегени маған нәмәлим. Усылайынша, кейинирек белгили артистка болғаннан кейин марҳум әкемниң жасымда маған қандай адам болыўды нәсиятлағанын апамнан сорасам, ол маған:
— Пай, қызым, оның несин сорай бересең, ағаң пақыр сенлерди аш болып қалмаса болар еди-аў, деў менен кетти ғой. Мен болсам сениң қосығыңа исенетуғын болдым. Жаңлай берсин ҳаўазың,- деп апам мени жас баладай еркелетип алатуғын еди.
Шаңарағымыздың аўырманшылығы апам — Ажар менен жигит ағам Әметтиң мойнына жүкленген еди. Мен болсам жаспан, емизиўли үкемниң бесигин тербетиўден басқа ис қолымнан келмейди. Апам шекийне қалтасын ийнине салып, атызба-атыз жүрип, масақ тереди, атызлардың шетлеринде қалған-қутқан бийдайды орады. Ара арасында биреўлердиң дигирманын тартады. Дигирманды басқаға бермей, өзине көбирек тартқызса, көбирек бир нәрсе аламан ба, деп соған да қуўанады. Гейде мен де апама қосылып ат дорбаны мойныма илип, гөне атызлардан масақ теремен. Көбирек жүрип қалсам, апам мени шақырып:
— Айым, үйге бара ғой, үкең жылап қалмасын, қәне, дорбаңдағыны маған бер, - деп мениң терген масақларымды өзиникине қосып алып, масақ териўди даўам етеди. Мен дәрриў үй бетке қарай зымырап жуўыраман, жол бойы ыңылдап, гейде даўыслап қосық айтаман. Егерде үкем жылап атырса тербетип ямаса оны шешип алып, оған қосық айтып беремен. Мен қосық айтқаннан кейин Бийбихан да жылағанын қояды. Соннан апам келгенше үкеме қосық айтып берип отыраман. Апам болса, мениң қосығым менен жумысы жоқ, оған емизиўли қызының жыламағаны жақсы. Ал мен болсам, сол ўақытлары үкемди жылатпаў ушын алдастырып қосық айтаман да, бираздан кейин ол жылағанын қойса да, қосықты жаңлата беремен. Апам ямаса әжағам бир жаққа жумсаў ушын шақырған ўақытлары ғана қосық айтыўды тоқтатаман.
1924-жылдың қуяшлы гүзи еди. Мен жети жасымды толтырдым. Аўылға қуўанышлы хабар тарады. Бирақ, оған түсинетуғын бизлер ме? Апам болса, «әйтеўир ел аман, тоқшылық болғайда» деп, ендиги бар тиреги жигит ағам Әметке қарайды. Ол да ҳеш нәрседен хабарсыз. Саўаты болмағанлықтан еситкенлерине аң-таң.
Мен де ҳеш нәрсеге түсинип атырғаным жоқ. Бирақ кеўилимди әллеқандай қуўаныш, бийлеп, кеўлим толқынланып, қосық айтқым келе береди. Апам да ҳеш нәрсе демейди, «айта берсин, кеўли көтериледи» дейтуғынын билемен. Гейде мениң ҳәрекетлериме күлип қарайды. Мен оннан сайын қосықты жаңлатып, бар интам менен айтыўға ҳәрекет етемен.
— Айым, айланайын, шаршап қалдың ғой, дем алып, үкең менен ойнай ғой,-дейди апам маған көз алмай қарап.
— Яқ, апа, шаршамадым, айта берейин-дә,-деп мен оған және жалынаман. Соннан кейин, ол үндемейди, маған бир нәрсе деп айтыўдың өзин пайдасыз деп ойлай ма, ямаса нәрестениң кеўилин қайтармайын дей ме әйтеўир, үйдиң рузыгершилигине айланыса баслайды.
Аўылларда жаңа типтеги мектеплер ашыла баслады. Ҳәр жерде ойласық, аўызбиршилик, адамларда бирлесип мийнет етиўге, дийқаншылық ислеўге тилек пайда бола баслады. Әжағам да ҳәр күни усындай бир жаңа гәп таўып келетуғын болды. Оны тыңлап, ҳәммемиз қуўанып қаламыз. Апам әжағамның жаңа гәп таўып келгенине қуўанып, ол сыртқа шықса: болды «Әметимди бәле-жаладан өзиң сақлай гөр», деп қайта-қайта қудайға сыйынады. Маған апамның усы әдетлери ерси түйиледи, бирақ оған бир нәрсе дей алмайман, қуры қосық айтыўды баслап жиберемен, ҳаўазым жаңлап еситилиўден, апам үйдиң жумысларына ямаса дигирман тартыўға айланысады.
Аўылымызда мектеп шөлкемлесип келеси гүзде биринши классқа оқыўға бардым. Сол күни қоңсы қызлар менен оқыўға бараман деп қол усласып, қосық айтып кеткеним еле ядымда. Мектеп дейтуғын жайымыз бир бөлмеден ибарат гөне там екен. Ҳәзиргидей жақты класс жайы, парта дегенлер қайда. Гейбиреўлер қызыққа келип жүр. Мениң де бир күни класста бирге отырған қурдас қызым «Қосық айтып бер, ҳәмме тыңлайды, сен айтқышсаң ғой» деген өтинишине бола билетуғын қосығымды бар ҳаўазым менен баслап жибериппен. Биреўлер күлди, биреўлер мени марапатлап атыр. Абайламаппан, аң-таң болған муғаллимимиз үндеместен маған қарап турыпты.
Ол мениң түсинбейтуғынымды билип, және қалай айтар екен дегендей, сын көзи менен қарайды. Қосықты айтып болғанымша ҳеш нәрсе демейди. Буны енди ойлап отырсам, устаз-муғаллимимниң соныңдай жақсы, кең минезли, кеширимли, жоқары адамгершилиги екен. Оған усы күнге шекем шексиз алғыс айтаман. Сондай меҳрибан адамлардың устазлық еткенине қуўанышлыман.
Ўақыт өткен сайын аўылдың аўҳалы жақсыланып, аш-әптада халықтың турмысы өзгерип, аўызбиршилиги беккемлене баслады. Бирлесип, пахта егетуғын болдық. Апам менен ағама қосылып, мен де отақ отайман, пахта теремен. Әкениң орны бөлек ғой. Деген менен, илаж қанша. «Әкели жетим қор жетим, шешели жетим зор жетим» деген даналық сөзди бала гезлеримде де көп еситкенмен, бирақ оның мәнисине түсинбейди екенмен. Өзим ана болғалы берли ғана оған жетик түсине басладым. Ол ядыма келген сайын анам Ажардың «балаларымды жылатпайман, өмир бойы маңлайларынан сыйпап отырыўдан артық бахыт маған керек емес» деген сөзлери ҳәм хызметлери алдында өзимди күтә қарыздар есаплап келдим.
Аўа, бул кең дүньяда қыйлы-қыйлы адамлар бар ҳәм өмирдиң де өзгермели, өзиншелик нызамлары болады. Мине, усы өмирдиң машақатлы өткеллеринде өзин беккем тута билген, турмыстағы ушырасатуғын қыйыншылықларды жигер күши ҳәм шыдамы менен жеңе билген адам ғана өмир ҳәм өнер дәрьясында ықпастан, еркин жүзе алады. Жаслығымда, жетимликтен жетилисиў жылларында апам айтқан ақыл сөзлер мениң пүткил өмириме өзек болды. Ҳәзир де сол апам — Ажарға усап, перзентлеримниң шадлы күлкисин еситип жасап ҳәм өнерим менен халқыма хызмет етип киятырман.
Мениң бундай сөзлерди айтыўыма себеп, өзим жаслықта жоқ-жуқалық пенен жетимликти бастан кеширдим, өнерге араласыўым ушын да усыншама гүресиўиме туўра келди. Олардың бәрин жеңип, өмирге-өнерге емин-еркин араласқан ўақытларда да ушырасқан қыйыншылық ҳәм сәтсизликлерди удайы жигер күшим және шыдамлылығым менен жеңиўиме туўра келди.
1930-жылда бизиң отырған аўылымызда «Қоғам» деген колхоз шөлкемлести. Бизиң апам менен жигит ағам оған ағза болды. Колхоз дегенниң не екенине түсинбесем де, қуўанғанымнан қосық айта бериппен. Апама ерип атызға бараман, отақ отасамыз, гейде апамның орынына да өзим бараман. Егерде апам өзиниң орнына мени отаққа жибере ғойса, қуўанып қалатуғын болдым. Себеби, атызда қурдасларымның арасында емин-еркин қосық айтаман, күлисемен. Мен атызға келсем болды, үлкен де киши де «алҳа, Айымхан қосық айтсын, пахта отамай-ақ қойсын, оның пайын да отап беремиз», дейди. Мен бирден келисим беремен де, қосықты баслап жиберемен…. Адамлар күлиседи, биреўлери мақтайды, әйтеўир усылайынша үйге қайтқанша кеўилли болып жүресең.
Гейде ойнап жүрген ўақытларымызда аўқатлы үйлердиң қызлары маған «қосық айтып бер» деп, жалынатуғын гезлери өзлери «болды» дегенше қосықты аянбастан айта беремен. Олар болса маған үйлеринен жасырып, нан әкелип береди. Мен оны үкеме әкелип беремен, гейде апама да беремен.
Жоқ-жуқа үйдиң кемис-қутығы таўсыла ма. Гейде апам мени азанда ерте уйқыдан турғызады да аўқатлы үйлерден асқатықлық айран сорап кел, деп жибереди. Шелекти ямаса аўыз қабақты алып, мен ҳәр үйден айран сорайман. Күнде сорай бергеннен соң гейпаралары бермейди. Мен ол үйдиң сыртына шығып турып, қосық айта баслайман. Олар әўели үндемейди, соң бираздан кейин барып, «Әй, жағы қарысқыр, әкел аўыз қабағыңды», деп бақырады. Үндемей бараман, айран қуйып болған соң гейде олар мени аяп, айтқан орынсыз қарғысын жумсартқысы келгендей айранның бетине ямаса алақаныма бир илим май да салып береди. Мен олардың урысқанын кек тутыў түўе, алақаныма салған бир илим май менен алған айраныма қуўанғанымнан үйге жеткенше асығып, аяғым-аяғыма тиймей келеди.
Бир күни апам дигирман тартып атыр еди. Мен сол манда жаңадан үйренген:
Азан менен жыңғыл жақтым, шоғы жоқ,
Ҳәммениң яры бар, мениң ярым жоқ,
Яры жоқ деп айып көрмең қурдаслар,
Пәтия оқып қойыпты, еле келген жоқ,- деген қосықты айттым. Жигит ағам Әмет тыңлап турған екен. Ол бирден ашыў менен «Сен не деп сандырақлап жүрсең, ҳә қосығыңның!..», деп тәп берди. Апам дигирманды қоя сала мени қушақлап алды да, «ендигиден былай бундай қосық айтпайды, урыспай-ақ қой, әжағасы» деп оның ашыўын тоқтатты.
Сол-сол екен, қосық айтыўдан алдын ойланып, гә қорқып, сескенетуғын болдым. Бирақ айтпай кетиўге шыдамым жетпейди, шәўкилдеген жүрегимди тоқтата алмайман. Соңынан ойлансам, әжағамның усы урысқан себеби 13-14 жасар қыздың буныңдай қосықты айтыўы, айтқанда да жигит ағасының алдында айтыўы күтә ерси екен. Ол ақыл сол ўақытта менде қайдан бола қойсын. Себеби, бизге биреўлер ямаса муғаллимимиз қандай қосық айтыўды үйреткен емес. Ҳәр ким билген қосығын айта береди. Қосықтың мазмуны, мәниси менен ҳеш жумысымыз жоқ. Мине усының нәтийжесинде әжағамнан әдеўир гәп еситтим. Бирақ, бул да маған әдеўир сабақ болды.
Усыдан көп узамай мектебимизде қосық айтыўшы ҳәўескерлерди жыйнап алып, пионерлердиң районлық слетына барып қатнасыў ушын таярлық басланды. Мен буған қуўанғанымнан бир неше күнге шекем таярлыққа ҳәммеден бурын барып жүрдим. Муғаллимимиз ҳәр кимге даўысына ылайық қосықлар ядлатты.
Слет өткеннен кейин, узын бойлы қара пәреңнен келген адам мениң қасыма келип:
— Қарындасым, усы районда колхоз театры бар, сонда жумыс ислеўди қалай көресең?! деп сорады. Соңынан билсем, бул Әбдираман Өтепов дүзген колхоз театрының директоры Төлек аға Сарыбаев екен. Әбдираман аға колхоз театрын шөлкемлестирип болып, Төрткүлге «Таң нуры» труппасына кетипти.
Мен бул бийтаныс адамның айтқан сөзине соншелли қуўансам да үйди, апам ҳәм әжағамды ойладым.
— Апамнан қорқаман, әжағам урысады, — дедим ақыры.
… Аўылымызда колхоз дүзилип, оған ағза болғанлар көбейип атыр. Буған биразлар қуўанса, биреўлер қыйналды. Сондай күнлердиң биринде колхоз баслығы Өмирзақ ағаның үйине «Аяпберген шайыр келипти, қысса оқыйды екен» деген гәп таралды.
Ал кеште апамның жасанып кийинип атырғанын көрип қалдым.
— Қаяққа барасаң? — десем:
— Аяпберген дайың келипти. Қысса еситип қайтаман, — деди. «Мен де барайын» деп едим, үндеместен ертип кетти.
Барсақ баслықтың қара үйиниң ишинде тығылысқан адамлар отыр. Төрде орта бойлы, шоқ сақаллы, басында малақай, үстинде ақ көйлек , қара камзолы бар бир киси қысса жолына салып, ҳәр қыйлы шайырлардың ҳәм өзиниң қосықларын айтып отыр екен. Далаға шыққанында бизиң апама көзи түсип кетип еди:
— Саў барсаң ба, Бийбиажар. Мынаў жийенимиз бе? Бәрекелла, әкеңе қусап бақсы бол, — деп аман-түўеллик сорасты. Кейин орнына отырып, бир кесе шай ишти де:
— Енди Әжинияздың қосықларынан айтайын, — деди, сөйтип «Бозатаў»ды оқый баслайды.
Сен бағ едиң бүлбил ушты, зақ қалды.
Пүткил сийнем жанды, иште дәрт қалды,
Қыйсық Порқан атаў, сени жаў алды,
Басы қутлы, соңы ойран Бозатаў.

Сәҳәр ўақта қырлы дүпен аталды,


Бенде болып түстим қолым шатылды,
Пәридек қыз шоры болып сатылды,
Кәнизлик басыңа түсти, Бозатаў.

Ер жигит басына мүшкил ис түсти,


Жүрек, баўырым ғамның отына писти.
Елатың үстиңнен серпилип көшти,
Хош, аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Зийўарың хошласар қәдириңди билип,


Көзини жасартып, баўырыңы тилип,
Аман болса ҳал сорасар бир келип,
Хош, аман бол, бизден қалдың, Бозатаў.

Үш я төрт куплеттей қосықты оқып болған ўақытта бир ғарры: — пай қосық болғаныңа Душпанлар жәбиринен ата мәканынан, сондай гөззал жеринен айрылған-аў — деп бираз ўақыт төмен қарап қамығып, муңайып отырды. Тағы басын көтерип: — енди бизлер де жер-суўымыздан айрылып, колхоз болайын деп атырмыз… — деп қойды.


Бир ўақытлары Аяпберген шайыр көтериңки даўыс пенен:
— Ўәй аға, неге ғам жейсең? Енди теңлик алып усындай еркин заманға жеттиң. Не бол десе болып, жан-тәниң менен жумыс ислеўди ойла. Бизиң уллы шайырымыз Бердақ былай деген, — деп, ол қосық оқыўын даўам етти.

Жумыс исле туўылған соң ел ушын.


Жаныңды аяма елде ер ушын.
Киндиктен қан тамған ҳасыл жер ушын,
Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ.

Ҳеш ўақыт болмасын досларың ҳайран,


Өзи тийсе салың душпанға ўайран.
Ел халқың бир болып әйлегил сайран,
Туўылған жер ушын ҳүрмет жақсырақ.

Адам баласында болсын ар-намыс,


Ең кеми жүз болсын көз көрген таныс.
Мәгар билмей қолды қыйса бир қамыс,
Сол ўақ қанды тыйған ардан жақсырақ.

Бердимурат айтар көре алмай жақты,


Өлип кетер болды ашылмай бақты.
Бердимурат халықты, халық Бердақты,
Жалғызындай көрер жаннан жақсырақ.

Қосықты оқып болыўына қарамастан-ақ ғарры уялып:


— Иним, дурыс айтасаң, қартайғанлықтан ба, я түсинбегенликтен бе, ҳәр нәрсени ойлай береди екенсең. Мына қосығың маған жүдә унады, тәсир етти. Енди өзим биринши болып колхозға кирип, киндик қаным тамған жер ушын, ҳүкиметимиз ушын жан-тәним менен ислеймен ҳәм усы отырған қара көзлерди де колхозға кириўге шақыраман,-деди. Отырғанлар ғаўырласып, қуўанысып қалды.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish