6. ЯДЫМА ТҮССЕ КҮЛКИМ КЕЛЕ БЕРЕДИ…
1932-жыл Төрткүлде Наркомпрос қасынан Әбдираман Өтеповтың өтиниши бойынша (театр кадрлары аз болғанлықтан) үш айлық театр курсы шөлкемлестирилди. Ол ўақытта театр Наркопроссқа қарайтуғын еди. Бул курста мен де оқыдым. Бул оқыўға трактор оқыўы деп, Тахтакөпирден үш жигит кирип еди, соң артистлердиң оқыўы екенин билип, биз трактор оқыўы деп келип едик, деп биреўи кетип қалды. Қалған екеўи артист болып шықты. Олар Қарақалпақстан халық артисти Зайыт Зәрипов ҳәм Шәмеков еди.
Сол жыллары Шораханға, Шаббазға, колхозларға ойын қойыўға шығып туратуғын едик. Әбдираман аға басқарып барады. Ол ўақытларда мийманхана деген жоқ. «Дом диханов» деген шайхана болады. Сонда ҳәмме бир жерде жатамыз. Әбдираман ағада бир минез бар еди: барған жеринен жейтуғын, ишетуғын нәрсени дүканнан алып, артистлерим аш болып атыр деп, өлтир пулын төлемейтуғын еди. Кеште «Дом диханов» шайханасының ишине орынлық, ағаш тахтайларды шегара қылып, қызларды ишки жайына жатқарып, аўызда қараўыл болып Султан аға ямаса өзи жататуғын еди.
1936-жылы Төрткүлдеги педтехникумды питкерген жигит-қызларды, бираз муғаллимлерди Москваға саяхатқа жиберди. Олар Москваны көрип, қуўанышлары қойнына сыймай қыдырған. Бир күни олар Москвада топар-топар болып қыдырып жүрип адасыпты. Сонда олар москвалы бир адамнан – «Сорок один трамвай, экскурсантный столовой где?» - деп сорапты. Москваның илгир зейинли, киши пейилли адамлары буған түсинип, олардың алдына түсип баратуғын жерин таўып берипти.
Урыс ўақты, қолымда жас балам болса да районларға гастрольға шығатуғын едим. Шоманай районында колхоз аралап концерт қойып жүр едик. Ол ўақта ҳәзиргидей мийманхана жоқ. Ҳәр үйге төрт-бесеўимизди қонақ етип бөлип жибереди. Бир сапары бизлердиң шегимиз бир колхоз баслықтың үйине түсти. Жақсылап күтти, ҳаялы да жақсы екен. Қара үйдиң иши-ҳәмме қонақ қызлар төрде жаттық. Қапталда баслық ҳаялы менен, мен төрде. Бир шетте оң жақтағы қапталда бир артистка қыз жатыр еди. Бир ўақта балам да жылап атыр, ол қыз да жылап атыр. «Ҳә,саған не болды?» десем, ол: Мына киси ҳаялы уйықлаған ўақытта қолын соза береди» - деди сыбырлап. Оның орнында мен балам менен жаттым. Бир ўақта маған да қолын созды. Қараңғыда бар күшимди салып қолымды сермеп жибердим. Жудырық баслықтың бет-аўзына тийди. Ҳәмме оянып: «саған не болды?» - деп атыр. Бир қыз шыраны жағып жиберди. Баслық орнына жатып, бир қолы менен сермеленип тым-тырыс болды.
Азанда баслық ерте турып, кийинип кетип қалды. Бизлер де дым билмегендей болып, түндеги сойылған қойының қуўырдағына тойып алып, екинши колхозға өтип кеттик…
1948-жылы Шымбай, Тахтакөпир районларына концерт составы менен кетип баратырмыз. Әдеп Тахтакөпирден баслайық, кеште сол жерде ойын қоятуғын болайық, деп келисип алдық. Жолда, Шымбайдың 8-Март деген колхозының жанында, күн батайын деп турған ўақытта машинамыз бузылып қалды. Дәрриў колхоздың кеңсесине бардық. Баслық жоқ, бас бухгалтер бар екен. Соның менен сөйлесип, халқыңа хабар ет, бизлер концерт қоямыз деп келистик. Бизлерди кассирдиң үйине түсирип, қойды сойып таслады. Күн деген суўық, клубқа халық жыйналып қалды. Қойдың гөши писейин деп тур. Бир ўақытлары баслық келди. Тойдан тойып қайтыпты – мәс екен. Бизлердиң отырған жеримизге келип отырды да, бир ўақытлары шығып кетти. Аўыздағы жайға асылған ошақта писейин деп турған қойдың гөшин қазаннан шығар, маған ойласпай неге артистлерге қой соясаң деп, шығарды шатақты.
Адамлар баслықты алдастырып алып кетти. Бизлер ойын қойыўға клубқа кеттик. Ойыннан кейин сол қойдың гөшин жедик.
«Көп қыдырған жолығады үзбентайға» дегендей, сондай тентек баслықларды көрдик.
Do'stlaringiz bilan baham: |