Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet15/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Нәжим Дәўқараев
Нәжим аға Қазақстаннан 1935-36-жыллары келди. Соннан кейин оның менен танысып, қатнаса басладық. Әмет Шамуратов пенен оғада дос еди. Института ислеп жүрип, қолы бос болса, бизлерге келип, бизлер оларға барып, досларша қатнастық. Сол жыллары «Алпамыс» пьесасын саған арнап жазаман. Сонда сен Гүлпаршын ролин ойнайсаң, деп айтар еди. Пьесаны жаза баслады. Ҳәр картинаны әкелип, оқып берер еди. Бизлер менен ойласып, жазыўшылар менен артистлерден пикирлер алар еди. Пьесаны жазып болды. Соның арасында республика орайы Нөкиске көшип келди. Уллы Ўатандарлық урыс басланып кетти. Сонда да, ҳәрқандай қыйыншылыққа шыдам берип, Нөкиске келгеннен соң таярлықты тағы баслап жиберди. «Алпамыс» пьесасын 1942-жылы сахнаға қойдық, жүдә жақсы болып шықты. Сол жылы көп артистлер атақ алды. Театр үлкен абрайға ийе болды.
Нәжим аға қарақалпақ намаларын жүдә жақсы көрер еди. «Алпамыс» пьесасында ойнап, оның исенимин ақладым. Ол жүдә ырза болды. Пьесаны биринши режиссер Игорь Макаров, кейнинен Жабад Абидов Т.Алланазаровлар қойды. Музыкасын В. Шафранников қарақалпақ халық намалары тийкарында жазды.


Әмет Шамуратов
Әмет қарақалпақ халқының ишинен шыққан талантлы шайыр еди. Аз ғана өмириниң ишинде ол өлмейтуғын бираз қосықлар, поэмалар, пьесалар дөретти. Мениң де, усындай атақ-абрайға ийе болыўымда, театрда үзликсиз ислеўиме оның киши пейиллиги ҳәм әдебият пенен искусствоны сүйиўшилиги себепкер болды. Ол өзиниң билимлилиги менен маған мүмкиншилик туўдырды, устазлық етти.
1941-жылы республика орайы Нөкиске көшипнен соң, ол Қарақалпақстан Министрлер Совети председателиниң орынбасары болып тайынланды. Сол жыллары Мәмлекетлик театрдың жайы жоқ еди. Тек кинотеатр ғана салынған еди. Сол кинотеатрды реконструкциялап, оны театрға берди ҳәм жазғы театрдың питиўине жәрдем етти. Районнан көп ғана талант ийелери – шайырлар, артист, артисткалардың келиўине жәрдем етти. Мысалы: Аббаз аға, Садық аға, Қыяс жыраў, Есжан аға, Рейимбай Сейитов, Қазақбай Юсупов, Алтын Сабирова, Қудайберген Турдықуловларды районлардан алдырды.
Ол аға жазыўшылар менен творчестволық бирге ислесип, олардың басын қосып, бирге дослық – татыўлықта болды. Мысалы, Абаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Қурбанбай жыраў, Нәжим Дәўқараев, Асан Бегимов, Жолмурза Аймурзаев, Қарабай Ермановлар менен татыў болды. Бирқанша жас жазыўшыларды шәкирт ини етип, оларға устазлық етти. Сәдирбай Шәмшетов, Ибрайым Юсупов, Жолдас Сейтназаров, Байнияз Қайыпназаров, Хожабек Сейтов, Турдымурат Нәжимов, Сапар Хожаниязов, Хожамурат Турымбетов, Өсербай Хожаниязов, оқымыслылардан Сабыр Камалов, Рзамбет Қосбергенов, Досжанбай Насыровлар менен жақсы қатнаста болды.
Әмет қатты аўырып, Ташкенттеги Жуковский көшесиндеги емлеўханада жатқан ўақытта кейинги қызымды туўдым, қолымдағы 5 күнлик қызым менен оның қасында емлеўханада болдым. Күни-түни басында гүзетип отырған күнлерим болды. Бир қолымда қызым, екинши қолымда базардан сатып алған затлар. Гейде базардан емлеўханаға жылап келемен. Мениң бул аўҳалымды көрип Әметтиң де кеўили бузылып: «Усыннан тәўир болып, елге барсам, сениң алдыңда мәңги қарыздарман» деп қамсықты бир сапары.
Он үш күннен кейин 1953-жылы 18-май күни Әмет қайтыс болды. Соннан бери Әмет әмелге асыра алмай кеткен әрманларды орынлаў жолында киятырман. Оның ул-қызларын тәрбиялап, әдиўликке жеткердим. Үлкен қызым – Гүлистан Шамуратова жазыўшылар аўқамының ағзасы, ата жолын даўам етип шайыра болып жетисти. Басқа балаларымыз да бахытлы жасап атыр.
Өмир – гүрес деп ата-бабалар дурыс айтқан. Мен усындай гүресли жолларды басып өттим. Бул жоллар мениң өмиримде өзиниң өшпес излерин қалдырмақта. Әметтиң қосықларын ҳүрмет пенен намаға салып айтып жүрдим.
Бул қосықларды айтқанымда ҳәр ўақыт Әмет мениң қасымда турғандай болады. Өйткени, Әмет сондай талапшаң, сөз текстлериниң дурыс ҳәм бузылмай айтылыўын қадағалап, соған айрықша итибар беретуғын еди.
Ал, енди даўыс дегенде ҳәр күни айтып турмаса, қанша айтқаныңның пайдасы болмай, истен шығып қалады. Соның ушын шашаў жүрген, оқып билим алған, жигит-қызларды жыйнап, театрымыздың қурамын жаңа, талантлы хош ҳаўазлы жаслар менен толтырсақ деймен. Бул келешек операның басламасы болар еди, әлбетте.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish