8. ЖАҢЛА ҚОСЫҒЫМ!
Мениң ушын қосық айтыў, Ўатанымыздың уллылығын улығлап, мақтаныш етиў, заманласларымыздың қаҳарманлығын жырлаў — өмирди, турмысты сүйиўимниң тиреги. Ал, искусство өнери хызметкерлериниң өсип-раўажланғаны сан — процент көрсеткиши менен өлшенбейтуғынындай, адамлардың ҳәр бириниң таланты, хызмети, жеке адамлардың усыныс ямаса оның өнерли өмириндеги стажы менен белгиленбейди. Өнерди, талантты баҳалайтуғын үлкен сыншы — күнделикли тамашагөй — халық. Көркем өнер адамы ушын ең жоқары баҳа — мине, усы тамашагөй — халықтың баҳасы. Мениң талантым бәрқулла халқым тәрепинен жоқары баҳаланып киятырғанына миннетдарман. Мен бәрқулла халқымның ҳүрметине ылайық ислерди атқарыўға ҳәрекет етемен.
Өмиримди, өнердеги мийнетлеримди, усы кәсибимди — искусствоға, халыққа ислеген хызметим деп санайман. Мениң мақтанышым, өзимди өмир сүриўге умтылдыратуғын уллы күш — мине, усы искусствоға болған сүйиспеншилигимниң жемиси деп ойлайман.
Соңғы жыллары декада, он күнлик, ҳәптелик ҳәм басқа да өнер жарыслары көбейип кетти. Буның көбейгени айрықша бизлер ушын қуўаныш. Себеби, ушырасатуғын үлкен аудиториямыз және кеңейди, көрисетуғын тамашагөйлеримиздиң қатары және де толықты. Усыған байланыслы кең масса алдына шығыўдың жуўапкершилиги де артады.
Мен өмиримде талай гастрольлерде болып киятырман. Бирақ тамашагөйлер алдындағы үлкен жуўапкершилигимди ҳеш ўақытта ядымнан шығарғаным жоқ. Ал усы гастрольлерим, халыққа мақул, унап атырған өнер күнлериниң ҳәр бири мениң ушын бахтымның, қуўанышымның жазылмаған жаңа бетлерин ашқан, әжайып умытылмас ўақыяларға бай. Мен ол гастрольлерим, ушырасыўларым ҳаққында бир шетинен баянлап, бәрин жазып шығыўым мүмкин емес. Мен солардың ишинен бири-бирине уқсамайтуғын гейпаралары ҳаққында ғана сөз еттим.
Қарақалпақстан сахнасына шыққан пьесаларда мениң қатнасыўым болмағаны аз шығар. Үлкемизде өткен үлкен концертлердиң де мениң қатнасыўымсыз өткени аз шығар. Мен буны өзимди көтермелеў ушын айтып отырғаным жоқ. Өзим менен бирге ислесип киятырған досларыма, мени сыртымнан билетуғын танысларыма ҳәм перзентлериме — Айымханның усылар менен рухланып, усылар менен қуўанып, ҳәр бир күнди, ҳәтте, айлар менен жылларды өткергенине өкинбейтуғынына исенимин аңлатыў ғой…
1963-жылы биз және қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының раўажланыў барысын көрсетиў ушын Ташкенте болатуғын ҳәптеликке таярландық. Бул ретте бизлер «Айгүл — Абат», «Левомиха орбитада» ҳәм «Гүман» спектакльлери менен Ташкентке бардық. Пьесалардың дәслепкиси қарақалпақ авторының, екиншиси Белорус ҳәм үшиншиси өзбек жазыўшысының шығармасы.
Ташкент тамашагөйлери бизиң өнеримизге, биз арқалы улыўма қарақалпақ искусствосына және жоқары баҳа берди. Мен усы пьесалардың бәриниң де белсенди атқарыўшыларының бири болғаным ушын, усы жоқары ҳүрметке шерикпен-аў деп ойлайман.
Мениң естеликлеримде гастроль, декада, ҳәптелик, сондай-ақ, ушырасыў, есап концерти деген сөзлер көбирек ҳәм кең орын алып кеткендей болып көриниўи де мүмкин. Бирақ, олар мениң айтып ҳәм ядымда қалғанларын жазып отырғанымнан бир неше есе көп. Себеби, мен республика атынан Өзбекистан ҳәм басқа да туўысқан республикаларда болып өткен есап-сансыз көркем өнер жарысы — фестиваллардың барлығына қатнасыўшы болдым, десем орынсыз болар еди. Меннен басқа да ҳәзирги ўақытлары қарақалпақ искусствосы ушын жан күйдирип жүрген талантлы жигитлер менен қызлар аз емес. Мен солардың дәслепкилери, айырым умытылып баратырғанлары ҳәм өзиме умытылмас тәсир қалдырғанлары ҳаққында ғана баянладым. Бәрин бир шеттен жазыў мүмкин емес. Соған қарамастан, искусствомыздың раўажланыўы, оны раўажландырыўға ат салысқан жасы үлкен ўәкиллери, олардың бүгинги жасларымызға үлги тутарлық тәрепи ҳаққында естеликлер ҳәм илимий мақалалардың күтә аз жазылып киятырғаны мени терең ойландырады.
Ҳәзир искусствомызда талантлы, бурынғы дәстүрлерди байытып раўажландыра алатуғын қәниге жасларымыз көп. Биз олардың бүгинги искусствомызды өзлеримиз өрлетип кеткен бийиктен және де бәлентлеў шыңға шығаратуғынлығына беккем исенемиз.
Тәғдирлес туўысқан Түркменстанда Өзбекистан әдебияты ҳәм искусствосының ҳәптелиги (1967-жылы) болатуғын жылы, Өзбекистан өнерпазлары қатарында бизиң республикамыздан қатнасатуғын Бердақ атындағы филармонияның басшысы ҳәм усының менен оның солисткасы болып қатнастым.
Түркменстанның мәдений өмири менен бурыннан барыс-келис қатнасымыз беккем, туўысқанлық тарийхымыз узақ. Олар Қарақалпақстан искусство шеберлериниң концертлерин айырықша жақсы күтип алды, жоқары баҳалады.
Мениң бул реттеги түркмен дослар менен ушырасыўларым да умытылмас ўақыяларға бай болды. Мен соның ушын да оның айырымларын ғана ядқа түсирип өтпекшимен.
Ансамбль жақсы таярланды. Солар менен мен де таярланып, бағдарламамды байытып, қарақалпақ халық қосығы «Яша пери», «Қызлар үйге кир», өзбекше «Дийсе маңа дийсин», түркменше «Әўезим», әзербайжанша «Ала көз» қосықларын айттым. Бизлер концертти Ташаўыз ўәлаятынан басладық. Ташаўыз ўәлаятының басшылары жақсы күтип алды ҳәм районларда, колхозларда жүдә жақсы концерт бердик. Ашхабадқа барған күни Атажан менен екеўимиз алдын ала телевидениеде концерт бердик. Ал театрында ансамблимиз бир күн концерт берди. Бунда тек мен шықтым. Заводларда, колхозларда, институтларда ушырасыўлар болды. Солистлерден Генжебай Тилеўмуратов, марҳум Даўытбай Қайыпов, Байрам Матжанов, Сулыўхан Мәмбетова, Бийбираба Өтепбергенова, Атажан Қудайшукуров ҳәм аяқ ойыншы қызлар, жигитлер өз шеберликлерин көрсетти. Түркмен халқы бизлерге көп алғыслар айтты.
Усы дәстүрди даўамлап, бизлер өзимиздиң қоңсылас Хорезм ўәлаяты менен тәжирийбе алмасыў ретинде ҳәптелик өткеретуғын болдық. Алды менен Хорезмге бизлер бардық. Бул Хорезмдеги ҳәптеликте бизлер «Сүймегенге сүйкенбе»ни көрсеттик. Концертке де зор таярлықлар көрген едик. Хорлар, қосықлар ҳәм ойынлар менен бирге, еки даўыстағы қосықлар ҳәм копелла айтылды. Ҳәмме бизлерге рийза болды.
Гастрольлерден қайтып келгеннен соң да, мен искусство тараўындағы хызметлеримди даўам еттире бердим. Искусство өнер — мениң өмирим. Өмирдеги қызықлардың ендигисин усыған жеңдирдим, деп жүрсем, арадан көп өтпей-ақ, мен үлкен бахыт-қуўанышқа бөлендим. Өмирим бойы арзыў еткен әрманымның шыңына көтерилгендей болдым.
Бул 1968-жылы 27-август күни аўқам халық артисткасы деген ең жоқары ҳәм ҳүрметли атақтың берилиўи еди. Бул күнги мениң қуўанышым өз алдына, оның шеги жоқ. Өзимди дүньядағы ең бахытлы адам сездим. Елимизиң ҳәм республикамыздың түпкир-түпкирлеринен қутлықлаған досларымның қуўанышлы телеграммалары келди. Искусствоға араласқаныма, талантыма рийза болғандай кейипте, биринши рет өзимди-өзим көтермелеп, қуўанышларымды айтыўға сөз жеткере алмай жүрдим…
1968-жыл. Тәжикстанда Өзбекистанның әдебияты ҳәм искусствосының он күнлиги болды. Оған бизиң Бердақ атындағы филормония қатнасты. Бул он күнлик те айта жүргендей болып өтти. Өзбекистан искусство шеберлери өз өнерлериниң барлық түрин көрсетти. Сол жыллардағы талантлы артист ҳәм артисткаларымыз, ойыншы жигит-қызларымыздың атқарыў шеберлигиниң және де жоқары басқышқа көтерилгенин көрсеттик. Ойынларымызды, қосықларымызды тәжикстанлы дослар жүдә жақсы көрип қалды. Әсиресе, Бийбираба Өтепбергенованың, Гүлхан Ширазиеваның, Ида Рафиковалардың атқарған қосықларын тамашагөйлер жақсы қабыллады.
* * *
1969-жылы 1-март күни Қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының ҳәптелигин өткериў ушын Ташкент қаласына бардық.
Ташкентли дослар бизлерди «Дослық сазын шертер жүректиң тары, дәўран сизге, Әмиў азаматлары!» деген сүрен менен қарсы алды.
3-март күни ҳәптелик басланды. Ташкенттиң барлық газета-журналлары, радио ҳәм телевидение бағдарламалары Қарақалпақстан әдебияты ҳәм искусствосының ҳәптелиги даўамында болған ушырасыўлар, кешелерге бағышланды, ҳәптелик халқымыздың үлкен салтанатлы тойына айланды.
Бул ҳаққында Өзбекистан халық шайыры Миртемир өзиниң «Төрге шығың» атлы мақаласында былай деп жазды:
«Қарақалпақ әдебияты бизге көптен таныс ҳәм сүйикли әдебият. Қарақалпақ әдебиятының бабалары менен бүгинги ўәкиллери де бизге жақсы таныс. Бул халықтың атақлы «Қырық қыз» дәстаны дүнья әдебиятының алтын фондына киретуғын дүрданалардан болып табылады. Усы уллы дәстан үстинде узақ жыллар ойланып, оны өзбек тилине аўдардым. Жийен жыраў, Бердақ шығармаларын сүйип аўдарып атырман…», «Совет Өзбекстаны» газетасы, 2-март, 1969-жыл, Қ52 (14215).
Миртемир ағаның бул жүрек сөзлери бизлерди толып-тастырып жиберди.
Ҳақыйқатында да, «Қырық қыз» қусаған халқымыздың ерлигин, әсиресе, ҳаял-қызлардан шыққан Гүлайымдай батыр қызлардың даңқын пүткил дүньяға жайған дәстан оның айқын мысалы еди.
Ҳәптеликтиң барысында бизиң әдебиятымыз бенен искусствомыздың өсиўшилиги ташкентли досларды таң қалдырды. Бизиң адресимизге көп ғана жыллы сөзлер, әдил баҳалар айтылды.
Бул ҳәптеликтиң барысындағы табыслар бәримиздиң төбемизди көкке жеткерди.
Бул сапары мен Бердақ шайырдың «Ақмақ патша» шығармасы тийкарында исленген С.Хожаниязовтың «Ақмақ патша» пьесасына таярланған едим. Пьесада ақмақ патшаның 41 ҳаялы болады. Сол ҳаялларының ишинде биринши ҳаялы Ақбилек бәйбишениң ролин ойнадым. Бул Ақбилек өзи ақ көкирек, мийримли, сәрдар ҳаял болады. Соңғы алған қыз туўған ҳаялды қыз туўды, деп өлтиремен дегенде, оған жәрдем етеди. Оның қыз туўғанын билдирмеўге ҳәрекет етип, ақыллылық пенен ис апарады. Усы Ақбилектиң образын ойнаў маған аңсат болмады. Бирақ, режиссерлардың жәрдеми менен буны да атқарып шықтым. Рейимбай Төрениязовтың қойған пьесаларында көбирек ойнадым. Рейимбай Төрениязов өзимизден шыққан жас режиссерлардың ишиндеги талантлы, ҳармай-шаршамай ислеп атырған режиссер ҳәм артист. Театрдың бас режиссеры Габрил Данилович Абдулов та Рейимбай Төрениязов пенен бирликте музыкалы пьесаларды көп қойды. Әсиресе, «Қарақалпақ қызы» пьесасында Жумагүлдиң анасының ролин маған түсиндирип, көп жәрдем берди. Г.Абдулов өзи жақсы артист, ўақтында Ленинниң ролин жақсы атқарған. Досберген Рановтың Ленин образын ойнап шығыўына да Абдуловтың көп жәрдеми тийди. «Наўайы Астрабадта», «Жалынлар» пьесаларын қойдық. Бул еки пьеса да жүдә жақсы қойылды. Артистлер шын кеўилден берилип ойнады.
Әсиресе, Н.Аңсатбаев Наўайы ролин жүдә таң қаларлықтай ойнады. Бул пьеса қойылған күни тамашагөйлер менен залда отырдым. Өзбекистанның атақлы артистлери де болды. Мениң қасымда отырған халық артисти Ҳамраев: «Бул баланың келешеги бар бала екен. Мен де бул рольде ойнадым, маған бул баланың ойнаўы унайды», деп бастан ақырына дейин қарап отырды. Оның орынлы ҳәрекетлери, сын-сымбаты, ҳәттеки, кийимлерине де сүйсинип қарады. Буған мениң төбем көкке жетти.
Гүлрух ролинде ойнаған Т.Қайыпназарова да берилип ойнады. Ол талантлы актриса еди, рольде қуйып қойғандай сахнаға жарасып ойнар еди. Арадан бираз үзилиспелерден кейин ол театрға қайтып келди. Ҳәзир жақсы ислеп атыр.
Юлдаш Мамутов бүгин ойнайды, деген күни клубқа адам сыймай кететуғын еди. Ол халықтың сүйикли артисти болды. Ал, режиссер болғанда еринбей, жүдә майдалап түсиндирип, үйретер еди, минези де жүдә жақсы. Әсте-ақырын артистлердиң тилин таўып, ис тутар еди. С.Хожаниязовтың «Талўас» пьесасында — Улбийке кемпир, Т.Сейтжановтың «Күйгелек көзли яр»ында — Илмехан, Ж.Аймурзаевтың «Шеберханның шырмаўығы» пьесасында — Шеберхан роллериниң жақсы шығыўы Юлдаш Мамутовтың үлкен жәрдеминиң арқасында еди. «Жалынлар» пьесасы да жақсы қойылды. Артистлер жүдә жақсы мийнет етти.
Концерт номерлеримизде әсиресе, «Балалар» ойыны тамашагөйлерди йошландырып жиберди. Қулласы, Ташкент қаласының турғынларына жан-тәнимиз бенен хызмет етип, үлкен абырайға ийе болдық. Тағы қарақалпақ халқының өсип киятырған талантлы художниги Қ.Сайыпов усы пьесалардың бәриниң декорациясын өзи безеди. Сахнаның пердеси ашылғанда тамашагөйлер қол шаппатлаўлар менен қарсы алды. Әттең, өсип киятырған жас талант ийеси арамыздан ертерек кетти…
Бирақ, «орнында бар оңалар» дегендей, жас художниклер жетилисип, оның исин даўам еттирип атыр.
Саяхат Горький ўәлаятынан басланды. 21-июль күни сүйикли жазыўшы Алексей Максимович Горькийдиң музейин, оның дайысы Каширинниң үй музейин барып көрдик. Жүдә аянышлы. Адамның өмири шүберек қурақум болмағаны, кийген кийимлери тур. Үйиниң әсбапларын көрдик, жатқан кәти, сандықларын, кишкентай ағаштан соғылған жай. Алексей әкеси тырыспай кеселинен өлгеннен кейин Астраханнан қайтып келеди. Ол дайысының үйине келип кишкене бала болыўына қарамай жумыс ислейди. Услап тутқан затларының бәри тур. «Болар бала бес жасынан беллидур» дегендей кишкентайынан-ақ ақыллы, мийнет сүйгиш, шаққанлығы менен көзге түскен.
Дәслеп Горький қаласында, оннан кейин районларда концерт қойдық. Бизлерди бул жерде районлардың басшылары жақсы күтип алды. Концертимизге, ойынларымызға халық көп рахметлер айтты. «Красная этна» деген заводта үлкен ушырасыў салтанаты болды. Бул заводта 11 мың рабочий ислейди екен. Концерт кеўилдегидей өтти.
28-июль күни Ульяновскийге келдик. Володяның туўылған жери сондай жақсы, ҳаўасы жанға жағымлы. Сол күни Ульяновск обкомының секретары бизлерди қабыл етти. Ол Ульяновск областының жетискенликлери менен таныстырды. Мелекес районында да концерт қойдық. Ең кейинги күни қабыл етиў болды. Оған Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Кәримбай Қудайбергенов, Лизаханум ҳәм мен қатнастым. Бизиң адресимизге жыллы сөзлер айтылды.
Буннан кейин Қазанда болдық. Қазан қаласының халқы бизди айта қаларлықтай етип күтип алды. Бизиң ансамбль Қазан мәденият үйинде концерт қойды. Бизлер машинадан түсип, клубқа киргенше аяғымыздың астына гүл төсеп таслады. Бул жерде де бизиң ансамблимиз концертти кеўилдегидей қойды.. Әсиресе бизиң татарша, қарақалпақша, қазақша, русша атқарған номерлеримизге халық ырза болды. Сахнадан артистлерди жибермей қол шаппатлап турды. Мен де қарақалпақ халық намасы «Нигарым», «Яша пәрий»ди айтып шықтым. Қай жерге барсақ та, олар мениң халық артисткасы екенлигимди еситкенин айтып, ҳүрметке бөледи. Буны мен олардың бизиң халқымызға болған дослық меҳир-муҳаббаты деп түсиндим. Ҳәр адымда, ҳәр ушырасыўда Татарстан менен бизиң қатнасығымыздың бурыннан барлығы билинип турды. Бизлер жаңа дослар арттырдық.
Қазаннан кейин Москваға бардық. Ол жердеги күтип алыўлар, ушырасыўлар да оғада қызықлы болды.
Бизиң Бердақ атындағы филармониямыздың ансамбли басқа бир қатар ансамбльлерге қарағанда анағурлым жоқары дәрежеде екенлиги белгили болды. Бизиң қурамымызда талантлы жаслар көп болды. Сол ўақытта өзлериниң жақсы номерлери менен көзге түскен: Тамара, Гүлпаршын, Әдима, Орынгүл, Ким Нелла, Оразгүл, Зулайха, Әмийна, Атажан, Көптилеў, Байрам Муратов, Байрам Матжановларды халық қуўана-қуўана қарсы алды. Лизаханум ансамблимиздиң басшысы болды.
Бизлер Москваға барып, ол жердеги миллионлаған мийнеткеш халыққа қарақалпақ халқының үлкен искусствосын, талантын, ойынларын, қосықларын таныстырдық. Бул ушын мен бахытлыман!
* * *
1970-жылы Өзбекистанның ҳәптелиги Қазақстанның пайтахты Алма-Атада өтетуғын болды. Бул ҳәптеликке де Бердақ атындағы ансамбль менен мен қатнастым. Бизлер самолеттен түскеннен-ақ Қазақстанның гүллән артистлери, жазыўшылары, басшы адамлары жыллы жүзлилик пенен гүллер усынып, күтип алды. Ҳәптелик ашылғаннан кейин ертеңине-ақ ўәлаятларға бөлинип кеттик. Бизлер Зульфияның басшылығында Жамбыл, Чимкент ўәлаятларына баратуғын болдық. Бул топарда артистлер, музыкантлар, жазыўшы-шайырлар көп болды. Олардың арасында Тилеўберген Жумамуратов ҳәм мен болдым. Туўысқан республика мийнеткешлери алдында мен қосықлар айттым. Тилеўберген аға өз қосықларын оқыды. Барған жерлерде қазақ туўысқанлар: «өз баўырларымыз», деп үлкен ҳүрмет көрсетти. Оқыған қосығы ушын Тилеўбергенди ҳәм айтқан қосықларым ушын мени көп ўаққа шекем сахнадан жибермей турды. Барған қалаларда ҳәм аўылларда айрықша ҳүрмет пенен күтти. Буны тил менен айтып болмайды. Алма-Атаның өзинде бир күн концерт қойғанымызда келген адамлар клубқа сыймай кетти.
Бизиң ансамбль ағзалары концертти де жүдә жақсы алып барды. Әсиресе, қосықшыларымыздан Гүлпаршын, Абат, Тамара, Байрамлар жүдә жақсы атқарды. Сахнаға гүллер толып кетти. Қаланың ишинде де бир неше ушырасыўлар болды. Әсиресе, театр жәмийети таў басындағы қара үйде қонақ етип, үлкен зыяпат берди. Бул отырыспада мен Өзбекистанның, Қазақстанның ең атақлы шайыр-жазыўшылары, артистлери менен отырып ҳәм сөз сөйледим. Қосық айттым... Аўа, ол жыллардың гүрриңи көп…
Буннан кейин Қазанда болдық. Қазан қаласы айта қаларлықтай етип күтип алды. Бул жерде В.И.Ленин музейлерин, оқыған университетин көрип қыдырдық. Кеште салтанатлы ашылыў концерти, ал соң ушырасыўлар болды. «Мәденият үйи» клубына барып, концерт бердик. Бизлер машинадан түсип, клубқа киргенше аяғымыздың астына гүл төсеп қойды. Концертти де бизиң ансамбль жақсылап өткерди. Қарақалпақша, қазақша, русша, әсиресе, татарша қосықлар, ойынлар табыслы болды. Сахнадан артистлерди жибермей турды. Мен де қарақалпақ халық намалары «Нигарым», «Яша пери»лерди айтып шықтым. Қай жерге барсақ та «бизлер сизлерден халық артисткасы шыққанына қуўанып қалдық», деп мени сондай ҳүрметледи.
Барлық жерде Татарстан менен бурыннан қатнасымыздың барлығы билинип турды. Бизлердиң ҳүрметимизге үлкен зыяпат берилди. Усы зыяпатта биз олардың ең жақсы артистлери менен таныстық, қосықларын тыңладық. Бизлерден де қосықлар айтылды. Қазаннан кейин Москваға бардық. Ол жердеги күтип алыў, ушырасыў концертлеримиз, әсиресе, бизиң Бердақ атындағы, филармония концерти бурынғыларынан да әдеўир жоқары дәрежеде болды. Халықтың қызығыўшылықлары ҳәм алғыслары соны билдирип турғандай болды. Топарымыздағы жигит-қызлар — Гүлпаршын, Тамара, Алима, Орынгүл, Ким Неля, Оразгүл, Зилайха, Әмийна, Атажан, Көбейсин, Байрам Мурадов, Байрам Матжанов ҳәм тағы басқалар Лизаханумның басшылығында нағыз искусство шеберлери екенлигин көрсетти. Биз өз алдымызға декада өткермесек те Өзбекистан мәденияты күнлери қурамында қарақалпақ халқының искусствосын туўысқанларымызға кең таныстырдық, үлкемиздиң даңқын таратыўға үлес қостық. Мен усындай табысларымызды еле-еле мақтаныш етемен.
Маған Аўқам халық артисткасы деген жоқары атақ берилиўи туўылған күниме 50 жыл толыўыма туўра келди. Мен усы атақтың өзине кеўлим толып-тасып, соншама жыллар даўамында искусствоға бағышланған өмирим, халқыма ислеген хызметим жоқары баҳаланғанына айрықша қуўанышлы ҳәм мақтанышлы едим. Оған қосымша мениң туўылған күниме 50 жыл ҳәм искусство тараўында ислей баслағаныма 35 жыл толған күнимди өз досларым ҳәм пүткил автономиялы республикам байрамлады. Өзим туўылған Қоңыратта, оқыған мектеплеримде, сондай-ақ, республика пайтахты Нөкис ҳәм бир қатар қала және район орайларында үлкен салтанатлы жыйналыслар болды.
Ең соңында Нөкистеги Станиславский атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы драма ҳәм комедия театрында мениң юбилейиме арналған жуўмақлаўшы жыйналыста республикамыз басшысы жолдас Қәллибек Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Совети Президиумы ҳәм республика Министрлер Совети атынан қызғын қутлықлап, маған бахыт ҳәм табыс тиледи ҳәм:
«…Айымхан — автономиялы республика мийнеткешлериниң ең сүйикли актрисасы. Бул бизиң қарақалпақтың бүлбили. Ол болмаған аўыллар ямаса Айымханның адамды руўхландырыўшы қосықларын таңлана тыңламаған адам бизиң республикамызда табылмайды десем, қәтелеспеймен.
Үлкемизде Пахта арна, Қызкеткен, Сүйенли каналлары қол менен қазылып, Чаржаў — Қоңырат темир жолы мыңлаған мийнеткешлердиң маңлай тери менен қурылған ўақытлары да, Айымханның қосықлары мийнет адамларын жаңа жеңислерге рухландырды.
Уллы Ўатандарлық урыс жылларында республика искусствосы шеберлери атынан қаржы топлап, душпанға соққы бериўши самолет соқтырыўға пул топлап жибериўдиң баслаўшысы да усы Айымхан болды.
Искусстводағы ең жоқары ҳәм ҳүрметли атақ республикамызда биринши болып Айымханға берилгени менен мақтанамыз. Себеби, ол усы атаққа ең ылайық адам. Бирақ бул жоқары атақ тек ғана Айымханға емес, ал раўажланып киятырған жас қарақалпақ искусствосына берилген жоқары атақ.
Бүгин искусство хызметкерлери ушын айрықша үлкен байрам күни. Бирақ бул байрам тек ғана Айымханның, оның кәсиплеслери болған искусство хызметкерлериниң ғана байрамы емес, ал гүллән қарақалпақ халқының әжайып байрамы. Себеби, искусство — өнер халықтики, ал Айымхан болса, өз халқының қызы…», деп мениң дөретиўшилигимди күтә жоқары баҳалады.
Искусство — өнер адамы ушын ғана емес, ал барлық дөретиўши хызметкерлер ушын усындай дәрежеге ерисиўден артық бахыт, қуўаныш болмаса керек!
Мен өзиме ғамқорлық көрсетип киятырған ҳүкиметиме, өз халқыма, сондай-ақ, искусствомыздың өсиўине бәрҳәма дыққат бөлип отырған басшыларымызға миннетдарман. Өзимниң юбилейим өтип атырған ўақытлары да шексиз алғысымды айттым, айтып киятырман ҳәм келеси ўақытлары да бул алғысларды қайталаўдан басқа оған ҳеш нәрсе қоса алмайман.
Усылай етип, мениң юбилейим халқымның, үш орденли автономиялы республикамыздың шадлы байрамына айланды. Мен юбилейиме байланыслы Москва, Ленинград, Ташкент, Киев, Алма-Ата, Баку, Фрунзе, Ашхабад, Душанбе көркем өнер ғайраткерлеринен, ҳәтте өзим танымайтуғын көп санлы тамашагөйлерден алғыс, қутлықлаў телеграммаларын алдым. Олар усы қутлықлаўларында мениң дөретиўшилигим арқалы пүткил қарақалпақ көркем өнериниң ҳәзирги раўажланыўына жоқары баҳалар берипти. Сондай-ақ, Қураллы Күшлер қатарында миннетли хызметин атқарып атырған қарақалпақстанлы жаўынгерлер, ҳәм бир ўақытлары Қарақалпақстанда туўылған ямаса жумыс ислеген, ал ҳәзир түрли қалаларда хызмет ислеп атырған атақлы адамлардан юбилейим өтип кеткеннен кейин де, ҳәтте, ҳәзирги ўақытлары да ең жақсы тилеклерин билдирген алғыс хатларын алып тураман.
Қырғызстанның халық жазыўшысы, Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шыңғыс Айтматов маған кейинирек жиберген бир қутлықлаўында:
«Қымбатлы Айымхан, сизди дөретиўшилик жеңислериңиз ҳәм кирип киятырған 1973-жыл менен шын кеўилден қутлықлайман», деп ең жақсы тилеги менен кеўилимди көтерип, жаңа изленислерге рухландырып жиберсе, Шымбайда туўылып өскен, ҳәзир Алма-Атада жасап атырған, тарийх илиминиң докторы Елтоқ Дилмағамбетов жасы жетпистен өтип кеткен ўақтында жазған хатында:
«Еситкен өтирик, көрген шын» деген халықта сөз бар. Мен сизди бурын сыртыңыздан еситип жүретуғын едим, бирақ көргеним жоқ еди. Себеп пенен Алма-Атаға келиўиңизден пайдаланып, бүлбилдей сайраған әниңизди еситип, дийдарыңа «тойып та» алдық. Бирақ Алма-Атаның көпшилик адамлары сизди көре алмай, әниңизди есите алмай әрманда қалған…
Өмир болса «Қарақалпақтың тарийхый ҳасыл қызлары», деген темада бир әңгиме жазыўым керек. Себеби, қарақалпақ халқы пүткил дүньяға тарийхый көп қыз берген. Бурынғы заман патшалары менен ханлары қарақалпақ қызларына таласып қалатуғын болған. Мәселен, Иран елиниң патшасы Кира бизиң Тумарис апамызға үйленемен, деп басын қурбан еткен. Қазақтың Абылай ханының қарақалпақ әйелинен Вали туўып, Валиден Чингиз, оннан атағы жер жарып атырған, уллы илимпаз Чохан туўған. Бул сыяқлы тарийхый мысаллар көп.
Усы хатты алғаннан соң маған өзиңиздиң өмир баяныңызды жиберсеңиз және сиз туўралы жазылған мақалалардың дизимин де жиберсеңиз айрықша миннетдар болар едим, саў болыңыз, ағаңыз Елтоқ Дилмағанбетов», деп басқа да бизиң ҳаял-қызларымызға байланыслы тарийхый ўақыяларды анықлаўға жәрдем, кеңес сораныпты.
Бундай хатлап көп. Олардың бири Украинадан болса, екиншиси Россиядан, бири Әзербайжаннан болса, тағы биреўи Балтық бойы республикаларынан. Олардың бәри мениң үй архивимниң ең қәдирли ҳүжжетлердей сақлаўлы тур. Өз ўақтында маған узақтан хат жазғанлардың бәрине жуўап жазып, олар менен байланысымды ағайинликке айландырдым.
Қырық жылдан асламырақ ўақыт искусствоға хызмет еткен ҳәм ҳәзир де оның аўыр «жүгин» жаслар менен бирге теңдей көтерип киятырған мениң үлесиме тийисли өзим дөреткен 40 тан аслам ролим — образларым бар. Көп сандағы қосықларымды еле де шаршамастан айтып киятырман. Усы жыллар даўамында еки рет «Мийнет қызыл байрақ» ордени, «Ҳүрмет белгиси» орденлери, «Мийнетте айрықшалығы ушын» медалы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Жоқарғы Совети Президиумларының 9 рет Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықландым.
1948-1957-жыллары Нөкис қалалық советине, 1936-1967-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советлерине депутат болып сайландым. Мине буның барлығы, мениң тек искусстводағы шеберлигим ҳәм излениўшилигимди арттырыўға талапты күшейтиў менен бирге халық алдында, келешек әўладларға үлги етип қалдырарлықтай шығармалар бериўге умтылдырды. Мен усы мақсетте жасларға үлги боларлықтай етип, гөне дәстүрлерди бүгинги заманның руўхы менен халық турмысына енгизиўге өзимниң талант ҳәм тәжирйибемди жумсап атырман. Буның мысалы ретинде «Дәўир қызлары», «Қызлар көмекте», «Қыз-жигитлер отырыспасы» радиоинсценировка-ларымды көрсетип кетпекшимен.
Радиодан еситтирип, жақсы баҳа алған ҳәм ҳәзир оның бир қатар кеңеслерин халқымыз турмысқа асырып атырған «Дәўир қызлары» радио еситтириўимде мен халқымыздың салт-дәстүрлери ҳаққында сөз еттим.
Елимиздиң туўысқан халықларының ҳәзирги гүлленген өмириндей, бизиң халқымыздың да салт-дәстүрлериниң айырымлары дәўирдиң өзгериўи менен, техниканың раўажланыўы менен енди бизиң бүгинги жоқары талапларымызға жуўап бере алмай қалды. Ал қыз-жигитлердиң отырыспалары, жуўап айтысыўлары, дилўарлығын дәлиллейтуғын дәстүрлери ҳәзирги ўақытлары пүткиллей жаңа түрдеги ойын-заўықларға айланды.
Бүгинги жасларымыз, әсиресе, искусствомызға келип қосылып атырған талантлы жасларымыз гейде бизлерге усаған искусство нуранийларының кеңеслерине қулақ салыўдан көре өзлериниң «көп билетуғынларын» көрсетпекши болады. Аўа, рети келгенде айтыў керек, биз оларға да исенемиз, олардың көп билетуғынларын да түсинемиз. Себеби, бүгинги жаслардың мүмкиншиликлери бизиң ўақтымыздағыдан анағурлым артық ғой. Мениң айтпақшы пикирим — искусствоға қәдем қойған ҳәзирги жаслар, бизлердиң тәжирийбемизден көбирек пайдаланса, өз миллий искусствомызды раўажландырыўға, оны жаңа басқышқа көтериўге хызмет етер еди.
Пүткил өмирим искусствоға бағышланып киятырғанынан қаншелли бахытқа бөленсем, оның табысларына да соныңдай қуўанаман. Енди мен ушын искусствосыз өмир жоқ. Еле ислейтуғын исим, режелерим — алға қойған бийик мақсетлерим көп.
Do'stlaringiz bilan baham: |