Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet3/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

2. ДӘСЛЕПКИ ҚӘДЕМЛЕР
1931-жылдың бәҳәри еди. Тоң жибип, қар ерий баслаған бир күни Төлек Сарыбаев мени «театрға алып кетемен» деп бизиң үйге келди. Үйдегилерден рухсат сорады. Жигит ағам менен апам мени артистликке жибере жақ емес, «оқып муғаллим бол» дейди. Сөйтип апам келисим бермей қойды. Төлек аға өкпелеңкиреп қайтты. Апам жибермей қойса да кейнинен көп ойландым. Анаў күнлери аўылдағы ҳәўескер қызлар менен қалаға барып, хош ҳаўазым менен журттың биразын таң қалдырғаным, сөйтип қызлардың ишинде абыройлы болып қайтқаныма апам қуўанған ҳәм «Айымханым мәртебели болар» деп жағасына түкире берген еди. Апамның мениң менен мәртебели болатуғыныма көзи жетти деп айтыў қыйын. Ал мени артистка болады деген қыял оның жети уйқылағанда түсине де енбегени анық. Абысын-ажынлары дәлкеклеп, «мынаў қызыңның қосық айтыўы әжеп тәўир ғой, сен байқайсаң ба, Ажар, бар ықласын салып, басын шулғып айтады, усы сары қызың артист болып кетпесин» дегенде, апам маған шық жуўытпай: «Қойшы, сен де қаяқтағы бәлени шығармай, жас көкиреклик талўас қой, қыздан артист болған адам бар ма?», деп гәпти шайып жуўатуғын еди.
Бирақ, ертеңине апамның кешеги сөзлерди ой тәрезисине салып отырғанын сездим.
— Ким биледи. Әкеси хош ҳаўаз бақсы болса да бул талапты оншама көп кәр еткен жоқ еди. Қайдан билейин туқым қуўып жүрмесе? Ата әрўағы, балам Әметке келмей Айымханға дарығаны ма? Сонда бул қыз бақсы бола ма?.. – деп өзлигинше ол гүбирленди.
Әлле неден шоршынғандай ол және сөйленди:
— … Қоягөр, қоягөр-әй… — деди апам өз-өзинен қысылып, жаўлығының ушы менен аўзын басты: — Айдай Айымханымның пешенесине буны жаза гөрме, қудайым, - деди әсте ақырын сыбырланып.
Аяғымды әстен басып мениң есиктен кирип келгенимди ол сезген жоқ. Мен не дәримди билмей босағада қалшыйып турып қалыппан.
— Апа, неге гүбирленип отырсаң? – дедим бирден.
Әне, усы ўақытта ғана есикте турған маған апамның көзи түсип селк ете қалды.
— Ҳә, Айымханжан, келдиң бе шырағым? Аз ғана дем ала ғойсаңо…
Мен еркелигим тутып, апамның мойнына асылдым. Оның әжим басып баратырған жүзлеринен келбетинен әллеқандай бир сырды излесем, апам мениң бетиме тигилип: «усы гүлдей көркиңе, қаршығадай сымбатыңа, артист деген насақты бетиңе қалай ширкеў етесең, қызым», деп қабырғасы қайысты.
Мен не қыларымды билмей, «Қойшы, апа», дей бериппен.
— Сен жасырмай айт, қызым,- деп апам маған қарады.
— Мен не айтаман? – дедим қәўипсинген адамдай.
— Сен бе? Анаў күни Қоңыратқа барғанда не гәп-сөз болғанын айт.
— Я, Алла, яр болғайсаң. Аўа, соннан соң? – деп апам жағасын услап, маған сүйсине қарады. Усыдан соң барып кеўлим жай таба баслады.
— Ал соннан соң?
— Соннан соң ба? – деп мен иркилип, төмен қарадым. Бул мениң «урыспасаң айтайын» деген ийбем еди. Ул-қызына қатал апам мениң өзинен тартынып отырғанымды сезип, жүзлери күлимледи.
— Урыспайман. Айтабер қызым. Сен 15 ке келдиң. Енди бала емессең. Ақылыңның киретуғын ўақты болды. Қәне, қалдырмай айт. Жасырма меннен, - деп сорастыра баслады.
— Сөйтип, сахнадан шыққаннан кейин Төрткүлден келген бир ўәкил жигит… Аты ким еди, ҳа, обкомда ислейтуғын сол жигит маған: «қарындасым, даўысың жақсы екен, келешекте я артист болып шығарсаң, я муғаллим боларсаң. Түбинде адам боласаң. Төрткүлге барып оқы, мениң менен жүр, өзим жәрдем беремен» деп көп қәтере етти.
— Ҳа, сен не жуўап айттың,- деди апам шыдамсызланып.
— Қоя турса, айтамыз ғой, - деп апамды иркип тасладым.
Көп узамай қаладағы театрдың директоры мени шақырып алып, «бизиң театрда исле. Үйиңе жақын. Барып турасаң. Қарындасым, сен мына даўысыңды қорлама», — деди. Мен олардың бәрине де «апамнан қорқаман…. Апамнан ҳәм әжағамнан рухсат сорайын. Олар рухсат етпейди-аў. Әбзели бул талап маған келиспес аға»,- дедим.
— Ҳа, берекет тап, нағыз қызымсаң, тап биротала гүдер үздиргениң тәўир болған екен. Мына қаңғымай гәптен қулағым сарсылды ғой, қызым. Айттым ғой, самал болмаса шөптиң басы қыймылдамайды. Усындай бир гәп болған. Ана үйге барсаң да, мына үйге барсаң да, «Қызың артист болайын деп атыр ма?» деп сорайды. Оның үстине нәмнаған кисилер маған: «жети атамыздан бери даўысы заңқылдап шығып, әрўақты басқан нашар жоқ еди, сениң қызыңның бети ашылып баратыр» деп мийимди теседи. Усы бир гүў-гүў әңгимеден қутқар, шырағым. Ақ пәтиямды берейин. Басқа не оқыў оқысаңда үндемейин… — деп апам қамсығып орамалының ушы менен көз жасын сүртти.
Усыдан кейин өзин тиклеп алды да, мени еситсин дегендей қайтадан гүрриңин даўам етти.
— Қылшылдаған-ақ келиншек ўағымда, сен ол ўақытта есиңди де билмейсең, әкең өлгенде де бундай қорлығым келген жоқ еди. Қудайлық саўда, деп ҳәмме тәселле берип еди. Ҳәзир болса, бәри маған терис қарайды. Әкең өлген соң ығбал- бахтымды сизлерден күтип, «Әметжан менен екеўиңизди киси есигине телмиртпейин, киси таяғын жегизбейин», деп аўзыма тислегендей етип өсирип едим. Сизлерди қор қылмайын деп киси есигиниң күлин шығардым, кирин жуўдым. Енди мине, камалға келгенде, анаңыздың аядай кеўлине сизлер қарамасаңыз қалай болғаны?..
Мен ишимнен «дурыс-аў, ананы сыйлаў керек» - дедим…
Апам менен артистлик ҳаққындағы әңгиме усылай басланып, усылай ғана тынып еди. Соннан соң бул ҳаққындағы гүрриң умытыла баслап, арадан еки-үш ай өтип, апам елдиң кек еткен қаңғымай сөзинен де қутылды.
Бирақ мен қосыққа қумарлықтан қанша қутылайын десем де, бул ойымнан арыла алмадым.
Апама көмеклесип, ғаўаша отаққа барсам қурдасларым бас салып: «Адам жоқ ғой, бир-еки аўыз айтып жиберсе» деп қоймады. Көптен бери қосық айта алмай, иш қыста болып жүрген маған да олардың бул сөзи унады. Иштеги дебдиўимди шығарайын дедим де, қосықты бар ықласым менен саз даўысқа салып айта басладым… Бәриниң де тыңлаған сайын тыңлағысы келе берди.
Сонда неге булар мениң артистка болажағыма күледи? Қайта қосық еситип, жаны рәҳәт таппай ма? Неге тәбият берген өнерге қарсы шығады? Мен усыған ҳайранман. Қосықтан гүдер үзейин десем, әзелий ықласым, жүрегим айтқаныма көнбейди. Қосық айтқанымды көпшилик адамлар шеп көрмейди, ал бул жолға түсейин десем, анам зар қағады. Анамның жүрегин ески дәстүр менен өсек, сөз шәрият дегенлер қыйнайды. Усыларды ойласам, ой түбине жете алмай, басым мең-зең болады.
Мине усындай сарсаң кесек еткен ойдың қыспағында жүргенимде, бир күни маған аўылымыздың кишкентай бир баласы жуўырып келип:
— Апа, сени қаладан келген бир киси шақырып атыр, - деди.
— Ким екен? - деппен албырақлап.
— «Төлек Сарыбаев», деп айт деди.
— Ҳимм.
Мениң қолыма услаған шәңгилим жерге түсип кетти. Ар-сар болып, ойланып қалдым. Бир ўақытта суўық демимди ишке тартып, басымды көтерип едим, бала еле аўзыма қарап тур екен.
— Ҳәзир бараман, апама айтпай-ақ қой,- дедим қуўанғанымнан.
— Яқшы, - деп бала жуўырып кетти.
Аўыл кеңестиң кеңсесинде Қоңыраттағы театрдың басшысы Төлек Сарыбаев мени күтип отыр екен.
«Бул кисиден баяғыда-ақ қутылып едим-ғой», дедим ишимнен. Сол гәпти тағы жаңғыртажақ шығар, деп қояман тағы не ислеримди билмей.
— Қарындасым, - деди Төлек аға тикленип қарап. — Бул сапары мен саған Әбдираман Өтеповтың сәлемин алып келдим. Ол кисини билесең. Сендей талай қызлардың бахтына жәрдемлескен адам. Оның үстине Өзбекистанның атақлы шайыры Ҳамза Ҳәкимзада да келип, сениң хабарыңды еситип, мени саған арнаўлы жиберип отыр. Ҳамзадан көп нама, қосық үйренип қалажақпыз. Олардың саған айтқан сәлеми: «бир-еки-үш ай ислесин, соннан соң Төрткүлге оқыўға жиберемиз. Аўылға муғаллим болып келеди. Айымхан балалық қылмасын. Анаў-мынаўдың гәпине ерип ығбалына кес болып, жолдан қалмасын», деди. Ендиги жағын өзиң бил, қарындасым. Егерде сен келиспесең басқа аўылдан-ақ излеймиз-дә, - деп маған алыстан тусаў таслап, ғыжақ берип қойды. Мениң ықласымды билиў ушын салмақты өзиме салды-аў деймен…
Мен ой теңизине мажыра болып қалдым… Бирақ қәпелимде пайда болған бир күш ой думанын серпип таслап, өзимди жаңа бир соқпаққа жетекледи. Бирден сергекленип, басымды көтердим де, алдымда тигилип отырған кисиге қарап:
— Яқшы аға, бирақ сиз кете бериң, мен кейниңизден барайын, – дедим.
— Қарындасым, бул қуры мени шығарып салмақшы гәпиң болмасын! — Төлек аға көз қыйығы менен мениң жанарыма сығалап қарады да «мен ялғаншы болмайын!»-деди.
— Болмайсыз аға… Мен шештим ҳәм бәринен кештим. Бараман, - дедим.
Сол күни мен узақ түн тынышсызланып ой түбине жете алмадым. Азанда апамның қас-қабағын бақтым.
— Апа, мен қаладағы әжапамның үйине қыдырып барып келейин. «Айымхан келип кетсин!», депти, - дедим.
— Барсаң бара ғой! - деди апам. Қыз баланы узақ күн алысқа жибермейтуғын дәстүрди ойлады ма, — тез қайт! - деп нықлап қойды.
Күн уллы сәске ўақыт. Үйден жырылып, зорға шыққан мениң жүрисиме жәрдемлескиси келгендей, «Қанлы көл» жақтан ескен қәўпек самал туў сыртымнан демеп киятыр. «Алға жүр, ығбалың алдыңда» дегендей, артқа қаратпай, абындырып, аяғымды шаққан бастырып, бир тартым орайпегим менен тулымшағым желбиреп ойнап, жағымлы самал бетлеримди анамдай желпип, аймалап сүйип киятыр… Кеўилим қуўанышқа толы…
Ҳақ сапарға шыққанымды қутлықлап турғандай жол бойындағы қамыс, тораңғыллар әлле не деп сыбырласып, жабыла басын ийип, жапырыла сәлем берип, тәжим еткендей сезиледи.
Әтирапқа қарайман көл әтирапы көк-көмбек. Нар қамыслар жасыл ақ терекке уқсаса, көк қоға, жекен қалың майса жоңышқадай толқынланады. Мына бир қарамық «Қанлыкөлдиң» қызларының көзиндей мөлдиреп, солқымланып тур. Әне, бир айдында көл гүллери шешек атыпты. Қуўаныштан мен бир түп қарамыққа бурылып оның бир солқымын қолыма алдым да өзимди лалазар бағда киятырғандай сезип, жән-жаққа ынтығып нәзер саламан.
— Бизиң жеримиз не деген гөззал, деп өзимниң жүрек толқыўымды баса алмай киятырман. Егер артист болсам, бул үлкениң шөп-шарына шекем сахнада жырлар едим-аў, - деп ойлайман.
«Аўа, әжапа, жырла» дегендей усы ўақта тереклерге қонақлаған шымшықлар да шурқ-шурқ етип, ҳаўаз қосқандай көринеди. Мен оларға қарап көз жиберсем қуўаныштан кеўлим тасқынлайды.
Жолым болар, самал да артымнан екен. Усыған кеўилленип, мен енди басқа алағаданы қойдым да, алға қарай шаққан адым атып, кем-кемнен пәт ала бердим.
Сол күни мен Қоңыраттағы апамның үйине қондым да, ертеңине қаладағы клубқа бардым.
Төлек Сарыбаев өз көзине өзи исенбегендей, орнынан ушып турды.
— Айымхан, келдиң бе, шырағым? - деп қайта-қайта сорай береди.
— Аўа, - деп басымды ийзедим.
— Пай, тәўир болған екен. Апаң бара ғой деди ме әйтеўир.
Мен шынымды — апамды алдап, «қыз апам шақыртып атыр екен», деп келгенлигимди ҳәм ендигиден былай театрда ислеўге бел байлағанымды айттым.
— Дурыс ислепсең, - деди ол мениң бул тәсилимди унатқандай. — Өмир ушын, өзиңниң келешегиң ҳәм бахытың ушын усылай гүрескениң дурыс, - деди Төлек аға да ықласланып.
Сол күни-ақ мени театр артистлери қоршап алды. Меннен бурын ислеп атырған Мәрьям Сабирова, Тәрбия Жолымбетова ҳәм басқалар бирден қатарына қосып алды. Олар да маған бир көриўден унап қалды. Олар маған таза қосықлар үйрете баслады. Ҳәр күнимиз қосық пенен басланды, қосық пенен питеди. «Қосық пенен жасайтуғын болдық» деп мен қуўанаман.
Бир-еки күн өткеннен кейин-ақ апам базаршылардың «Айымхан иркилмей үйге қайтсын», деп айтып жиберипти. Бирақ, мен қайтпадым. Пьеса таярлап атырғанлар менен бирге қосық үйрене бердим. Апам қайтыўшы-айтыўшыдан театрда ислеп атырғанымды еситип, қатты қыйналыпты.
Ол ўақытлары көп таярланып жүре бериўге ҳәзиргидей ўақыт қайда. Онлаған күн өткен соң-ақ басқа артистлер менен бирге ойын көрсетиўге колхозға, анығырағы, өзимниң ең биринши «гастролыма» шықтым. Сол күни апам урысып жигит ағамды изимнен жиберипти. Әмет изимнен излеп келип, номеримди айтып шығыўға да қаратпастан изине ертти. Қоңыратқа қайттық. Жол бойы әжағам «оқыйтуғын болсаң ғана ертең Төрткүлге жиберемен, болмаса, үйден шығармайман» деп ескертти. Мен қуўанғанымнан «аўа, оқыйман», дедим даўысымның қаттырақ шыққанын да билмей.
Оқыўшылар алып қайтыўға Төрткүлден Айжамал деген ҳаял келген екен. Сол ҳаял Ҳаят Амирова, Мариям Аманқосова, Қалжан Муханова ҳәм мени Төрткүлге 11 күнде гә кеме, гә арба менен зордан дегенде жеткерди…
1932-жылдың сентябри. Мени: «еле жас, бул оқыў орнына болмайды», деп қабыл етпеди. Енди не қыламан? Басқа оқыўға да алмайды. Ағам усы мектепке дизимге киргизип жибертип еди. Биреўлер: «Усы мектептиң оқыў бөлиминиң баслығы Қәдирова деген бир қыз бар, соған жолық», деди. Дәрриў бардым, барасала жылап жибериппен. Жағдайларымды тыңлаған соң ол қыз мени аяды да, күш пенен оқыўға алдырды. Оқыўға орналасып алғаннан кейин бул мектептеги ҳәўескерлер дөгерегине де ағза болып алдым, қосық айттым. Ҳә демей-ақ, мектепте «қосықшы қыз» атанып кеттим. Бирақ еси-дәртим артистка болыў. Қурдасларым: «театр деген болады екен, соған барайық» деп салды. Маған не турыс, дәрриў жүриң, дедим. Барсақ сахнада сары сынлы кишкенелеў бир қыз орта бойлы, көзи адырайған киси менен қарақалпақша айтыс айтып атыр екен. Қасымдағы отырған қурдасымнан ким деп сорасам, ол: «бул Әбдираман Өтепов, анаў ҳаялы», деди. Атын сыртынан еситип жүрген адамның ойынын көрген ўақытлары мениң театрға деген умтылыўым қайтадан күшейгендей болды…
Көп узамай, бизиң ҳәўескерлер дөгереги ағзаларының ойынын көриўге Әбдираман аға келди. Концертти қойып бердик. Мен «Арыўхан», «Бозатаў» қосықларын айтып бердим. Буннан кейин сахнаға Әбдираман аға шығып, ҳаялы менен айтыс намасына «Турғыл, қарындасым» деген қосықты айтып берди.
«Турғыл, қарындасым, жатпаң муңайып,
Барсаң жарық жолға алып барайын»,
деген қатарларды Әбдираман аға айтқан ўақытлары ол усы сөзлерди тиккелей маған арнап айтып турғандай сезилди. Жүреклерим алып ушып: «ырастан-ақ мени шақырып тур ма?», деп те ойланаман.
Әбдираман аға айтысты атқарып болғаннан соң бизлердиң концертимизди де бираз мақтады. Ең кейнинде, мениң аты-жөнимди сорап алып, «сен бизиң театрымызға жумысқа кел, хош ҳаўаз екенсең, бизлерге өзиңдей қызлар керек. Дуўтар шертиўди де үйрен», деди бирден. Мен оған бирден келисим берейин десем, апамнан, әжағамнан қорқаман, оларға: «Муғаллим болыўдың оқыўына бараман» деп айтқанман ғой.
Бурнағы жылы Қоңыраттың театрына жибермей қойғанда, соңынан оған апамды алдап қашып барғанымда, әжағам ойын қойып жүрген жеримнен үйге алып келген күни, урысыўдың орнына:
— Айымхан, ақылымды тыңла: Мен сениң қосық айтқаныңды сирә дә жаман көрмеймен. Әкең пақыр да бақсылықтан күн көрисин жөнлей алмады. Ал, оның үстине, қызлардың қосық айтыўы ҳәзир кимге керек. Ең аржағы Бердақ бақсының қызы Ҳүрлиманның да сазенделиктиң салдарынан ел-журтынан ажырап қалғанын ҳәзир ҳәмме айтысады ғой. Сен сол Ҳүрлиманнан артық емессең, ҳәтте оның менен теңлескендей, сениң дуўтарың да жоқ. Қосық-қосық, деп сени сол Ҳүрлимандай етип журтқа таслап, аўылласларымның сеннен қашыўын көрип отыра алмаспан, ендиги жағында күтә оқығың келип баратырса муғаллим бол, - деп айтқаны көз алдымда елеслейди.
Бирақ, өзим даўрығын сырттан еситип жүрген Ҳамза Ҳәкимзада Ниязий менен досласқан, Қарақалпақстандағы ең биринши театр — «Таң нуры» труппасын шөлкемлестирген драматург, режиссер, атақлы артист Әбдираман аға Өтеповтың бул шақырығына «яқ» десем, соңынан ол бир ашыўлана қойса, жалынғаның менен театрға жақынлай алмаўым да мүмкин ғой, деген ойлардан да қорқаман.
Ақыры бәрин умыттым да, көз жумып Әбдираман ағаның театрында ислеўге келисим бердим. Бул 1933-жылы еди. Сол ўақытта «Таң нуры» аты сапластырылып, ол Билимлендириў халық комиссариаты жанынан ашылған республика театры болып қәлиплести. Театр болыўына байланыслы ҳәм қәнигелердиң азлығы есапқа алынып, сол жылы үш айлық театр курсы ашылды, усы курста мени де оқытты. Мениң менен бирге Тахтакөпирден Төрткүлге тракторшылық оқыўына келген Зарипов, Жәмеков, Ерназаров ҳәм басқалар оқыды. Соңынан сорастырып қарасақ, мен өзимнен баслап (мен болсам жылап жүрип, қәтере менен зорға оқыўға алдырған оқыўды таслап) басқаларымыз да оқыймыз, деп келген мектеплеримизди қойып, театр турмысына араласып кетиппиз.
Мен театрға жумысқа кирген 1933-жылы бираз қытгершилик болды. Жумысқа кирген соң жатақханадан шығып, Қалжан деген қурдасым менен театрдың бир бөлмесинде жаттық. Қолымыз босай ғойса болды, театрдағы кийимлерди кийип алып, Қалжан екеўимиз алдағы болатуғын роллеримизге таярланамыз.
Театрда ол жыллары ҳаял-қызлар аз болғаны себепли, айырым ўақытлары Әбдираман ағаның өзи-ақ ҳаял образын атқара береди. Бир күни ол маған: «ҳаял ролинде ойнап шығасаң» деди. Мен онда 15-16 жастаман, еле турмысқа шығыўды да ойлап көрген емеспен. Ҳаял ролин ойнағым келмеди. Айтайын десем, устаздың гәпин қайтарыўдан қорқаман. Илаж бар ма, меннен басқа қолай ҳеш ким болмады. Сөйтип, «Бояўшы ўәкил» пьесасындағы ҳаял образында сахнаға шықтым. Сол ўақытта оның ҳаялы болып сахнада турғанда қаҳарманның бир сөзин де айтпадым. Себеби, маған ҳаял ролин бергенине қасарысып, ҳәкислик еттим…
Ертеңине «уялған тек турмас» дегендей, Билимлендириў халық комиссариатына барып: «Мен ҳаял ролинде ойнамайман, оннан да мени театрдан шығарың», деп арза бердим. Әбдираман аға да келди. Мен оны урысар деп қатты қорыққан едим. Ол қайтама күле шырай менен: «қыздың ролин ким болса сол ойнайды, ал ҳаялдың, кемпирдиң ролин ойнаған адам нағыз артист» деди. Басқа кейиснама сөз айтпады.
Мен өзимниң сахнадағы қасарысқанымның орынсызлығын түсинип ҳәм Әбдираман ағаның маған бақырыў орнына айтқан мына сөзинен қысынып, арзамды қайтарып алдым…
Енди Әбдираман ағаның «900 грамм» пьесасын сахнаға таярлай басладық. Пьесада Ажар ролинде мен, мениң күйеўим болып Әбдираман ағаның өзи ойнады. Ўақыя мынадай: Дара хожалықтан ҳайярлық ҳәм жалқаўлық пенен жумысқа шықпаған адамға жылдың соңында оның мийнет күнине бары-жоғы 900 грамм дән шығады. Ҳайяр-жалқаў адам басқалардың мийнет ҳақысына қап-қап дән алып отырғанын көрип, ол да ҳаялын ертип, арба менен дән бөлистирип атырған жерге келеди.
Мийнет ҳақымызды алып қайтайық, деп ҳаялына бадабатты урып, арбаға қапларды салып, қатыны менен складшыға барып, қабын тутып турса, 900 грамм дән салып береди. Басқа жақсы ислеген адамлар 100-200 килограммлап алып атады. Ал бул жалқаў маңлайына урып, зар жылап ҳаялы менен үйине қайтады.
Әбдираман ағаның режиссерлығын айтқанда, Төрткүлде пьеса қойған ўақтымызда еки арыс соқтырып, дигиршик салдырып, арысына өзи кирип, көлик болып, «қатын, ийтер артынан, 900 грамм деген арбаға сыймай кетеди. Сен неге аңқайып отырсаң, атаңа нәлет», деп кейнинде киятырған мени қолындағы шыбығы менен урып-урып жибереди. Тағы арбаның арысына барып турады. Усының бәрин өзи режиссерлық етип көрсетеди ҳәм рольди ойнайды. Устаз жақын жылларға дейин килоны, граммды билмей жүрген дийқанлардың образын сондай исенимли бере билди. Өзи бир ҳаялдың ролинде қалай ойнағанын да көрсетип берди.
Қатын (кемпир) қолында қатық қуйған аўыз қабағы менен киятырғанда, аяғы тайып жығылып, қатығы төгилип қалады. Сол қатынның қатығы төгилген ўақыттағы образын ҳайран қалғандай қылып көрсетти. Ҳаялдың қатығы жерге төгилип атыр. Тағы сол жерге төгилген қатықты жалап атыр. Неге жердеги қатықты жалады, деп саўал берсек:
«Төгилгеннен жалап қал» деп ата-бабамыз айтқандай, ол қатықтың обалы бар және өзимниң затым болған соң жаным ашып тур. Жалағанымды билмей қалдым» дейди ҳаял.
Аўыз қабақтың сынығын алып қолы менен жалағанымның себеби, ағарғанды қорламаң, деп жуўап береди. Ырасында да, «Асты қорлама қустырады», деген ата-бабаларымыздың бул даналық сөзи бурынғы ўақытқа да, ҳәзирги ўақытқа да тийисли. Әбдираман аға сондай ойшаң, ақыллы, турмыс пенен тереңнен таныс, көрген-билгенин образға түсирип, ақыл менен ислейтуғын шебер режиссер еди. Бул жыллары елде халықтың арасынан Аяпберген Муўсаев, Сейфулғабит Мәжитов, Қасым Әўезов, Әбдираман Өтепов усаған жазыўшы-шайырлар ҳәм көрнекли адамлар өсип шыға баслады. Олар өз шығармаларында қараңғы заманның пердесин жыртып, турмыстағы пейли жаман адамларды аяўсыз әшкаралады.
Мине, усы ўақытларда Аяпберген ағалар халықтың шын жүректен сүйетуғын жулдызлары еди. Аяпберген аға батрақлар менен белсендилер, аты шыққан батырлар менен дос болып, солардың жәрдеми менен аўылларға барып, қысса оқып, жасырын түрде, елеўсиз болып күн көрер еди. Ал, Әбдираман аға болса, сондай жат-жамайларды ушырасқан жеринде өткир тил менен әшкара етип жазды. Театр қурыўға, пьесалар жазыўға, қосық айтыўға, нама шығарыўға талпынып, тынбай хызмет иследи. Талантлы актер, режиссер Әбдираман аға атақлы жазыўшы-шайырлар, басшылардан Қасым аға Әўезов, С.Мажитов, Көптилеў Нурмухаммедовлар менен мәкеме басшыларын, баспахананың белсенди жигитлерин дөгерек ағзасы етип алып, дос болып, солардың жәрдеми менен ислеўине мүмкиншилик алды. Болмаса, сол ўақыттағы баспашылар халқымыздың сүйикли перзентлериниң бири Әбдираман ағаларды биринши ретте-ақ өлтириўди мақсет еткен. Мен Әбдираман аға менен районларда, узақ жерлерде гастроллерде болмадым. Бирақ, Төрткүлдиң дөгерегинде, аўылларда, колхозларда, Шораханда, Шаббаз қаласында, Сарыбийде ойын қойыўға бардым. Жүклеримизди ат арбаға тийеп, өзлеримиз пияда жүрер едик. Әбдираман аға ат я машина менен бизлерден бурын жүретуғын еди. Сөйтип, биз артистлерге үй, чайхана, жатақхана таўып, ҳәтте қазан астырып қояды. Ойын қойып болғаннан кейин, қызларды бир жайда жатқарып, аўзында қараўыл етип адам қояды ҳәм өзи хабардар болып жүреди.
Әбдираман аға әкемиздей ғамхоршымыз, устазымыз, ақылгөйимиз еди, мен оны ҳеш ўақытта умыта алмайман.
Сол театрға жумысқа өткен дәслепки жылы-ақ мен артистлер менен жақсы қатнаста болдым. Күнлеримиз кеўилли өте берди. Азлап жумысқа үйренип, аўқатымыздан аўысқан тийин-тебенди түйип, енди оны аўылдағы апама, әжағам Әметке апарып берип, басқа аўылласларымның күн көрислери қандай екенин билгим келди. Усы пикиримди Әбдираман ағаға айтып едим, түсинетуғын адамды қоя бер сирә, ол қарсылық билдирмеди. «Апаңды көрип қайт, қандай жумыс ислеп атырғаныңды да жасырмай түсиндирип айт, бирақ жол бойы сақ бол», деп көп кеңес берди. Соннан Төрткүлден жүк машинасына минип, үстиме гөне, жыртық кийимлерди кийип, бет-аўзыма күйе жағып, дийўанадай болып аўылға киятырман. Жолдың еки әтирапы гейде қалың дүт тораңғыл, ал Қаратаўға өрмелеп, ийретилген жол менен Урысайға шамаласқанда, ишимнен қорқып отырдым. Машинада меннен басқа да онлаған адам бар еди. Бирақ биреўге «иллә» деп аўыз ашқаным жоқ. Оларға карап мен бир нәрсе айтпасам, сол киятырғанымда сыртқы көринисим албаслыдай болған маған «аманбысаң?», деген адам болған жоқ.
Жол узақ, машина деген аты болмаса, дырылдап ҳәр жерде бир тоқтайды, гә суў қуяды, гә моторы қызады. Ойланаман.
Әбдираман ағаның ақылы бойынша алба-жулба болып киятырғаныма гә қуўанаман, гә ашыўым да келеди. Қуўанышым — ҳеш көзге илинбей, аман киятырғаным. Ашыўланатуғыным — усынша жолдас болып киятырған адамлардың ҳеш биреўиниң мени адам ғурлы көзге илмегени…
Усындай қорқынышлы ой-қыял ҳәм қыйыншылықлар менен Қоңыратқа жеттим. Әжағам Әметтиң үйленип, хожалық болғанын, оннан кейин уллы болғанда ағайин-туўысқанлардың басын қосып, апам той бергенин - бәрин де билемен. Олар маған хабар да жиберген. Мен болсам үйден баяғы «оқыў», деп шығып кеткеннен киятырғаным усы. Үйге жеткенше жүрегим алып ушып, қуўанышта келген кеўилим паш болды. Мениң оқыў деп питкерген аты белгили оқыўым жоқ, ислеп атырған жумысым да аўылдағылардың ҳеш биреўине унамады.
Бул жүрисимди апам да, аўылдағы басқа жақын-жуўықларымызда жақтырмады. Гейбир өсекшил жеңгелерим анамның қулағына сыбырлап, мени апамнан, апамды меннен бездирерлик дәрежеге әкелипти.
— Төрткүлиңди де, артистлигиңди де, керек десең оқыўыңды да қысқарт. Мениң гәпим усы. Усыған келисип «аўа» десең, үйде боласаң, «яқ» десең, мениң сендей перзентим жоқ, төрт жағың қубла, ҳайт қойып жүребер, - деди апам. Узақтан излеп келип туўған анаңнан усындай сөзди еситиў қандай қыйын дейсең! Арашаға түсип, ақыл айтар әжағам Әмет болса Хожелиге бир жумыс пенен кетипти.
Апамды да аяйман. Өзимниң Төрткүлдеги театрдан қол үзгим келмейди, Әбдираман ағаға «келемен» деп исендирип айтып кеткенимди қәйтейин. Ҳәссений, усы жерде Әбдираман ағаның өзи болар ма еди?! Сизлердиң барлығыңызды да өз айтқанына көндирип алар еди-аў, деп гижинген сайын, көзиме жас тола береди…
Қалайынша өзимнен-өзим күш-ғайратқа мингенимди билмеймен. Бир ўақытлары Әбдираман ағаның пьесадағы сөйлегениндей етип:
— Апа, мен әжағамның изинен Хожелиге барайын, ҳалынан хабар алайын,- дедим.
Күни менен көпшиликтиң алдында маған қаншама урысып, «айтқанымды тыңламасаң кете бер, сендей перзентим жоқ», деп отырған анам бирден өзгерип қоя берди. Әй, қәсийетли марҳум анам! Қоя Бер, сирә, бул ананы! Мени қаншама аяп, урысқанына қыйналып, ақылым лал болып, не ислеў кереклигин апамның өзи де билмей турғанын оның мүлайым, меҳрибан көзлеринен сезгендей болдым.
— Аўа, әжағаңа бар, оның аўҳалынан хабар алып қайта ғой, айым, - деди апам.
Мениң сондағы мол жол жүрип, сағынып келген аўылымда апамнан еситкеним тек еки аўыз сөз еди. Усыған да қуўанаман. Аз да болса, мениң әжағамның изинен излеп барыўымды апам шеп көрмей, бираз «иши жылыпты».
Ол ўақытта ҳәзиргидей автобус, асфальт жол қайда? Әйтеўир дус келген транспорттың түрине қайыл болып жүрип кете бересең. Алдым кеш, ертең жүрейин деп те ойлайман. Жол азығымыз — нан, сөк, жийде. Кешқурын кимниң үйине қонамыз, деп те ойламайды екенбиз. Әйтеўир оның бәрин дизе берип не қылайын. Хожелиге келип, Қазақбай дегенниң жайынан әжағамды излеп таптым. Оны көрип, жылап қоя бериппен…
— Айымхан, жылама, мениң ҳеш айыбым жоқ екен, жазасын алатуғын бир адамларға уқсатқан, ертең соның жаза алғанын көрип қайтаман,- деди.
Мениң қуўанғаным соншелли, апамның маған урысқанын да айтқаным жоқ, өзимниң артист болып ислеп атырғанымды да билдирмедим.
Аўылдың усындай узақ сергелдеңинен Төрткүлге қайтып келсем, Әбдираман аға қамалып қалыпты. Тас төбемнен муздай суў қуйылғандай болды. Ҳаў, қамап таслағандай Әбдираман ағаның не гүнасы болды екен? Усыны ойлап, сол күни қалай уйқылап, қалай турғанымды да билмеймен.
Бул былай болған екен. 1934-жылдың өзи қытшылық еди. Театр артистлери ўақтында айлық ала алмаған. Ал Әбдираман аға болса театрға тийисли бир қатар ҳасыл затларды дүканға өткерип, оның пулын артистлерге айлық етип берген. Оны биреўлер материал етип, үстинен ис қозғаған екен. Бирақ арадан көп ўақыт өтпей-ақ Әбдираман аға айыпсыз болып, ақланып шықты. Солай болса да, аз күн қамаўда болғаны Әбдираман ағаны күтә шаршатқаны сезилер еди. Бул ўақыя оған қатты тәсир етти, қыйналғанын сездирмесе де бурынғыдай иске интасы болмады, күлиўлериниң де мәниси жоқтай еди.
Гүнасыз деп ақланып шыққаннан соң театрда оның бурынғыдай кеўилли кейпин көре алмадым. Әллеқандай дәртке дуўшакер болғандай, бирден болдырып қалды. Сол жылдың ақырында Әбдираман ағаның театрдан жумыстан шығып, Қоңыратқа көшип кеткенине көп қапаландым. Бирақ, мениң қолымнан келер ҳеш нәрсе жоқ, жаным ашығанынан не пайда?
Әбдираман аға жумыстан шығып, Қоңыратқа барғаннан соң көп узамай 1934-жылы қайтыс болғанын мен кейинирек еситтим. Бул мениң ушын үлкен жоғалтыў болды. Себеби, оның мени үйретип, ғамқорлық етип: «еле үлкен артистка боласаң», деп маңлайымнан сыйпағанын, әкелик ғамхорлық көрсеткенин ҳеш умыта алмайман.
Мен усы күнге шекем Әбдираман ағаның руўхы алдында бас ийемен. Оның театрдағы таланты, шөлкемлестириўшилик уқыбы, ҳақ кеўиллиги, барлық ўақытта әдил болыўы, маған усаған жасларға ақылын айтып дурыс тәрбия бериўи ҳәм дурыс жолдан жүриўге үйретиўи мениң пүткил өмириме сабақ болды. Мен соның ушын да Әбдираман ағаны өзимниң биринши устазым деп ҳәзир де мақтаныш етким келеди.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish