Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet5/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

4. МОСКВА. 1936-ЖЫЛ, МАЙ!
Дәслепки бес жыллық жоба барлық тараўлар бойынша табыслы орынланды. Қарақалпақстанның да ҳәр тәреплеме раўажланыўына дәслепки бес жыллықта үлкен тийкар салынды. Жаңадан мектеп, мәкеме, район қурылыслары қолға алынды. Аўыл хожалығы ҳәм санаатта стахановшылар ҳәрекети ен жайдырылды.
1936-жылдың басында Төрткүлде стахановшы қурылысшылардың Қарақалпақстан бойынша слеты өтти. Мен бир топар артистлер менен усы слет қатнасыўшыларына келип, концерт қойыўға қатнастым. Сонда слеттағы сөз болған әңгимелерден қулағыма қалғанлары: Қарақалпақстанның санаат кәрханаларында ислеп атырған рабочийларды қәнигелик ийелеўге Москва, Ташкент, Ленинград қалаларының атақлы рабочийлары келип үйретип атыр екен. Сол себепли Қарақалпақстан ҳә демей-ақ биринши бес жыллық жобаны орынлапты. Тек 1935-жылдың өзинде Москваның 15 заводында Қарақалпақстаннан 52 адам оқып, үйренип келипти. Олардың арасында Ю.Дәўлетов, Б.Жуманазаров, Т.Амантаев, Г.Ниетуллаев, Ю.Пахратдинов ҳәм басқалар болғанын адамлар айтысып отырды.
Слетқа жүзден аслам стахановшылар келипти. Бизлер оларға арнап концерт көрсеттик. Ал қурылысшылар болса «Жайларды тез ҳәм сапалы қурыўға руўхландырып жибердиңизлер», деп бизлерге көп алғыс айтты.
Екинши бес жыллықтың басланып атырған ўақты. Ара-тура бизлерди де жыйналысқа шақырып, онда Қарақалпақстанның аўыл хожалығын, шарўашылығын раўажландырыў туўралы, ҳаял-қызлардың да үйде қарап отырмастан, жәмийетлик жумысларға араласыўы керек екени ҳаққында айтып туратуғын еди. Жумыс көбейип атыр. Қаламыз Төрткүл ҳәм басқа да районларда колхозлар, мектеплер көбейген. Ел тынышлық. Халықтың күн-көриси, үй-рузгершилиги жақсылана баслаўы себепли олар қуўанышлы. Аўылларда биреўдиң фатефоны бар екенин есите қойса, адамлардың ҳәр күни соның есигиниң алдына келип: «патефоныңды тыңлайық, еситейик» деп үймелесип турғанын көресең. Ол ўақыттағы аўызбиршиликти көрип, енди ойлансам, халқымыз әззелий күтә ойын-заўықшыл болған екен-аў деп, таңланаман. Бизиң театрымыз жаңа талантлы артистлер менен толықты ҳәм және де беккемленди. Сол 1936-жылдың басларында театрға Ибат Бекбаўлиев директор болып келди. Мен өзим менен бирге ислеп атырған Қалжан, Лалахан, Анабийке, Тохта, Тәрбия, Яқыт, Айсәнем бәримиз Ташкенттен келген артистлерди қуўана-қуўана күтип алдық. Аўа, ҳүкимет Қарақалпақстанға усаған шетки үлкелердиң миллий мәдениятын раўажландырыўға айырықша кеўил бөлип, ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетти. Буның айқын бир мысалы ретинде қарақалпақ бақсылары ҳәм артистлериниң намаларын, қосықларын пластинкаға жазып алыў ушын бизлерди Москваға жибериўге таярлағанын көрсетким келеди.
Москваға барыўдан бурын бир ай даўамында айтатуғын қосықларымызды ядлап, қайта-қайта тәкирарлап қоямыз. Жапақ Шамуратов, Ещан Қосполатов, Ибрайым Патуллаев, Айтжан Хожалепесов, Юлдаш Бекбергенов, Қойлы Ахметов ҳәм мен Москваға баратуғын болдық. Бизлерди сол ўақыттағы биринши секретарь жолдас Әлиев кабинетине шақырып алып, үлкен исеним менен жиберип атырғанын ҳәм ҳәр биримиздиң өзимизге тапсырылған қосық-намаларымызды бар шеберлигимиз бенен атқарыўымызға табыслар тиледи.
Бул қуўанышлы хабарды анама айтып бердим. «Аўылдағылардан еситип атырмыз», деди апам маған. Және де: «Мәскеў деген жерде адасып кетпейсең бе, қалай барасаң», дейди уўайымлап. Мен бизлерди Москваға алып баратуғын дилмаш Иван Майоров пенен искусство бөлими начальниги Төреев бар екенин айтып бердим. Олар бизлерди адастырмайды, дедим.
Аўылдағы өзим билетуғын бурыннан таныс жигит ҳәм қызларға Москваға барайын деп атырман, деп еринбей бирим-бирим айтып шықтым. Олар не десин, қуўанысып атыр. Аўылымдағы қурдасларым мен кетиўден-ақ маған арнап қосық шығарыпты. Оны өзим қайтып келгеннен кейин бир қурдасымнан еситип, елеге шекем ядымнан шығара алмай жүрмен. Ол:
Аспанда самолет пар-пар етеди,
Ишинде Айымхан шағлап барады.
Шағлай Бер, Айымхан, дәўран сеники,
Мәскеўден биринши орден аласаң! - деген қосық қатарларынан ибарат еди.
Ким жазғанын қәйдем, әйтеўир, соңынан ойлап отырсам, искусствоға араласқан Қарақалпақстан ҳаял-қызларынан Москваға биринши болып барып қайтқан, биринши болып Ҳүрмет грамотасы менен орден алған ҳәм атаққа ийе болған мен екенмен. Әйтеўир сол қосық кең таралып, Москваға барып қайтқан сапары жолым болып, бахытқа бөлендим.
Бизлер Москваға қарай жолға шыққанда апрель айы — аўылда ашық-жарық, күн жылып, пахта, жазлық бийдай егиси ҳәўиж алған ўақыт еди. Ал Москвада болса еле қар ерип, тон жибиспеген екен. Бирақ ертеңине-ақ қуяш жарқырап, қатып қалған қарлар ерип, жазға усап кетти Москвамыз.
Ертектей, дәстан тыңлағандай болып, атын еситип жүрген ҳәм жүрегине нур қуйылғандай қуўаныш бағышлайтуғын қалада болыў қандай қуўаныш, не деген бахыт! Өз көзиме өзим исенбей, таңланып қарай беремен. Әйтеўир, көпке қосылып, ерип жүргеним болмаса, қай жер, қандай естелик — оған түсинбеймен. Бәри сүўрет, сүўреттегидей-аў!..
Бир неше күн қатнап, мениң пластинкаға жаздырған қосықларым: «Бозатаў», «Шымбай қаласы», «Гүресте», «Инсанның жаслары», «Ақ назлы яр». Бизлер Москваның көшелерин тамашалап жүрмиз десек, адамлар бизди тамашалап, изимизге ерип жүреди екен…
Ол ўақытта бәримиз де қарақалпақша кийинип алғанбыз. Мен шашымды майдалап өрип, тақыя кийип, ҳәйкел, өңир моншақ тағынып жүрдим. Шыңғырлысы бир шақырым жерден еситиледи, десем лап болмайды.
Жигитлердиң мөрели шапаны, жалтырақ шөгирмелери селкилдеп, жүрип баратырған ўақытта Москва халқының бәри изимизде десем исене бериң. Бирақ жүриўге жол бермейди, көп адамлар бизлерди сүўретке түсирип атыр. Дүканға барсақ, гезекте турғызбайды. Дәрриў керек нәрселеримизди берип жибереди, бизлерге қызыға қарап, келген жеримизди, кәсибимизди сорайды.
Москваға апрельдиң 20 сында бардық. Биринши майда парадтан өттик. Ҳүкимет басшыларын көрдик. Сөйтип, парадта биринши рет гүллән байрам руўхындағы қаланы көрдим. Мен буны өмиримде ең бахытлы күнлеримниң бири, деп билемен.
Пластинка ушын қосықларымызды жазып алып болғаннан кейин, радио арқалы концерт бериўге мирәт етти. Мен пүткил союзлық радиодан «Бозатаў» ҳәм басқа бир қатар қосықларды айттым. Мениң даўысым, қосық айтыў шеберлигим бул жердеги жолдасларға да унаған босла керек, бәри де қасыма келип, рахмет айтып атыр.
Сол күнлери қазақ халық қосықларынан 200 нама жыйнап ҳәм оларды нотаға түсирип, жазып алған Затеевич Москвада екен. Ол мени излеп келип, көп жақсы сөзлер, тилеклер айтты. Пианиноға қосып, қосық айттырып көрди. Ол да оқыўға мирәт етти, көп кеңес берди.
Сол ўақытта мениң болажақ өмирлик жолдасым Әмет Шамуратов Москвада рабфакты питкерип, аўылға қайтайын деп жүр екен. Мен оның бир қосығын «Шымбай намасы»на айтып, пластинкаға жаздырған едим. Сол себеп болды ма ямаса мени унатып қалды ма, әйтеўир екеўимиз таныстық, сырластық. Оған мен оқыў жөнин айтып едим, Әмет: «мен де оқыўым керек, мүмкин екеўимиз бирге келермиз», деди. Бирақ ол жумысқа өтип кетип, оқыўын даўам еттире алмады. Сол себепли мен де оқыўға бара алмадым. Сол жылы екеўмиз турмыс қурдық. Солай етип, 1936-жыл мениң өмиримдеги бахытлы жыл болды. Москваны көрдим, муҳаббатымды таптым, оған да Москва себеп болды ғой…
Бирақ турмыс қурыўдан көре бирге жасаў әдеўир қыйын екен. Екеўмиздиң де әменгеримиз болмаған себепли бизиң жатақханадан бир бөлме сорап алып жасаўымызға туўра келди. «Бар ҳал, жоқ жағдай», дегендей ҳәрне барымыз бенен оңыстық. Жеке турмыстан көре, жумыста көзге көриниўге ғайрат салдық.
Бир күнлери Төрткүлге Юлдаш Ахунбабаев келди. Жүзи сүйкимли, ысық, ашық кеўилли, ақыллы адам. Мен оны бирден таный қойдым. Ақсақалдың ҳүрметине клубта концерт бердик. Оннан кейин дачада зияпат болды. Соған Жапақ аға мени, Тохтаны барады, деди. Бардық, бир-еки қосық айтып болып, тез қайттым. Келсем, мени Әмет жайына киргизбейди. «Маған бундай өз аўанына жүретуғын ҳаял керек емес» - дейди. Оған не дерсең? «Исенгеним сен болсаң, айтар сөзиң анаў», деп қатты қапаланып турғанымда Жапақ аға келип, бизлерге тәўеллеши болды. Соңынан жарастық-аў. Оннан кейин биз концертке Жапақ аға, Әмет бәримиз баратуғын болдық.
Тағы бир қуўанышлы ўақыя 1936-жылы гүзде аўыл хожалық хызметкерлеринен ҳәм республика басшыларынан ўәкиллер топлап, артистлерден мени, жазыўшылардан Асан ағаны топарға қосып, Ташкент, Ферғана, Наманган ўәлаятларына дослық күнлерине жиберди. Көп аўылларда, кәрханаларда, мәденият сарайларында болдық. Асан аға қосық оқыйды, мен қосық айтаман, барған жеримиз байрам болады.
1937-жылы Ташкентте үлкен олимпиада болды. Соған қолымда жас бала менен мен де қатнастым. Оның үстине сол жыллары халықта ысытпа наўқасы кең таралып атыр еди. Өзимниң де ден саўлығым жақсы емес. Ташкентте музыкантым Исмайыл Қыдыров болды. Мен «Арыўхан», «Шымбай» намаларын айтып шықтым. Ташкентке кеткен ўақытымда мениң орныма «Бағдагүл» ролине Тохта Рахманова таярланыпты. Соннан кейин ол рольде екеўимиз ойнай бердик. Оның изинен «Көклен батыр» пьесасында Айпараның, «Тазагүл» пьесасында Тазагүлдиң ролин ойнадым. Тохтаның ҳаўазы сахнаға күтә жарасатуғын еди. Ол қарақалпақ намаларын толық үйренип, жағымлы айтатуғын еди. Талантлы артисткамыздың ден саўлығы төменлеп, тез сахнадан шығып қалғанлығы өкинишли.
1938-жылы «Бағдагүл», «Гүлсара», «Ләйли-Мәжнүн», «Көклен батыр», «Шалеке бай», «Қорлықтан азат», «Аршын мал-алан», «Зәўреш», «Ғәрип ашық»пьесаларын қойып, театр әдеўир айтарлықтай көзге көрине баслады. Бирақ «Ғәрип ашық» таярланып атырғанда, театрымыздың баслығы И.Бекбаўлиев ҳәм пьесаны сахналастырыўшы бас режиссер Қабуловлардың тез-тез жумыс өзгертиўлери бизлердиң жумысымызға тиккелей тәсир жасады. Буннан кейин тағы театр жәмәәти тумлы-тусқа тарап, жумыс төменлей баслады. Ташкенттен келген артистлер Шәкиров, Қасымов, Назаров, Ходжаев, Туманянлар қайтып кетти. Бул адамлар рольди ойнап, Туманян ҳәм Исрайловлар музыкалық басшылық етип, музыкалы пьесалар ҳәм драмалар көрсетиўде бурылыс жасалған еди…
Бирақ олар кеткенен кейин Ташкенттен және де сол жылы Жабад Абидов деген үлкен режиссер шаңарағы менен келип, «Алпамыс» пьесасын көрсетиўге киристи. Оның ҳаялы Тамара болса, белгили балетмейстер екен. Және бираздан кейин театрымыз декадаға баратуғын болып, Москвадан Шафранников деген музыкант келип, «Алпамыс» пьесасына музыка жазыўға киристи. Пьесаны институттың муғаллими Нәжим Дәўқараев жазған. Ол актерлар менен бирге жақсы ислести. Мениң өмирлик жолдасым жас жазыўшы Әмет Шамуратов ол жыллары Билимлендириў халық комиссариатында ислейтуғын еди, ол да кеңес берип турды. Неге десең, сол жыллары белсендилер бир жерге бас қосып, әдебиятты, мәдениятты раўажландырыў, жас кадрларды тәрбиялаў бойынша тез-тез пикир алысатуғын еди. Жергиликли кадрлар өсип жетилискени ушын, көп узамай Жабад Абидов та, Шафранников та қайтып кетти.
Бирақ, сол жылдың ақырына таман Москвадағы театр институтында оқып атырған қарақалпақстанлы искусство қарлығашларынан бир топары питкерип келди. Сөйтип, театрымыз тағы да қайтадан алға өрлеп, ҳәўиж алды. Бир қатар жаңа пьесалар менен таярланып келген бул жас питкериўшилерди олардың муғаллими, халық артисткасы Ольга Пыжова ҳәм оның жолдасы басқарып келди. Олар әсиресе, «Жарлылық айып емес», «Биринши атлы», «Скафенниң ҳийлеси» пьесаларын көрсетип, үлкен табысқа ийе болды. Бул пьесаларды қойған бизиң дәслепки Москвада оқып келгенлер: Айманов, Мамутов, Хожаниязов, Өтепбергенов, Мәтжанов, Зарекеев, Аралбаев, Алланазаров, Сапаров, Шарипов, Алламуратов, Юсупов, Қарабаева жолдаслар еди. Мен олар менен сол ўақытлардан бери бирге ислесип, қарақалпақстан искусство өнерин раўажландырыўдай аўыр жүкти теңдей бирге көтерисип киятырмыз.
1939-жылы бәҳәрде Москвада артистлердиң пүткилсоюзлық олимпиадасы болатуғын болды. Соған мени қарақалпақ артистлериниң атынан қатнасыўға шақырды. Еки жасқа шықпаған қызымды аўқат ише алмаса да әкеси Әметке таслап, «олимпиадаға қатнасаман», деп аэропортқа барып билет алып, Ташкентке ушатуғын болдым. Сол күни ҳаўа райы ашық болмай, аэропортта қонып, ертеңине Ташкентке уштым. Мени узатып қалыў ушын Әмет, Жолмурза, Асан аға, бәри изиме ерип жүр. Ал мен кеткеннен кейин Әмет қызын баға алмай жүдә қыйналыпты. Тап сол күни жорасы Оразов үйленген екен, сол тойда болыпты. «Той-той болмады», деди кейин Әмет. Буннан кейин ол қызды үйге апарыў ушын Қоңыратқа баратуғын машинаға минген. Жолда Сейтимбетовтың үйинде болыпты. Көп азап пенен 5 күн дегенде Қоңыраттың жетинши аўылына жетип, мениң апамның үйине апарып береди. Бул Гүлистан деген қызымыз еди.
Ал мен болсам, Ташкентке барып, он күн таярлықтан өткеннен соң Өзбекистанның атақлы артистлери менен Москваға қарай жолға шықтым. Бул мениң екинши рет киятырғаным. Москва ҳәммемизди де жақсы күтип алды. Мен болсам бул рет «Арыўхан» ҳәм «Қәўендер» намаларын кеўилдегидей атқарып шықтым. Көп машақатлы жол жүрдик. Бирақ, өзбекистанлы белгили ҳәм атақлы искусство адамлары менен пүткилсоюзлық олимпиада жарысларынан жақсы баҳалар алып қайттық. Аўылға қайтып келгеннен соң мени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы искусствоға белсене қатнасқаным ушын және Москва олимпиадасынан табыслы қайтқаным ушын Ҳүрмет грамотасы менен сыйлықлады. Бул мениң искусстводағы дәслепки сыйлығым еди.
1939-жылы Қарақалпақстаннан 10 адамды Ташкентке жумысқа жиберди. Соның ишинде Әмет Шамуратов та бар еди. Күйеўимиз бенен «Ташкентке барсақ, бара қояйық», деп ойластық. Неге десең, мен оқығаным жоқ. Усы ўақыттан пайдаланып, оқып алыўға консерватория менен келистик. Әмет болса баспахана директоры болып ислейди.
1939-жылы Москвадан Луначарский атындағы театр институтын питкерип, өзимиздиң жигит-қызларымыз келди. Олар мыналар еди.
1. Яқыт Алламуратова
2. Төреш Алланазаров
3. Балтабай Айманов
4. Тәрбия Жолымбетова
5. Саадат Юсупова
6. Соня Қарабаева
7. Сапар Хожаниязов
8. Халмурат Сапаров
9. Сабыр Өтепбергенов
10. Пирлепес Тилегенов
11. Мурат Зарекеев
12. Жуман Ешниязов
13. Николай Зазулин
14. Қалжан Муханова
15. Юлдаш Мамутов
16. Генже Шамуратова
17. Юлдаш Шарипов
18. Бийке Нурымова
19. Айсанем Өтепова
20. Ғани Дошымов
21. Әлқуўат Камалов
22. Анар Қурбановалар

Бәри толығы менен қайтып келди. Москвада таярланып, Ж.Б. Мольердиң «Скапенниң ҳийлеси», А.Н. Островскийдиң «Жарлылық айып емес» комедиясы, В. Вишневскийдиң «Биринши атлы Армия» деген постановкалары менен келди. Буларды оқытқан муғаллимлери Ольга Пыжова, В. Бибиков алып келди. Усы үш пьесада жүдә жақсы есте қаларлықтай образ жаратқан артистлер: «Скапенниң ҳийлеси» пьесасында Скапен ролинде ойнаған – Балтабай Айманов, Төреш Алланазаров, официантка ролинде – Ю. Мамутов (бир аўыз сөз жоқ) сонда да оның еткен ҳәрекетлери ядта қаларлықтай болды. «Жарлылық айып емес» пьесасында Любим Тартцов ролин – Мадрейим Матжанов айта қаларлықтай етип шебер ойнады. Митя болып ойнаған С. Хожаниязов қәдимги аўылдың нағыз рус жигити болып қалған, образлары қуйып қойғандай, өзи де сахнаға жарасып турды. Төрт жыл оқығанлығы билинип, сахнаны бийлеп алды. Буларды көрген адамлар үйреткен устазларына рахмет, деп ойыннан дағысатуғын еди. Мен ҳайран болып, «неге оқыўға бармай қалдым» деп өкине бердим. Неге десең Сапар ағаға театрға дәслепки келген ўақтында «Бағдагүл» пьесасындағы Хожан ролин берген еди. Мениң менен Хожанды ойнағанда, даўысы жақсы болған менен шеберлиги төмен еди, уялғанынан бетлери қызарып кетер еди. Ал, бул постановкада аспан менен жердей айырмасы бар. Көрген адамлар усы ўақытқа дейин олар ҳаққында жыллы сөзлер айтпақта. Олар халық сүйген искусство жулдызлары болып жетисти. Қарақалпақстанның сол артистлери өзлерине тәлим-тәрбия берген москвалы устазларына ҳәмийше миннетдар. О.М. Пыжова ҳәм Б.В. Бибиковлардың жәрдеми арқасында мийнеткешлер мәдениятқа бир адым жақынлап, театрымызда жумыслар жақсылана баслады. Олар усы үш пьесаны қойып болғаннан соң Москваға қайтты. О.М. Пыжова ҳәм оның күйеўине халықлар алғыслар айтты. Театр жәмәәти оларға миннетдаршылық билдирди.


Ол ўақларда ҳәзиргидей транспорт жоқ. Темир жолға дейин пароход, оннан кейин поезда жүрип, 5-6 суткада Москваға баратуғын еди. Сол ўақта бул жолдаслардың келиўи қарақалпақ искусствосының тарийхында өшпес из қалдырды. Халқымыз оларды ҳеш ўақыт умытпайды.
Усы жолдаслардың ҳәм биринши рет институт питкерип келген жаслар иске кирискеннен баслап жумыслар жөнлести. Жаңа пьесалар қоя басладық. Театрдың материаллық дәрежеси ҳәм абрайы бурынғыға қарағанда әдеўир көтерилди. Бурынлары халықты театрға сырнай шертип шақырсақ, енди афиша менен шақыратуғын болдық. Буның барлығы театрға келип қосылған жаңа күшлердиң жәрдеми деп түсиндик.
Москвадағы «Чайковский» консерваториясына оқыўшылар алыўға комиссия келип атыр екен. Искусство басқармасы мени де усы комиссияға жиберип еди, олар мениң даўысымды күтә унатып: «нағыз опера артисти», деп мақтады.
Москва консерваториясына барсаң бара ғой, деди Әмет. Сөйтип қызым менен Москваға кеттим…
Москвада өз алдыма жай берди. Ал, оқыўда даўысым жақсы болған менен ҳаўазым постановка даўысқа түспейди. Жүдә қыйналдым. Мениң аўылдағы ири даўысым ҳеш те керек емес екен, русша стильде айтыўың керек, дейди. Жылдың ярымына дейин қыйналдым, оннан соң аз-маз жақсы үйрене басладым.
Бир жағынан қолымда қызым бар, өзим рус тилин зорға билемен. Балаға қараўға тәрбияшы алған едим, оның менен жақсы сөйлесе алмайман. «Неге келдим?», деп жылағым да келеди. Соның арасында ўақыт болады. Қызымның сыртынан илип, сабаққа бараман. Оннан кейин таярлық… Өзим де қыйналып, азайын дедим. Композитор Бурханов та оқып атыр еди. Оның апасы Фатима апа балама, өзиме қарасып, көп жәрдем етти. Сәл қыйналсам, соларға жуўырып бараман. Бизлерден басқа да Москва консерваториясы жанында ашылған еки жыллық курста артистлер баршылық екен.
Ол жыллары усы жерде оқығанлардан Саодат Рахманова, Фатима Барнаева, Сыдық ғарры Қабулов, Әлимжан Халимов, Рахима Ерматова, Ерматов, Итибар Жәлиловалар менен кейин ала жақсы қатнаста болдық. Сөйтип май, айына дейин оқыдым. Май айында маған телеграмма келди. Онда: «Қарақалпақстанның Ташкентте декадасы болады, соған «Алпамыс» пьесасын қойып, Айымхан Қазымбетовна Шамуратова Гүлпаршын ролин атқарыўы керек», депти. Мени ўақтынан бурын имтихан тапсырыўға жиберди ҳәм май айында қайттым. Сөйтип, 1941-жылы майда «Алпамыс»тың таярлығына киристик.
Мени Гүлпаршын ролине қойған, ал маған дублер етип Тохта Рахманова белгиленген екен. Алпамыс — Юлдаш Мамутов ҳәм Рейимбай Сейтов. Обкомның қарары шығып, Ташкентте қарақалпақ әдебияты ҳәм искусствосының декадасын өткериўге таярлықлар қызып, ҳәр ким өз алдына балетке, арияларға таярланып атыр. Ҳәмме күтә көтериңкилик ҳәм қызығыўшылық пенен жумыс ислеп атырмыз. Май айының ишинде усындай тынымсыз жумыс болды. Июнь айының 22 си болған күни азанда ҳәмме қосылып, «Алпамысты» таярлап атырған ўақта жазғы клубта бирден радиодан жүректи шоршытқан Левитанның даўысынан силтидей тындық.
«… Ўатанымыз үстине әжел булты дөнди, тис-тырнақларына шекем қуралланған немец-фашист басқыншылары бизлерди қул етиўди әрман етеди. Аўа, бул шығарма емес, жаўызлар гүнасыз адамларды қанға бояп, көз-көреки әжел оғын жаўдырып киятыр…» Мен өзим ҳәм өлтириў дегенди тек искусство «тилинде» ғана билемен, ал көз алдымда бул жаўызлық ҳәрекетлери елеслеген ўақытлары жүрегим тилким-тилким болып, оларға жаўдырған ғарғысларымды басқаларға еситтирип айтыўдан да уялдым.
Аўа, нағыз ҳайўанға усаған қанишерлер ғана мениң ҳәм халқымның аўыр қәҳәри менен ғарғысларына ушырай берсин!



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish