Искусство — %мирим


ЗУЛЬФИЯ. ХАЛҚЫ СҮЙГЕН ҚАРЫНДАСЫМ АЙЫМХАН



Download 1,03 Mb.
bet25/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

ЗУЛЬФИЯ.


ХАЛҚЫ СҮЙГЕН ҚАРЫНДАСЫМ АЙЫМХАН
(СОВЕТ ТУСЫНДА)

Талантыңа ылайық алдың баҳаны,
Артист ушын бул баҳаның нәҳәни.
Искусствомыздың саўлат ҳәм сәни,
Қутлы болсын, қарындасым атағың.

Өткен заман талантлыға жаў еди,


Ислам дини қурыўлы турған аў еди.
Ҳаял қосық айтса кейини даў еди,
Сен Октябрь қызысаң, бил, Айымхан.

Мереке, мәжилистиң түп гүли болдың,


СССР халқының бүлбили болдың.
Бизиң артистлердиң «Дүлдүли» болдың,
Хош ҳаўазлы, шийрин тилли, Айымхан.

Қырықлаған март тойы сенсиз өткен жоқ,


Он күнлик ҳәптелик сенсиз өткен жоқ,
Мәрт жулдызы, сенде әрман кеткен жоқ,
Бәрҳә сапта, гүресте болдың, Айымхан.

Ҳадал хызмет еттиң тамашагөйлерге,


Халықлардың қосығын келтирдиң ийге.
Айтқаныңның бәри қонып тур мийге,
Халықлар сүйген қарындасым, Айымхан.

Қәдемиң қайырлы, атақ оң болсын,


Жасың узақ, жүрген жериң той болсын,
Ул-қызларың кеўли мудам жай болсын,
Хош ҳаўазың жаңлай берсин, Айымхан.





Қарабай ЕРМАНОВ,
4-декабрь, 1968-жыл.


ХОРЕЗМНЕН СӘЛЕМ
Ассалаўма әлийкум ҳүрметли Айымхан апа!
Өзбек қызы Саёраның жыллы жүрегинен сизге көп-көп сәлем болсын!
Өзимниң биймаза сораўларым менен сизиң аз да болса тынышыңызды алғаным ушын мени кешириңиз, апа. Мен Хорезм ўәлаятының Хазарсп районында жасайман ҳәм оқыйман. Сизди биринши мәртебе бизиң қуяшлы Өзбекистанымызда туўысқан Қарақалпақстанның декадасы өткерилип атырғанда көргенмен. Маған сондағы сизиң «Қырық қыз» ансамблиндеги атқарған нама қосықларыңыз ҳәм ойынларыңыз жүдә унады. Мен бул хатымда сизге өз умтылыўларым, өз әрманларым, мақсетлерим ҳаққында айтпақшыман. Мен өзбек ойынларын оғада жақсы көремен, ойынларда ойнаўды мен жүдә кишкене ўақытларымнан баслап-ақ үйрене басладым, қосық айтыўды да. Кино актрисасы болыў әрманы пайда болды. Мен буның оғада қуўанышлы ҳәм қыйын кәсип екенлигин билемен, лекин бәрибир қандай болыўына қарамастан оны ислегим келеди.
Маған айтып бериўиңизди тилер едим, апа! Сиз актрисалық өмириңизди қалай басладыңыз? Өзиңиз актриса болыўға қалай еристиңиз? Бул жолда сизге қандай қыйыншылықлар ушырасты?
Сизиң қызларыңыз бар деп еситемен, апа, егер қарсылық көрсетпесеңиз мен олар менен хат алысып турсам деймен. Мен сизден жүдә өтинемен. Жуўабын асығыслық пенен күтемен.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish