Қосықлардағы ай
Қарақалпақ халқының өлмес, бийтәкирар өнери, бақсы ҳәм жыраўлары қалдырған бай мийрас әсирлер бойы жасап, бүгинги әўладтың да руўхый дүньясын байытпақта. Қайыр-сақаўатлылыққа, меҳир-муҳаббатқа, инсанды қәдирлеў сыяқлы ең уллы сезимлерге басламақта.
Өзбекстан Республикасының Президенти Ислам Кәримов Қарақалпақ диярына бир келгенинде бул ҳаққында былай деген еди:
«Кимге қандай, билмедим, лекин жеке өзиме қарақалпақ халқының бийтәкирар өнери оғада унайды. Қай жерде, қайсы байрам яки салтанатта болмасын, қарақалпақ жигит қызларының шеберлигин көрген, олардың сыңғырлап ҳаўазын еситкен адам бийықтыяр тәсирленеди, керек болса, өзиниң ғам-тәшўишлерин умытады».
Мине усы тәрийплерге тийкарланып мен қарақалпақ өнерин тек ҒМДА мәмлекетлери ғана емес, бәлким пүткил дүнья жүзине танытқан қарақалпақ қосықларынан ай киби қалқып шыққан талантлы халық артисти Айымхан Шамуратова ҳаққында сөз жүритпекшимен.
Үш айлық театр курсында қалай оқығаны, Қарақалпақстанда биринши болып ҳаял образын сахнаға алып шыққаны, көркем-өнер, илим душпанларының олардың изине түскени, ҳәттеки жас муғаллимлерди өлтирип кеткениниң гуўасы болғаны, булардың ҳеш бири оны таңлаған жолынан қайтара алмағаны ҳаққындағы сәўбетлер Айымхан апаға өткен жылларды және қайтарып әкелгендей болар еди.
Айымхан апаның көркем өнердеги хызмети ХХ әсирдиң 30-жылларынан басланған. Ол екинши жәҳән урысы жылларындағы тынымсыз излениўлери ҳаққында сөйлесе, көзлери жасланып кетер еди. Неге дегенде бул жыллар өнер ийелери ушын үлкен өмирге араласыў, халықтың басына түскен аўыр азапларды бирге тартыў, лапызлы қосықлары, күшли руўх пенен суўғарылған роллери фронт артындағыларға беккем төзим, сабырлылық бағышлар еди.
Сахна шебери ушын халықтың исеними, оның ҳүрмет-итибарынан жоқары сыйлық жок. Айымхан Шамуратова болса бундай сыйлыққа сол пайытларда-ақ миясар болды. Ташкенттеги әскерий госпиталда жарадарларға қойып берилген концерт ҳаққында Айымхан апа тез-тез еслейтуғын еди. Сонда ол қарақалпақстанлы түркмен, қазақ, қарақалпақ, өзбек жаўынгер жигитлериниң өтинишлерине бола «Әўезим», «Арыўхан», «Бозатаў» қосықларын қайта-қайта айрықша меҳир менен атқарған. Буннан кейин де сахнада усындай талаплар Айымхан апаны шаршатпас, керисинше оның илҳамына илҳам, талантына талант қосар еди.
…Бүгинги күнде қарақалпақ халқының бийтәкирар өнери, оның халық жолында жаратылған өлмес қосықлары, қобыз, дуўтар, дәстаншылық сыяқлы өнер түрлериниң кеңейип баратырғанлығы ҳаққында ойласам, бул раўажланыўда, бул өсиўде Айымхан апаның да мийнетлери көп екенлигин қайта-қайта уқтырғым келеди.
Ғәрезсизлик жыллары қарсаңында қарақалпақ сахнасында «Әжинияз» операсы жаңлады. Бул қарақалпақ халқының бай өнерине қосылған үлкен ҳәм бийбаҳа үлес еди. Операның биринши премьерасы болған күнде оны қуўанышын сахна шеберлери менен бөлисип, көзлеринде жас қалқыған Айымхан апаның миннетдар болған тулғасы еле көз алдымда. Әсиресе, оның «көркем-өнеримиздиң бул жетискенлигине халықлар дослығы, бирадарлығы, қәдирият ҳәм руўхыйлығымыздың бирлиги тырнақ болады» деген сөзлеринде үлкен ҳақыйқат бар.
Айымхан апа бир гүрриңинде халқымыздың мийнеткешлиги, жасаўға болған меҳир-муҳаббаты, көркем-өнерге болған ықласын айтып, көзлерине жарық бир шуғла конғандай болып еди. Олардың сахнасы көбинесе кең далалар, ашық ҳәм тыныш аспанның асты болар еди. Концерт көриўге келетуғынлардың болса изи үзилмейди. Артистлер каналлардың қурылысында айлап қалып кетер еди. Бул жыллар Айымхан Шамуратованы халқы менен және де жақын қылды, олардың қосықшы қызға болған меҳир-мухаббатын арттырды.
Айымхан апаның қарақалпақ елиниң әпиўайы халық қосықларын сахнаға шығыўы бул өнерди пүткил жәҳәнге танытты. Опера, балет сыяқлы өнерлерге есик ашылды. Халық сүйген бир қатар талантлы сахна шеберлери жетилисип шықты. Президентимиз атап өткен бул бийтәкирар өнер Айымхан апаның жүрек төринен туўылып, журтлар, еллер асып жаңлаған қосық, адамлар жүрегинде мәңги жасап қала береди.
-
Do'stlaringiz bilan baham: |