Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet33/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

Ибрайым Юсупов
Декабрь1967-жыл


БҮЛБИЛ ҲАЎАЗЫ ТЫНҒАНДА
(Айымхан Шамуратованы жерлеў мәресиминдеги сөз.
31-май 1993-жыл)

Театрда Ибрайым Юсуповтың


Шығып сөйлеген сөзи.


Қайғылы хошласыў мәресимине жыйналған мийрибан дослар!

Ҳәмме журт сыйлайтуғын, өлимге қыймайтуғын оғада үлкен талант ийеси, әдиўли ана, елимизде сахна өнериниң шыдылдығын туңғыш рет серпип ашқан гөззал ҳаял, қарақалпақ театрының матриархат аналығы Айымхан апа Шамуратованы узақ сапарға узатып атырмыз.


Бул сапары ол гастрольдан қайтқандай бизиң арамызға қайтып келмейди. Бүлбил қус басқа дуньяға ушып кетти. Ол енди, алдын алла ушып, жәннет бағында сайрағай деймиз.
Жеңгем енди мәңгилик дүньясына ҳайтлап кетти, жайыңыз қутлы болсын. Базы бир әжайып инсанлар болади-ки, ҳүрметлеп, баўыр басып кетеди, ол ҳеш ўақта арадан кетпейтуғындай туйылады. Ал енди сол инсан бул дүньядан кетерде орны ойсырап, кеўиллер қулазып, қабырғалар қайысып, жан-сезимлер жаўрап қалады. Дүньяға усындай бир уллы ҳаял келип кетти десек арзыйды.
Айымхан апаның өмири – бул қарақалпақ сахна өнериниң тарийхы. Буннан алпыс жыл бурын узақ түпкир жабандағы Қанлыкөлден қалаға келип, Әбдираман Өтепов шыққан аўыл қызы соңғылығында пүткил Түркистан еллерине ҳаўазын сүйип тыңлатқан даңқлы қосықшы, атақлы актриса болды. Қарақалпақстан Республикасында бирден-бир СССР халық артисткасы болыўдай бийик мәртебеге еристи.
Сахнаға шығыўда Күншығыс ҳаял-қызлары жолында ушырасқан қыямет қыйыншылықларды ол ғайбарлық пенен жеңип, актриса талантын театр өнерин заманға, халыққа хызметке желип адам қызығарлық үлгисин көрсетти.
Ол өз халқының, заманласларының барлық ўақта қайғы-қуўанышын ортақласып, кеўлин көтериўге, руўхын йошландырыўға аянбай хызмет етти. Оны елимиздеги барлық туўысқан миллетлер сүйип тыңлады, сыйлады.
Айымхан Шамуратованың өмири – бул бизиң қыйын турмыслы үлкемизде жасаўшы мәрт, ақыл-зинели қарыўлы ҳаял халқының, әзийз аналар өмири деўге болады. Оның өмири қыйыншылықларға толы болды. Ол ақшамлары ақ бесик таянып перзентлерин тәрбиялап күндизлери спектакль яки концертке кешигип қаламан ба деп, туфлийин қолын алып театрға жуўырғанлары оның кәсиплеслери көп айтар еди.
Бирақта Айымхан апа ҳеш ўақта атақ, ҳүрмет буўсанып, тәкаббирлық қылмады. Ол бийик адамгершиликли, қарапайым, нурлы минезли инсан еди, ол дүнья қуўмады.
Хош болың, ҳүрметли Айымхан апа! Бәлким алдыңызда жәннет бағында өзиңиздиң әрманлы зайыбыңыз қәдирдан Әмет ағамыз руўхы Сизди күтип турғанды. Өйткени, Сиз, бизиң түсинигимизше, cоған ылайық нашарсыз. Сиз сонша жыллар жесирликте жасаған гөззал ҳаял болыўыңызға қарамастан сыныңызды бузып, сыр бермедиңиз, изиңизге ийнедей сөз ертпей, таза ҳүждан, пәк нийет пенен жасап өттиңиз.
Сизиң туўып өсирип, аяққа турғызған оғада жақсы перзентлериңиз бар. Сизиң досларыңыз көп еллерде ҳәзир Сизди жоқласады. Сизди емиренип еске алатуғын, руўхыңызды шад етип, ядлап жүретуғын халқыңыз бар.
Мен шайыр сыпатында, бул сапары да Сизге арнап қосық оқыр едим. Бирақ кеўлим ыдырап кетеме қорқаман.
Алдыңнан жарлықасын Сизди қәдирдан жеңгежан, әдиўли кишем, Пийриң Бийпатпа ҳәмийше яр болғай Сизге.



Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish