Искусство — %мирим



Download 1,03 Mb.
bet34/35
Sana04.06.2022
Hajmi1,03 Mb.
#634104
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35
Bog'liq
Театр омирим хам тагдирим 120419112226

ҚОСЫҚТЫҢ ҚҮДИРЕТЛИ КҮШИ
Қайғыдан қамыққан жаўдыр көз едиң,
Қоңыратлы қарапайым қыз едиң.
И. Юсупов

Алпысыншы жыллары Ташкентте оқып атырған ўақытларымыз. Студентлерге театр, концерт залларға абонемент сатылады. Ол биз студетлер ушын үлкен жеңиллик болып, концерт ҳәм театрларға кириў имканиятын береди. Егер, онлаған абонемент сатып берсек, өзлеримизге биреўи тегин қалады. Бул ҳәптеде бир абонемент мәрте театрға, айына еки мәрте концертке барыўға имканиият береди. Бурынғы Свердлов концерт залы деген бар, ири концертлер, басқа республикалардан, ҳәттеки шет еллерден келген амтистлердиң концертлери де сол залда болады ҳәм абонемент пенен биймәлел кире бересең.


Бир сапары сол залда Кәмилжан Атаниязов пенен Айымхан Шамуратованың концертин тыңллаў бахтынп мияссар болдық. Ол ўақытлары бул әжайып қосық шеберлерин екеўин бирден қосып тыңлаў ҳаммеге де несип ете бермейтуғын бахыт еди.
Концерт баслаўшысы нәўбетти Кәмилжан Атаниязовқа берди, ол киси бир-еки қосықтан кейин микрофонды былай алып қойып айтар еди. Ол жыллары Кәмилжан Атаниязовтан басқа микрофонсыз айтатуғын Иоффе деген филармонияның қосықшысы бар еди, бирақ, оның аты-жөни есимдеқалмапты. Сол екеўинен басқа микрофонсыз өз ҳаўазында айтатуғын атқарыўшыны еситип көрмегенбиз.
Кәмилжан аға сол әдети бойынша микрофонды былай алып қойып қосық айта баслады. Нәўбетти Айымхан апаға бергенде апамыз микрофоннан улыўма пайдаланбастан, бар ҳаўазы менен қосығын баслады. Залда отырғанлар орынларынан турып қол шаппатлап жиберди. «Бозатаў»ды айтқанда радионы бирден бәлент ҳаўазға қойып жибергендей жаңлады. Жағымлы ҳаўаз, бәлент лапызда айтылған қосық пүткил денемди бийлеп, кеўил тарларымды еритип, бир әжайып аўҳалға түсип, көзиме ерксиз жас келди. Қасымыздағы отырғанлардан уялып, тер сыпырған киси қусап бет орамал менен билдирмей көз жасымды сыпырып, жән-жағыма қарасам, меннен басқа да көз жасын артып отырғанлар бар екенин сездим.
Мен көзиме жас келгенин өзимше аўылды сағынып жүргенликтен шығар деп ойладым. Олайын дейин десем, қасымдағылар неге көзлерине жас алды. Ҳақыйқатында да, адамды босастырып, балқытып, ҳәтте көзге жас келтиретуғын күшти қосық қайдан алған? Усы сораў мени ойландыра баслады.
Өзимше ҳаўаз саз бенен қосылып озон тақылеттеги әжайып бирикпени хасыл етип, қулақтан да басқа дем алыў органларымыз арқалы пүткил денемизге, қан тамырларымызға өтип, пүткил денемизди балқытатуғын болыўы керек, жүрегимизди тебендирип, өзинше адам түсине бермейтуғын ҳалға келтиреди. Абай шайыр:- «Қулақтан кирип бойды алар, жақсы ән мен тәтти күй», деп айтқан ғой, ақыры. Қалай да қосықта кәрамат күш барын сол Айымхан апа қосық атқан концертте уқтым. Бул 1962-жыл еди.
Мениң ой-кеширимлерим тура турсын, концерт даўам етип, гә Кәмилжан аға, гә Айымхан апа гезеклесип, тап бизлердеги айтысына усатып қосықларының лапызы кем-кем жоқарылай берди. Залда бирде бос орын қалмаған еди. Еки бүлбилзибан қосықшы ҳәр қосық айтқан сайын кейин шегинип, сахнаның төрине қарап кем-кемнен залдан алыслап алыслап, бирақ, ҳаўазлары кем-кемнен бәлентлеп баратырғандай сезилер еди. Бир-еки қосық айтқанда, ҳаўаз сезилмес екен, қанша көп нама атқарған сайын ҳаўазлары ашылып, жүдә жағымлы естилип, зейниңди ашып баратырғандай еди. Бизиң ойымызша, Өзбекстанда Кәмилжан ағадай ҳаазы бар адам жоқ сыяқлы еди, бирақ, бул жерде лапызлар тең сыяқлы, қол шаппатлаўлар да теңдей болып кѳринди. Атқарған қосықларды санап отырмыз, ҳәр қайсысы 17 номер айтты. Соңғы қосықты Кәмилжан аға «Ашық Ҳамра» дәстанынан «Тийсе маған тийсин, сана тиймесин» деген қосықты баслады. Айымхан апа бир куплетин, Кәмилжан аға бир купетин айтады, Айымхан апа «тийсе саған тийсин, маған тиймесин» деп текстин өзгертип айтады. Тамашөгейлердиң орынларынан турып қол шапатлаўлары үрккен кептерлердиң ушқанындай дүрлеп кетти. Булар болса, дәсме-дәс айтысқа айландырып, бир өзгеше спектакль жаратқандай болды. Зал тик турып қол шаппатлап, оларды узақ залдан жибермеди. Соңында Кәмилжан аға өзине берилген гүл дәстесин Айымхан апаға дизерлеп отырып усынды, қолынан сүйип: «Бүгиннен баслап бизге устаз боласыз, Сизди устаз деймен» деди. Айымхан апа болса: «Сиз устазсыз» деп ҳүрметлеп алғыс айтты. Улыўма концерт бурын ҳешким көрмеген әжайып бир спектакльге айланды. Ҳақыйқатында да, ол айта жүрерлик, есте қаларлық концерт болды. Концерттен шығып баратырғанлардың: «Тәбият екеўине де ҳаўазды аямай берген екен, өриси кең, өмирлери узақ болсын!» дегенлерин еситип, мен де бир мақтаныш сезим оянғандай болды. Бирақ, неге жыладым, оны тәриплеп жеткериў қыйын. Абдулла Арипов:
«Есилип, толғанып ыңыранды күй,
Әсирлер ғамыны сойлер «Мүнәжәәт».
Күйи сондай болса, ғамның өзине,
Қандай шыдай алған екен адамзат». – деп келтиреди. «Бозатаў» қарақалпақ халқының мүнәжәәты ғой ақыры, өзлеримиз оқып, айтып жүрген менен бел дәрежедеги атқарыўды еситпеген соң елжиреп кеткен болыўым мүмкин, басқалар-ше, сөзлерине жақсы түсинбесе де олар да көзлеринен жас алып отырды ғой.
Ибрайым аға:
- Айт сен «Бозатаў»ды намаға салып,
Елжиремегенниң баўыры тас болсын,- деп «Бозатаў»дың жүреклерди елжирететуғын қүдирети барын бурын-ақ билген. Усы жерде азымаз шегинис жасап, халқымыз арасында Аллаяр атамыз автоном сорағанда комиссия ағзалары алдында «Бозатаў»ды айтып берипти: - Қарақалпаққа автоном бермесеңиз усы қосықты усындай етип айтып берген халыққа қосып жибериң, - депти, деген аңыз гәп жүрипти. Буның анықлығына исенсе болады, олардың да баўыры елжиреген болса ҳақыйқаттан алыс емес. Еки-үш жыллықта Ақсарайда ҳүрметли президентимиз мийнет алдынғыларын хошаметлеп, орден, медаллар тапсырғанда атақлы актёр, режиссёр Нажиматдин Аңсатбаевтың Президентимиз алдында қосық айтқанынан халқымыз хабардар. Ийни келген жерде қарекең қосығын айта алады. Сонлықтанда Аллаяр атаның қосық айтқанына ҳеш қандай гүман жоқ.
Биз Айымхан апаның өмиринен қасқағым ғана мәўритти сөз еттик. Тийисли қәнийгелер елеберин көп изертлеп, бул инсанның талант қырларын ашарына гүман етпесек те болады. Бирақ, композиторларымыз оның ҳаўазына ылайық бир де нама жазбағаны өкинишли-ақ. Әсиресе, атқарыўшылар бираз жасқа барған соң олар итибардан шетте қалып қояды. Бирақ, ҳаўаз тозбайды. Сонлықтанда, композиторларымыз атқарыўшылардың жасын, ҳаўазын есапқа алып, шыпакерлер наўқасларға қандай қараса, олар да сондай етип талант ийелери менен тығыз шуғылланса болады.
Ертеректе Тилеўберген аға Генжебай бақсыдан Мақтымқулының «Ең жаманы ғаррылықдур, яранлар» деген қосығын айтыўды өтиниш еткени есимде бар. Бирақ, Генжебай аға «бул қосықты айтыўға таяр емеспен, маған ертерек», деп сол қосықты шайыр отырған жерде болмаса, басқа жерде айтпай кетти. Ҳәзир бир бақсы қызымыз сол қосықты айтып жүр, бир нәрсе деў қыйын. Қосық мәденияты жөнинде айта кететуғын тағы бир нәрсе, тойларда атқарыўшылар мәдениятын азырақ ретлестирсе жақсы болады, деп ойлаймыз.
Айымхан апа туўралы әңгимени Ибрайым ағаның мына қатары менен жуўмақлағанды мақул көрдим:
Халық баҳалап хызметиңди үлгили,
Өңириңе тақты ҳүрмет белгини.

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   35




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish