17.2. Баҳаның қәлиплесиў методологияларын таңлаў
Кәрxана товарға болған талапты, товар ислеп шығарыў ушын сатыпланған жалпы қәрежетлерди есаплап шығып ҳәм конкурентлер баҳасын үйренип, өзиниң товарына баҳаны қәлиплестириў методологияларын белгилейди. Әдетте, товардың бахасы жүдә төмен ҳәм жүдә жоқарыда болмастан, бәлким усы еки көрсеткиш аралығында болыўы мақсетке муўапық. Оның себеби соннан ибарат, төмен баҳа пайданы тәмийинлемейди, жоқары баҳа болса талапты қәлиплестирмейди.
Төмендеги 36 - сызылмада кәрxана басшысының үш мулоҳаза негизинде өз товарына баҳаны белгилеўи келтирилген.
Жүдә төмен баҳа
Бул баҳада пайда алыў мүмкин емес
|
Мүмкин болған баҳа
|
Жүдә жоқары баҳа
Бул баҳада талап қәлиплеспейди
|
Өнимниң өзине түсер баҳасы
|
Конкурент-лер баҳасы
|
Товардың теңи жоқ қәсийетлери
|
36 - сызылма. Баҳаны белгилеўдеги тийкарғы мулоҳазалар
Келтирилген 36 - сызылма мағлыўматларында көрсетилгендей, товардың мүмкин болған минимал баҳасы баҳаның өзине түсер баҳасы негизинде анықланса, мүмкин болған максимал баҳа болса товардың басқа товарлардан парықланыўшы қандай теңи жоқ қәсийетлери негизинде анықланады.
Кәрxана баҳаның қәлиплесиў машқаласын шешер екен, ол жоқарыда келтирилген мулоҳазалардан бирин таңлап ис көреди. Бунда кәрxана таңланған методологияның товардың анық баҳасын есаплаўда дурыс екенлигине исенип хызмет көрсетеди. Төмендеги 37 - сызылмада баҳаны белгилеўдиң 3 түрдеги усыли көрсетилген.
37 - сызылма. Баҳаны белгилеў методологиялары28
Баҳаны белгилеўдиң қәрежетлерди есаплаўға тийкарланған усылы. Бул усыл ең әпиўайы саналып, өнимниң өзине түсер баҳасына өнимди ислеп шығарыўшыдан тутыныўшыға жеткерип бериўге шекемги болған процессте жүзеге келетуғын қәрежетлерди ҳәм кәрxананың алатуғын пайдасын қосыўға тийкарланады. Буны мысалларда түсинтириўге ҳәрекет етемиз. Мысал ушын қандайда бир өнимди ислеп шығарыў төмендеги көрсеткишлар менен тавсифланади:
Өзгериўши қәрежетлер - 100 сўм
Турақлы қәрежетлер - 2000000 сўм
Сатыў көлеми бойынша жобасы (В) - 2000 дона
Бул көрсеткишлер негизинде өнимниң өзине тусер баҳасын (Т) есаплаймыз.
Өнимниң өзине түсер баҳасы 1100 сўмды қурайды екен.
Енди, көрип өтсек, ислеп шығарыўшы көтере сатыў (улгуржи) брокерине сатылатуғын өним көлеминен 20 процент пайда көрмекши. Онда сатыў баҳасы (Б) төмендегише есапланады:
Демек, ислеп шығарыўшының пайдасы 1375 – 1100 = 275 сўмды қурайды.
Көтере саўда етиўши, өз нәўбетинде, сатылған өним көлеминен 20 процент муғдарында пайда көриўди қәлесе онда өнимниң сатылыў баҳасы төмендегише есапланады:
1375 + 1375 сўмнан 20 процент = 1375 + 275 = 1650 сўм.
Ҳәр түрли товарлар ушын саўда үстемелери бир-биринен парық етеди. Баҳаны анықлаўға бундай қатнас жасаў базар талабы ҳәм конкурентлер баҳасы есапқа алынбайды. Бундан басқа, сатылатуғын өнимниң көлемин анықлаў қыйын болғанлығы себепли, ислеп шығарыў қәрежетлериниң көлемин анықлаўда да қыйыншылық туўылады. Соған қарамастан, баҳаны анықлаўдың бул усылы тез-тез қолланылады, себеби бул усыл әпиўайы түсинтириледи. Баҳа белгилеўдиң қәрежетлерин есаплаўға тийкарланған методологиялардан және бири зыянсыз ҳәм мақсетли пайданы тәмийинлеўдиң анализи негизинде алып барылатуғын усыл саналады.
Зыянсыз ҳәм мақсетли пайданы тәмийинлеўдиң анализи негизинде баҳаны белгилеў усылы. Ҳар бир кәрxана белгили бир пайданы гөзлеп баҳа қойыўға умтылады. Баҳалаўдың бул усылы зыянсызлық графигине тийкарланады. Зыянсызлық гипотетикалық графиги 38 - сызылмада көрсетилген.
Бул графикта жалпы дәрамат, пайда ҳәм жәми қәрежетлердиң сатылатуғын өним көлемине байланысы көрсетилген. Келтирилган 17 - сызылмадағы мағлыўмат соннан дәлалат береди, турақлы қәрежетлер 300000 сўмға тең болып, сатылатугын өним көлемине байланыслы емес.
Өзгериўши қәрежетлер турақлы қәрежетлерге қосылып жәми қәрежетлерди қурайды ҳәм оның муғдары сатылатуғын өним көлемине қарап өзгерип турады. Жалпы дәрамат ийри сызығының тиклиги товар баҳасына байланыслы болады. Биздиң мысалымызда товар бирлигиниң баҳасы 20 сўмға тең.
Do'stlaringiz bilan baham: |