Қадағалаў сораўлары
Баҳаны қәлиплестириўден мақсет не?
Баҳаның қәлиплесиўине талап ҳәм усыныстың тәсирин сызылма арқалы көрсетиң.
Маркетингда баханың қәлиплесиўине қандай қатнаслар жасаў усыллары бар?
Баҳа конкуренциясы ҳәм баҳасыз конкуренция дегенди қандай түсинесиз?
Баҳаның қәлиплесиўине қандай фактлар тәсир көрсетеди?
Баҳа эластиклиги (қайишқоқлигини) қандай түсинесиз ҳәм баҳаға қандай тәсир көрсетеди?
Баҳаның түрлерин айтып бериң.
“Көтере баҳа” ҳәм “усақлап сатыў баҳасы” түсиниклерин түсинтириң.
Баҳа белгилеў методологияларын түсинтирип бериң.
Баҳа стратегиясын түсинтирип бериң.
“Баҳа псиxологиясы” түсинигин түсинтириң.
18 - Тема. МАРКЕТИНГДА КОММУНИКАЦИялық СИЯСАТ
18.1. Жәмәәт пенен байланыслар, қатнаслар (паблик рилейшнз) ҳәм оның барлығы, әҳмийети
18.2. Реклама ҳәм реклама қураллары
18.3. Маркетингте сатыўды хошаметлеў
Tаяныш сөз дизбеклери: Коммуникациялық сиясат, паблик рилейшнз, имидж, реклама, реклама қураллары, потенциал қарыйдар, рекламаның өнимдарлығы, рекламаның мақсети, реклама қәрежетлери, реклама түрлери, сатыўды хошаметлеў.
Жәмәәт пенен байланыслар, қатнаслар (паблик рилейшнз) ҳәм оның барлығы, әҳмийети
Коммуникациялық сиясат дегенде базарға товарды жылжытыў методологияларының комплекси (жыйындысы) түсиниледи. Буларға паблик рилейшнз (жәмәәтшилик пенен байланыс ҳәм қатнаслар), реклама, сатыўды хошаметлеў ҳәм шаxсий сатыў киреди. Кеңейтирилген мәнисте жылжытыў - бул товарлар сатылыўын тезлестириў ҳәм базарда жақсы тасаввурни қәлиплестириў мақсетинде информация алмасыў, қарыйдарды исентириў ҳәм өзиниң хызмети ҳаққында мағлыўмат бериў ушын кәрxананың базар менен турақлы, барлық ўақытта байланысларын орнатыў ҳәм сақлап турыў.
Жәмәәтшилик пенен байланыслар, қатнаслар (паблик рилейшнз). Жәмәәтшилик пенен байланыслар – кәрxананың ҳәм усы кәрxана товарларының ижобий абырай - итибарын (имиджи) қәлиплестириў, олар ҳаққындағы салбий пикирлерди жумсатыў арқалы кең жәмәәтшилик пенен кәрxана ортасындағы соғлом қатнаслар29. Жәмәәтшилик дегенде ҳәр түрли шөлкемлер, халық топарлары, финанслық идоралари, мәмлекетлик идоралари, халық қатламлары, жетгиликли ҳәкимият субъектлери түсиниледи.
Өндирис кәрxаналары, административлик, коммерциялық, илимий шөлкемлердиң жетискенликлери олардың кең жәмәәтшилик ҳәм тутыныўшылар менен байланысларының қайсы дәрежеде шөлкемлестирилгенлиги көп жақлама байланыслы болады. Кейинги ўақытта паблик рилейшнз кескин раўажланбақта ҳәм маркетинг системасында салобатли фирмалардың қурамалы, нәтийжели қуралы сыпатында баҳаланбақта. Ол тутыныў товарларын ислеп шығаратуғын санаат фирмалары ҳәм компаниялары тәрепинен потенциал қарыйдарлар көлемин кеңейтириў, товарлар xаққында информацияға ийе болыў мақсетинде ислетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |