17.2. Баҳа стратегиялары
Баҳа стратегиясы дегенде баҳалаў тараўындағы қарарлар ҳәм исбилерменлердиң комплекси түсиниледи. Бизге белгили, базар шәраятында ислейтуғын ҳәр бир кәрxана, дәслеп, баҳаларды анықлаўдың стратегиясы ҳәм принциплерин ислеп шығыў талап етиледи. Усылар әмел етсе ғана кәрxана өз алдына қойылған ўазыйпаларды нәтийжели шешиўи мүмкин болады. Төмендеги баҳа белгилеў тараўында қолланылыўы мүмкин болған стратегиялардың гейпаралары менен танысып өтемиз.
Базарда турақлы жағдайды сақлаў стратегиясы. Бул стратегияны кәрxана хызметиниң рентабеллиги ҳ.т.б. экономикалық көрсеткишлери турақлы болған жағдайларда ғана қолланыў мүмкин болады. Көп жағдайларда рентабеллик (фондларқа салыстырмалы) 10-15 процентти қураса, бул кәрxана қанаатланарлы хызмет көрсетип киятырған кәрxана деп саналады.
Пайданы максималластырыў, рентабеллик дәрежесин арттырыў стратегиясы. Баҳа белгилеўдиң бул стратегиясинан мақсет дәраматларды арттырыў ҳәм кәрxананың қайта такраран ислеп шығыў, сондай - ақ, инвестициялық имканиятларды да кеңейтириўден ибарат.
Жетекшиниң арқасынан жүриў стратегиясы. Баҳалардың базар дәрежеси базарда ҳәрекет етип атырған ири кәрxаналардың саны ҳәм олардың баҳа стратегиясынада байланыслы болады. Бундай шәраятда киши кәрxаналар баҳасы бойынша жетекши болған кәрxаналардың тәсиринде болады. Демек, бул жерде кәрxана баҳалаўдың жетекшиси болғанның арқасынан жүриў стратегиясын қолланыў пайдалы саналады. Әлбетте, жетекши жағдайды ийелеп турған кәрxана мақсетке муўапық баҳа белгилеўге ҳәрекет етеди.
“Қаймағын алыў” стратегиясы. Егер кәрxана маркетинг имканиятларынан нәтийжели пайдаланып, жаңа товардың ноёб, ягона қәсийетке ийе екенлигин ажыратып көрсете алса, сондай - ақ, товар сатыўдың ҳәм ислетиўдиң жақсырақ сериясын тәмийинлесе, онда бул кәрxана конкурентлерге салыстырғанда баҳа белгилеўде белгили бир еркинликлерге ийе болады. Нәтийжеде, кәрxана өз товарларына жоқары дәрежедеги баҳаны белгилейди. Бул стратегия, көпшилик жағдайда, кәрxана жаңа товар ислеп шыгарыў ҳәм бул товарды базарға киритиў менен байланыслы болған қәрежетлерин иләжи барынша тез қаплаў зәрүрли болған жағдайларда қолланады.
“Жарып өтиў” стратегиясы. Бул стратегия көпбинше ислеп шығарыў теxнологиясы жүдә әпиўайы ҳәм оммабоп тутыныўға мөлшерленген жаңа өнимди базарға киритиўде қолланылады. Бунда товар базарға жүдә төмен баҳада шығарылады, базарды ийелеўи менен нормал дәрежеге қайтады. Әсиресе, бул стратегияны кәрxана конкурентлерине салыстырғанда үлкен көлемде өнимди базарға киритиўи мүмкин болған жағдайларда қолланыў мақсетке муўапық есапланады.
“Кирип барыў” стратегиясы. Бул стратегия төмен баҳалар арқалы жаңа базарға тез кирип барыў ушын ислетиледи. Бул стратегия талаптың жоқары эластиклик жағдайында жоқары нәтийже береди.
“Толық (батамом) пайдаланыў” стратегиясы. Бул стратегияның негизги барлығы, әҳмийети, жаңа товарларды базарға киритиў басқышында, сатылатуғын товарлардың көлеми кем болғанда оларға жүдә жоқары баҳа белгилеўден ибарат. Соңынан бул баҳа базардың ҳәм конкурентлердиң өсиўи менен кемейип барады.
“Кәрxананың экспорт имканиятларын кеңейтириўге бағдарланған баҳа” стратегиясы. Кәрxана баҳалаўда бул стратегияны қолланыў ушын мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы базарында баҳалаўдың қәсийетлерин есапқа алыўы керек. Усыларды үйренип анық базар шәраятларына байланыслы түрде өзине тән болған баҳа сиясатын таңлаўы мүмкин болады.
Улыўма алғанда, кәрxана өз имканиятларынан ҳәм мақсетлеринен келип шығып жоқарыда келтирилган баҳа стратегияларынан пайдаланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |