Қадағалаў сораўлары
Маркетинг системасында товар түсинигин түсинтирип бериң.
Товардың сыпаты дегенде нении түсинесиз?
Товарлар қандай топарларға бөлинеди?
Товардың “жасаў дәўири” түсинигине түсиникбериң?
Жаңа товар жаратыў процесси қандай басқышларды өз ишине алады?
“Товар модификациясы” деген не? Товардың жасаў дәўириндеги ролин түсинтирип бериң.
Товардың ҳәр қандай жасаў дәўири фазасында маркетинг тактикасы қандай болыўы керек?
Товардың конкуренцияға шыдамлылығын қандай түсинесиз?
Товардың конкуренцияға шыдамлылығын тәмийинлеўши көрсеткишлерди түсинтирип бериң.
Тутыныўшылар жаңалықты қабыл етиў дәрежесине қарап қандай топарға бөлинеди?
17 - Тема. МАРКЕТИНГ системасынДА Баҳа СИяСАТы
17.1. Маркетинг системасында баҳа түсиниги ҳәм баханың қәлиплесиўи
17.2. Баҳаны қәлиплестириў методологияларын таңлаў
17.3. Баҳа стратегиялары
Tаяныш сөз дизбеклери: Баҳа, усыныс, талап, талап ҳәм усыныс теңсалмақлылығы, баҳаның қәлиплесиўи, пайда, товардың бахасы, қәрежетлер, баҳа конкуренциясы, баҳасыз конкуренция, өнимниң өзине түсер баҳасы, баҳа эластиклиги (қайишқоқлиги), жалпы қәрежетлер, баҳаны белгилеў, жалпы дәрамат, баҳа стратегиясы, рентабеллик, баҳа сиясаты.
17.1. Маркетинг системасында баҳа түсиниги ҳәм баҳаның қәлиплесиўи
Маркетинг комплексында баҳа екинши элемент болып, дәраматты белгилейтуғын тийкарғы көрсеткиш27. Баҳа дегенде өним, xызметлер ушын ҳәм оны сатып алыў ушын тутыныўшы сарыплайтуғын пул муғдарын түсинемиз. Бирақ, баҳа барлық ўақытта пул формасында ифодаланмайди. Мәселен, бартер натурал алмасыўдың қәдимги формасы саналады.
Макроэкономикалық теория бундан 150 жыл алдын товарды сатыўга тек баҳа жәрдеминде тәсир көрсетиў мүмкин деп атап өткен. Бул жағдайды жоқары баҳалаўдың тийкарғы себеби соннан ибарат, Адам Смит ҳәм Давид Рикардолар дәўиринде тек бирдей түрдеги шийки зат ҳәм бирдей түрдеги тутыныў товарлары ислеп шығарылып, тутыныўшылар дыққатын товардың маркасы, орамы ҳәм рекламасы жәрдеминде тартыў имканияты дерлик болмаған. Екиншиден, өним баҳасына тийкарғы итибар қаратылғанлығы, пулды муғдар жағынан аңсат өлшеў мүмкинлиги, баҳаны сыпатына қарап талап ҳәм усыныста аңсат қолланыў мүмкинлиги менен түсинтириледи.
Келтирилген 34 - сызылмада талап ҳәм усыныстың классик модели көрсетилген. Бул 34 - сызылмадағы мағлыўматтан көринип турыпты, талап баҳаның өсиўи менен кемейеди, керисинше усыныс артады. Ислеп шығарыўшы баҳа арқалы оның өними қаншама дәрежеде кереклиги ҳаққында информацияға ийе болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |