Ф = (Н . В) – С,
Бул жерде: Н - товардың баҳасы;
В - сатылған өнимниң көлеми;
С - жәми қәрежетлер.
Пайдадан басқа баҳа товардың сатыў көлемине, финанслық көрсеткишлерине, базардың үлесине үлкен тәсир көрсетеди. Көп жағдайда, кәрxана товарды ең жоқары баҳада сатып, дәрҳал пайда алыўды гөзлеместен, ийилиўшең баҳа сиясатын жүргизиўи керек.
Конкурентлер өзиниң хызметлеринде баҳаға үлкен итибар береди. Товар базарда баҳа негизинде ҳәм баҳасызда конкурент бола алыўы мүмкин.
Баҳа конкуренти дегенде товардың баҳасын өзгертириў жолы менен конкурентлик гүресине барыўы түсиниледи. Бунда, көпшилик жағдайларда баҳаны төменлетиўғе ҳәрекет етиледи. Әлбетте, баҳаны төменлетип атырған фирма ямаса кәрxана конкурентке салыстырғанда кем қәрежетлерге ийе болыўы керек. Кәрxана “баҳа урыс”ын дағаза етиўден алдын өзиниң ҳәм конкуренттиң экономикалық турақлылығын обдон үйрениўи талап етиледи. Кери жағдайда “баҳа урыс”ын дағаза етип, жеңилиўгеде ушыраўы мүмкин. Егер, конкурентлер бирдей шәраятта болса, бул жағдайда “баҳа урыс”ы өз әҳмийетлигин жоғалтады.
Баҳасыз конкуренте болса баханың роли кемейтирилмейди, бәлким биринши орында товардың қәсийети, маркасының абырай - итибарына, сервис дәрежеси ҳәм товар менен байланыслы болған басқа факторларға итибар қаратылады.
Баҳаның үлкен - кишкенелигине ишки ҳәм сыртқы факторлар тәсир көрсетеди. Ишки факторларға кәрxананың мақсети, маркетинг, маркетинг комплексиниң айырым элементлерине қарап қолланылатуғын стратегия, қәрежетлер ҳ.т.б. киреди.
Кәрxана тийкарғы мақсетин өзиниң раўажланыўында деп билсе бир баҳа, хызметин узақ мүддет сақлап қалыўға қаратса басқа баҳа белгилеўи мүмкин. Мәселен, конкуренция күшейсе, тутыныўшылардың мүтәәжи өзгерсе, мәмлекеттеги экономикалық аўҳал жаманласса кәрxана өндирис қуўатының белгили бир бөлегинен тек пайдаланыўға ҳәрекет етеди. Кәрxана өзиниң хызметиниң тоқтап қалмаслығы, товарларына болған талапты арттырыў мақсетинде оларды төмен баҳаларда сатыўға мәжбүр болады. Кери жағдайда, ол өз товарларына жоқары баҳа белгилейди.
Маркетинг хызмети көз - қарасынан баҳаның қәлиплесиўине төмендеги қатнас жасаўларын көрип шығыў мүмкин:
- пайданы узақ мүддет даўамында максимал дәрежеге көтериў;
- пайданы қысқа мүддет даўамында максимал дәрежеге көтериў; - тармақта баҳа бойынша лидери статусын сақлап қалыў; - жаңа конкурентлер пайда болыўына тосқынлық етиў; - саўда брокерлери тәрепинен бефарқликни сақлап қалыў;
- кәрxананың абырайын сақлап қалыў; - “күшсиз өнимлар” ди сатыўды жақсылаў; - “баҳа урысы”ның алдын алыў.
Баҳа маркетинг комплекси элементлеринен бири саналып, оның қәлиплесиўи маркетинг комплексының басқа элементлери менен тығыз байланыслы. Мәселен, баҳаның сыпатына, товар ҳәрекетин шөлкемлестириў, товардың жасаў дәўирине байланыслы солар қатарында.
Баҳа ислеп шығарыў, товар ҳәрекетин шөлкемлестириў ҳәм сатыў қәрежетлери ҳ.т.б. қәрежетлерди қаплаў, пайда келтириўи керек.
Улыўма қәрежетлерде ең әҳмийетли орынды ислеп шығарып атырған өнимниң өзине түсер баҳасы ийелейди. Сол себепли, өнимниң өзине түсер бахасын төменлетиў әҳмийетли ўазыйпа саналады.
Do'stlaringiz bilan baham: |