8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§2. Әййемги Қытай ҳәм Ҳиндстандағы сиясат ҳаққындағы философиялық көз-қараслар



Download 1,04 Mb.
bet9/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§2. Әййемги Қытай ҳәм Ҳиндстандағы сиясат ҳаққындағы философиялық көз-қараслар
Әййемги дәўирлерде Қытайда сиясий, ҳуқықый, мәмлекетлик тәртиплер илаҳий деп түсинилген. Қытай императоры Аспанның улы, ол «Аспан астындағы ел» - Қытй халқының атасы, халыққа өз балаларындай ғамхорлық қылады, деп есапланған. Қытайда сиясий-философиялық идеялардың раўажланыў тарийхында атақлы философ Кун-фу-цзи, яғный Конфуций (552/551-479 жж.) айрықша орны бар. Оның сиясий-философиялық пикирлери аўызеи түрде бизге жетип келген. Сондай-ақ, Конфуций көз-қараслары “Лунь-Юй” («Гүрриңлер ҳәм пикирлесиўлер») атлы китапта оның издаслары ҳәм шәкиртлери тәрепинен баян етилген. Ол мәмлекеттиң патриархал-патерналистлик концепциясын ислеп шыққан. Ҳүкимдар ҳәкимияты менен пуқара қатнасы ата ҳәм перзентлер аралық мүнәсибетлерге уқсайды. Император үлкен шаңарақ - мәмлекеттиң атасы. Ол өз пуқараларын балаларындай көрип әдиллик ҳәм мийрим-шапаатлық пенен басқарады. Конфуций дүньяны, соның ишинде жәмийетти басқаратуғын ең баслы күш Аспан деп есаплай отырып, жәмийетти ҳуқықый нормалар менен емес, ал тек әдеп-икрамлық қағыйдалар менен басқарыў керекли идеясын ортаға қояды.
Әййемги Қытай сиясий ой-пикиринде еки бағдарды көремиз: Фу Чжи – нызамның басқарыўы ҳәм Жень чжи – халықтың басқарыўы. Бирақ олардың екеўиде жәмийет идивидке салыстырғанда үстем, екиншиси бириншиге толық бағынады деп есапланған. Сондай-ақ, сол дәўирлерде «гу» («әййемгилик») принципи ҳәрекет етип, ол бойынша дәстүрлерге ҳүрмет баслы қағыйда есапланған. Конфуций пикиринше, «гу» түсинигиндеги Қағыйдалар тек әййемги заманда болған. Соның ушында ол ўақытлары «Аспан астында» тәртип ҳүкимранлық еткен. Соның ушында, Конфуцийдың мәмлекет ҳаққындағы идеалы әййемги үлгилерге қайтыў болған. Инсан пүткил өмиринде этикет ҳәм ритуал («ли») менен жасаўы лазым. Егер ритуал жоғалса, - дейди Конфуций – онда тәртипсизлик келип шығады. «Ли» түсиниги арқалы конфуцийшиликте социаллық ҳәм сиясийлықтың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң органикалық бирлигине ерисиледи. “[Аспанның] еркин билмей, әдиўли адам билиў мүмкин емес. Ритуал (дәстүр)ды билмей, өзиңди [жәмийетте] тастыйықлай алмайсаң” – деген сөзлер менен тамамланады. “Лунь Юй”.
Конфуций жәмийетти нызам тийкарында басқарыў керек деген легистлерге қарсы шыққан. Ол легистлер айтқандай нызам алдында ҳәммениң теңлиги принципи менен мәмлекетти басқарыў мүмкин емес, бул басқарыў негизин бузады, шахс үстинен зорлық етиўге алып келеди деген. “Жоқарғылар ҳәм төменгилер арасында айырмашылық жоғалса,онда мәмлекетти қалай басқарыўға болады?”- деп сораў қояды ол. “Лунь Юй”ден Конфуцийдиң мына пикирлерин келтириўге болады: “Егер халықты нызамлар арқалы басқарып ҳәм жазалаўлар менен тәртипти сақлайтуғын болсақ, онда халық жазалаўлардан қашыўға умтылады ҳәм уялыўды қоя баслайды. Егер халық әдиўлилик арқалы басқарылса ҳәм дәстүрлер (мәресимлер) жәрдеминде тәртип сақланса, онда халық уялыўды биледи ҳәм ол дүзеледи” (Лунь Юй. Қараң: Древнекитайская философия. Том 1. М., 1994, стр 174). Әлбетте, бул жерде легистлердиң нызамды ҳуқық ҳәм еркинликлерди қорғаўшы емес, ал анаў який мынаў ис-ҳәрекетлерди қадаған етиўши норма сыпатында түсиниклерин, оны бузғанларды қатаң жазылыў керек деп есаплағанын, сондай-ақ ҳәкимияттың нызамға бағыныўы туўралы сөздиң болмағанын умытпаў керек.
Конфуций адамларды келип шығыўына қарап төрт қатламға ажратады: ҳасылзадалар (олар ҳәр қандай билимге туўылғаннан ақ ериседи); билимлерге оқыў-үйрениў процессинде ерисетуғынлар; билимлерди қыйыншылық пенен өзлестириўшилер; билим алыўға умтылмайтуғынлар. Теңсизлик усыдан келип шығады, төменги қатламдағы адамлар жоқарғыларға, ҳасылзадаларға бағыныўы керек. Демек, Конфуций бойынша, ҳәкимият ақсүйеклер (аристократлар) лазым. Ҳәкимият әдиллик, әдиўлилик, мийрим-мүрибетке тийкарланыўы керек, ал пуқаралар оған бағыныўы, көтерилислерге шықпаўы лазым. Ҳәрким өз орнын билиўи шәрт. Басқарыў дегени ҳәммени орны орнына қойыў дегени. Ҳәкимиятқа халықтың исенимисиз жасай алмайды, ол оның субъектлери басқаларға өрнек болыўы лазым.
Конфуций тәлийматы инсанпәрўарлық, әдиллик идеяларынан келип шыққанлығы ушында қытай халқы арасында кеңнен таралған, ол оның өзи миллеттиң данышпаны, әўлие, «тәжсиз ҳүкимдар», мәнәўий қаҳарман сыпатында ҳүрметленип келген. Ҳәтте, Қытайда бул тәлиймат илаҳийластырылған, конфуцийшилик атлы дин, оның мәресимлери қәлиплескен.
Қытай сиясий идеялары тарийхында Лао-Цзи (э.а. VI-V әсирлер) тәрепинен ортаға қойылған «Дао» (Нызамлылық, ҳақыйқат) тәлийматы үлкен из қалдырды. Бул тәлиймат бойынша сиясий процесслер жоқарыдан басқарылады, оның объектлери шахс, мәмлекет, пүткил адамзат болады. Лао-Цзи Дао – жолды Аспаннан ғәрезсиз затлардың табийғый даўам етиўи ҳәм ол Аспан, тәбият ҳәм жәмийет нызамларын белгилейди деген. «Даоцизм»де тәбий ҳуқық, күш ислетпеслик, мәмлекетти жоқ етиў, зулымлыққа қарсы гүрес, әййемги жамаатлық турмыс тәрзине қайтыў усаған пикирлер ортаға қойылады. Соңын ала «даоцизм»де илаҳийлестирилген ҳәм динге айналтырылған.
Моизмниң тийкарын салыўшы Мо-цзи (479-700 жж.) жоқарғы ҳәкимият халыққа тийисли деген, мәмлекеттиң келисим (договор) теориясының элементлери деп қараўға болатуғын пикирлерди айтқан. Оның пикиринше, әййемги адамлар ҳайўанырақ ҳалға уқсас жағдайда болған дәўирлерде жәмийеттеги тәртипсизликти (каос) сапластырыў ушын өз-ара келисимге келип, Аспан астындағы адамлардың ең данасын ҳәм әдиўлисин өзлерине басшы етип сайлаған ҳәм оны Аспаннын улы етип белгилеген. «Тек Аспанның Улы ғана Аспан астында әдилликтиң бирдей үлгисин (образец) жарата алады, соның ушында Аспан астында тынышлық орнады», - деп есаплаған Мо-Цзы.
Әййемги Ҳиндстанда сиясий идеяларды жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мәниси илаҳий түсинилген. Мәселен, «Ригведа»ларды дүньяның тәртиплери илаҳий нызамлар тийкарында әмелге асатуғынлығы, адамлар аралық мүнәсибетлер улыў-касталық негизге тийкарланатуғынлығы баянланады. Жердеги тәртиплер дүньялық тәртиплиликтиң бир бөлеги деп қаралған.
Ҳиндстан сиясий-философиялық пикириниң раўажланыўында шаҳзада Сиддхартха Гаутаманың (623-543 жж.) айрықша орны бар. Кейин ала ол Будда (жарқыраған, пайызлы) атағын алған ҳәм идеялары буддизм динине айналған. Ол ўақыялар дүньясының қурам бөлеги болған инсанлар дүньясын турақластырыў пикирин алға қойған. Гаутама ҳәкимияттың дереги қудай деген пикирден бас тартқан, Веда ҳәм Упанишад гейпара қағыйдаларын критикалаған. Оныңша адамлардың тағдийри өзлериниң искерлигине байланыслы, өзлериниң қолында. Буддизм дхамма (нызам)ның рационалистлик талқылаўын ортаға қояды. “Дхаммалар – делинеди буддизмниң “Дхаммападе” атлы китабында - ақылға тийкарланады, олардың ең жақсы бөлеги – ақыл, олар ақылдан дөретилген”. Буддизмниң сиясий-философиялық концепциясында тәбийғый ҳуқық ҳәм мәмлекеттиң келип шығыўының келисим теориясының басламаларын көремиз. Әййемги Ҳиндстанда сиясий ой-пикирдиң раўажланғанлығын сол заманның естелиги болған «Ману нызамлары» (Мәнәвәдхармашастра) атлы шығармасыда кириў мүмкин. Онда ҳәкимият ҳүкимдардың жеке басқарыўы сыпатында талқыланады. Мәмлекет қурамына мына жети нәрсе киреди: патша (ҳүкимдар), мәсләҳәтши, мәмлекет, қала, ғәзийне, армия, аўқамласлар. Олардың ишинде патша ҳәкимияты илаҳий күш-қүдиретке ийе деп айрықша атап көрсетиледи.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish