8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§4. Орта әсирлердеги Батыс ҳәм Шығыс философиялық ой-пикириндеги сиясий көз-қараслардың өзине тән айрықшалықлары



Download 1,04 Mb.
bet12/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§4. Орта әсирлердеги Батыс ҳәм Шығыс философиялық ой-пикириндеги сиясий көз-қараслардың өзине тән айрықшалықлары
V әсирге келип Европада келип антикалық дүнья мәденияты қыйрады, барлық салада христианшылық ҳүкимранлық еткен орта әсирлик дәўри басланды. Әййемги дәўир сиясий-философиялық идеялары қәншелли әҳмийетли болмасын, орта әсирлердеги келип шыққан жаңа сиясий қатнасларға ҳәм руўхый мухитқа жуўап бере алмады, өйткени пайда болған христианшылық дүньяға көз-қарасы әййемги дәўир көп қудайлық диний, бутқа сыйыныўшылық, жәмийетти басқарыў усыллары менен келисе алмайтуғын еди. 311 жылы христианшылық болса динлер менен тең ҳуқықлы деп рәсмий түрде тән алынды, ал 324 жылы Рим империясының мәмлекетлик дини деп жарияланды. 529 жылы император Юстиниан тәрепинен дерлик мың жыл ҳәрекет еткен Платон Академиясы жабылды, Бертран Рассел айтқанындай усыннан баслап «Европада қараңғылық әсирлер басланды». (Рассел Б. История западней философии. Т.1. М., 1994, стр 73).
Әлбетте, христиан дининиң әййемги философиялық пикирлерди қуўдалағанын айтыў менен бирге, ҳаслында оның догматларының антикалық философия тәсиринде қәлиплескенлигин айтып өтиў орынлы. Христианшылық антикалық философдың, атап айтқанда Аристотельден өзиниң диний философиялық қағыйдаларын тийкарлаў ушын зәрүрлилерин ғана алды, ал басқаларын пүткиллей жоқ етиўге ҳәрекет қылды. Мәселен, I-VII әсирлерде христианлық философиясы патристика аты менен раўажланды. Латынша «Pater» – ата деген сөз болып, дәслеп патристика «ширкеў аталары»ның христианлық диний исенимлер антикалық дин ҳәм философия менен сыйынады дейтуғын көз-қарасы болсада, кейин ала 3 әсирлерден басап олар эллиниз философиясынан христианшылықты тийкарлаўға пайдаланды, айрықша неоплатонизм ағымы келип шықты. Ширкеў аталары Евангелие дүньялық билим, адамның билиўшилик искерлиги менен қарсы келеди, деген жуўмаққа келеди. Оның атақлы ўәкиллери: Тертуллиан (150-222), Клемент Александрийский (150-215), Ориген (185-251), А.Августин (354-430). Тертуллиан исенемен, өйткени турмыстың өзи абсурд, деген жуўмақ шығарады.
Христианлық философияда антропоцентризм ямаса антропологизм баслы идея болып, ол бойынша инсан дүньяның орайы ҳәм мақсети, қудайлық дөретиўдиң шыңы. Оған Қудай хабарды (шынлықты, откровение) берди. Енди Протогорди «Адам барлық затлардың өлшеми» қағыйдасы, барлық затлардың өлшеми адамзатты қорғаў (оннан сақлаў, спасения) тарийхы сыпатында, деп өзгертилди. Енди сиясий философия инсанның мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы миннетине қарағанда Қудай алдындағы әҳмийетлирек деген пикирди баянлады. Орта әсирдеги Рим-католик ширкеўи менен дүньялық мәмлекет арасындағы гүресте Рим папасы жеңип шықты, Ширкеўдиң ҳәкимияты Италия, Франция, Испания, Уллы Британия, Ирландия, Германия, Скандинавия, Польша толық жәрия етилди. Апистоп Павелдиң «Римлилерге хат»ында көрсетилиўинше қудайлық емес ҳәкимият жоқ, ҳәкимиятқа қарсы шығыў – бул Қудай көрсетпелирне қарсы шығыў деп жарияланды. Басшы, деген еди Павел, «Қудайдың хызметкери», соның ушын «тек қорыққаннан емес, ал ҳүждан бойынша» оған бағыў керек. Соңын ала усыған тийкарланып короллердиң дүньялық ҳәкимияты ширкеўдиң руўхый ҳәкимиятқа бағыныўы шәрт, деген жуўмақлар шығарылды. Мәселен, әўлие Амврасий римлилер императорға қандай бағынса, императордың өзи қүдиретли Қудайға сондай бағыныўы керек деп есаплаған.
Орта әсирдиң атақлы сиясий философиялық ой-пикир ийеси Аврелий Августин усындай пикирди тағыда раўажландырды. «Жаратыўшы қаласы ҳаққында» («О граде Божьем») ширкеў ҳәм мәмлекетара қатнасығын «Қудайлық қала» менен адамлар қаласы арасындағы сыпатында баян етеди. Оныңша Қудай абсолют бирлик, ең жоқары болмыс, уллы шынлық. Соның ушын ҳәрқандай билиў – бул Қудайды билиў. Адамның дәслептен гүўналы мәниси ҳаққында сөз ете отырып, былай дейди: «…Адам Қудайлық емес, ал адамлық болып жасаса, онда ол шайтанға уқсас болады» Қудай адамға пайда етилгенде ақ еркинлик берди, бирақ Адам ҳәм Ева гүна ислеген ушын адамзат гуналы болды. Ҳәзирде адамларға еркинлик берилген, олардың жақсылық яки жаманлықты таңлаў еркинлиги бар. Гүналы адамлар қарсылығын сапластырыў, оларды гуналардан қорғаў ушын мәмлекет ширкеўге бағыныўы, сол арқалы қудайлық қала бөлегине айналыўы мүмкин. «Ширкеўге бағынбаған мәмекет өш алыўшылар топарынан парық қылмайды», деп жазған еди Августин.
Орта әсирлик сиясий философияларда тағы бири Фома Аквинский (1225-1274) болып, оның шығармалары рәсмий ширкеў идеологиясының энциклопедиясы ролин атқарған. Ол 1323 жылы әўлиелер қатарына киргизилген (святой), ал 1879 жылы Пата Лев XIII тәрепинен Фома Аквинскийдиң схоластикалық системасы «католицизмниң бирден бир шынлық философиясы» деп жарияланған. Ол «Ҳүкимдарлардың ҳәкимшилиги ҳаққында», «Теология суммасы» ҳ.т.б. шығармаларында Аристотель көз-қарасларынан христиан идеяларын дәлиллеўде унамлы пайдаланған. Фома Аквинский мәмлекеттиң үш элементин көрсетеди: мәнис, форма (келип шығыўы), пайдаланыў. Оныңша мәмлекет мәниси бойынша Қудайлық, демек, әдалатқа соның ушында үстемлик ҳәм бағыныўдың иерархиялық әдалатлы қатнасын белгилейди. Бирақ, жетик емес, «гуналы» адам қолланатуғын форма ҳәм оннан пайдаланыў әдалатсыз болыўы мүмкин. Бул Қудайдың ҳәм ширкеў көрсетпесин бузыўдан келип шығады. Тәбийғый нызам мәңгилик Қудайлық нызам сәўлеси. Ал оның көриниси жәмийетте тәртипти белгилейтуғын адамлық нызам түринде жүзеге шығады. Ол ҳәрқыйлы халықларда ҳәм еллерде ҳәртүрли жүзеге шығады.
Фома Аквинскийдиң инсан өзин сақлаўға (инстинкт самоохранения) умтылады, адам – ақыллы ҳайўан, деген пикирлери, сондай-ақ, адам социаллық, жәмийеттиң биринши формасы шаңарақ, бирақ бәринен жоқарғысы мәмлекет, улыўмалық әдиўлилик ушын мәмлекет керек, бунда орайлық мәселе басқарыў формасы ҳаққында мәселе, мәмлеке оны қурыўшы элементлерге қарағанда үлкенирек нәрсе, тек мәмлекет арқалы сиясаттың ең баслы мақсети – улыўмалық әдиўлилик, деген пикирлери Аристотель пикирлерине үйлес екени көринип тур. Ол Аристотельден басқарыўдың алты формасы ҳаққында пикирди алған, бирақ олардан тек монархия ҳәм тиранияға реал әҳмийет берген. Қудай алдында ҳәмме тең, демек ҳәмме басқарыўға қатнасыўы лазым. Ақырғы есапта, Фома Аквинский монархия, аристократия ҳәм демократияға «бахытлы түрде» араласатуғын аралас басқарыўды жақсы деп есаплаған. Ҳәзирги заман христиан ширкеўи Фома Аквинскийдиң пикирлерине садық болып қалмақта. Улыўма алғанда Орта әсирде философия теологияның жәрдемшисине, «Қудайлық тәлийматтың хызметкерлерине» айналды.

Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish