8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


Абу Али Хасан ибн Али Тусий-Низомулмулк



Download 1,04 Mb.
bet14/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

Абу Али Хасан ибн Али Тусий-Низомулмулк (1018-1092) өзиниң «Сиясатнама» («Сияр ул-мулк»), «Дастур-ул-вузаро», «Қонун ул-мулк» сыяқлы шығармаларында әдиллик, инсап, туўрылық ҳәм ҳадаллық киби этикалық категорияларға анализ берген болсада, сиясат философиясын реал турмыс пенен байланыстырып анализ қылған ҳәмде орайласқан күшли мәмлекет идеясын күшли қорғай алған. Патшаның батыр, дана, исбилермен ҳәм ҳәр тәреплеме күшли болыў идеясын илгери сүрген. Мәмлекетти басқарыўда ҳәмелдарлар үлкен орынға ийе болыўларын, оларды таңлаў ҳәм орын-орнына қойыўға өзине сәйкес талап дәрежесинде қараған. «Сиясатнама»да ҳәмелдарларды тәрбиялаў, ҳүрметлеў ҳәм зәрүр болса, жазалаў менен байланыслы болған усыныслар берилген, бул процесс сиясатшы ҳәм мәмлекет басшыларының итибарын қаратады. Низомулмулк мәмлекетте орайласқан ҳүкимет (атқарыўшы ҳәкимият) күшли болса, сонда ғана тынышлық ҳәм әдиллик турақлы болады, халық өз мақсетине жетеди. Күшли атқарыўшы ҳәкимият ҳаққындағы бул автордың көз-қараслары өтиў дәўирин бастан кеширип атырған ҳәзирги заман сиясий системалары ушын ҳәм өз актуаллығын сақлап қалмақта. Улыўма «Сиясатнама» терең сиясий-тарийхый ҳүжжет болып, орайласқан ҳүкиметтиң бөлшеклениўине қарсы қаратылған шығарма болып есапланады.
Абу Райхан Муҳаммед ибн Аҳмад ал-Беруний (973-1048) илим пәнниң түрли тараўларына тийисли 160 дан артық аўдармалар, түрли көлемдеги шығармалары қалғанлығы мәлим. Берунийдиң социаллық-сиясий көз-қараслары сәўлеленген шығармалары арасында «Ал осор ал-боқия ан ал-қурун ал-холия» («Әййемги халықлардан қалған естеликлер») ҳәм «Ҳиндстан» шығармалары дүньяға белгили. Беруний мәмлекет ҳәм ҳуқықтың пайда болыўы, олардың ўазыйпалары мәселелерин Фарабий сыяқлы қәлеўге байланыстырып билимли патша басқарыў идеясын илгери сүреди, социаллық турмысты өзине сәйкес «шартнаманың нәтийжеси деп биледи. «Инсан өз қәлеўлерин түсинип, өзине усаған адамлар менен бирге жасаўдың зәрүрлигин аңлай баслайды. Соның ушын өз-ара келисиў «шартнама» дүзиўге кириседи. Адамлардың биргеликтеги турмысы инсанды ҳақыйқый қүдиретке, оның талапларын қанаатландырыўға алып келмейди, буның ушын және мийнет қылыў ҳәм зәрүр» деп есаплайды.
Берунийдиң пикиринше, басқарыў ҳәм басқарыўдың мәниси баслықтың залымлардан азап шеккенлердиң ҳуқықларын қорғаўы, биреўлердиң тынышлығы жолында өз тынышлығын жоғалтыўы деп биледи. Жәмийетти басқарыўшы шахс билимли жаңалыққа умтылыўшы болыўы, жоқары ҳәм төмен қатламлар, күшлилер ҳәм күшсизлер арасында теңлик, әдиллик орната алыўы лазым. Ҳәр қандай жәнжел келиспеўшиликлер, таж-тахт таласыў, зорлық, басқыншылық ҳәрекетлерине қарсы турған Беруний, мәмлекетлер ҳәм халықлар ортасында жақсы қоңсышылық мүнәсебетлерин алып барыў идеясын илгери сүрген.
Уллы ойшыл Абу Али ибн Сина (980-1037) қамусий алым болып, улыўма шығармалар саны 450 ден артық, бирақ бизге шекем 160 қа жақыны жетип келген. Дүньяда «Шайх ур-раис», яғный «Алымлар баслығы», «Тәўиплер патшасы» атлары менен уллыланған бул алымның «Китоб ал-қонун фит-тибб», («Тиб нызамлары») шығармасы XII әсирден баслап Европада латын тилине аўдарма қылынған ҳәм 30 мәртебе баспадан шығарылған. Уллы ойшылдың социаллық-сиясий көз-қарасларына Фарабий, Платон, Аристотель ҳәм Сократ сыяқлы ойшыллардың тәлийматы үлкен тәсир көрсеткен. Фарабий сыяқлы ҳақыйқый идеал жәмәәт бар болған дүньяда ерисиў мүмкин, жәмийет ағзалары өз-ара келисиў тийкарында қабыл қылынатуғын әдалатлы нызамларға бойсыныўы, нызамды бузыў ҳәм әдилсизлик жазаланыўы, патшаның өзи әдалатсызлыққа жол қойса, халықтың оған қарсы қозғалаңы туўры ҳәм жәмийет тәрепинен қоллап-қуўатланыўы лазым деп билген.
Ибн Сина пикиринше, идеал жәмийет адамлары үш қатламға, яғный административлик ислер менен шуғылланыўшылар, ислеп шығарыўшылар ҳәм әскерлерге бөлинеди. Олардың барлығы өз тараўында пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы шәрт. Уллы ойшыл «Тадбир ул-манзил» («Турар жайдың дүзилиси») шығармасында егер жәмийетте ҳәмме патша яки керисинше, ҳәмме әпиўайы мийнеткеш болса еди, жәмийет бундай ҳалда тамам болар еди деп социаллық қатламласыўды ҳәм материаллық теңсизликти анализлейди. Бирақ ойшыл жәмийетте камбағаллар саны көбейиўине қарсы шығып, адамларды бир-бирине өз-ара жәрдем көрсетиўге, аўызбиришиликке шақырады. Халықлар ҳәм мәмлекетлер ортасында тынышлық болыўы билимли патша басқарыўы, илим-пән раўажланыўын арзыў қылады.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish