§7. Жаңа дәўир социаллық сиясий идеялары
Ояныў (XIV-XVI әсирлер) ҳәм Реформация (XVI әсир) дәўирлери орта әсир тәртиплери шараятында жаңа буржуазия мүнәсибетлериниң пайда болыўы, Петрарка ҳәм Боккаччо, Леонардо да Винчи ҳәм Николо Макиавелли, Дюрер, Лютер, Микеланджело ҳәм Мюнцерлар атын дүньяға танытқан дәўир болып табылады. Антик дәўир демократиясы идеяларынан рухланып, инсан ойлаўына исенимди қайта тиклеген Ояныў дәўири ҳәм оның идеялары инсаният тарийхындағы түпкиликли бурылыс дәўири болып есапланады. Инсан қәдир-қымбаты, оның ҳуқықларын қорғаў, инсан ушын мүнәсип турмыс жаратыў идеялары әсиресе Батыс мәмлекетлеринде олардың мәмлекетшилик ҳәм сиясат тараўындағы әмелий излениўлери даўамында ўақыт сынаўынан өтип, реал ҳәдийсеге айланды.
Ояныў ҳәм Жаңа дәўир сиясий-ҳуқықый көз-қарасларында мәмлекеттиң пайда болыўы проблемасын үйрениў күшейгенлиги көзге тасланады. Мәмлекет, жәмийет ҳәм шахс ҳаққындағы көз-қараслар системасында индивид-пуқараға айрықша итибар бериў басланды. Соның ушын бул дәўирдиң сиясий көз-қараслары «пуқаралық ҳакқындағы көз-қараслар» деп ҳәм аталады. Жаңа дәўир сиясий пәниниң тийкаршысы деп тән алынған уллы италян гуманисти Н.Макиавелли (1469-1527) диний исенимлерден бөлек болған Ояныў дәўири сиясий философиясын жаратты. Ол «Ҳүкимдар», «Флоренция тарийхы» шығармаларында сиясатты биринши болып пәң сыпатында тийкарлап берди ҳәм жәмийеттиң иләҳий емес, бәлким тәбийий нызамлар тийкарында раўажланыўын атап көрсетти. Леонардо да Винчиниң заманласы, Микеланджелоның досты, 27 жасында Флоренция Республикасының мәмлекет әрбабы, тарийхшы ҳәм шайыр, бир қатар Батыс Европа мәмлекетлеринде елши сыпатында искерлик көрсеткен Н.Макиавелли XV әсир ақыры ҳәм XVI әсир басларында үзликсиз урыслардан жәбир көрген, орайласқан мәмлекетке талап сезип атырған Италия мәплериниң сәўлелендириўшиси еди. Усы көз-қарастан оның сиясий теориясы өз дәўири талапларын илгери сүргенлигин умытпаслық лазым.
«Макиавелли ҳәм оның тәлийматы тәрепдары болған басқа авторлар,- дейди Ф.Бэкон, - ол яки бул шараятта адамлар қандай қәдем қойыўлары лазымлығын емес, бәлким әдетте, әмелде қандай қәдем қойыўларын ашық ҳәм туўрыдан-туўры баян қылғанлықлары ушын ҳәм ҳүрметке ылайық». Сиясат дүньясын үйрениўде Н.Макиавелли изертлеўдиң жаңа усылларынан пайдаланды. Нормалық-қәдириятлы теорияға тийкарланған философиялық жандасыўдан тысқары, бул ойшыл реал сиясий мүнәсебетлерди гүзетиўде эмпирикалық усылдан пайдаланды. Тарийхый процеслерди үйрениў тийкарында ол биринши болып сиясатты пән сыпатында тийкарлап берди, сиясий искерликте ширкеў әдеплиги емес, пайда ҳәм күш өлшем болғанлығын атап өтеди. Макиавеллидиң пикиринше, христианлықтың әдеп-икрамлылық қәдириятларын әмелде турмысқа енгизиў мүмкин емес, себеби жоқары бахытты ибадатта, дүньялыққа жаман көз бенен қараўда, өмирден жүз бурыўда деп билген ширкеў әдеплиги адамларды күшсиз қылып, ақмақлар қурбанына айландырады. Динди мәмлекетке мақул этиканы турмысқа енгизиўши сиясий усыл деп биледи. Сиясий тәлийматлар тарийхын анализ етиў менен шуғылланған айырым қәнигелер «мақсет усылды ақлайды» деген принципти илгери сүргени ушын Макиавеллиди кескин түрде критикалайды. Мәселеге бүгинги күн талабынан келип шығып емес, бәлким сол дәўир ықтыяры көз-қарасынан турып жандасылса, машқала айдынласады. Себеби Макиавелли Рим папасына ғәрезли болмаған, күшли орайласқан миллий мәмлекет дүзиў жолында мәмлекетти бирлестириўши, халық сайлаған реформатор патшаның барлық усылларынан пайдаланыўды мақуллап, егер нәтийже кеўилдегидей болса, барлық усылларды, олар әдепсизлик болса-да, ақлаў мүмкин деп билер еди.
Н.Макиавелли «миллий мәмлекетти қурыў ҳәм беккемлеўде мәмлекет баслығы арысландай дәўжүрек, түлкидей алдаўшы болыўы, егер мақсет пайдалы болса, өз ўәделерин орынламаслығы ҳәм мүмкин, себеби жоқары нәтийжелер әне усындай жол тутқан князларға нәсип еткен. Жаўызлықты, егер бир мәртебе, онда ҳәм пуқаралар мәплери ушын қолланылғанда ғана ақлаў мүмкин, бирақ пуқараларды езиў ушын бәрқулла қолланылса, оны ақлаў мүмкин емес» деп атап өтеди. Сондай-ақ, Макиавелли сол дәўир сиясий басқарыўында пайда ҳәмде күш тийкарғы өлшем болғанлығынан келип шыққан ҳалда, ҳүкимдар күшли армия ҳаққында қайғырыўы керек ҳәм қайсы тәрептиң армиясы күшли болса, тәғдир усы тәрепке күлип бағады деген пикирди алдыға сүреди. Макиавелли теориясында барлық мәмлекет ҳәм халықлардың тәбиятында ҳәкимиятпаразлық, қорқақлық, күшсизлик, хошжақпазлық, қызғаншақлық, бир-бирин көре алмаслық иллетлери ушырайды. Сол себепли мәмлекет баслығы инсан тәбиятын жақсы билиўи, бул мәселедеги билимлерин мәмлекет мәплери жолында ислетип билиўи керек деп есаплайды.
Макиавелли мәмлекет басқарыўында республика формасын мақул көреди. Халық патшаға қарағанда салыстырмалы ақыллырақ. Халық даўысы- қудай даўысы, себеби халық барлық мәселелерде ҳүкимдарға қарағанда салыстырмалы әдиллирек пикир жүритеди. Республика усылы орнатылса, мәмлекет беккем ҳәм турақлы болады деп есаплайды. Макиавелли «Ҳүкимдар» шығармасында республиканы басқарыўдың туўры ҳәм қолай формасы деп билседе, дәслеп «жаңа ҳүкимдар» жекке ҳүкимдарлығы орнатылып, ол Италияны бирлестириўи, реформа қылыўы ҳәм жетилистириўи, соңынан оның орнын республика яки басқарыўдың «аралас» формасы (демократия, аристократия, монархия элементлеринен ибарат форма) ийелеўи лазымлығын атап көрсетеди. Макиавелли мәмлекетшиликтиң монархиядан республикаға қарай раўажланыўды алдыннан айтып өткен. А.Смит еркин базар абзаллықлары ҳаққындағы либерал теориясын жаратыўынан алдын Макиавелли индивидуал еркинликтиң пүткил жәмийет ушын пайдалығын уқтырып өткен еди. Бирақ басқарыўдың республика формасы халықтың белгили бир пәзийлетлерине, сондай-ақ пуқаралық сыпатларына ийе болыў керек екенлигин көрсетип, бундай пәзийлетлерге ийе болмаған халықлар ушын болса монархия басқарыўын мақул деп биледи. Улыўма алғанда, Саҳыпқыран Амир Тимурдың «күш әдилликте» принципи сәўлеленген «Тимур түзиклери» Шығыс мәмлекетлери ҳүкимдарлары ушын қаншама зәрүр қолланба болған болса, көбирек «Адиллик күште» деген батысқа тән менталитет сәўлеленген Макиавеллидиң «Ҳүкимдар» шығармасы 400 жылдан көбирек дәўирлерде Батыс мәмлекетлери мәмлекет басшылары дыққат итибарын өзине қаратып келмекте. Ояныў дәўириниң бул ойшылының көз-қараслары сол дәўир талаплары инъикосы болып, еле классикалық либерализм идеялары дәрежесине жетпеген еди. Макиавелли тәлийматында инсан социаллық ҳәдийсе, мақлуқат сыпатында үлкен мәниске ийе болмаған, оның мәплери мәмлекет ҳәм улыўма мәплерге ғәрезли етип қойылған еди.
Француз ойшылы Жан Боден (1630-1696) көз-қараслары ҳәм белгили бир қызығыўшылықты оятады. «Мәмлекет ҳаққында алты китап» шығармасында ол биринши болып мәмлекет суверенитети идеясын илгери сүрди, мәмлекет иләҳий тәризде келип шықпағанлығын көрсетип, оның мәплери дин мәплеринен үстин болыў лазымлығын ҳәм ҳүждан еркинлиги орнатылыў керек екенлигин атап көрсетеди. Жаңа дәўир сиясий тәлийматлары сиясий ҳуқықый тәлийматлар раўажланыўының кейинги раўажланыўы ушын зәрүр фундамент болып хызмет қылды.
Бундай сиясий көз-қараслар Томас Гоббс (1598-1679) көз-қарасларында раўажландырылды. Гоббс монархияны-ҳәкимияттың ең қолай формасы, деп есаплайды. Буны өзиниң «Левиафан» шығармасында инсанлардың мәмлекет пайда болғанға шекем болған дәўирдеги турмысын сүўретлеп, онда «хаос», «қарсылық» лар ҳүкимдар болғанлығын көрсетеди яки бул ҳүкимдарлықты «ҳәммениң ҳәммеге қарсы урысы» деп есаплайды. «Жәмийетлик келисиў»ге «хаос» дан шығыўдағы зәрүр жол сыпатында қаралайды. Гоббс монархияның тийкарғы ўазыйпасы нызамды сақлай билиў деп түсинеди.
Англия философы Ж. Локк (1632-1704) көз-қарасларында болса сиясатта пуқаралық концепциясы илгери сүриледи. Локк тәлийматы салыстырмалы реал турмысқа тийкарланғанлығы менен ажыралып турады ҳәм шекленген монархияны орнатыўды жақлайды. Ол сиясий пикир тарийхында бириншилерден болып «шахс», «жәмийет» ҳәм «мәмлекет» түсиниклериниң анализин береди ҳәмде шахсты жәмийет ҳәм мәмлекеттен жоқары қояды. Локктың пикиринше, инсан туўылғанынан баслап тәбийий ҳуқықларға ийе болады. «Өмир» яки «жасаў», «еркинлик» ҳәм «мүлкке ийе болыў» ҳуқықларын әне усы ҳуқықлар қатарына киритеди. Ол жеке мүлкке ийе болыў ҳуқықын төмендегише тийкарлайды. Бириншиден, жеке мүлкке ийе болыў инсанның өзин ҳәм оның шаңарағының жасаўы ушын зәрүр қәлеўин тәмийнлеў ушын керек, инсан зәрүр нәрселерге ийе болғанда ғана өзиниң раўажланыўына айрықша итибар бериўи мүмкин. Жеке мүлк мәңги қәдирият емес, керисинше еркин жәмийетке ерисиў усылы. Инсанлар мүлк жамғарыўда еркин болыўлары керек. Екиншиден, мүлкке ийе болыў инсанның индивидуаллығы қәлиплесиўине тәсир көрсетеди. Мәмлекет жәмийетке, жәмийет өз нәўбетинде шахсқа бойсыныўы зәрүр. Мәмлекет ҳәм жәмийет бир нәрсе емес, мәмлекет ҳәкимиятының қулаўы жәмийет раўажланыўының тамам болғанлығынан дәрек бермейди. Жәмийет жаңа мәмлекет ҳәкимиятын орнатыўы лазым. Мәмлекет шахс ҳуқықларын қорғаў мақсетинде искерлик көрсетеди. Ол шахстан күшлирек болыўы мүмкин емес, себеби шахс жәмийетти, жәмийет болса мәмлекетти шөлкемлестиреди. Локк нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият болыўын жақлайды. Нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа үстинлик береди, себеби ол мәмлекеттиң сиясатын белгилейди деп көрсетеди.
Франция ойшылы Шарл Луи Монтескье (1689-1755) өзиниң «Нызамлар руўхы» шығармасында «басқарыў тәризи»не яки «нызамлар руўхы»на тәсир етиўши факторларды көрсетип береди. «Көп ғана нәрселер-ықлым, дин, нызамлар, басқарыў формалары, өтмиш сабақлары, этика, әдетлер халықтың улыўма руўхының нәтийжеси сыпатында инсанларды басқарады», деп жазады Монтескье.
Монтескье ҳәкимияттың бөлиниў теориясын «аралас басқарыў» идеясының даўамы есаплап, нызам үстинлигин атап көрсетеди. Усы тийкарда нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимиятлары бир-бирин тотырған ҳалда ҳәкимиятты сақлап турыўлары мүмкин деген жуўмаққа келеди.Сиясий пикирдиң раўажланыўы Европадағы мәмлекетлер қурылысы менен өз-ара байланыслы ҳалда барды. Бул дәўир ойшыллары унитар ғәрезсиз мәмлекеттиң кемшиликлерин есапқа алып, сиясий теорияны әмелият пенен байланыслы ҳалда әмелге асырыўға ҳәрекет қыла баслады.
Do'stlaringiz bilan baham: |