8-тема: Сиясий философиялық ағымлар ҳәм сиясий идеология


§6 Амир Темур ҳәм Темурийлердиң сиясий көз-қараслары



Download 1,04 Mb.
bet15/45
Sana21.02.2022
Hajmi1,04 Mb.
#32061
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   45
Bog'liq
Сиясат философиясы Лекция текст

§6 Амир Темур ҳәм Темурийлердиң сиясий көз-қараслары

Орайлық Азия ойшыллары ҳәм мәмлекет әрбабларының сиясий-ҳуқықый мийрасын үйрениўде саҳибқыран Амир Темур (1336-1405) ҳәкимият ҳәм оны басқарыў ҳаққындағы көз-қарасларын үйрениў өз алдына айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, бириншиден, Амир Темурдың сиясий көз-қараслары өз дәўири мәнәўияты ҳәм мәмлекет басқарыўы менен тиккелей байланыслы, екиншиден, бул мәселениң ҳақыйқый баҳаланыўы мәмлекет басында турған биринши басшының шахсый сыпатларын жетик билиў, оның инсаният тарийхында тутқан орнын объектив баҳалаў имканиятын береди.


1370-жылда Мавереннахр тахтының ийеси болып, Самарқандты ҳәкимият пайтахтына айландырған Амир Темур искерлигиндеги тийкарғы сиясий жол- майда феодаллар ҳүкимдарлығын тамамлаў, зәрүр халық аралық кәрўан жолларында үстинлик қылып турған Алтын Орда, Иран ҳәм басқа мәмлекетлердиң конкуренциясын жеңип, Мавереннахрдың сиясий экономикалық қуўатын тәмийнлей алатуғын орайласқан мәмлекет дүзиў еди. Усы тәрептен Амир Темурды өз дәўири ҳәм өз халқы талап-қәлеўлерин есапқа дурыс аңлаған прагматик ҳүкимдар деп есаплаў орынлы. Соның ушын сахыпқыран мәмлекетте мәмлекет системасын беккемлеў, басқарыўдағы тәртип-интизам, нызамшылықты кеңейттириўге имканият жаратыў, салықларды тәртипке салыў, мәмлекет қорғаныўын тәмийнлеў жолында армияның қүдиретин асырыў сыяқлы мәселелерге үлкен итибар берди.
Бизге белгили, Амир Темур өзиниң сиясий искерлигиниң биринши дәўири- 1360-1385 жылларда Мавереннахрда орайласқан мәмлекет дүзип, өз-ара урысларға шек қойған болса, екинши дәўири- 1386-1405 жылларда басқа мәмлекетлерге бир қатар әскерий жүрислерди әмелге асырды. Бул әскерий жүрислердиң себеплерин, улыўма алғанда, Амир Темурдың сиясий ҳуқықый көз-қарасларын ол қалдырған теориялық ҳәм әмелий қолланба «Темур тузуклери»ни терең үйренбей турып түсиниў қыйын. Жаңа дүзилген мәмлекеттиң шегераларын беккемлеў, сыртқы душпанлардан қорғаныў, кәрўан жолларын қарақшылардан тазалаў, қыянатшы, сатқынларды жазалаў, бойсынбағанларды бойсындырыў, өзиниң сиясий тәсирин кеңейттириў сыяқлы жағдайлар Амир Темур әскерий жүрислерине себеп болған еди. Мәселен 1379 жылда Амир Темур Орысханды жеңип, Алтын Орда тахтына Тоқтамысханды өткизип, оған көп жәрдем берген еди. Бирақ Тоқтамысхан Мавереннахрға бир неше мәрте таланшылық жүрислерин әмелге асырғаннан кейин, 1395 жыл 15-апрелде Қундызда Амир Темур Тоқтамыс ҳәм Алтын Орда тәғдирин шешкен еди. Дүньяға белгили атақлы алым Херман Вамберидиң «Темурды Шыңғысхан менен бир қатарға қойып, оны жаўыз, өз басымша ҳәким деп атаўшылардың пикирлери еки тәреплеме қәте. Ол дәслеп, өзиниң жеңиске сай қуралын заманының дәстүрине көре иске салған Азиялық ҳәким еди. Оның душпанлары атап көрсеткен ўайрангершиликлери болса, бирден-бир жынаят ушын алынған өш еди. Туўры, бул өш жүдә қатты, бирақ соның менен бирге, әдалатлы еди» деп жазғанлығы бийкарға емес.
Темур өзиниң сиясий көз-қараслары ҳәм мәмлекетшилик искерлигинде қандай болмасын жәнжел ҳәм урыс шығарыў сол жол менен мал дүнья арттырыўды мақсет қылып қойған емес. Бул жағдайды «Темур тузуклери»ндеги айырым қатарларынан билип алыў мүмкин. «Жәҳәнгирлик қылыўға кирискенимде,- деп жазады Сахыпқыран, - төрт нәрсени ядымда беккем сақладым. Бириншиси- қайсы мәмлекетти ийелемекши болсам, туўры ис-илажлар ҳәм кеңес пенен ис туттым. Екиншиси- қәтеге жол қоймаслық ушын ҳәр бир исти көп ойлап, сергеклик пенен қылдым. Үшиншиси- үш жүз он үш ақыл парасатлы ер жигитлерди әтирапыма бирлестирдим. Төртиншиси- қайсы исти ис илажлар менен питкериўдиң илажы болса, онда қылыш ислетпедим».
Амир Темур усынысларын қабылламаған, оған ҳәр қыйлы қарсылық билдирген ҳүкимдарларға қарсы урыс жәрия қылмаған, керисинше, олар менен сөйлесиўлер алып барған, өз сиясатын ҳәм империясының тийкарғы мақсетлерин түсиндириўге ҳәрекет қылған. Бул илажлардың пайда бермеслигине көзи жеткенде ғана, урыс ҳәрекетлери ҳаққында амирлери менен мәсләҳәт қылған, олардың мәсләҳәтлери менен ис тутқан. Туркияның уллы султаны Баязид Йилдирим, Алтын Орда ҳүкимдары Тоқтамысхан менен болып өткен урыслар буған мысал бола алады. Әне усындай себеп мақсетлерин нәзерде тутқан урыс ҳәм гүреслер ҳәмме заманларда да әсиресе биз жасап турған ҳәзирги заманда да қараланбайды, оларға әдиллик ҳәм тынышлық орнатыўдың, халықлардың пәраўанлығын гөзлеген раўажланыўға жол ашыўдың бир усылы, мәжбүрий усыллары деп қаралады. Себеби, ҳәзир дүньяның көп мәмлекетлеринде жүз берип атырған терроризм, диний экстремизм ҳәм басқа жаўыз күшлерге қарсы гүреслер буған мысал болады.
«Темур тузуклери»инде мәмлекет системасы, мәмлекеттеги лаўазымлардың ўазыйпасы, ондағы түрли тайпалар ҳәм оларға мүнәсебет, мәмлекетти басқарыўға тийкар болған қағыйдалар, армияның стратегиясы, оны басқарыў, тәмийнлеў, хошаметлеў, әскер түрлериниң тутқан орны ҳәм өз-ара мүнәсебети сыяқлы мәселелер баян етилген. Мәмлекетшилигимиз тарийхында мәмлекет басқарыўға тийисли шығарма жазып қалдырған бирден-бир ҳүкимдар Амир Темур болып есапланады. Жоқары дәрежедеги ҳүкимдардың мәмлекетшилик мәселелери ҳаққында жетик шығармасы дүнья халықлары тарийхында кемнен-кем ушырайтуғын ҳалат болып есапланады.
Амир Темур мәмлекети «Тузуклер»индеги он еки қағыйда тийкарында басқарылған. Бул қағыйдалар ҳәзирги заманда ҳәм өз әмелий әҳмийетлигин жоғалтпағанлығы себепли, көп темурийтаныўшылар, мәселен, пакистанлық Ханиф Рамей ҳәм Темурды уллы шахс сыпатында тәрийплеп, мәмлекет дүзиў тәртибин Амир Темурдан үйрениўимиз лазым деп есаплайды.
Амир Темур қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

  1. ислам дини ҳәм шариат қағыйдаларына әмел қылыў;

  2. түрли қатламлар ҳәм тайпалар менен мәсләҳәтлесип ис жүритиў;

  3. мәсләҳәт, исбилерменлик, ҳадаллық, сергеклик пенен душпан әскерлерин жеңиў;

  4. мәмлекет жумысларын салтанат нызамларына тийкарланған ҳалда басқарыў;

  5. амирлер менен жақсы мүнәсебетте болыў, мәртебе ҳәм атақларды ҳүрметлеў;

  6. әдалат ҳәм инсап пенен ис көриў

  7. уламалар, ақыллы даналар, инженерлер, тарийхшыларды итибарлы шахс сыпатында иззет ҳәм ҳүрмет қылыў;

  8. сиясатта анықлылық;

  9. әпиўайы халық аўҳалынан бәрқулла хабардар болыў;

10) түрк, тәжик, араб түрли тайпалардан өз қәўендерлигине кирген адамларға ҳүрмет көрсетиў;
11) перзентлер, ағайинлер, қоңсылар ҳәм олар менен досласқан адамларды мәмлекет мәртебесине ерискенде ҳәм умытпаслық, оларға иззет ҳәм ҳүрмет көрсетиў;
12) дос душпанлығына қарамай, уллыларды ҳүрмет қылыў.
Өз халқын миллетин сүйген Сахыпқыран 1405 жыл 19-март күни өлими алдынан улларына қалдырып атырған ўәсият ҳәм тузуклерди жақсы оқыўды ҳәм өмирге енгизиўди, миллеттиң дәртине дәрман болып, мүсәпирлерди залымлардан қорғаў ҳәмде ҳәр бир исте әдалат ҳәм азатлық дәстүр болыўын ўәсият қылады.
Шығыс ҳүкимдарларынан Шоҳ Жаҳон (1628-1657), Муҳаммед Алихан (1821-1842), Абдулаҳадхан (1885-1910) бул ҳүжжеттен көширмелер алған ҳәм қолланба сыпатында пайдаланған. Жуўмақлап айтқанда, «Темур тузуклери» өзине сәйкес кодекс, яғный мәмлекет ҳәм оны басқарыў нормалары, қағыйдалар топламы болып, оларда илгери сүрилген идеялар ҳәзирги күнде ҳәм өз әҳмийетин жоғалтқан емес.
Амир Темур ҳәм Темурийлер дәўири (1370-1501) сиясий ҳуқықый көз-қарасларын анализ етиўде уллы философ шайыр Алишер Наўайы (1441-1501) мийрасы айрықша әҳмийетке ийе.
Алишер Наўайы сиясий көз-қарасларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўын еки дәўирге бөлип үйрениў мақсетке муўапық. Биринши дәўир –оның жаслық жылларынан 1476 жылда Хусайн Байқара ҳәкимиятындағы ўәзирлик лаўазымынан баслап, усы лаўазымнан шығып кетиўине шекем болған ўақытты өз ишине алған болса, екинши дәўир болса, 1476-жылдан баслап өмириниң соңғы күнлерине шекемги болған ўақытты өз ишине алады. Биринши дәўирде Алишер Наўайы мәмлекетте ҳәкимият басына әдалатлы патша келиўине, бахытлы жәмийетке ерисиў мүмкинлигине исенеди ҳәм оны әмелге асырыў ушын гүреседи. Наўайытаныўшы алымлардың жазыўына қарағанда, «Наўайы мәмлекет исинде турғанында халықты есинен шығармады. Ол мәмлекетти халық мәплерин гөзлеўши, халық арзыўларын әмелге асырыўшы усылға айландырыўға, мәмлекет арбабларын халық хызметшилерине айландырыўға тырысты ҳәм бул исте оның өзи үлги болды. Ол мәмлекет ислерин тәртипке салыўға, ҳүкимет мекемелерин, сарайды жарамаслардан, халық есабынан тон кийиўши, ипласлардан, ҳәмелпараслардан, сатқынлардан тазалаў, оларды қамшылаў ушын қолынан келгенше ҳәрекет қылды.



Download 1,04 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   45




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish